Mag'zaniyshan.uz
1.1K subscribers
6.62K photos
417 videos
1 file
2.07K links
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты, Кегейли районы "Мағзан ийшан" жаме мешитиниң Telegram каналы!
Download Telegram
#аят

Биз елшилерди (пайғамбарларды) тек (адамларға) хош хабар бериўши ҳәм ескертиўши қылып жибергенбиз. Солай екен, ким ийман келтирип, (қәтелерин) дүзетсе, оларға қәўип те жоқ, олар қапа да болмайды.

Анъам сүреси, 48-аят.



👇👇👇👇👇
♻️ @MagzaniyshanUz
#ҳәдис

Расулаллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам сондай деди: “Ким ырысқысы кең болыўын ямаса әжели кешигиўин қәлесе, силаи раҳым қылсын”.
Имам Бухарый рәўияты.

Ағайын-туўысқанлар менен байланысты үзбеген адамның ырысқысы кең болып, өлгенинен кейин жақсы ат қалдырар екен.
(Себеби, әжели кейинге сүрилиўи менен инсан көплеп жақсылықларды әмелге асырады ҳәм өзинен жақсы ат қалдырады).




👇👇👇👇👇
♻️ @MagzaniyshanUz
#уламалар_нәсияты

Имам Шотибий сондай депти:
“Бақтияр инсанның белгилери сол, ибадат оған аңсат қылып қойылады, әмели сүннетке муўапық қылып қойылады, ынталы инсанлар менен сәўбетлес қылып қойылады, бирадарлары менен мәмилеси гөззал қылып қойылады, мусылманларға итибарлы қылып қойылады, ўақтынан үнемли пайдаланатуғын қылып қойылады”.



👇👇👇👇👇
♻️ @MagzaniyshanUz
#уламалар_нәсияты

Ўаситий сондай депти:
“Мөминниң белгилери төртеў:
1. Мүсийбетлерден шағым етпейди.
2. Әмелин хожакөрсинге бежермейди.
3. Адамлардың азарын көтереди, бирақ жуўап қайтармайды.
4. Мәмиле айырмашылығына қарамай, ҳәмме менен келисимде жасайды”.




👇👇👇👇👇
♻️ @MagzaniyshanUz
Инсан өлгенинен кейин:
жүреги 10 минут жасайды;
ақылы 20 минут жасайды;
көзлери 4 саат жасайды;
териси 5 күн жасайды;
сүйеклери 30 күн жасайды;
Солиҳ әмеллери болса есап-китап Күнине шекем жасайды.


Солиҳ әмеллерди қылыўға асығың әзизлер!

♻️ @MagzaniyshanUz
Үмитсиз шайтан

Имам Табаранийден рәўият қылынады:
“Әбиў Фарўа исмли бир адам келип, Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламнан:
— Бастан-аяқ гүнаға батқан, ислемеген жаман иси қалмаған бир кимсе тәўбе етсе, болады ма?-деп сорады.
Расули акрам саллаллаҳу алайҳи ўа саллам, оған:
— Сен мусылман болғансаң ба? – деди..
— Аўа.
— Ондай болса, буннан кейин жаманлықларды тасла, ҳәмийше жақсылық ет. Аллаҳ таала сениң алдыңғы ислеген жаманлықларыңды жақсылыққа айналдырады.
— Барлық қыянет ҳәм судхорлықларымды да ма?
— Аўа.
Ол адам тәкбир айта баслады ҳәм шығып кетти. Алыслап, изинен көринбей қалғанынша тәкбир айтты.

♻️ @MagzaniyshanUz
Ҳәй достым!
Мени бир гүнаҳ якы наҳақлық үстинде көрсең, маған нәсият қылып, туўры жолға басла.
Қысынып қалыўымнан қорықпа, дүньяда бир күн қысынсам қысынайын. Лекин ақыретте бир өмир қысыныўға шыдай алмайман!


♻️ @MagzaniyshanUz
📆 Күнлик ўазыйпа:

Аллаҳумма солли ъала Нәбиййина Муҳаммад
(100 мәрте)

"Шаңарағыңды намаз (оқыў)ға буйыр ҳәм (өзиң де) буған (намазға) сабырлы бол! Биз сеннен ырысқы сорамаймыз. (Керисинше,) Биз саған ырысқы беремиз. Ақыбет (жақсылығы) – тақўалыларға". Тоҳа сүреси, 132-аят

#намаз_ўақытлары

✈️ @MagzaniyshanUz
بِسْــــــــــــــــــــــمِ ﷲِالرَّحْمَنِ الرَّحِيم  

☀️ Әссаламу алайкум ўә роҳматуллоҳи ўә барокатуҳ! 🦋

🦋🦋🦋🦋🦋🦋🦋🦋🦋🦋

Бүгин екшемби🕊
21- Зулҳижжа 1444 ж
9 - Июль 
2023 ж

Күниңиз ҳайырлы ҳәм берекетли болсын!
☘️🌺☘️🌹☘️🌼☘️🌹🍀🌷🌱

 ♻️@MagzaniyshanUz
#күн_аяты

Сизлерде қандай немат болса ол Аллаҳтан.

Наҳл сүреси 53-аят



👇👇👇👇👇
♻️ @MagzaniyshanUz
Дүньядағы ең гөззал жолдас - тасбеҳ.
Ең уллы дос - Қуран.
Ең гөззал муҳаббат - Аллаҳ жолындағы муҳаббат.
Ең уллы қәлиб - мөминниң қәлби.
Ең шын муҳаббат - Жаратыўшының муҳаббаты.
Ең гөззал парыз - намаздың парызы.
Ең гөззал көзжас - Аллаҳтың қорқыўында жылап төгилген көзжас.
Ең уллы ғайратлылық - Аллаҳ тааладан қорыққандағы қәўип.
Ең гөззал қатар - Ләә иләҳә иллаллаҳу Муҳаммадун расулаллаҳ.



👇👇👇👇👇
♻️ @MagzaniyshanUz
~ Қәлбиң тыныш болыўын қәлесең, ҚУРАН оқы...

~ Жәннетте үйиң болыўын қәлесең, ИХЛАС сүресин оқы...

~ Жәннетте сен ушын терек егилиўин қәлесең, "СУБҲАНАЛЛОҲИ ЎӘ БИҲАМДИҲИ"ди көп айт.

~ Жәннетте ғәзийнең көп болыўын қәлесең, "ЛӘӘ ҲАЎЛӘ ЎӘ ЛӘӘ ҚҮЎЎӘТӘ ИЛЛӘӘ БИЛЛӘҲ"ты көп айт...

♻️ @MagzaniyshanUz
#сайлаў

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Шамсуддин Баҳауддинов сайлаўда қатнасып, ел-журт тәғдири ҳәм келешеги ушын мүнәсип талабанға даўыс берди

Бүгин елимизде сиясий байрам, Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы болып өтпекте. Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Шамсуддин Баҳауддинов сайлаўда қатнасыў ушын өз сайлаў участкасына барды. Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлағаннан соң, Қарақалпақстан мусылманлар қазыяты қазысы елимизге тынышлық ҳәм қәтержамлық, молшылық ҳәм берекет тилеп, әмелге асырылып атырған, мине усы сиясий процесс, президентлик сайлаўлары қайырлы ҳәм пайызлы өтиўин сорап, дуўа қылды.
Соң Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Шамсуддин Баҳауддинов өз пуқаралық ҳуқықынан пайдаланып, өзи мүнәсип деп билген талабанға даўыс берди.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Аллаҳтың зикири менен бәнт болыўдың пайдасы

Ким өмирлик ўақтында Аллаҳға, Оның зикирине ҳәм Оның муҳаббаты менен бәнт болса, руўҳы Аллаҳ таман шығып атырғанында ең мүтәж болатуғын нәрсесин табады.
Ким өмирлик ҳәм дени саў ўақтында оннан басқа нәрсе менен бәнт болса, өлими ўақтында Аллаҳ пенен бәнт болыўы қыйынласып, ақыбетте рәббиси тәрепинен инаят ҳәм көмекке ийе болмайды.
Соның ушын ақыллы адам қәлби ҳәм тилин ҳәр қандай жағдайда да сол демде (жан беретуғын ўақтында марҳаматына ерисиў) ушын ҳәм Аллаҳтың зикири менен бәнтликти өзине лазым тутсын. Себеби оны өткерип жиберер екен, мәңги бақты қара болып қалыўы анық.
Аллаҳтан Өзиниң зикири, шүкири ҳәм гөззал ибадатына ылайық қылыўын сорап қаламыз.



👇👇👇👇👇
♻️ @MagzaniyshanUz
#ҳикмет

Дүнья муҳаббаты сени ақырет ышқынан бурып қоймасын. Аллаҳ алдындағы нәрселер (яғный, Ақырет неьматлары - дүнья маталарынан) жақсырақ ҳәм мәңгирек.



👇👇👇👇👇
♻️ @MagzaniyshanUz