This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Шембилик
#Жасыл_мәкан
Бүгин районымыз шығындылардан тазаланып, көклемзарлыққа қарай бет бурды
Бунда, усы районда ҳәрекет етип турған барлық мекеме, кәрханалар тәрепинен шембилик ислери алып барылып, тазалық ҳәм нәл егиў жумыслары қызғын даўам етпекте.
Сизше, өзиңиз жасап турған аймақтың, шаңарақтың тазалығы ҳәм абаданлығы ушын бүгинги шембиликке қатнастыңызба?
Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial

ДЫҚҚАТ ХАБАРЛАНДЫРЫЎ!
Гүз-қыс мәўсимин артықша қәўетерсиз өткериў, халқымызды үзликсиз электр энергиясы, тәбийғый газ, ишимлик суўы ҳәм көмир менен тәмийинлеў, көп қабатлы турақ-жайларда жүз бериўи мүмкин болған авариялық жағдайлардың алдын алыў ҳәм социаллық объектлерде пуқараларымыз ушын қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының тапсырмасы менен Кегейли районы ҳәкимлигинде ШТАБ шөлкемлестирилди.
Ҳүрметли, пуқаралар!
Егер сизде жоқарыдағы мәселелер менен байланыслы сораў ҳәм мүрәжатлар болса, ШТАБтың үзликсиз түрде ислеп туратуғын
☎+99861 412-23-35
телефон номерине қоңыраў етсеңиз болады.
👉@kegeylirkuzofficial

Рәсмий мүнәсибет
⚡️Бир мүрәжат шешими
Социаллық тармақлардың биринде Кегейли районы Жалпақ жап АПЖ да жасаўшы пуқара тәрепинен ишимлик суў мәселеси бойынша жолланған мүрәжат жәрияланған еди. Бул бойынша Кегейли районы ҳәкимлиги ҳәм тийисли тараў ўәкиллери менен өткерилген үйрениўлерден соң, бул еки хожалыққа қолда бар имканиятлардан келип шығып, суў тартып бериў жумыслары әмелге асырылғанлығын мәлим етемиз.
Соныда айрықша атап өтпекшимиз, буннан алдын да районлық Суў тәмийнаты бөлими хызметкерлери тәрепинен мүрәжат ийелери менен бир неше мәрте сәўбетлесиўлер өткерилип, реже тийкарында алып барылып атырған жумыслар жуўмақланғаннан кейин, арнаўлы техникалар жәрдеминде суў тартып бериў мүмкиншилиги бар екенлиги түсиндирилген.
Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @kegeylirkuzofficial

Нураныйлар ушын туризм айлығы басланды
Айлық шеңберинде Кегейли районынан 25 нураныйдың Хийўа қаласына саяхаты шөлкемлестирилди. Саяхат даўамында нураныйларымыз ески қаланың тарийхы менен танысып, итибарға ылайықлы зиярат орынларын зияратлады. Айлық мүнәсибети менен нураныйларымыздың туристлик орынларға саяхаты даўам етеди.

"Зулфия" атындағы Мәмлекетлик сыйлыктың районлық басқышы өткерилди
Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Зулфия атындағы Мәмлекетлик сыйлықты шөлкемлестириў ҳаққында Пәрманының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде ҳәр жылы Зулфия атындағы Мәмлекетлик сыйлық ушын талабан ҳаял-қызлардың ҳүжжетлери таңлап алынады.
Усы мақсетте, районлық Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлиминде Зулфия атындағы Мәмлекетлик сыйлыққа талабанларды таңлап алыў ушын районлық басқышы болып өтти. Таңлаўға 14-30 жасқа шекем болған соңғы 3 жыл даўамында билимлендириў, пән, әдебият, мәденият, көркем өнер, спорт, хабар технологиялары ҳәм жәмәәтшилик жөнелислеринде жетискенликлерге ерисип киятырған, республика ҳәм халық аралық көлемде салмақлы жетискенликлерге ийе болған талантлы ҳәм қәбилетли белсенди ҳаял-қызлардан жәми 29 қатнасыўшы қатнасты ҳәм олардың мийнетлери төрешилер қурамы тәрепинен баҳаланып, жеңимпазлар келеси басқышқа жоллама алды.

Жоқарғы Кеңес Баслығы республикамыздағы медицина бирлеспелери баслықлары менен ушырасты
Мәмлекетимизде Президентимиздиң басшылығында халықтыӊ денсаўлығын беккемлеўге, оларға сапалы медициналық хызмет көрсетиўге, медициналық мәкемелерди зәрүрли дәри өнимлери ҳәм әсбап-үскенелер менен тәмийинлеўге, тез медициналық ҳәм қыстаўлы жәрдем көрсетиў мәкемелериниӊ жумысларын түп-тийкарынан жақсылаўға айрықша итибар қаратылмақта.
Жəне бир əҳмийетли тəрепи сонда, Аралбойы халқының саламатлығы ҳәмийше Ҳүрметли Президентимиздиң дыққат-итибарында ҳәм айрықша ғамхорлығында болып келмекте.
Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев медицина тараўын раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм бул бағдарда жол қойылып атырған кемшиликлер әтирапында пикирлесиў мақсетинде республикамыз аймағындағы бас шыпакерлер менен ушырасты.
Өткен қысқа дәўир ишинде тараўға байланыслы бир қатар нызам, пәрман ҳәм қарарлардың қабыл етилгени бул бағдардағы илажлар көлемин жаңа басқышларға көтермекте.
Әсиресе, Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен 2022-жыл 7-июль күни Қарақалпақстан бойынша қабыл етилген арнаўлы Қарар денсаўлықты сақлаў тараўын және де раўажландырыўда әҳмийетли орын тутпақта. Қарар тийкарында республикамызда медициналық жәрдем кѳрсетиўди шѳлкемлестириўди жетилистириў, халықтың арасында кеселликлердиң алдын алыў ҳәм ерте анықлаў, медицина мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў ҳәм кадрлар потенциалын және де арттырыў бағдарында бир қатар илажлар алып барылмақта.
Өткерилген ушырасыўда жаратылып берилип атырған усыншама имканиятларға қарамай, тараўда шешимин күтип турған бир қатар машқалалар да бар екенлиги айрықша тилге алынды, айырым мәселелер сын көз-қараста талқыланды.
Ашық-айдын пикирлесиў түринде болып өткен ушырасыўда тараўды раўажландырыў ҳәм бар болған машқалаларды шешиў бағдарында ўазыйпалар белгилеп алынды.
Толық мағлыўмат
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter