Kegeyli.uz/Рәсмий канал
6.85K subscribers
30.7K photos
3.14K videos
63 files
4.88K links
Кегейли районы ҳәкимлиги:
Веб-сайт:kegeyli.uz
Instagram:https://instagram.com/press_kegeyli
Facebook:https://www.facebook.com/profile.php?id=100092522532363
Youtube:https://www.youtube.com/@kegeylirayonhakimligimalim5947
Мүрәжат ушын:@kegeylipress
Download Telegram
#Bes_baslama_olimpiadası
#Jaslar_agentligi_Kegeyli_rayonı
#Kásipler_tańlawı
#Aspazlıq

🍽🍛 Búgin “Bes baslama olimpiadası” sheńberinde rayondaģı oraylıq miymanxanada "Kásipler tańlawı"nıń "Aspazlıq" jónelisi boyınsha tańlawdıń rayonlıq basqıshı bolıp ótti. Qızǵın ótken tańlaw nátiyjesine kóre:
🥇orındı Jańabazar APJ Jaqsımuratova Nazlımxan;
🥈orındı Kók ózek APJ Tolıbaeva Farida;
🥉orındı Aqtuba APJ Jaqsımuratova
Biybiroza qolǵa kiritti.

⚡️Tańlaw jeńimpazlarına keyingi basqıshta áwmet tileymiz.

kegeyli.uz|Facebook|Instagram|YouTube|
🧤 #Hákim_kubogi_olimpiadası
🧤
#Kegeyli_QM

KEGEYLI RAYONÍ QÁNIGELESTIRILGEN MEKTEBINDE "KEGEYLI RAYONÍ HÁKIM KUBOGI OLIMPIADASÍ" ÓTKERILEDI

Olimpiada shártleri:

1. Olimpiadaǵa hárbir mekteptiń 4-klasınan 3 oqıwshıdan bir komanda, 6-klasınan 3 oqıwshıdan bir komanda bolıp qatnasadı. Hárbir oqıwshınıń alınǵan balı jeke esaplanıp, ulıwma komandalıq baldıń ortashası shıǵarıladı. Jeńimpazlar eń joqarı ball alǵan mektepler izbe-izliginde esaplanadı.

2. Olimpiadada blok test sorawlar 4-klass oqıwshıları ushın matematika hám inglis tilinen, 6-klass oqıwshıları ushın science hám inglis tili páninen alınǵan bilimleri sınawdan ótkeriledi.

Waqtı: 2023-jıl, 23-may, 10:00de!
Komandalardı registraciyadan ótkeriw 09:45te juwmaqlanadı.

ESLETPE: 4-klass oqıwshılarınan óz aldına, 6-klass oqıwshılarınan óz aldına komanda dúziledi.

Telegram 〽️ Instagram 〽️
Facebook 〽️ You Tube 〽️
Кегейлиши жаслар және биринши орында

Бүгин Өзбекстан Республикасы Қорғаныўға көмеклесиўши "Ватанпарвар" шөлкеми Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси ҳәм ШГҲО пенен биргеликте Нөкис гарнизонында "Суңқарлар" аскерий-спорт жарысы өткерилди. Өткерилген жарыста "Ватанпарвар" шөлкеми Кегейли районы оқыў спорт техника клубы атынан қатнасқан, Жаңабазар аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы жаслар ҳәм усы аймақтағы 41-санлы мектеп оқыўшыларвнан дүзилген жаслар командасы сыйлы 1-орынды ийелеп, келеси Өзбекстан Республикасы басқышына
жолламаны қолға киргизди. Суңқарларымызға әўмет яр болсын!

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

kegeyli.uz|Facebook|Instagram|YouTube|
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Пилле_2023

ЖИПЕК ҚУРТЫ-жети ғәзийнениң бири.

#Абат_АПЖ

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

kegeyli.uz|Facebook|Instagram|YouTube|
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Изленгенге_имканият_бар

Егис ушын суў аз болса, жер асты суўынан пайдаланса болады екен

Мәселен, Абат АПЖ ға бириктирилген ҳәким жәрдемшисиниң усынысы менен жеңиллетилген кредит қаржысын алып, қыйтақ жеринде ыссыхана шөлкемлестирген Генжебай Қудайбергенов қыйтақ жер дәрамат дереги екенлигин тастыйықлады. Өйткени, ол 14 метр тереңликтен жер асты суўын шығарып, және оны үнемлеп пайдаланыў ушын тамшылатып суўғарыў технологиясынан кеңнен пайдаланбақта.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

kegeyli.uz|Facebook|Instagram|YouTube|
Талабанлар ҳаққындағы мағлыўматлар менен сайлаў өткерилетуғын орынларда толық танысыўыңыз мүмкин.

Аймақ турғынларын пуқаралар жыйынлары баслығын сайлаўға белсене қатнасыўға шақырып қаламыз

Мәнзил: Кегейли районы 22-санлы улыўма билим бериў мектеби

Ўақты: 25-май саат 16:00

➡️📱@kegeylirkuzofficial
Кегейли  районы Қумшүнгил АПЖ  аймағында  2023-жыл 23-май  күни саат 10:30 ден  18:00 ге шекем 146-санлы трансформаторлық  пунктинде ири оңлаў  жумыслары өткерилиўине байланыслы  электр   энергиясы менен тәмийинлеў ўақтынша тоқтатылады.

Кегейли  районы Жалпақ жап АПЖ  аймағында  2023-жыл 23-май  күни саат 09:30 ден  18:00 ге шекем 212-санлы трансформаторлық пунктинен шығыўшы 0,4 кВ ҳаўа тармағында киши оңлаў  жумыслары өткерилиўине байланыслы  электр   энергиясы менен тәмийинлеў ўақтынша тоқтатылады.

Кегейли  районы Ақтуба АПЖ  аймағында  2023-жыл 23-май  күни саат 09:50 ден  18:00 ге шекем 26-санлы трансформаторлық пунктинен шығыўшы 0,4 кВ ҳаўа тармағында киши онлаў жумыслары өткерилиўине байланыслы  электр   энергиясы менен тәмийинлеў ўақтынша тоқтатылады.

Кегейли  районы Қуяшлы МПЖ  аймағында  2023-жыл 23-май  күни саат 09:30 ден  18:00 ге шекем 189-санлы трансформаторлық  пунктинен шығыўшы 0,4 кВ ҳаўа тармағында киши онлаў жумыслары өткерилиўине байланыслы  электр   энергиясы менен тәмийинлеў ўақтынша тоқтатылады.

@kegeylirkuzofficial
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Қарақалпақстан_телеканалы

Кегейлиде өткерилген руўхый-ағартыўшылық илажы ҳаққында.

@kegeylirkuzofficial