Kegeyli.uz/Рәсмий канал
7.09K subscribers
27.9K photos
2.78K videos
57 files
4.3K links
Кегейли районы ҳәкимлиги:
Веб-сайт:kegeyli.uz
Instagram:https://instagram.com/press_kegeyli
Facebook:https://www.facebook.com/profile.php?id=100092522532363
Youtube:https://www.youtube.com/@kegeylirayonhakimligimalim5947
Мүрәжат ушын:@kegeylipress
Download Telegram
13-октябрь Халықаралық тәбиий апатлар қәўипин кемейттириў күни!

👇👇👇
Дүнья жүзинде ҳеш бир мәмлекет айрықша жағдайлардан толығы менен кепилленбеген. Себеби, тәбиий апатлар мәўсим, ўақыт таңламайды ҳәм оны басқарыпта болмайды.

Бүгинги күнде дүньяның айрым мәмлекетлеринде жер силкиниўлер болса, басқа мәмлекетлерде сел ҳәм суў тасқынлары жүз бермекте. Нәтийжеде көпшилик мәмлекетлер тәбиий апатлардан жәбир шекпекте ҳәм мәмлекетлер экономикасына кери тәсирин тийгизбекте. Сонлықтан, дүнья жүзиндеги ири масштабдағы тәбиий апатлардың сапластырыў нәтийжеси соны көрсетеди, олардың ақыбетин жумсартыўдың бирден-бир шешими – халықты тәбиий апатлар ўақтында туўры ҳәрекет етиўге таярлаў болып табылады.

Солай екен, айрықша жағдайлар жүз бергенде әсиресе, тәбиий апатларда туўры ҳәрекет етиўге, оннан қорғаныў қағыйдаларын ҳәр бир инсан өзине жаслықтан өзлестириў лазым.

Сонлықтан, мәмлекетимизде ҳәр жылы “Халық аралық тәбиий апатлар қәўипин кемейттириў күни” кең түрде белгиленип келинбекте.

Республикамыз майданының көпшилик бөлеги сейсмик аймақ екенлигин, жер силкиниў, сел ҳәм суў тасқынлары, топырақ ҳәм қар көшкилери менен байланыслы болған тәбиий апатлар жүз бериўи итималлығын есапқа алып, бизден бул мәселеге кескин итибар қаратыўды, ҳәр дайым сергек болыўды талап етеди.

Кегейли районы Айрықша жағдайлар бөлими

Бизиң канал👉@kegeylirkuzofficial
#Китап_жаңалығы

Нураный устаздың биринши китабы баспадан шықты

Әдебиятқа жаны қумар заманласларымыз жүдә көп. Олар өзлериниң кеўил кеширмелерин ақ қағазға түсирип, дөретиўшилик әлеминде китаплар менен бирге жасайды.

Усындай жерлеслеримизден бири Абат мәкан мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы Панаев Шернияз Ерниязович.

Ш.Панаев өзиниң дөретиўшиликке дәслепки қәдемин мектепте оқып жүрген пайытларынан баслаған болса, бүгинге келип оның қосықлары "Жақсы адамлар" атлы биринши қосықлар топламында жәмленип, китап оқыўшыларына усынылмақта.

Китап "Билим" баспасында жарық көринген болып, онда шайырдың түрли мазмундағы темаларға бағышланған поэзиялық қосықлары орын алған.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
Қарақалпақстан кубоги 🏆
1/2 финал. Ярым финал

Кегейли - Дәўқара

Ойын 13-октябрь күни Туран стадионында болып өтеди.

Басланыў ўақты саат 15:00

Бәрше Кегейлиши футбол ықласбетлерин командамызды қоллап-қуўатлаўға шақырамыз!

@kegeylirkuzofficial
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Морылар бәҳәр ҳәм жаз мәўсимлеринде пайдаланылмаған ўақытларда қуслар оған инлерин салып кетиўи мүмкин. Нәтийжеде морылар жарамсыз болып, тығылып қалады. Бул болса, зәҳәрли газден зыянланыўға себеп болады. Ҳүрметли пуқаралар, ҳаўа температурасы кескин суўытып кетпестен бурын морыларыңыз тазалатың!

Кегейли Айрықша жағдайлар бөлими

@kegeylirkuzofficial
📣📣📣 ДЫҚҚАТ ДАҒАЗА!

Ҳүрметли исбилерменлер, дийқан ҳәм фермер хожалығы баслықлаpы! Сизлерди 2022-жыл 14-октябрь күни саат 10:00 де пайтахтымыздағы Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасында болып өтетуғын арнаўлы аўыл хожалық техникалары бойынша көргизбели семинарға мирәт етемиз! Сиз ɵзиңизге қолайлы болған ҳәм сатып алыўды қәлеген теxникаңыз бойынша толық мағлыўмат алыўыңыз ҳәмде туўрыдан-туўры шәртнама дүзиў имканиятына ийе боласыз.


Өзбекстан Саўда-санаат палатасы
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы


👉👉👉https://t.iss.one/uzlidepqr
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
⚡️⚡️ Ўзбекистон Президенти Осиёда ҳамкорлик ва ишонч чоралари бўйича кенгашнинг VI саммитига ташриф буюрди.‌‌

👉 https://t.iss.one/UZBEKISTANUZ
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
⚡️⚡️Осиёда ҳамкорлик ва ишонч чоралари бўйича кенгаш VI саммити бошланди.
ЖУМЫСҚА ШАҚЫРАМЫЗ!

Кегейли районында жаңадан салынып атырған "Aqtuba textil group" тигиў фабрикасы имаратының қурылыс жумыслары ушын ер балларды жумысқа шақырамыз.

Керекли жумысшылар саны-10

-Ис ҳақысы- 1500-1800 млн сўм аралығында өз ўақтында төлеп барылады.

Жумысшылар 2 мезгил ыссы аўқат пенен тәмийинленеди.

Қосымша: Мийнет стажы есапланады.

Мағлыўмат ушын (33) 503 04 98;


@kegeylirkuzofficial
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
⚡️ Усы жылдың 10-октябрь күни Қарақалпақстан телеканалының «Мүнәсибет» көрсетиўиниң нәўбеттеги санында Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси депутаты Байрам Искендеров та белсене қатнасты. Халық ўәкили аймақлардың инфраструктурасын жақсылаў, ишки жоллар, көшелерди оңлаў ҳәм алып барылып атырған абаданластырыў жумыслары бойынша район мысалында айтып өтти.


👉👉👉@kegeylirkuzofficial
Ўзбекистон Республикаси Президенти Шавкат Мирзиёев Осиёда ҳамкорлик ва ишонч чоралари бўйича кенгаш мажлисида иштирок этди.

Президент Республики Узбекистан Шавкат Мирзиёев принял участие в заседании Совещания по взаимодействию и мерам доверия в Азии.

#Mirziyoyev #sammit #OHIChK #hamkorlik

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
#Қурылыс
ϴзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «2022-2024-жылларда Қаракалпақстан Республикасының арқа районларында аўыл хожалығы тараўын  раўажландырыў ҳәм исбилерменликти қоллап-қуўатлаў ҳаққында»ғы мәжилис баяны  тийкарында белгиленген тапсырмаға муўапық, 12 ўәлаят Қарақалпакстанның арқасындағы районларға бириктирилген еди.

Бул бағдарда Кегейли районына бириктирилген Әндижан ўәлаяты тәрепинен районның имканиятлары терең үйренилген ҳалда, бүгин ўәлаят исбилерменлери тәрепинен жобаға киритилген жойбарды турмысқа енгизиў бойынша жумыслар жедел пәтлерде алып барылмақта.

Атап айтқанда, Ақтуба аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан ажыратылған 1 гектар жер майданда  қурылысы басланған "Aqtuba textil group" ЖШЖ ниң қурылысы Туркия мәмлекетинен алып келинген қурылыс материаллары тийкарында алып барылмақта. Жойбардың улыўма баҳасы 30 млрд сўм болып, қурылыс жумыслары жуўмақланғаннан соң, 500 ҳаял-қыз  жумыс пенен бәнтленеди.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
Kegeyli rayonı Ayrıqsha jaǵdaylar bólimi eskertedi‼️
Gazdan paydalanıw qaǵıydaların biliw hám olarǵa anıq ámel qılıw zárúr❗️

Gaz shıǵıp turıwınıń sebepleri:
Gorelkadagi jalın ústine suyıqlıq túsiwi hám samal tásirinde óship qalıwı ;
Gaz trubalarına jip baylaw hám oǵan kir jayıw ;
Islep turǵan gaz ásbapların qarawsız qaldırıw ;
Gaz plitasın qızdırıw ushın isletiw.
Gaz iyisin sezib qalǵanda :
Shırpı jaqpań;
Tezlik penen gazdı óshiriń, derezelerdi ashıń;
Gaz keletuǵın kraynikti óshirip qoyıng;
Jaqtılandırıwshı hámde taǵı basqa elektr ásbaplardı jaqpań hám óshirmeń;
Gaz tarqalǵan xanadan shıǵıp keting hám “1⃣0⃣4⃣” nomerine qońıraw etip, avariya xızmeti xızmetkerlerin shaqırıń.
Esletpe
Gaz jaǵıp atırǵanda, aldın gorelkaga shırpı tutıp, sonnan keyin ǵana gazdı jaǵıń!
Бугун Остона шаҳрида ўтаётган ОҲИЧК саммити тадбирлари доирасида Ўзбекистон Республикаси Президенти Шавкат Мирзиёев ўзига ажратилган қароргоҳда Туркий давлатлар ташкилоти бош котиби Бағдод Амреевни қабул қилди.

Telegram | Facebook | Instagram | Медиабанк