Kegeyli.uz/Рәсмий канал
6.84K subscribers
31.2K photos
3.21K videos
64 files
4.97K links
Кегейли районы ҳәкимлиги:
Веб-сайт:kegeyli.uz
Instagram:https://instagram.com/press_kegeyli
Facebook:https://www.facebook.com/profile.php?id=100092522532363
Youtube:https://www.youtube.com/@kegeylirayonhakimligimalim5947
Мүрәжат ушын:@kegeylipress
Download Telegram
#Меҳир_ҳәрекети

Мине бир неше күннен берли басланған ийгиликли баслама "Меҳир ҳәрекети" бүгин Кегейлидеги көплеген шаңарақлардың есигине кирип бармақта.

Бүгин, районлық Мәҳәлле ҳәм Нураныйлерди қоллап-қуўатлаў бөлими баслығы А.Сейтимбетов Қарақалпақстан Республикасы АК Асака банк хызметкерлери менен биргеликте Көк өзек аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы кем тәминленген шаңараклардың жағдайынан хабар алып, азық-аўқат өниилерин тарқатты ҳәм олардың машқалаларын үйренди.

Ҳәрекет шеңбериндеги қайыр-сақаўат илажлары районымыз бойлап даўам етпекте.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
👍16
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Меҳир_ҳәрекети

Биз Сизге қыс мәўсиминде толық қәўендерлик қыламыз. Машқала болса айтың- район прокуроры И.Абдуллаев Жылўан жап МПЖ да жасаўшы Г.Ниетуллаеваның шаңарағынан хабар алды.

Кегейли районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
👍27👏5🔥1
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Меҳир_ҳәрекети
#kegeyli_jaslar_agentligi

Жаслар ислери агентлиги Кегейли районы бөлим баслығы А.Төремуратов <<Меҳир ҳәрекети>> акциясы шеңберинде Ийшан қала АПЖ да жасаўшы шаңарақ ҳалынан хабар алды. Мүтәжликлерин үйренди.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
👍18🔥2👏2
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Меҳир_ҳәрекети

Қандай әжайып халқымыз бар. Қоңсы қобадан хабар алыў, жәрдем қолын созыў, кеўиллерге жақсы сөз бенен меҳир үлесиў- бул тек бизиң кеңпейил халқымызға ғана тән болған ағла пазыйлет. Көз тиймесин!

Ҳәр бир тараў ўәкилиниң өзиниң атқаратуғын хызмети, фунционаллық ўазыйпасы бар. Ал, қайыр-сақаўат көрсетиў ўақыт, мәнзил, мәкан ҳәм адам таңламайды. Бүгин Кегейли районы прокуроры И.Абдуллаев күн даўамында өзиниң хызмет ўазыйпасын атқарып болып, кеш болса да Қуяшлы мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы Арзыгүл Оразбаеваның шаңарағынан хабар алды. Қайырлы иске қоңсылары да үлес қосып, жақсы сөзи менен кем кеўил қоңсының кеўлин көтерди.

25 жылдан берли ҳәм әке ҳәм ана болып, турмыстың аўыр жүгин бир өзи тартып киятырған А.Оразбаева бәрибир өмирден разы. Шүкиршилиги басым күшли ҳаял. Оның усы пазыйлетин қоңсылары қатты қәдирлейди.

Биз болсақ, оның шаңарағына алып кирген азғана шадлығымызды видеокөринислеримизге мөрлеп алдық.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
👏18👍17🔥1
#Меҳир_ҳәрекети

Жаслар жақсылық жолында бирлести

Бүгин Кегейли районындағы мәҳәлледеги жаслар жетекшилери өзлерине бекитилген аймақлардағы жәрдемге мүтәж шаңарақлардың жағдайларынан хабар алды. Оларға жақсы сөзлери менен кеўлин алып меҳир үлести. Азық-аўқат өнимлерин тапсырып, ақ пәтияларын алды.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
👍30🔥1🥰1
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Меҳир_ҳәрекети

Қайыр-сақаўат илажлары ушын "Меҳир ҳәрекети"не дизимге киргизилген пуқаралар районның барлық аймақларында бар.

Биз ҳәр күни олардың шаңарағына кирип барып атырмыз, ҳәр күни олардың мүтәжликлерин үйренип атырмыз.

Усы тийкарда, Кегейли районы прокуроры И.Абдуллаев 2-секторға қараслы Жаңабазар аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы шаңарақлардың жағдайынан хабар алды.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
👍16
#Меҳир_ҳәрекети

Бир шаңарақтың некесин рәсмийлестириўге көмеклесилди

Районымызда даўам етип атырған "Меҳир ҳәрекети" шеңбериндеги үйрениў ҳәм әмелий жәрдем етиў илажлар даўамында Кегейли районы Мелиорация бөлими баслығы Қ. Аллаховқа бекитилген Абат аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы Қ.Бекбосынов ҳәм Г.Ниетулланвалардың шаңарағына азық-аўқатлық жәрдемлер көрсетилип, машқаласы үйинилди ҳәм бул ерли-зайыплылардың неке гүўалығы жоқ екенлиги анықланды.

Буннан бир ай алдын қәўендер Қ.Аллахов басшылығында бул шаңарақ ийелери ПҲАЖ бөлимине арза тапсырып, медициналық көриктен өткерилди.

Некеден өткериў тәртиби бойынша белгиленген ўақыт өтип, бүгин, ерли-зайыплылардың некеси ПҲАЖ бөлиминде рәсмийлестирилип, неке гүўалығы салтанатлы тәризде тапсырылды.

Шаңарақ ағзалары елимиз басшыларынан миннетдар.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
👍181🔥1
#Меҳир_ҳәрекети

Қыс мәўсимин жыллы өткериў ушын...

"Меҳир ҳәрекети" шеңберинде даўам етип атырған қайыр-сақаўат илажларының нәтийжеси түрли көринистеги жәрдемлер негизинде  пуқараларға қуўаныш үлесип атыр.

Бүгин Кегейли районы Мәҳәлле ҳәм Нураныйларды қоллап-қуўатлаў бөлими баслығы А.Сейтимбетов өзине бириктирилген Көк өзек аўыл пуқаралар жыйында жасаўшы  Қ.Палуанов  ҳәмде М.Примовлардың шаңарақ жағдайларынан хабар алды. Олардың мүтәжликлеринен келип шығып, бул шаңарақлардың ағзаларының ҳәр бирине  қысқы кийим-кеншеклерди алып берди.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
👍45👏5
#Меҳир_ҳәрекети

«
Меҳир ҳәрекети» шеңбериндеги қайырқомлық иләжлары дауам етпекте

Елимизде «Инсан қәдири ушын» принципи тийкарында көплеген қайырлы ислер әмелге асырылмақта. Жәрдемге мүтәж, кем тәмийинленген шаңарақларды излеп табыў ҳәм оларға материаллық жәрдемлер көрсетиў бойынша ҳүрметли Президентимиз тәрепинен анық ўазыйпалар белгилеп берилген. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси басламасы менен басланған «Меҳир ҳәрекети» акциясы шеңбериндеги қайырқомлық иләжлары бүгин Кегейли районы «Мағзан ийшан» жоме мешити тәрепинен Кегейли  районы Жылўан жап МПЖ аймағындағы жәрдемге мүтәж майыплығы болған ҳәм бағыўшысынан айрылған 10 шаңараққа қәўендерлер кѳмеги менен азық-аўқат ѳнимлери тарқатылып берилди. Алдағы ўақытта да имам-хатиблеримиз тәрепинен бундай қайырқомлық илажлар даўам етип, инсанға деген меҳир-мириўбет ҳәм ғамхорлықлар көрсетиледи.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
👍18🔥21👏1