Kegeyli.uz/Рәсмий канал
7.11K subscribers
28K photos
2.81K videos
57 files
4.33K links
Кегейли районы ҳәкимлиги:
Веб-сайт:kegeyli.uz
Instagram:https://instagram.com/press_kegeyli
Facebook:https://www.facebook.com/profile.php?id=100092522532363
Youtube:https://www.youtube.com/@kegeylirayonhakimligimalim5947
Мүрәжат ушын:@kegeylipress
Download Telegram
#Әдебий_кеше
#1_декабрь_қарақалпақ_тили_байрамы


Бир неше поэзиялық, прозалық, драмалық шығармалардың авторы, «Кегейли турмысы» газетасында 26 жыл даўамында редактор болып нәтийжели жумыс атқарған журналист Жиенбай Мояновтың дѳретиўшилигине бағышланған әдебий кеше бүгин райондағы 41-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде болып ѳтти.

Кешеге Қарақалпақстан халық шайыры Х. Дәўлетназаров, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист Е. Байназаров, устаз Нураный Ш.Панаев ҳәм бир қатар жазыўшының жақынлары, шәкиртлери қатнасып, жазыўшы, шайырдың дѳретиўшилиги бойынша мағлыўматлар берди.

Илаж районлық руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бѳлиминиң Қарақалпақ тилине тил бийлиги берилгенине 33 жыллық байрамы мүнәсибети менен районда туўылған белгили тулғалар дѳретиўшилигине бағышланған әдебий кешелер режеси тийкарында шѳлкемлестирилди.

Кегейли районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉
@kegeylirkuzofficial
#Әдебий_кеше
#1_декабрь_қарақалпақ_тили_байрамы


Бүгин райондағы 9-санлы мектепте Қарақалпақстан халық жазыўшысы, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, филология илимлериниң докторы, профессор, белгили алым ҳәм жазыўшы Камал Мәмбетовтың дѳретиўшилигине бағышланған кеше болып ѳтти.

Кешеде жазыўшының қәлемине тийисли болған қосықлар бойынша әдебий оқыўлар, шығармашылығы тийкарында сахналастырылған кѳринислер 1-55-9-санлы мектеплердиң талантлы оқыўшылары тәрепинен атқарылды.


Кегейли районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉
@kegeylirkuzofficial
#Әдебий_кеше
#1_декабрь_қарақалпақ_тили_байрамы
#Мәртебең_бәлент_болсын_Ана_тилим

Бүгин райондағы 10-санлы мектепте Қарақалпақстан халық жазыўшысы, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Муратбай Нызанов ҳәм филология илимлери докторы Тамара Машарипова менен «Ақтуба» пуқаралар жыйынындағы улыўма билим бериў мектеплериниң дѳретиўши оқыўшы жасларының әдебий ушырасыўы болып ѳтти.

Әдебий кешеде жазыўшы бул аймақта жасап ѳткен белгили тулғалар, илим, әдебият ҳәм кѳркем-ѳнер тараўында пидайы мийнет ислеген инсанлар ҳаққында оқыўшыларға кең мағлыўматлар берди. Дѳретиўши оқыўшылар жазыўшының дѳретиўшилиги бойынша сораўларын берип, тийисли жуўапларын ҳәм мәсләҳәтлерин алды. Белсенди қатнасқан ҳәм әжайып сораўларын жоллаған оқыўшылар жазыўшының қолтаңбасы түсирилген китаплары менен сыйлықланды.

Кегейли районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉@kegeylirkuzofficial
#Еслеў_кеше
#1_декабрь_қарақалпақ_тили_байрамы
#Мәртебең_бәлент_болсын_Ана_тилим

Қарақалпақ халқының мәрт ҳаялы Минайхан Жуманазарованы еслеў кешеси

✏️ Ҳасылдың қыяғы, тулпар туяғы,
Бәриңиз ақыллы, бәриң зыялы,
Әй, әзиз халқымның әзиз уллары,
Қәстерлеп сақлаңлар бир-бириңизди!...

🏢 Бүгин райондағы 3-санлы мектепте халқымыздың сүйикли шайыры, Өзбекстан жазыўшылар аўқамы сыйлығының лауреаты, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери Минайхан Жуманазарованың туўылғанына 65 жыл толыўы мүнәсебети менен "Қәстерлеп сақлаңлар бир-бириңизди" атамасында еслеў кешеси болып өтти.

⚡️ Илаж районлық руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бѳлиминиң Қарақалпақ тилине тил бийлиги берилгенине 33 жыллық байрамы мүнәсибети менен районда туўылған белгили тулғалар дѳретиўшилигине бағышланған әдебий кешелер режеси тийкарында «Абат» аўыл пуқаралар аймағындағы 3-15-39- ҳәм 30-санлы мектеплердиң Дөретиўши-мәдений мәселелери бойынша үгит-нәсиятшылары ҳәм дөретиўши оқыўшылары кесиминде шѳлкемлестирилди.

⚡️Еслеў кешесине Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери, "Дослық" ордени ийеси, шайыр Гүлистан Дәўлетова, устаз Нураный Шернияз Панаев ҳәм шайырдың жақынлары қатнасты.

⚡️Кешеге келген мийманлар шайырдың өмир жолы, қарақалпақ журналистика тараўына қосқан үлкен үлеси, дөретиўшилиги, инсаныйлық пазыйлетлери, әмелге асырған үлгили ислерин еске алып, шөлкемлестиргенлерге өз миннетдаршылығын билдирип өтти.

Сондай-ақ, аймақтың талантлы окыўшылары тәрепинен шайырдың дѳретиўшилигине тийисли қосық қатарлары көркемлеп, намаға салынып атқарылды, сахналық көринислерде көркем образда орынланды.

✏️ ...Бириңиз гәўҳарсыз, бириңиз дүрсиз,
Дүньяда теңи жоқ, ҳақыйқый ҳүрсиз,
Жасамақ мүшкилдур бириң-бириңсиз,
Қәстерлеп сақлаңлар бир-бириңизди!...

Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бѳлими