Kegeyli.uz/Рәсмий канал
6.84K subscribers
31.1K photos
3.21K videos
63 files
4.97K links
Кегейли районы ҳәкимлиги:
Веб-сайт:kegeyli.uz
Instagram:https://instagram.com/press_kegeyli
Facebook:https://www.facebook.com/profile.php?id=100092522532363
Youtube:https://www.youtube.com/@kegeylirayonhakimligimalim5947
Мүрәжат ушын:@kegeylipress
Download Telegram
#Оператив #Рәсмий

⚡️⚡️⚡️Өзбекстанда коронавирусты жуқтырғанлар саны 50 ге жетти.

Бул инфекция шет елде болып қайтқан наўқас пенен байланыста болған және бир пуқарада анықланған.


Бул хаққында Денсаўлықты сақлаў министирлиги
Жәмийетшилик пенен байланыслар бөлими хабар береди.

@kegeylirkuzofficial
#Оператив #рәсмий

🦠🦠🦠 2020-жыл 11-апрель саат 14:30 жағдайына кɵре, Өзбекстанда коронавирус инфекциясы менен наўқасланғанлар саны 729 адамға жетти.

----------------------------------

2020 йил 11 апрель соат 14:30 ҳолатига кўра, Ўзбекистонда коронавирус инфекцияси қайд этилганлар сони 729 нафарни ташкил қилмоқда.

----------------------------------

По состоянию на 11 апреля 2020 года 14:30 часов в Узбекистане число случаев заражения коронавирусной инфекцией составляет 729.

Дерек: @ssvuz
#Рәсмий_мүнәсибет

Усы жылдыӊ 19-июнь күни «Ел хызметинде газетасы» телеграмм каналында «Өлмейтуғын темаға айланбақта…» атамасында сын материал жәрияланды.

Жәрияланған материал бойынша Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль жоллары аймақлық бас басқармасы төмендегише мәлим етеди.

Материалдағы сөз етилген жол республикалық әҳмийеттеги 4Р-178 автомобиль жолы болып, усы жолдыӊ 0-33-км. аралығында эксплуатация жумысларын алып барыўға Кегейли районы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы бириктирилген болып, «Қумшунгул темир жол станциясы – Қазанкеткен аўылы» автомобиль жолыныӊ 0 – 33 км аралығында 2021-жылда күнделикли оӊлаў жумысларын алып барыў ушын қаржылар ажыратылған. Бул қаржылар Кегейли районы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы тәрепинен 2020-жыл ажыратылған лимиттен тысқары исленген жумыс көлемине 4Р-178 автомобиль жолыныӊ 8,8 км.де жайласқан көпирдиӊ күнделикли оӊлаў жумысларына жумсалды. Усы жолдыӊ 20-33 км. аралығында 2021-жылдыӊ май – июнь күнделикли оӊлаў жумыслары алып барылды ҳәм қара қаплама (чёрная масса) менен толтырылды. Сондай-ақ, 10-13 км аралығында жолдыӊ үстинги қатламы қырып алынып, жаӊадан қара қаплама жатқызылды.

Тийкарынан сын материалда усы 4Р-178 автомобиль жолыныӊ 9–10 км аралығы сөз етилген болып, бүгинги күнде ҳақыйқаттан да оӊлаўға мүтәж жағдайға келип қалған. Жеткерип бериўши тәрепинен битум материалы жеткизип берилиўи менен қосымша ажыратылатуғын қаржылар есабынан автомобиль жолындағы кемшиликлер сапластырылатуғынлығын мәлим етемиз.

Буннан тысқары, 4Р-178 автомобиль жолыныӊ 33-66км. лери Бозатаў жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы балансында есапланады. Бозатаў жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасының бүгинги күндеги күнделикли оңлаў ҳәм басқа да жумысларының «алдынғы көрсеткишлери» ҳаққында тез арада мағлыўмат берип өтетуғынлығымыз ҳаққында мәлим етемиз.

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың 👇👇👇
Telegram | Facebook | Web sayt | Youtube | Twitter
#Рәсмий_жуўап

“Ел хызметинде” газетасы редакциясының телеграм каналы арқалы Кегейли районы “Абат” АПЖ аймағында “Ун неге тунде сатылып атыр?” атамасындағы материал жәрияланған еди. Бул бойынша тийисли тәртипе үйрениў алып барғанымызда “Абат” АПЖ аймағындағы пуқараларға қолайлы шараятлар жаратыў, пахта жыйым –терим мәўсиминде белсене қатнасып атырған теримшилердиң пикир усынысларын есапқа алған ҳалда АПЖ аймағында ун саат 17:00 ден баслап сатыўға қойылғанлы мәлимленди. https://kegeyli.uz/4026.html

Кегейли районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети

@kegeylirkuzofficial
#Рәсмий_мүнәсибет
СОЦИАЛЛЫҚ ТАРМАҚТАҒЫ МҮРӘЖАТ УНАМЛЫ ШЕШИЛДИ

Усы жылдың 11-март күни социаллық тармақлар арқалы Кегейли районы "Жалпақ жап" АПЖ Бақсы аўылында жасаўшы пуқара тәрепинен жолланған мүрәжат жәрияланды.

Мүрәжатта аймақтағы ТФ208 трансформаторынан ток алатуғын номерсиз еки сым ағаш қулайын деп турғанлығы атап өтилген.

Бул бойынша Кегейли районы ҳәкимлиги ҳәм районлық Электр тәмийинлеўши тәрепинен үйрениў жумыслары алып барылып, жарамсыз аўҳалдағы электр бағаналары жаңасына ɵзгертилип мүрәжат унамлы шешим тапқанлығын мәлим етип билдиремиз.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
#Рәсмий_мүнәсибет
ЖӘМИЙЕТШИЛИК ПИКИРИ ИТИБАРЫМЫЗДА

Социаллық тармақларда көпшиликтиң талықлаўына себепши болған Кегейли районы "Бахытлы" мәкан пуқаралар жыйынында Әндижан ўәлаяты ҳәкимлигиниң қәўендерлигинде қурып питкерилип, пайдаланыўға тапсырылған китапхана имаратының "ZAHIRIDDIN MUHAMMAD BOBUR NOMIDAGI AXBOROT KUTUBXONA MARKAZI" атамасы район ҳәкими Д.Утемуратовтың усынысы менен "ZAHIRIDDIN MUHAMMED BABUR ATÍNDAǴÍ MÁLIMLEME KITAPXANA ORAYÍ" деп латын жазыўы тийкарында қарақалпақ тилине өзгертилди.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Рәсмий
#Брифинг

Сораў: 2023-жыл 1-январдан баслап кимлердиң пенсиясы көбеймекте

Сораўға Бюджеттен пенсия хоры Кегейли районлық бөлими баслығының орынбасары Алишер Базарбаев жуўап береди.

@kegeylirkuzofficial
👍18🔥3
#Рәсмий_хабар

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНДАҒЫ УЛЫӮМА БИЛИМ БЕРИӮ МЕКТЕПЛЕРИНДЕ 12-ЯНВАРЬ КҮНИНЕН БАСЛАП ДӘСТҮРИЙ ТӘРИЗДЕ ОҚЫӮ БАСЛАНАДЫ

Узгидрометрология орайының хабарына көре, 11-18-январь күнлери республикамызда күндизги ӯақытлары ҳаӯа-райының кескин төменлеп кетпейтуғынлығын есапқа алып, 2023-жылдың 12-январь күнинен баслап Қарақалпақстан Республикасындағы барлық улыӯма орта билим бериӯ мектеплеринде оқыў процеси басланыўы белгиленди.

Усы тийкарда улыӯма орта билим бериӯ мектеплеринде оқыў процеси 2023-жылдың 12-январь күнинен баслап дәстүрий (офлайн) тәризде басланатуғынлығын мәлим етемиз.

Сондай-ақ, 12-18-январь күнлери барлық улыӯма орта билим бериӯ мектеплеринде ҳәр қандай мәжилислер, илажлар, оқыӯшылар ушын қосымша дөгереклер, спорт жарыслары ҳәм де басқа да жыйналыслар өткериӯ қадаған етиледи.

Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириӯ министрлиги Мәлимлеме хызмети
👍7
#Рәсмий_мүнәсибет

Жанылғы қуйыў шақапшасындағы жағдай үйренилди

Социаллық тармақлардың биринде Халқабадтағы жанылғы қуйыў шақапшаларының биринде Дамас автомашинасына 200 литрге шамалас бензинди нәўбетсиз қуйып кетип атырғанлығы ҳаққында пуқара тәрепинен жиберилген видеоматериал тарқалды.

Бул жағдай бойынша бүгин районлық ИИБ баслығы тәрепинен үйрениў жумыслары алып барылып, жанылғы қуйыў шақапшасындағы жумысшылар ҳәм автокөлик ийелери менен сәўбетлесиўлер өткерилди ҳәм Дамас маркалы автомашинаға жүкленген арнаўлы ыдысларға фермерлер ушын дизел жанылғысы толтырылып берилгенлиги анықланды ҳәм мүрәжат ийесине сол орынның өзинде түсиник жумыслары алып барылды.

Усы орында пуқараларымыздан бүгингидей сынаўлы күнлерде толық дәлилге ийе болмаған тийкарсыз мағлыўматларды интернет тармақлары арқалы тарқатып, халық арасында надурыс пикирлердиң қәлиплесиўинде себепши болмаўын сорап қаламыз.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң
Мәлимлеме хызмети
👉
@kegeylirkuzofficial
👍23🔥2😁2
#Рәсмий_мағлыўмат

Бир неше күннен берли социаллық тармақлар арқалы додалаўларға себеп болып атырған “Қарақалпақстанда ҳәмиледар ҳаял 3-қабаттан өзин таслады” атамасындағы ўақыя бойынша 21-май күни Кегейли районы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими тәрепинен Республикалық қыстаўлы тез жәрдем илимий-әмелий  медицина орайы, Қарақалпақстан филиалына ҳәм бүгин 23-май күни наўқас М.Ю дыӊ Жалпақ жап АПЖ дағы шаңарағына барып денсаўлығынан хабар алынды. Райондағы медицина тараўы хызметкерлери тәрепинен ана ҳәм баланың саламатлығы тексериўден өткерилип,  қадағалаўға алынды.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

👉
@kegeylirkuzofficial👈
👍19🔥31