DÍQQAT!
"QARAQALPAQSTAN" TELEKANALÍ XABARLAYDÍ
Búgin, 31-oktyabr saat 19:00 de “Qaraqalpaqstan” telekanalında Siziń názerińizge gezektegi «Múnásibet» kórsetiwin názerińizge usınadı.
Onda Respublikamız mekteplerinde baslawısh klass (1-4-klass) oqıwshıların biypul azıq-awqat penen támiyinlew baǵdarında alıp barılıp atırǵan jumıslar hám wazıypalardıń qalay orınlanıp atırǵanlıǵı haqqında sóz etiledi.
Telegram kanalımızǵa aǵza bolıń – t.iss.one/kkeduuz

✍️“Jas kitapqumarˮ tańlawınıń qala hám rayonlıq basqıshları ótkerildi.
🖐“Bes baslama olimpiadası“ sheńberinde búgin barlıq qala hám rayonlarda “Jas kitapqumarˮ tańlawı ótkerildi.
🔹2 shárt 3 jas kategoriyası boyınsha ótkerilgen tańlawda Respublikalıq basqısh qatnasıwshıları anıqlandı.
🚘Esletip ótemiz, “Jas kitapqumarˮ tańlawınıń Respublikalıq basqıshında 1-orın jeńimpazları Prezident sawǵası - Spark avtomobiline iye boladı.
Telegram | Instagram | You Tube | Facebook

#Бес_баслама_шеңберинде
АЎЫЛ БАЛАЛАРЫ МУЗЕЙДЕ
❇️Баслаўыш классларда берилетуғын билим ҳәм тәрбия балалардың келешегин белгилеўде үлкен әҳмийетке ийе. Бүгинги күнде мектеп билимлендириўине қаратылып атырған итибар ҳәм имкәниятлар, келешек әўлад тәлим-тәрбиясында жетиклик тәмийинлеўге қаратылған.
❇️Баслаўыш классларда оқыўшыларға пән сабақлықларын терең үйретиў менен биргеликте, оларды қосымша дөгереклерге тартыў, тәбият қойнына саяхатлар шөлкемлестириў, түрли тарийхый орынлар менен таныстырып барыў, ой-өрисиниң кеңейиўине көмекши болады. Бул бағдарда Президентимиз тәрепинен белгилеп берилген бес әҳмийетли басламаның әҳмийети айрықша.
❇️Нөкис районы халық билимлендириў бөлимине қараслы 7-санлы улыўма билим бериў мектеби баслаўыш класс оқытыўшыларыда «Бес әҳмийетли баслама» шеңберинде өз алдыларына орынланыўы тийис ўазыйпалар белгилеп алған.
❇️Жақында мектептиң баслаўыш класс оқыўшылары класс басшылары менен биргеликте Қарақалпақстанның ең мақтанышлы орынларының бири, жәҳәнде өзиниң бай экспонатлары менен жетекши орында турған И.В.Савицкий атындағы көркем-өнер музейинде саяхатда болды.
❇️Музей хызметкерлериниң мағлыўмат бериўинше бул 1966-жылдан берли халқымызға, пүткил дүнья көркем-өнер сүйиўшилерине хызмет көрсетип келмекте.
❇️Музейден орын алған қарақалпақ халқының әмелий көркем-өнер дөретпелери, Қарақалпақ заманагөй рең-сүўрети ҳәм мүсиншилиги, өзбек ҳәм рус сүўретлеў өнери дүрданаларынан ибарат экспонатлар, кишкенелер қәлбинде үлкен қуўаныш пайда етти.
❇️Музейге саяхат етиў арқалы, тарийх, миллий қәдириятлар ҳәм көркем-өнер ҳаққында дәслепки түсиниклерге ийе болды.
Сәрбиназ Ибадуллаева – Нөкис районы 7-санлы улыўма билим бериў мектебиниң баслаўыш класс оқытыўшысы.
Каналға қосылың – t.iss.one/kkeduuz

“INFOLIB – 2022” XI мәлимлеме-китапхана ҳәптелигине старт берилди
❇️Мойнақ районы Мәлимлеме китапхана орайы тәрепинен “INFOLIB ÓZBEKSTAN – 2022” XXI мәлимлеме-китапхана ҳәптелигиниң ашылыў салтанаты шөлкемлестирилди.
❇️Кешеге Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы ағзасы, “Дослық” ордени ийеси, шайыра Күнсулыў Насырова, Мойнақ районы Мәлимлеме китапхана орайы хызметкерлери, Халық билимлендириў бөлимине қараслы улыўма орта билим бериў мектеплериниң китапханашылары ҳәм китапқумар оқыўшы-жаслар қатнасты.
❇️Сондай-ақ, сәне мүнәсибети менен иллюстратив китаплар көргизбеси шөлкемлестирилди.

УСЫ ҲӘПТЕДЕН МЕКТЕП ОҚЫЎШЫЛАРЫ УШЫН ГҮЗГИ ДЕМ АЛЫС БАСЛАНАДЫ
✅Мектеп оқыўшылары ушын 1-шеректиң соңғы күни 3-ноябрьге туўра келип, 4-ноябрь күни гүзги дем алыстың дәслепки күни болып есапланады.
✅Дем алыс 6 календар күн, яғный 9-ноябрьге шекем даўам етеди.
✅2-шерек болса, 10-ноябрьден басланады.
❗️Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 15-марттағы 140-санлы қарары менен тастыйықланған Режеге муўапық, оқыўшылар ушын дем алыс күнлери төмендегише белгиленген:
👉гүзги дем алыс – 4-ноябрьден баслап 6 календар күн;
👉қысқы дем алыс – 28-декабрьден баслап 14 календар күн;
👉бәҳәрги дем алыс – 21-марттан баслап 7 календар күн;
👉жазғы дем алыс – ақырғы басқышлы қадағалаў сынағы өткерилген күннен (басқышлы қадағалаў өткерилмейтуғын класслар ушын оқыў жылы таўсылған күннен кейинги күннен) баслап 1-сентябрьге шекем.
☝️1-класс оқыўшылары ушын болса, февраль айы даўамында қосымша бир ҳәптелик дем алыс белгиленеди.