Kegeyli.uz/Рәсмий канал
6.85K subscribers
31.1K photos
3.21K videos
63 files
4.97K links
Кегейли районы ҳәкимлиги:
Веб-сайт:kegeyli.uz
Instagram:https://instagram.com/press_kegeyli
Facebook:https://www.facebook.com/profile.php?id=100092522532363
Youtube:https://www.youtube.com/@kegeylirayonhakimligimalim5947
Мүрәжат ушын:@kegeylipress
Download Telegram
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Енди Махсудтың өз үйи бар!

Тәғдирдиң түрлише сынаўы бар. Ашынарлысы ол жас, миллет, адам таңлап отырмайды. Егер бул сынаўларға көзи ашылып өмирдиң мәнисин еле түсинип биле алмаған жасларымыз дус келсе жүрек-баўрымыз езилип, ериксиз қамсығамыз. Бирақ, олардың баўырман халқы, меҳрибан Ўатаны бар. Олар жалғыз емес. Бир ғана мысал быйылғы жылдың өзинде Ҳүрметли Президентимиздиң "Шын жетим ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балаларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың жаңа системасын ен жайдырыў илажлары ҳаққында”ғы  қарары менен Кегейлиши 8 жас өзлериниң турақ жайына ийе болды. Бүгин усы турақ жайлардың бириниң гилти Абат мәкан МПЖ да жасаўшы Махсуд Сәрсенбаевқа тапсырылды. Оған өзиниң қәлеўине бола Нөкис қаласынан турақ жай алып берилип, барлық қолайлықларға ийе заманагөй үскенелер менен тәмийинленди. Илажға район ҳәкими Д.Утемуратов ҳәм Миллий гвардия ҚР бойынша басқармасы баслығы орынбасары А.Лутфидинов қатнасты.

#Толық видеода

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

👉@kegeylirkuzofficial
👍45👏2
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Изленгенге_имканият_бар

4 сотых жери бар адам, бай адам!

Бизиң бүгинги қаҳарманымыз Абат мәкан МПЖ да жасаўшы Парахат Өтешов мәмлекет жумысында ислейди. Жумысы қаншама жуўапкершиликли болса да, ана жерге деген меҳри бөлекше. Оның үйи орайлық көшениң бойынша жайласқан. Жайының дийўалын өрмелеп өскен рәң-бәрәң гүллерди, аспанға бой созып турған арша тереклерин көрген жолаўшы таңланбастан өтпейди. Ал, оның ҳәўлисиниң ишиндеги қыйтақ жериниң пайызы басқаша. Излеген барлық дақылың табылады десек алжаспаймыз. Парахат аға мийнет етиўди, жерге меҳир бериўди жаслайынан ата-анасынан үйренген. Ҳәзирги күнде де  85 жастағы анасы оған жақын жәрдемши болып, ақыл кеңеслерин берип келмекте.

#Толық видеода танысамыз.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

kegeyli.uz|Facebook|Instagram|YouTube|
👍28