#спорт_жетискенлик
ӨЗБЕКСТАН ЧЕМПИОНЛАРЫ
⚡️Бухара ўәлаятында болып өткен спорттың Джиу-джитсу түринен мәмлекетлер аралық чемпионатында Кегейли районы халық билимлендириў бөлимине қараслы 3-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң 2-класс оқыўшысы Нағметуллаев Мухаметали 27кг салмақта 1-орын, 5-класс оқыўшысы Есбергенова Жасмина 32кг салмақта 1-орынды ийелеп Өзбекстан чемпионы болды.
Кегейли районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial

#Спорт_жетискенлик
КИШКЕНЕ СПОРТШЫЛАРЫМЫЗ ЖЕҢИМПАЗ
ϴткен ҳәпте даўамында республика бойынша спорттың түрли бағдарлары бойынша ɵткерилген жарысларда районымыздың спортшы жаслары өзлериниң белсендиликлери менен қатнасып, жоқары жетискенликлерди қолға киргизди.
Ал, жетискенликке ерискенлер арасында кишкене балаларымыз да бар.
Атап айтқанда, күни кеше Нөкис қаласында спорттың JIU-JITSU түри бойынша 2015-2016-жыллары туўылған балалар арасында өткерилген Қарақалпақстан чемпионатына қатнасқан райондағы "PROGRESS SIMBA" мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң тәрбияланыўшылары
Нуртас Нийетбаев-1-орынды,
Азамат Айтбаев ҳәм
Ерлан Қоныратбаевлар 3-орынды ийелеп қайтты.
Олар еле кишкене, солай болсада, жарысқа қатнасқан бәрше районлардың спортшылары арасында Кегейли районының даңқын шығарып, абыройының асыўына үлкен үлес қосты.

👉@kegeylirkuzofficial

Хош хабар
Алдын хабар бергенимиздей, райондағы жәмлеспеген жаслар арасында спорттын "Гүрес" түринен "Прокурор кубоги" ушын спорт жарыслары өткерилген еди.
Ал, усы жылдың 5,6-сентябрь күнлери "Қарақалпақстан Республикасы прокурор кубоги" ушын өткерилген республикалық басқышта, Кегейли районы спортшылары белсенди қатнасып, түрли салмақ категориялары бойынша беллесиўлер алып барды ҳәм командалық есапта 3-орынды ийелеп, районымыз абырайын мүнәсип қорғады.
Кегейли районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
➡@kegeylirkuzofficial