QR Mektepke shekemgi hám mektep bilimlendiriw ministrligi
66.3K subscribers
28.4K photos
2.93K videos
76 files
10.7K links
QR Mektepke shekemgi hám mektep bilimlendiriw ministrliginiń rásmiy telegram kanalı

Isenim tel: (61) 222-94-45

Official website: https://kkbilim.uz/

Múrájat ushın: @QRMSHMBMbot

Korrupciya: https://t.iss.one/bilimlendiriw_Korrupciya_bot
Download Telegram
#Жаслар_айлығы
#Шымбай

"БИЛИМДАНЛАР АРЕНАСЫ" ИНТЕЛЛЕКТУАЛ ОЙЫНЫ ӨТКЕРИЛДИ

❇️ Шымбай районындағы кәсип-өнер мектебинде "Билимданлар аренасы" атамасында интеллектуал ойыны өткерилди.

❇️ Район ҳәкимлиги, Жаслар ислери агентлиги, Жаслар аўқамы Шымбай районлық Кеңеси ҳәм Халық билимлендириў бөлими менен биргеликте өткерилген таңлаўда район аймағында жайласқан мәкеме ҳәм шөлкемлердеги ислеўшилер, оқыўшы-жаслар, нураний устазлар қатнасты.

❇️Усындай интеллектуаллық ойынларды өткериўден мақсет – ҳәр қыйлы тараўларда жумыс ислеп атырған қәнигелердиң, әсиресе, жаслардың тек өз тараўларына байланыслы емес, ал басқа да әҳмийетли мәселелер бойынша билимлерин арттырыў болып есапланады.

❇️ Таңлаўда Халық билимлендириў бөлими баслығы ҳәм мектеп директорлары төреши қурамы ағзасы сыпатында қатнасыўшылардың билимине, логикалық қәбилетине баҳа берди ҳәм жеӊимпазлар анықланды.

❇️ "Жаслар жетекшилери" командасы биринши, "Педагоглар" командасы екинши ҳәм райондағы 42-санлы мектептиң "Оқытыўшылар" командасы үшинши орынды ийеледи.

❇️Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы диплом ҳәм қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Каналымызға қосылыӊ 👉 t.iss.one/kkeduuz 👈
#Жаслар_айлығы

"ӘЖИНИЯЗ ҲӘМ МЕҢЕШ АЙТЫСЫНЫҢ ЕҢ ЖАҚСЫ АТҚАРЫЎШЫСЫ" ТАҢЛАЎЫ ӨТКЕРИЛДИ

❇️Шымбай районында "Жаслар айлығы" шеңберинде 16-30 жас аралығындағы жаслар арасында "Әжинияз ҳәм Меңеш айтысының ең жақсы атқарыўшысы" таңлаўы өткерилди.

❇️Таңлаў нәтийжесинде райондағы 42-санлы мектеп оқыўшысы Султанбек Турсынбаев "Жақсы атқарылған Әжинияз образы ушын" номинациясы менен 1-орынды, райондағы 48-санлы мектеп оқыўшысы Алтынай Кеўлимжаева "Жақсы атқарылған Меңеш образы ушын" номинациясы менен 2-орынды ҳәм райондағы 49- ҳәм 3-санлы мектеп оқыўшылары 3-орынды ийеледи.

❇️Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен мүнәсип сыйлықланды.

Каналымызға қосылың – t.iss.one/kkeduuz
#Фоторепортаж
#Жаслар_айлығы

Хожели районындағы 10-санлы улыӯма орта билим бериӯ мектебинде 4-класс оқыўшылары арасында спорттың шахмат түри бойынша өткерилген жарыстан көринислер.

Каналымызға қосылың – t.iss.one/kkeduuz