Kegeyli.uz/Рәсмий канал
7.11K subscribers
27.8K photos
2.78K videos
57 files
4.3K links
Кегейли районы ҳәкимлиги:
Веб-сайт:kegeyli.uz
Instagram:https://instagram.com/press_kegeyli
Facebook:https://www.facebook.com/profile.php?id=100092522532363
Youtube:https://www.youtube.com/@kegeylirayonhakimligimalim5947
Мүрәжат ушын:@kegeylipress
Download Telegram
#Mobil_foto
ҲӘКИМ ЖӘРДЕМШИСИ ХАБАРЛАЙДЫ

✏️Кегейли районы 1-секторға қараслы Нурлы бостан мәкан пуқаралар жыйынының ҳәким жәрдемшиси Г.Қайповтың берген мағлыўматына қарағанда, мәҳәллени кɵклемзарластырыў ҳәм жасыл аймакқа айландырыў мақсетинде мәҳәллеге бириктирилген Әндижан ўәлаятының Пахтаабат районы жуўапкер ўәкиллери тәрепинен 3500 түп түрли атамадағы мийуе ҳәм декоратив нәллер алып келинип, аймақтағы хожалықлардын үй қапталы атызларына егиў жумыслары әмелге асырылмакта.

Мәҳәлледе нәл отырғызыў жумыслары шɵлкемлескенлик пенен даўам етпекте.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
#Mobil_foto
МӘҲӘЛЛЕДЕ ҲӘКИМ ЖӘРДЕМШИСИ

Мәҳәллелерде исбилерменликти раўажландырыў, пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў арқалы кәмбағаллықты қысқартыў бойынша ўазыйпаларды орынлаўға жуўапкер етип бириктирилген ҳәким жәрдемшилериниң атқаратуғын хызметлери бүгин айрықша болмақта.

Сөзимиздиң дәлили ретинде бүгин район ҳәкимине бириктирилген 1-секторға қараслы Абат аўыл пуқаралар жыйынындағы ҳәким жәрдемшиси тәрепинен аймақтағы 2 пуқараға жеңиллетилген кредит қаржылары есабынан 35 бас майда шақлы малларды алып бериўде жәрдем етилгенлигин атап өтиў орынлы.

Мағлыўмат ушын, усы күнге шекем ҳәким жәрдемшисиниң усынысы менен мәҳелледеги 5 пуқараға кредит ҳәм 7 пуқараға субсидия қаржылары ажыратылған.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
#mobil_foto
Әндижан ўәлаятының Улуғнор районы ҳәкимлигиниң әмелий жәрдеми менен Гүжим-терек мәкан пуқаралар жыйынындағы Гүлистан көшесиниң 200 метр аралықтағы ишки жолларына қумлы тас қапламасы төселмекте.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
#Mobil_foto
ЖУМЫСЛАРДЫҢ НӘТИЙЖЕСИ АРТПАҚТА

⚡️Район ҳәкимине бириктирилген 1-секторға қараслы Абат аўыл пуқаралар жыйынындағы ҳәким жәрдемшиси ҳәм жаслар жетекшиси тәрепинен үйме-үй жүриў арқалы алып барылған үйрениўлер даўамында, аймақта жасаўшы пуқара Е.Жарылқағанов жеңиллетилген кредит қаржыларын алыў нийетин билдирген еди.

Бүгин пуқараның ислеў қәбилетинен келип шығып, усыныс тийкарында 24 млн сўмлық жеңиллетилген кредит қаржысы есабынан 20 бас майда шақлы маллар алып берилип, бәнтлигин тәмийинлеўге ерисилди.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
#Mobil_foto
Кегейли районы 4-секторга бириктирилген "Бахытлы" мәкан пуқаралар жыйынында қәлиплестирилген "Темир дәптер", " Ҳаяллар дәптери" ҳәм "Жаслар дәптер" инде дизимде турыўшы, сондай-ақ, кем тәмийинленген, социаллық корғаўға мүтәж шаңарақларға "Сақаўат ҳәм көмек" фонды атынан Наўрыз байрамы мүнәсибети менен азық-аўқат өнимлери тарқатылды

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
#Mobil_foto
"ЖАЛПАҚ ЖАП"ТА ҮЙРЕНИЎ ЖУМЫСЛАРЫ АЛЫП БАРЫЛДЫ

❇️Бүгин Әндижан ўәлаяты Балықшы районы ҳәкими Ж. Абдурайимов "Жалпақ жап" аўыл пуқаралар жыйынында болып, район ҳәкимлигиниң жуўапкер ўәкиллери менен биргеликте үйме-үй кириў арқалы шаңарақлар менен танысты.

❇️Үйрениў жумысларының нәтийжесинде аўыл турғынларының усынысы менен "Абат" көшесиниң ишки жолларының 320 метр аралығына қумлы тас араласпасы төселди.

❇️Пуқаралардың уқып ҳәм қызығыўшылықларынан келип шығып, 5 шаңарақтың ҳәр бирине 2 бас майда шақлы маллар тарқатылып, қусшылықты раўажландырыў мақсетинде 10 шаңараққа таўықлар ушын арнаўлы қораларды қурыў жумыслары әмелге асырылды.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
#Mobil_foto
Кегейли районында "Мен донорман" акциясы өткерилмекте.

⚡️Ықтыярый түрде қан тапсырып атырған донорларымыз, өзгелерге көмек қолын созып қоймастан, ҳәр бир инсанды мийримли болыўға ийтермелейди.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
#Mobil_foto
АЎЫЛ ПУҚАРАЛАР ЖЫЙЫНЫ УШЫН ЖАҢА ИМАРАТ

Кегейли районы 1-сектор аймағында жайласқан "Көк өзек" аўыл пуқаралар жыйыны 2021-жылдың май айында "Жалпақ жап" аўыл пуқаралар жыйынынан ажыратылып, жаңадан шөлкемлестирилген еди.

Бүгинги күнде аймақ халқының саны 1361 болып, олар 596 шаңарақта жасайды. Бир неше мәрте алып барылған үйрениў жумысларының нәтийжесинде, пуқаралар жыйыны ушын жаңа имарат зәрүрлиги анықланған еди.

Усы тийкарда, Кегейли районы ҳәкимлигиниң усынысы менен аймаққа бириктирилген Әндижан ўәлаяты Асака районы ҳәкимлигиниң қәўендерлигинде ҳашар жолы менен заманагөй жойбарлар тийкарында мәҳәлле пуқаралар жыйыны ушын жаңа имараттың қурылыс жумыслары баслап жиберилди.

Имарат ушын 400 метр жер орны ажыратылып, жойбар баҳасы 250 млн сўмды қурайды. Жедел пәтлер менен алып барылып атырған қурылыс жумыслары тез ўақыт аралығында жуўмақланып, әтирапын абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў ислери алып барылады.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
#Mobil_foto
Кегейли районы 1-секторға қараслы "Көк өзек" аўыл пуқаралар жыйынында жайласқан 37-санлы улыўма орта билим бериў мектебине алып барыўшы 4,5 км аралықтағы ишки жоллар қайта оңланбақта.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
#Mobil_foto
Кегейли районы 1-сектор аймағындағы "Нурлы бостан" мәкан пуқаралар жыйынындағы суў муғдары кем баратуғын көшелерге 10 дана жер асты суўын шығарыўшы баспа кранлар қурып берилип, суў назослары орнатылды.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
👉
@kegeylirkuzofficial👈
#Mobil_foto
НЫЗАМСЫЗ ИС ДОДАЛАНДЫ

Кегейли районы 2-секторға қараслы "Жаңабазар" АПЖда жайласқан район ХББ қараслы 41-санлы мектепте ӨзРес ЖК 131-статьясына тийисли жынаятты жүзеге келтирген усы аймақтың "Аршан" елатында жасаўшы пуқара М.К. тәрепинен ислеген нызамсыз ис-хәрекет сектор баслықлары ҳәм кең жәмийетшилик арасында додаланып, алдағы ўақытларда пуқаралар арасында жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў бойынша ушырасыў өткерилди.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial