Таңлаў жеңимпазлары сыйлықланды
Миллет даўамшыларымыз болған қызларымызды жоқары мәнаўиятлы етип тәрбиялап барыў, оларды билимли, илимли етип камалға келтириў ең әҳмийетли мәселелерден болып есапланады. БМШ Бас ассамблеясының 2011-жылы 19-декабрдеги резалюциясына тийкарланып 11-октябрь "Халықаралық қызлар күни" деп жәрияланған. Усы мүнәсибет пенен Кегейли районындағы 1-санлы мектепте байрамга арналған илаж өткерилди.
Онда сөзге шыққанлар дүнья жүзи бойынша қызларға қарата кемситиў, ерте турмыстың алдын алыў, зорлык сыяқлы унамсыз машқалалардың алдын алыў, олардың ҳуқықларын қорғаў ҳәм тәлим-тәрбия, саламатлық, жәмийетте өз орнын табыўға көмеклесиў мәселелери бойынша түсиник берип өтти. Илажда "Қызларжан" клубының баслығы етип 14-санлы мектептиң үгит-нәсиятшысы А. Адилханова сайланды. Илаж соңында Зулфия атындағы мәмлекетлик сыйлыктың районлық басқышында жеңимпаз болған қызлар Шаңарақ ҳәм ҳаял -қызлар бөлими тәрепинен хошаметленди.
Кегейли районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial

Kegeyli rayonı Ádillik bólimi Mámleketlik xızmetler orayında usı jıldıń 9 ayında ámelge asırılǵan jumıslar haqqında
Tolıq oqıw👉https://kegeyli.uz/16476.html
Kegeyli rayonı hákimliginiń Málimleme xızmeti
@kegeylirkuzofficial
Tolıq oqıw👉https://kegeyli.uz/16476.html
Kegeyli rayonı hákimliginiń Málimleme xızmeti
@kegeylirkuzofficial
СЕКТОР БАСЛЫҒЫ "АБАТ" АЎЫЛЫ ПУҚАРАЛАРЫНЫҢ МҮРӘЖАТЫН ТЫҢЛАДЫ
Бүгин район Ишки ислер бөлими баслығы Н.Адилбеков өзи басшылық етип турған 3-секторға бириктирилген Абат аўыл пуқаралар жыйынында пуқаралардың мүрәжатларын қабыл етиў бойынша нәўбеттеги көшпели қабыллаўын өткерди.
Қабыллаў дәслебинде, сектор баслығы тәрепинен аймақта әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы, алдағы режелер, әсиресе, тәбийий газ тармағынан үзилген аўылларды басқышпа-басқыш қайта тәбийий газ тармағына жалғаў бойынша орынланып атырған мәнзилли ҳәм көлемли жумыслар ҳаққында толық ҳәм анық мағлыўматлар берип өтти.
Буннан соң, пуқаралар өзлерин қыйнап жүрген турмыслық машқалалары бойынша сектор баслығына мүрәжат етти.
Қабыл етилген жәми 6 мүрәжаттан 2 мүрәжат сол орынның өзинде тийисли тараў басшыларының қатнасыўында үйренилип шығылды. Айырым мүрәжат ийелерине ҳуқықый түсирик берилип, үйрениў ушын ўақыт талап ететуғын мүрәжатлардың орынланыўы қадағалаўға алынды.
Кегейли районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Бақшада алтын гүздиң зүрәәт байрамы
Үлкемизде гүз мәўсими. Мәўсимлердиң орын алмасыўын, олардың ҳәр бириниң өзгешелегин, тәбийий тәбият қубылысларының айырмашылығын кишкене балаларға терең үйретиў мақсетинде, бүгин, 11-санлы ММШБШ де "Алтын гүз" атамасында зүрәәт байрамы өткерилди.
Илажға шөлкем жәмәәти, бақша тәрбияланыўшылары ҳәм олардың ата-аналары қатнасты. Байрам кешесинде гүз мәўсиминин әжайып инәмлары болғаг палыз ҳәм мийўе өнимлериниң көргизбеси шөлкемлестирилип, усы мәўсимге арналған қосық, тақмақ ҳәм аяқ ойынлары балалар тәрепинен шеберлик пенен атқарылды.

Х А Б А Р Л А Н Д Ы Р Ы Ў
Ҳүрметли пуқаралар!
Ҳәптениң ҳәр жума күни район сектор басшылары тәрепинен өткерилиўи режелестирилген пуқаралардың мүрәжатларын қабыллаў бүгин, яғный, 14-октябрь күни саат 15:00 де 11-санлы Балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебинде өткерилетуғынлығын хабарлаймыз.
Кегейли районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
➡@kegeylirkuzofficial

Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Қарақалпақстан_телеканалы
#Хабар_бағдарламасы
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы Аманбай Орынбаев "Aqtuba textil group" тигиў фабрикасының қурылыс жумыслары менен танысты.
@kegeylirkuzofficial
#Хабар_бағдарламасы
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы Аманбай Орынбаев "Aqtuba textil group" тигиў фабрикасының қурылыс жумыслары менен танысты.
@kegeylirkuzofficial
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Хүрметли Кегейли районы турғынлары!
🌱Усы жылдың 20-октябрь сәнесинен 1-декабрь сәнеси аралығында «Әҳмийетли 40 күнлик» акциясы жәрияланды.
🌱Акция даўамында районымыз аймағында ҳәр түрли декоратив терек ҳәм мийўе нәллерин егиў, жап-салмаларды тазалаў жумыслары алып барылады.
☘Ҳәр бир ўатанласымызды өзиниң жасап турған аймағын, көшесин ҳәм мәҳәллелерди абаданластырыўға ҳәм көклемзарластырыўға белсене қатнасыўға шақырамыз.
Кегейли районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉@kegeylirkuzofficial

Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Бүгин және 16 пуқара өз шаңарағына қайтарылды
Қарақалпақстандағы тәртипсизликлерде гүманланған және 16 пуқара депутатлық кепиллик тийкарында өз шаңарағына қайтарылды.
Қарақалпақстанда болып өткен тәртипсизликлерде гүманланған
Қараөзек, Нөкис районы, Шымбай, Кегейли, Хожели, Шоманай ҳәм Қанлыкөл районларынан және 16 пуқара Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының илтимаснамасы ҳәм депутатлар кепиллиги менен инсаныйлық принципи тийкарында өз шаңарағына қайтарылды.
Мағлыўмат орнында айтып өтиў орынлы усы жылдың август айында Қарақалпақстандағы тәртипсизликлерде гүманланған 34 пуқара жәмийетлик кепиллик тийкарында, октябрь айында болса депутатлық кепиллик тийкарында және 22 пуқара өз шаңарағына қайтарылған еди.
Каналға ағза болыў:@joqargikenes