Kegeyli.uz/Рәсмий канал
6.95K subscribers
30.5K photos
3.12K videos
63 files
4.83K links
Кегейли районы ҳәкимлиги:
Веб-сайт:kegeyli.uz
Instagram:https://instagram.com/press_kegeyli
Facebook:https://www.facebook.com/profile.php?id=100092522532363
Youtube:https://www.youtube.com/@kegeylirayonhakimligimalim5947
Мүрәжат ушын:@kegeylipress
Download Telegram
Әдалатшылар «Жасыл мәкан» акциясында

«Жаңа Өзбекстан – жасыл мәкәнда бирге жасайық» деген уллы идеяны өзинде жәмлеген «Жасыл мәкан» акциясы пүткил елимимз бойлап даўам етпекте.

Даўам етип атырған акцияда ҳәр бир инсан, ҳәр бир мәҳәлле, мәкеме, кәрхана шөлкем хызметкерлери өзлериниң үлесин қосып атырғанлығы қуўанышлы жағдай әлбетте.

Бүгин Кегейли районындағы Жаслар бағында «Адолат» социал демократиялық партиясының Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Кегейли районлық Кеңеси хызметкерлери, депутатлар ҳәм де жаслар қанаты ағзалары тәрепинен терек нәллери егилди.

Илаж даўамында халық исенимин ақлаўдай ийгиликли исте белсендилик көрсетип киятырған бир қатар депутатлар партия тәрепинен хошаметленди.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
📌 Ózbekstan Respublikası Prezidentiniń tiyisli párman hám qararlarına muwapıq Sociallıq qorǵaw milliy agentligine rayon (qala)larda “Insan” sociallıq xızmetler orayları hám máhálle dárejesinde xızmet kórsetiwshi sociallıq xızmetker toparları shólkemlestiriw júkletilgen.

📎 “Insan” sociallıq xızmetler oraylarında máhálle dárejesinde xızmet kórsetiwshi sociallıq xızmetkerlerdiń tiykarǵı wazıypaların usı videorolik arqalı bilip alıwıńız múmkin.

📲Telegram | Instagram | Facebook
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Жасыл_мәкан

Жүзимбағта фермер хожалықларының атыз шетлерине жүзим нәллери егилмекте.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
ДЕПУТАТЛЫҚҚА ТАЛАБАНЛАР МЕНЕН УШЫРАСЫЎЛАР ДАЎАМ ЕТПЕКТЕ

Бүгин «Абат» хәм «Қумшунгул» аўыл пуқаралар жыйыны аймақларында ушырасыўлар болып өтти.
Ушырасыўларға аймақлардағы пуқаралар, мәкеме, кәрхана, шөлкемлердиң басшылары, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты. Ушырасыўда сиясий партиялардан көрсетилген Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси депутатлығына талабанлар өзлериниң сайлаўалды бағдарламалары менен таныстырып өтти. Ушырасыў барысында пуқаралар тәрепинен талабанларға өзлери қызықтырған сораўлар берилди ҳәм тийисли жуўаплар алды.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@kegeylirkuzofficial
Жаңа Өзбекстан – Жасыл мәканда бирге жасайық!

Ҳүрметли район турғынлары!

🌿Мәмлекетимиз Президенти басламасы менен жолға қойылған «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде республикамызда қоршаған әтирапты абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў,  нәл егиў ислери халқымыздың мәденияты дәрежесине көтерилди.

🍀Район аймағында ҳәр бир имәрат әтирапын абаданластырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Барлық мәкеме ҳәм кәрханалар,  ҳәр бир шаңарақ бул иске аўызбиршилик пенен үлес қосса әлбетте мақсетимизге ерисемиз.

Әзиз район турғынлары!

Усы ҳәптениң шемби ҳәм екшемби күнлери районымыз абаданлығы ушын «Жасыл мәкан» акциясы шөлкемлестирилмекте.    
   
🍂Бул илаж 4-5-ноябрь күнлериде районымыз бойлап даўам етеди.

🌿Сиз ҳәр бириңизди акцияға мүнәсип қатнасып бир түптен болсада нәл егип өз үлесиңизди қосыўға шақырамыз.

🌿Гүзги мәўсиминде бул шырайлы әтирапты жәнеде абат етиў бул сиз бенен бизиң қолымызда!

@kegeylirkuzofficial
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Кегейлиде 13 пуқараға субсидия ажыратылды

Пуқаралар өзин-өзи бәнтлеўи ушын субсидия бойынша мәҳәлледеги ҳәким жәрдемшисине мүрәжат еткен.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
Xosh xabar

〽️ Kegeyli rayonı Qánigelestirilgen mektebiniń 9-b klass oqıwshısı — Reymnazarova Gúlzada Azat qızı Shet tilin biliwdi bahalaw boyınsha xalıqaralıq IELTS sertifikatınıń C1 (7,0 ball) dárejesin alıwǵa miyasar bolǵan edi.

〽️
Qánigelestirilgen mektep jámáátin hám Gúlzadanı erisilgen tabıs penen qutlıqlaymız.

@kegeylirkuzofficial