#adminnen
Жүреклер бирлескенде, жүректеги китаплар да сөзсиз бир-бирин табысар екен ❤📚
t.iss.one/kitap_al_qr
Жүреклер бирлескенде, жүректеги китаплар да сөзсиз бир-бирин табысар екен ❤📚
t.iss.one/kitap_al_qr
👍11🤩8❤3
#Poeziya
ПАРА
Бир иллет бар "пара" деген,
Береди екен, алады екен,
Ҳарам қоллар қалтырамай,
Қалтасына салады екен.
Бермегенлер қала берер,
"Билмегенлер бара берер,
Билген адам пара берер", -
Деп журт нақыл қылады екен.
Ҳәзир жүдә көп айтады,
"Гүжип кетти" деп айтады,
Еситкенлер "тоба" айтады,
Алған омма урады екен.
Халық айтса қалпы айтпас,
Болмағанды жалпы айтпас,
Гөр өгиз балтадан қайтпас,
Гүйсеместен жутады екен.
Берген адамына пайлы,
Алғанлардың иши майлы,
Жоллары бар қыйлы - қыйлы,
Бериўшилер биледи екен.
Бергенлер де тек жүрмейди,
Алғаннан пәнт жеп жүрмейди,
Қыпсалы сыр көп жүрмейди,
Журтқа әшкара болады екен.
Үйине барғанын айтып,
Қаншама бергенин айтып,
Жумысы питкенин айтып,
Ертең өзи - ақ жаяды екен.
Биреўлер бар - жырып жейди,
Биреў - ийттей үрип жейди,
Ақыллысы - бөлип жейди,
Сөйтсе жақсы сиңеди екен.
Өлерменлер қалта аңлыйды,
"Бере ме" деп жалтаңлайды,
Көп жегенлер талтаңлайды,
Көзине май питеди екен.
Қабат - қабат жайлар салып,
Балларына машын алып,
Заң закон пияда қалып,
Бәндиргиде турады екен.
Бул илеттиң тәпси урғанлар,
Мут дүньяны қапсырғанлар,
"Тутасаң" деп тапсырғанлар,
Тута алмаған болады екен.
Ҳарамсынбай алып - алып,
Ақыбети барып - барып,
Артық дүнья көз шығарып,
Бир бәлеге шатады екен.
Август 1994-жыл. Ибрайым Юсупов
t.iss.one/kitap_al_qr
ПАРА
Бир иллет бар "пара" деген,
Береди екен, алады екен,
Ҳарам қоллар қалтырамай,
Қалтасына салады екен.
Бермегенлер қала берер,
"Билмегенлер бара берер,
Билген адам пара берер", -
Деп журт нақыл қылады екен.
Ҳәзир жүдә көп айтады,
"Гүжип кетти" деп айтады,
Еситкенлер "тоба" айтады,
Алған омма урады екен.
Халық айтса қалпы айтпас,
Болмағанды жалпы айтпас,
Гөр өгиз балтадан қайтпас,
Гүйсеместен жутады екен.
Берген адамына пайлы,
Алғанлардың иши майлы,
Жоллары бар қыйлы - қыйлы,
Бериўшилер биледи екен.
Бергенлер де тек жүрмейди,
Алғаннан пәнт жеп жүрмейди,
Қыпсалы сыр көп жүрмейди,
Журтқа әшкара болады екен.
Үйине барғанын айтып,
Қаншама бергенин айтып,
Жумысы питкенин айтып,
Ертең өзи - ақ жаяды екен.
Биреўлер бар - жырып жейди,
Биреў - ийттей үрип жейди,
Ақыллысы - бөлип жейди,
Сөйтсе жақсы сиңеди екен.
Өлерменлер қалта аңлыйды,
"Бере ме" деп жалтаңлайды,
Көп жегенлер талтаңлайды,
Көзине май питеди екен.
Қабат - қабат жайлар салып,
Балларына машын алып,
Заң закон пияда қалып,
Бәндиргиде турады екен.
Бул илеттиң тәпси урғанлар,
Мут дүньяны қапсырғанлар,
"Тутасаң" деп тапсырғанлар,
Тута алмаған болады екен.
Ҳарамсынбай алып - алып,
Ақыбети барып - барып,
Артық дүнья көз шығарып,
Бир бәлеге шатады екен.
Август 1994-жыл. Ибрайым Юсупов
t.iss.one/kitap_al_qr
🔥4👍2⚡1
👍1
#qosımsha
Sizde bos turǵan, qurı turǵan, kerek emes, shiferdiń basında turǵan, xladovkada turǵan, qaltada turǵan hám basqa-basqa usıǵan uqsas jerlerde turǵan (yaki jatırǵan) kitaplar bolsa biz benen baylanısıp kanalǵa satıwǵa qoysańız boladı. Kanalǵa kitap jaylastırıw biypul. Ózińiz satasız, pulın ózińiz alasız, kitaptı qardarına jetkerip beriw de sizdiń minnetlemeńiz sheńberinde. Siz ushın kerek emes bolǵan kitaplar basqa birew ushın qádirli múlkke aylanıwı múmkin. Qaraqalpaqstan boyınsha barlıq rayonlardan biymálel kitaplardı satıwǵa qoysańız boladı.
Baylanıs ushın: @kitap_al_admin

👍5❤4