KRuz.uz |Рәсмий канал
81.2K subscribers
6.5K photos
2.09K videos
63 files
5.56K links
KRuz.uz сайтына мүрәжат жоллаў ушын бот: @kruzu_bot

Реклама ушын: @Rabochiy_akkauunt
Download Telegram
Қарақалпақстанлы жасларға быйыл да қосымша квота берилеме?

Жуўап: Аўа, бериледи.

Президент пәрманына көре, Қарақалпақстанда турақлы жасайтуғын ҳәм де улыўма орта, орта арнаўлы ҳәм профессионал тәлим шөлкемлерин тамамлаған 6 мың 500 жасқа ўәлаятлардағы мәмлекетлик ЖООлар ушын қосымша квота ажыратылыўы белгиленген. Бул қосымша квота төлемли контракт тийкарында болады ҳәм студентлерге ажыратылған тәлим кредитлери бойынша процент төлемлери Тәлим кредитин финанслық тәмийнлеў фонды есабынан қаплап бериледи.

Усы квота быйылғы жылда да ажыратылады. Буны Жоқары билимлендириў министирлиги жуўапкерлери де тастыйықлады.

Тек бир затты билиў керек, бул қосымша квота 56,7 балл ҳәм оннан жоқары балл топлаған, бирақ студентликке усыныс етилмеген (оқыўдан жығылған) абитуриентлерге ажыратылады. Сол себепли мандат шыққаннан кейин жәрияланады.

Яғный мандат шығып болғаннан кейин оқыўға кире алмай қалған қарақалпақстанлы абитуриентлердиң ең жоқары балл алған 6,5 мыңына оқыўға кириў мүмкиншилиги жаратылады.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
47😢7👍6😁3🔥2👏2
👍👍👍👍👍👍👍👍
🤑 100% seshanba — har seshanbada mazali sneklarga 100% keshbek!

Bellissimo Pizza'da har seshanba — o‘zingizni mehmon qiling va bellkoinlar zaxirangizni to‘ldiring.🍕


💥 Sinnamonchalar (8 ta) xarid qiling
💸 Bellkoinlarda 100% keshbek oling!
💰 1 bellkoin = 1 so‘m

Xuddi shunday, butun summa sizning Bellissimo Club'dagi hisobingizga qaytadi. Erib ketmasidan, 7 kun ichida sarflashga ulguring.

📲 Ilovada buyurtma bering

📍 Aksiya barcha restoranlarda va yetkazuv uchun ham amal qiladi.

💳 Bellissimo Club — Bellissimo Pizza sodiqlik dasturi.

Reklama
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
11👏3
Санкт-Петербургта мигрантларға таксистлик қылыў қадаған етиледи

Санкт-Петербург губернаторы Александр Беглов 2025-жыл ақырына шекем патент тийкарында ислеп атырған мигрантларға такси айдаўды қадаған етти.

Бунда жумыс бериўшилерге үш ай ўақыт бериледи. Сол дәўир ишинде олар ҳәзир ислеп атырған мигрант айдаўшылар менен әмелдеги мийнет қатнасларын жуўмақлаўы ҳәм орнына жаңа айдаўшыларды (Россия пуқараларын) жумысқа қабыллаўы мүмкин.

Қарар жәрияланған күннен баслап 10 күн ишинде күшке киреди.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
9😢6👍1🥰1🤔1
Ucell jáne mobil internet tezligi boyınsha jetekshi

Ucell kompaniyası izbe-iz ekinshi jıl Ookla® versiyası boyınsha Ózbekstanda eń operativ mobil internetke iye operator retinde ataldi. Speedtest Intelligence® maǵlıwmatlarına kóre, kompaniya 2024-jıl dawamında hám 2025-jıldıń dáslepki eki shereginde mámlekettegi barlıq operatorlar arasında internet tezligi boyınsha birinshi orındı saqlap kelmekte. Reyting tiykarın Speedtest® qosımshasında paydalanıwshılar arasında ótkerilgen 400 mıńnan aslam test nátiyjeleri quraydı.

Bunday nátiyjege kompaniya tárepinen sońǵı úsh jılda 430 million AQSH dollarınan artıq qarjı kiritiliwi, sanlı xızmetlerdiń jolǵa qoyılıwı, sawda tarmaǵınıń keńeytiriliwi hám 10 million abonent ushın qolay tariflarning engiziliwi sebep boldı. Operatordıń bul jetiskenlikleri telekommunikatsiya salasınıń innovaciyalıq rawajlanıwındaǵı qatań jónelisti sáwlelendiredi. Ucell Ózbekstanda turaqlı sanlı ekonomikanı qáliplestiriwge óz úlesin qosıwdı dawam etpekte.

Reklama
🤔10👍5😁4👏2😱21
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
📱«Халық мүрәжаты» платформасы арқалы Жоқарғы Кеңеске мүрәжәт жоллаў мүмкин болады

Платформаның абзаллығы сонда ол, автомат түрде жумыс алып барады ҳәм Сизиң мүрәжатыңыз платформа арқалы тийисли уйымға иркинишсиз жетип барады.

❗️Халық мүрәжаты платформасыңда суд-ҳуқық мәселелери бойынша мүрәжатлар көрип шығылмайды.

Қосымшаны жүклеп алыў

Мобил қосымша (Android)
👉 murajat.uz

Қосымшаны жүклеп алыў
AppStore (Iphone)
👉 murajat.uz/apple

Телеграм бот арқалы мүрәжәт жоллаў
@xaliqmurajati_bot
@xaliqmurajati_bot
@xaliqmurajati_bot

Телеграм канал:  @xaliq_murajati

🔔 Мағлыўматты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
16🥰1👏1
Пахта жетистириў ушын алынған кредитлердиң бир бөлеги субсидия қылынады

Енди пахта шийки затын жетистириў ушын Аўыл хожалығын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў қорының кредит ресурслары есабынан ажыратылған жеңиллетилген кредитлер бойынша төленген процент төлемлериниң 4% пункти субсидия сыпатында қайтарылады.

Субсидия алыўшы пахта шийки затын жетистириў ушын ажыратылған жеңиллетилген кредитлер ҳәм есапланған процент төлемлерин өним жылының 31-декабрине шекем толық қайтарған болыўы керек.

Арзалар коммерциялық банктиң Бас офиси "Subsidiya.mf.uz" порталы арқалы жибериледи.

Порталда арза қәлиплестирилгеннен соң ажыратылатуғын субсидия муғдары автомат түрде есаплап шығылады.

Субсидия алыўшының салықлар ҳәм мәжбүрий төлемлерден қарыздарлығы болмағанда, субсидия қаржыларынан еркин пайдаланады.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
23🤔2
Ашшы көлди самолёт жәрдеминде химиялық дәрилеў бийкар етилди

Усы жылдың 29-июль күни таңғы саат 05:30 дан 08:00 ге шекем көлге химиялық ислеў бериў режелестирилген еди.

Буған соңғы ўақытлары аймақта шыбынлардың көбейип кеткени ҳәм оларды жоқ қылыў зәрүрлиги себеп болған.

Көлди самолёт пенен дәрилеў ҳаққындағы усыныслар Экология министрлиги тәрепинен кескин бийкарланған. Себеби Ашшы көлде Қызыл китапқа киргизилген 10 нан аслам қус, және басқа да ҳайўан түрлери жасайды. 

- "Самолёт жәрдеминде химиялық дәрилеў тек қуслар ушын емес, адамлардың саламатлығына да унамсыз тәсир көрсетеди. Сондай-ақ, басқа түрлер, әсиресе, көлдеги балықлардың қырылып кетиўине себеп болады", - дейди Қарақалпақстан Экология министри Лейли Сейтова.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
👏32😁1615🔥5
‼️ 1-августтан нелер өзгереди?

🟢 Шығындыдан қарызы барлар электр энергиясы ушын пул төлей алмайды

▪️ Енди ҳәр айдың 3-сәнесине шекем қарыздар абонентлер ҳаққындағы мағлыўматлар Аймақлық электр тармақлары компаниясының биллинг системасына жиберилип, шығынды хызметлеринен қарыздар абонентлерге ҳәр айдың 5-сәнесине шекем 2100 қысқа номеринен СМС-хабарнама жибериледи. Оннан кейин қарыздарлықты сапластырыў ушын 5 күн мүддет бериледи. Бул мүддет ишинде әмелдеги қарыздарлық төлениўи керек.

🟢 ️Айлық ҳәм стипендиялар көтериледи

▪️ 2025-жылдың 1-августынан баслап бюджет шөлкемлери хызметкерлериниң ис ҳақысы ҳәм стипендиялар муғдары 10 процентке көбейтиледи. Бул илажларды әмелге асырыў ушын талап етилетуғын қаржылар бюджет ҳәм Пенсия қорының қаржылары есабынан қапланады.

🟢 Базалық есаплаў муғдары көбейеди

▪️ Мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдары әмелдеги 1 млн 155 мың сумнан 1 млн 271 мың сумға көбейтилди. Базалық есаплаў муғдары болса 412 мың сумға жеткериледи. Әмелде бул 375 мың сумды қураған еди.

🟢 ️Ўәлаят ҳәм район ҳәкимликлеринде ис ҳақы көтериледи

▪️ 16-июнь күни президент басшылығында өткерилген мәжилисте мәмлекет басшысы 1-августтан барлық ўәлаят ҳәм район ҳәкимликлеринде ис ҳақы көтерилетуғынын мәлим етти. Соның менен бирге, хызметкерлерге жумысына қарап айлық үстеме ҳәм қосымша бонус бериледи.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
46🤔10😢7😁4👍1
Қарақалпақстанға киятырған жолаўшы поезди "KamAZ" бенен соқлығысты

Усы жылдың 30-июль күни шама менен саат 16:09 да Бадай ҳәм Беруний станциялары арасындағы 592-километрдеги темиржол кесиспесинде ЖТҲ жүз берди.

Дәслепки мағлыўматларға көре, “KamAZ” жүк машинасы жол ҳәрекети қағыйдаларына итибар бермей, “Әндижан -Қоңырат” бағдары бойынша ҳәрекетленип баратырған жолаўшы поезди алдынан тезлик пенен кесип өтпекши болған.

Ҳәдийсе ақыбетинде жүк машинасы ҳәм поезд арасында авария жүз берген. Нәтийжеде тепловоз релстен шығып кеткен. Бирақ соқлығысыў ақыбетинде жәбирленгенлер жоқ.

Ўақыя орнына тезлик пенен жетип келген оператив топар сорастырыў жумысларын алып барды.

Темиржолшылар өз ўақытында шара көрип, поездтиң барлық жолаўшылары 6 автобуста Нөкис ҳәм Қоңырат қалаларына жиберилди.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
31😱23
Forwarded from texnomart
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
😀😁😂☺️🙂😎

🎉 RAHMART*, hurmatli mijoz! Siz sabab texnomart 17 yoshda!

Shu katta bayram munosabati bilan 1–17-avgust kunlari 1 mln so‘mdan ortiq xarid uchun kafolatlangan sovg'alar va 71% GACHA CHEGIRMALAR taqdim etamiz!

🙂 texnomart – yana kooo'p yillar yaxshilikka buyursin!
___

🎉 RAHMART*, уважаемые покупатели! Благодаря вам texnomart – 17 лет!

В честь этого большого праздника с 1 по 17 августа за покупки от 1 млн сумов мы дарим гарантированные подарки и СКИДКИ ДО 71%!

🙂 texnomart – пользуйтесь на радость еще мнооого-много лет!

71-209-99-44
texnomart.uz

👇Obuna bo'ling: @texnomart
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
7🔥2🥰1
🌳 Ертеңнен баслап экологиялық ҳуқықбузарлықлар ушын жәриймалар да көтериледи

Төменде айырым жәриймалардың жаңа муғдарын билип алың:

🔸 пуқаралардың белгиленбеген орынларға шығынды таслаўы – 412 мың сумнан 1 млн 236 мың сумға шекем;

🔸 жапырақ ҳәм шақаларды ямаса өсимликлердиң қалдықларын жағыў – 1 млн 236 мың сумнан 2 млн 60 мың сумға шекем;

🔸 суўларды патаслаў – 1 млн 236 мыңнан 2 млн 60 мың сумға шекем;

🔸 терек, пута ҳәм басқа да өсимликлерди нызамсыз кесиў, зыян жеткериў, жоқ етиў ямаса басқа орынға көшириў – 10 млн 300 мың сумнан нан 20 млн 600 мың сумға шекем;

🔸 қурылыс майданларында атмосфера ҳаўасын қорғаў талапларына әмел етпеў – 4 млн 120 мың сум;

🔸 сақланыўы қадаған етилген жабайы ҳайўанларды сақлаў – 2 млн 60 мың сумнан 4 млн 120 мың сумға шекем;

🔸 экология уйымлары инспекторының нызамлы жумысына тосқынлық етиў, сондай-ақ, оның көрсетпелерин орынламаў – 2 млн 60 мың сумнан 4 млн 120 мың сумға шекем.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
30👍8😁7😱3🤔1😢1
Bolalar uchun yorqin avgust: Uzum Market’dan qiziqarli g‘oyalar

Avgust – ta’tilning eng faol, esda qolarli davri. Uzum Market bolalar uchun ilmiy, ijodiy va harakatli hordiqni yanada maroqli qilishga yordam beradigan mahsulotlarni bir joyga jamladi. Uzum kartasi bilan esa barcha xaridlarga 30% gacha chegirma mavjud.

To‘plamda nimalar bor:

🔬Kichik olimlar uchun: mikroskoplar, teleskoplar, kimyo, fizika va biologiya bo‘yicha tajribalar uchun mini-laboratoriyalar, kristallar yetishtirish to‘plamlari
🎨Ijodiy o‘yinlar: rasm chizish, plastilin, bezaklar yasash to‘plamlari, kinetik qum
📚 Rivojlantiruvchi mahsulotlar: stol o‘yinlari, komikslar, stikerli kitoblar, grafik romanlar
🎧Gadjetlar: mikrofon, kolonkalar, bolalar kameralari, proyektorlar
🛴Ochiq havo uchun: basseynlar, suzish aylanasi, cho’milish o‘yinchoqlari, velosiped, samokat, rolik, skeytbordlar, ko‘zoynaklar, krem va sochiqlar

Buyurtmalarni Uzum Market ilovasi yoki sayti orqali rasmiylashtirish mumkin. Butun mamlakat bo‘ylab 411 aholi punktiga bir necha kun ichida tezkor yetkazib berish xizmati mavjud. Shuningdek, mahsulotlarni 1129 ta buyurtma topshirish punktlaridan birida tekshirib, keyin to‘lovni amalga oshirish mumkin.

Batafsil

Reklama
13🤔1
Қарақалпақстан Республикасы Прокуроры тайынланды

Аминов Шохрух Азаматович Қарақалпақстан Республикасы Прокуроры лаўазымына тайынланды.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
😢277🤔6👏3😁3😱2