#ашык_саубет
ГЕЗЕКТЕГИ ҚАБЫЛЛАЎ ЖҮЗИМБАҒТА ӨТКЕРИЛДИ
✍️Тастыйықланған режеге муўапық, Кегейли районы ҳәкими Д.Утемуратовтың пуқаралардың мүрәжатларын қабыл етиў бойынша нәўбеттеги қабыллаўы Жүзимбағ аўыл пуқаралар жыйынында ɵткерилди.
Қабыллаў даўамында аймақ турғынларының бир қатар турмыслық мәселелерге байланыслы мүрәжатлары қабыл етилип, олардың айырымларына сол орынның ɵзинде унамлы шешимине ерисилди.
Қалған мурәжатлардың орынланыўы бойынша жуўапкер тараў басшыларына тапсырмалар берилип, орынланыўы тийисли тәртипте қадағалаўға алынды.
Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
https://t.iss.one/kegeylirkuzofficial

#Ашык_саубет
ЖУМА: ПУҚАРАЛАРДЫҢ МУРӘЖАТЛАРЫ ҚАБЫЛ ЕТИЛДИ
Хабарыңыз бар, ҳәр ҳәптениң жума күни район ҳәкими Д.Утемуратов ҳәм сектор басшыларының пуқаралардың мүрәжатларын қабыл етиў күни етип белгиленген.
Усы мүнәсибет пенен бүгин райондағы 11-санлы Балалар музыка ҳәм кɵркем-ɵнер мектебинде пуқаралардың мүрәжатларын қабыл етиў бойынша нәўбеттеги қабыллаў болып ɵтти.
Қабыллаўға районның барлық аймақларынан келген пуқаралар ɵзлериниң бәнтлик, үй-жай, комунналлық хызметлер, банк кредитлери ҳәм басқа да турмыслық машқалаларға байланыслы болған мүрәжатлары менен қатнасты.
Қабыл етилген жәми 19 мүрәжаттан 8 мүрәжат сол орынның ɵзинде унамлы шешилип, қалған мүрәжатларды үйренип шығыў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берилди.

@kegeylirkuzofficial

Бүгин район ҳәкимлигиниң мәжлислер залында район ҳәкими Д.Утемуратов қатнасыўында сектор басшылары менен биргеликте ҳуқық қорғаў тараўы ўәкиллери менен ушырасыў шөлкемлестирилди.
Онда Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Жәмийет қәўипсизлиги концепциясын тастыйықлаў ҳәм оны әмелге асырыў илажлары ҳаққында"ғы ПП-27-санлы Пәрманында белгилеп берилген ўазыпалардан келип шығып, ҳуқық қорғаў уйымлары ҳәм тийисли мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкемлер менен биргеликте әмелге асырылатуғын иләжлар кең түрде додаланып алдағы ўазыйпалар белгилеп алынды.
Сондай-ақ, район ҳәкими тәрепинен ишки ислер бөлими ҳуқықбузарлықлар профилактикасы бөлимшесиниң профилактика инспекторлары менен ашық сәўбетлесиў өткерилип, район аймағында жынаятшылықты болдырмаў ҳәм жынаяттың келип шығыўына тийкар болатуғын машқалаларды өз ўақтында анықлаў ҳәм сапластырыў мәселелери бойынша өз-ара пикир алмасылды.

КЕГЕЙЛИ РАЙОНЫ ҲӘКИМИ РАЙОНДАҒЫ БИЛИМЛЕНДИРИЎ ШӨЛКЕМИ БАСШЫЛАРЫ МЕНЕН БИЛИМ САПАСЫН АСЫРЫЎ БОЙЫНША УШЫРАСТЫ
⚡️5-апрель күни Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев басшылығында халық билимлендириў тараўында әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжелигине арналған кеңейттирилген мәжилисте белгилеп берилген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде бүгин район ҳәкими Д.Утемуратов тәрепинен халық билимлендириў бөлимине қараслы шөлкемлердиң басшылары менен ушырасты.
Ушырасыўда район ҳәкими мектеплерде руўхый орталықты жақсылаў, кийиниў мәденияты ҳәм билим сапасын асырыў мақсетинде тәжирийбели кадрлар менен толықтырыў кереклиги атап өтилди.
Системада алып барылып атырған жумысларды жетилистириў ҳәм кемшиликлерди сапластырыў бойынша ўазыйпалар белгиленип алынды.
Кегейли районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Район ҳәкими өзи аталыққа алған жаслар менен жақыннан сәўбетлесип, машқалаларын үйренди
Бүгин Кегейли районы ҳәкими Д.Утемуратов район аймағындағы өзине бириктирилген жаслардың мүрәжатларын тыңлаў ҳәм машқалаларын сапластырыў мақсетинде аталыққа алынған жаслар менен ушырасты.
Ашық сәўбет тәризинде өткен ушырасыўда жаслар өзлериниң машқалалары менен бир қатарда пикир ҳәм усынысларын билдирди.
Район ҳәкими жаслардың қызығыўшылықларынан келип шыққан ҳалда оларды кәсипке бағдарлаў, арнаўлы курсларда оқытыў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў илажлары көрилетуғынлығын айрықша атап өтти.

👍15🎉1