Mag'zaniyshan.uz
1.1K subscribers
6.49K photos
408 videos
1 file
2.05K links
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты, Кегейли районы "Мағзан ийшан" жаме мешитиниң Telegram каналы!
Download Telegram
​​#ҳақыйқат

БАСЫҢА ҚАЙҒЫ-ҲӘСИРЕТ КЕЛСЕ, ДӘРҲАЛ УСЫ ӘКЕНИ ЕСИҢЕ АЛ!

  Үш улы, төрт қызы бар бир ӘКЕ бар еди. Туңғышы 2 жас шамасында қаи‌тыс болды. Екинши улы, 1,5 жаста дүньядан өтти.

  Үшинши улы да 17 аи‌ында еле нәресте ўақтында шетнеди. Үлкен қызы турмыс қурады. Бирақ, ол да 28 жасында көз жумады. Екинши қызы да узатылады. Оның да өмири қысқа болып, 21 жасында Аллаҳ таалаға аманатын тапсырады.

  Кеи‌ин үшинши қызы да күи‌еўге шығады. Ол да 27 жасында ол дүньяға атланып кетти де қалды. Қызы менен улларынан тек 1 қыз ғана қалады…

Дүньядан өткен улларының аты:
- Қасым, -Абдуллаҳ, -Ибраҳим.

Ал, қызларының аты: - Зии‌неп,
- Руқия, -Уммукүлсум.

  Ол әкениң Фатимадан басқа қызы қалмаған еди. Ол ӘКЕ — ПАИ‌ҒАМБАРЫМЫЗ МУҲАММАД МУСТАФА (ﷺ).

  Басыңа қаи‌ғы-ҳәсирет келсе, дәрҳал усы әкени есиңе ал! Аллаҳ тааланың оған ийгилиги менен сәлеми болсын!


@MagzaniyshanUz
#ҳақыйқат #рәўият

    АДАМЛАРДЫҢ СӨЗИНЕН ҚУТЫЛА АЛМАЙСАҢ

   Ҳәзирети Муўса алайҳиссалам яҳудийлер арасына пайғамбар етип жиберилди. Муўса алайҳиссалам адамлар менен бирге жолға шыққанда, адамларды изинен еритип, өзи алдында жүрер еди. Сонда адамлар: "Муўса оншама не өзинен кетпесе, ҳәммениң алдына шығып алған, тәкаббыр", деп айтысты.

   Бул гәп Муўса алайҳиссаламның қулағына жетип барды. Кейин Муўса алайҳиссалам жолға шықса, адамлардың арасында жүретуғын болды. Адамлар: "Муўса оншама қорқақ болмаса, адамлардың арасына жасырынып алған", деп айтысты.

   Бул гәп те Муўса алайҳиссаламның қулағына жетип барды. Кейин Муўса алайҳиссалам жолға шыққанда адамлардың артында жүретуғын болды. Адамлар және: "Бизлер - қой, Муўса - шопан ба, ҳәммемиздиң артымызда жүрипти", деп айтысты.

   Бул гәп те Муўса алайҳиссаламға жетип барды. Сонда Муўса алайҳиссалам Аллаҳ таалаға: "Я Рәббим, адамлар менен қандай етип жүрсем де, мен ҳаққымда жаман гәплер айта береди. Не ислейин?", деди.

   Аллаҳ таала жуўап берди: "Ҳәй Муўса, адамлар ҳәттеки Мен ҳаққымда да, оның баласы бар, ҳаялы бар, деп жала, өтирик гәплерди тоқыйды, ал сен бендесең ғо..."

   Түсиндирме: Адамлардың гәп-сөзи деп ҳеш ўақытта туўрылықтан шегинбеў керек. Себеби ҳәттеки пайғамбарларды да адамлар өсек гәп қылған екен. Ийманнан узақ болыўда ҳәммеден озып кеткенлер Аллаҳ таала ҳаққында да жала гәплерди айтады. Ал биз Аллаҳ тааланың алдында ким болыппыз?! Пайғамбарлардың алдында ким болыппыз?! Демек бундай адамлардың сөзине итибар берместен, оларға сабыр етип, туўрылықтан аўмай жүре бериўимиз керек екен. Өйткени ҳеш ўақытта адамлардың сөзинен қутыла алмайсаң.

Каналға ағза болыў
@MagzaniyshanUz
#ҳақыйқат

Бир қыз сондай деди: “Тар, келте кийим кийип, боянып жүрген ўақытларымда ҳәмме жигитлер мени қолға киритиў арзыўсында еди, тынбай жақсы көретинин билдирер еди. Узын, әпиўайы кийим кийгенимде ҳеш бир жигит маған нәзер салғанын көрмедим. Сонда билдим, арзан матаның ҳарыйдары көп болар екен. Қымбат матаға болса оны сатып алмақшы болғанлар ғана нәзер салар екен”.



👇👇👇👇👇
♻️ @MagzaniyshanUz