#мағлыўмат
Не ушын азан айтылатуғын минаралар үстине таза шыққан ай белгиси қойылады?
Мыс ямаса соған уқсас металлдан жасалған таза ай пишининиң минаралар үстине қойылыўынында символлық мәниси бар. Таза айдың ашық таманы қублаға қараған болады. Бул менен мешит әтирапы ямаса мешит әтирарынан өтип баратырғанларға қубла қайсы тәрепте екени көринип турады. Мәселен, мешит ишинде қубланы меҳрабтан билип аламыз. Мешиттиң сыртында болса айдың ашық тәрепине қарап қубла қайсы таманда екени билип алынады. Минараның жоғарысына айсыман белгини қойыўдан мақсет мине сол.
👇👇👇👇👇
♻️ @MagzaniyshanUz

Имам Бухарый “Жомеьус-саҳиҳ”ты жыйнаў ушын жигитлик дәўириниң 16 жылын елинен узақта, сапарда өткизди. Усы китапты жәмлеўде ҳешқайсы муҳаддис ҳәм алым қалдырмай, ҳәммесиниң алдында болды. Өзлери рәўият қылған сөзлерге көре, ол мыңнан көбирек алымның алдында болған. Ҳәтте бирғана ҳәдисти деп басқа еллерге сапар қылған.
“Имам Бухарый басып өткен жоллар жәмленсе, жерди еки мәрте басып өтиўге жетеди”, делиген. Ол усы илим жолында ертеме кеш тынбай изленген. Имам түнде ояным, шырақларын жағып, бираз жазар еди, соң және уйқыға кетер еди. Кейин ҳатыраларына және бир нәрсе келип қалса, орынларынан турып, және шырағын жағар еди. Ҳәтте айырым ўақытлары бир түнде жигирма мәртеге шекем шырақты өширип-жаққанлары рәўият қылынған.
✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨

Қураны Кәриймде айтылған алты жағдай бар, усы жағдайларда кисиге бахытсызлық жетпейди.
Олар:
1. Ата-анаға жақсылық қылғанға бахытсызлық жетпейди:
(وَبَرًّا بِوَالِدَتِي وَلَمْ يَجْعَلْنِي جَبَّاراً شَقِيّاً)
яғни: "Сондай-ақ, (мени) анама мийирман қылды. Мийримсиз, бахытсыз қылмады." (Мәрям сүреси, 32-аят).
2. Дуўа еткенге бахытсызлық жетпейди
(وَلَمْ أَكُن بِدُعَائِكَ رَبِّ شَقِيّاً)
яғни: "(былай) деди: «Я Рәббим! Мениң сүйеклерим мортласты, ғарррылықтан басыма (шашыма) ақ түсти. Я Рәббим! Мен Саған дуўа қылып (ҳеш қашан) бахытсыз болмағанман." (Мәрям сүреси, 4-аят).
3. Қуран оқығанға бахытсызлық жетпейди:
مَاۤ اَنۡزَلۡـنَا عَلَيۡكَ الۡـقُرۡاٰنَ لِتَشۡقٰٓى
яғни: "(Аллаҳ) айтты: «Оннан (жәннеттен) екеўиңиз де түсиң. Сизлер бир-бириңизге – душпансыз. Мен тәрепимнен ҳидаят келгенде, ким ҳидаятыма ерсе, онда ол адаспайды, бахытсыз да болмайды." (Тоҳо сүреси, 2-аят).
4. Ҳидаятқа ергенге бахытсызлық жетпейди:
فَمَنِ اتَّبَعَ هُدَاىَ فَلَا يَضِلُّ وَلَا يَشۡقٰى
яғни: "ким ҳидаятыма ерсе, онда ол адаспайды, бахытсыз да болмайды."" (Тоҳо сүреси, 123-аят).
5. Аллаҳтан қорыққанға бахытсызлық жетпейди:
سَيَذَّكَّرُ مَنۡ يَّخۡشٰىۙ وَيَتَجَنَّبُهَا الۡاَشۡقَىۙ
яъни: "Әлбетте, Оннан (Аллаҳтан) қорқатуғын ғана еслейди, Бахытсыз ғана оннан (еслетпеден) шетте болып," (Аъла сүреси, 10-11-аятлар).
6. Тақўа қылғанға бахытсызлық жетпейди:
فَاَنۡذَرۡتُكُمۡ نَارًا تَلَظّٰىۚ لَا يَصۡلٰٮهَاۤ اِلَّا الۡاَشۡقَىۙ الَّذِىۡ كَذَّبَ وَتَوَلّٰىؕ وَسَيُجَنَّبُهَا الۡاَتۡقَىۙ
яъни: "Солай екен, сизлерди (Қуран ҳәм пайғамбар арқалы) лаўлаған дозақтан ескерттим. Оған бахытсыз (адам) ғана киреди. Ол (динди) жалғанға шығарып, (итааттан) жүз бурған болса. Әлбетте, тақўалы адам оннан (дозақтан) узақластырылады." (Лайл сүреси, 14-17-аятлар).
Аллаҳ таала бәршемизди дүнья ҳәм ақыретте саадатлы қылсын. Әмийн

#мағлыўмат #еслетпе
✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨
👇👇👇👇👇
♻️ @MagzaniyshanUz
Қурбан ҳайыт байрамы зулҳижжа айының 10-күни мағлыўмат ушын бүгин зулқаъда айының 9-күни есапланады. Зулҳижжа айының дәслепки он күни ең пазыйлетли, ҳәдислерде сол он күн ишинде қылынған әмеллердиң саўабы оғада жоқары екени айтылған.
(
Айдың шығыўына қарап +/- бир күнге озгериўи мүмкин.)✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨
👇👇👇👇👇
♻️ @MagzaniyshanUz
#мағлыўмат #зикир
“Мәшааллаҳ”, “Иншәаллаҳ”, “Субҳаналлаҳ”…
Бул сөзлердиң мәнисин билесизбе?
Келиң олардың мәниси менен танысамыз.
“Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳим” - ҳәр бир жақсы исти усы сөзлер менен баслаймыз.
Мәниси: “Меҳрийбан, рейимли Аллаҳтың исми менен”.
“Субҳаналлаҳ” - әжеплениў, таңланыў аңлатпасы.
Мәниси: “Аллаҳ ҳәр қандай нуқсанлардан пәкдур”.
“Аллаҳу әкбар” - Аллаҳ уллы.
“Мәшааллаҳ” - заўық алыў, таң қалыў аңлатпасы.
Бир жақсы нәрсени көргенде көзиңиз тиймеўи ушын да “Мәшааллаҳ”, деў керек.
Мәниси: “Аллаҳтың қәлеўи”.
“Әлҳамдулиллаҳ” - Аллаҳ тааланың неьматларына шүкир айтқанда, утыслар, жетискенликлер ҳаққында айтылғанда сондай-ақ, “Жумыслар қалай?”, “Ден-саўлығың жақсыма?” киби сораўларға жуўап берилгенде шүкир келтириў.
Мәниси: “Аллаҳ таалаға ҳәмдлер болсын!”
Шүкиргенде де “Әлҳамдулиллаҳ”, деў керек. Буны еситкен адам “Ярҳамукаллаҳ” (Аллаҳ сизге раҳым қылсын) деп жуўап қайтарыў керек. Шүкирген адам оған жуўап ретинде: “Яҳдийкумуллаҳ” (Аллаҳ сизди ҳидаят қылсын), дейди.
“Әстағфируллаҳ” - “Аллаҳ мени кеширсин”, “Аллаҳтан мағфират сорайман”.
“Иншааллаҳ” - енди болатуғын, қылмақшы болған исти Аллаҳ тааланың қәлеўине байлаў.
Мәниси: “Аллаҳ қәлесе” (“Қудай қәлесе”).
Ләә иләҳә иллаллаҳ Муҳаммадур Расулуллаҳ - Аллаҳтан басқа илаҳ жов, Муҳаммад Аллаҳтың Расулы.
Жәзәәкумуллаҳу хойрон - Аллаҳ сизди жақсылық пенен сыйласын.
Ўә ийякум - Сизге де.
Бәәракаллаҳ - Аллаҳ сизге берекет берсин.
Тақоббалаллаҳ - Аллаҳ қабыл қылсын.
Иннә лиллааҳи ўә иннәә илайҳи рожиъуўн - Бәршемиз Аллаҳтикимиз, бәршемиз Оның алдына қайтамыз.
Нәъуузубиллаҳ - Аллаҳ асырасын.
Тәўаккалту ъалаллаҳ - Аллаҳқа тәўекел.
Ораза - бир нәрседен өзин тыйыў. Таң атқаннан күн батқанша нийет пенен оразаны ашыўшы нәрселерден өзин тыйыў.
Тараўиҳ - рәҳәт-дем алыў деген мәнини аңлатады. Рамазанда бийдар болып оқылатуғын намаз. Бул намаз дем алыў есапланады, ҳәр төрт ракатты оқып болғаннан кейин дем алынады.
Ләйләтул Қәдир - “Қәдир түни”. Бул мүбәрек кеше “Қәдир” деп айтылыўының еки түрли мәниси бар. Бириншиси “қәдир”, яғный қәдири уллы, екиншиси “қадар”, яғный бенделердиң қадарын белгилеў. Себеби Қәдир кешеси қәдири уллы кеше. Қәдир кешеси бенделердиң бир жыллық қадарлары - тағдирлери белгиленетуғын кеше.
Питир садақасы - Рамазаннан питирге (аўыз ашықлығына) шығыў мүнәсибети менен берилетуғын садақа.
Фидя - сөзликте мәниси “пидә қылыў” болып, шәрият ҳүкимине көре, мәлим бир нәрсениң орнына мал сарыплаў “фидя бериў” дейиледи.
Саллаллаҳу алайҳи ўә саллам - ол затқа Аллаҳтың салаўату сәлеми болсын (әнбиялардың, әдетте Муҳаммад алайҳиссаламның исмлери келгенде айтылатуғын салаўат)
Алайҳиссалам - ол затқа Аллаҳтың сәлеми болсын (пайғамбарларға айтылады)
Разияллаҳу анҳу - Аллаҳ оннан разы болсын (саҳабаларға айтылады)
Раҳматуллаҳи алайҳ - оған Аллаҳтың раҳматы болсын (әдетте өмирден өткен уллы затларға айтылады)
Раҳимаҳуллаҳ - Аллаҳ оған раҳым қылсын (әдетте өмирден өткен уллы затларға айтылады)
Ҳафизаҳуллаҳ - Аллаҳ оны ҳифзу қорғаўында сақласын (әдетте ҳүрметли инсанларға тири ўақытында айтылады)
✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨

Мусылманман деген киси Пайғамбарымызды өз Ата-анасын танығандай таныўы зәрүр!
Пайғамбарымыз Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам, 6-әсирде миладий 571-жылда, рабиул-әўўәл айының 12-күни, дүйшемби күни Мекке қаласында туўылған, 40 жасында нәбий болған ҳәм миладий 634 жылы, ҳижраттың 10-жылы, рабиул әўўәл айының 12-күни дүйшемби күни Мадинада 63 жаста қайтыс болған. 99 исми бар соннан 4 теўин әлбетте билиўимиз керек:
1-Муҳаммад
2-Мустафа
3-Маҳмуд
4-Аҳмад
Жәми 11 ҳаялы 2 шорысы болған.
Расулуллаҳтың ҳаялларының исимлери:
1-Ҳадиша бинти Ҳуўайлит
2-Саўда бинти Зама
3-Айша бинти Әбиў Бәкир
4-Ҳафса бинти Умар
5-Зайнаб бинти Ҳузайма
6-Умму Салама бинти Әбиў Умайя
7-Зайнаб бинти Жаҳш
8-Жуўайрия бинти Ҳорис
9-Умму Ҳабиба бинти Әбиў Суфян
10-Сафия бинти Ҳуяй
11-Маймуна бинти Ҳорис
12-(шорысы) Мария Қибтия
13-(шорысы) Райҳона
Пайғамбарымыздың әкесиниң исми Абдуллаҳ. Анасының исми Әмина. Атасының исми Абдулмутталиб (Шайба) 9 әмекиси болған, соннан 5 сеўи Пайғамбар болмасынан алдын қайтыс болған, 4 теўи Пайғамбарлық ўақытларында жасап өткен, исимлери:
1– Әбиў Талиб. (мушрик болған)
2- Ҳамза разияллаҳу анҳу (мөмин болған)
3- Аббас разияллаҳу анҳу (мөмин болған)
4- Әбиў Лаҳаб (мушрик болған)
6 ажапасы болған:
1- София
1- Умму Ҳаким
3- Арўа
4- Барра
5- Отика
6- Умайма
Пайғамбарымыздың 7 перзентлери болған: 4 қыз 3 ул.
Қызларының исми:
1- Умму Кулсум
1- Руқайя
3- Зайнаб
4- Фатима
Улларының исми:
1- Қасым
2- Абдуллаҳ
3- Ибраҳим
тек Ибраҳим улын Мария шорысынан көрген, қалған перзентлерин Ҳадиша Анамыздан көрген.

Бахыт яки бахытсызлық –
🔹Маңлайдың кеңлиги;
🔹Қолдың узынлығы;
🔹Дене ағзаларының дүзилиси, көлеми;
🔹Көздиң реңи;
🔹Билеттеги санлардың бирдейлиги;
🔹Сынық айнаға қараў;
🔹Столдың мүйешине отырыў;
🔹Сипсе яки оқлаў ушы менен түртиў менен жүзеге келмейди!
Дәрамат ҳәм берекетке –
🔹Чайдың үстиндеги көбиклерди шашқа сүртиў;
🔹Оң алақан қышыўы;
🔹Биринши сатылатуғын нәрсениң пулын барлық нәрселерге тийгизип шығыў;
🔹Дем урылған пулды шыжланда сақлаў;
🔹Азанда ҳеш кимге, ҳәтте шаңарақ ағзаларына да пул бермеў тийкар бола алмайды!
Нәзерден (көзден) сақламайды
🔹Дәрўаза төбесине, ҳәўлидеги үстинлерге асылатуғын ҳайўан бас-сыйрақ сүйеги, таға, әдираспан, бурыш киби нәрселер;
🔹Мүшелге қарап усыныс етилетуғын ҳәр түрли реңли таслар;
🔹Қолға, мойынға илинген көзмоншақ, кийимге илип қойылған ошаған яки басқа нәрселер.
Булардың ҳәммеси адамның саламат исенимине ҳәм ийманына кери тәсир ететуғын иллетлер есапланады. Булардан абайлы болың!
Каналға ағза болыў
➡️ @MagzaniyshanUz

Таң аттырсаңыз, кеш болыўын күтип жасамаң, күниңизди жақсы ислер менен өткериўге ҳәрекет етиң.
Еле жетип келмеген келешекти деп, бүгиниңди қуры ойлар менен өткерип қоймаң. Бүгиниңди дүзетсең, ертеңги күниң де жақсы болады.
Жүрегиңизден көре алмаўшылықты шығарып таслаң, душпаншылықты, жек көриўшиликти жоқ етиң.
Маған жақсылық жоқ екен деп адамлардан узақласпаң, ислериңиздиң ҳәммесин есап-китаплы қылың, адамларға бийҳуўда араласыўды кемейтириң.
Китап инсанның ең жақсы жолдасы, солай екен, китаплар менен сәўбетлес болың, илимге жақын болың, мәрипатты дос тутың.
«Өкинбе» китабынан

АШУРА КҮНИ
Ашура күни де берекетли күнлерден есапланады. Онда қылынған ибадатлар да, саўаплы әмеллер де пазыйлетли саналады.
Ашура күнинде қылынатуғын ең үлкен саўаплы әмеллер:
1. Ораза тутыў;
2. Зәкат бериў;
3. Тырнақларды алыў;
4. Ғусыл қылыў;
5. Наўқасты көриўге барыў;
6. Алымлардың алдына барып, нәсият еситиў;
7. Жетимлерге саўғалар берип, ғамхорлық көрсетиў;
8. Кийим иҳсан қылыў;
9. Жаназа намазына қатнасыў;
10. Силаи раҳм;
11. Төрт рәкат нәпил намаз оқыў;
12. Шаңарағына кеңшилик, байрам қылып бериў;
13. Қарыз бериў;
14. Адасқан адамға жол көрсетиў;
15. Ифтарлық бериў;
❗️Ашура күни 2023-жылдың 28-июль, жума күнине туўры келеди.❗️
✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨

ҚУРАН ОҚЫЎДЫҢ ПАЙДАЛАРЫ
Алымлардың анықлаўына қарағанда, Қуран оқып жүретуғын адам руўхый кеселликлерден жоқары дәрежеде қорғанған болады.
Буннан тысқары:
- Қуран оқыйтуғын адам жеңиллик сезеди, кеўли тыныш болады;
- Қуран оқыў иммунитетти көтереди;
- Қуран оқыйтуғын адам руўхый күшли болады;
- Қуран оқыйтуғын адамға жүрек кеселликлери қәўип салмайды;
- Қуранды китаптан қарап оқыў көзге зыян болмайды, ал керисинше пайда береди;
- Еслеп қалыў қәбилийети асады;
- Дүньяқарасы, пикирлеў шеңбери кеңейеди;
- Инсанның өзине исенимин асырады;
- Дурыс шешимге келиў қәбилийетин пайда етеди;
- Жалғаншылық, ашкөзлик, ғыйбат, дәмегөйлик сыяқлы иллетлерди жоқ етеди;
- Қуранды тәжўид пенен оқыў сөзлерди тегис ҳәм дурыс айтыўды үйретеди;
- Қуран оқыў тамақ аўырыўларына ем болады;
- Қуран оқыған адам орынсыз ўасўасаға түспейди;
- Қуран оқыў бас аўырыўына шыпа болады.
🤲 Я Рәббим бизлерди Қуранға муҳаббатлы қыл!
@MagzaniyshanUz