KaNews.uz
5.55K subscribers
43.8K photos
3.18K videos
21 files
14K links
Қанлыкөл районы ҳәкимлигиниң социаллық тармақлардағы рәсмий каналлары

kanews.uz
https://t.iss.one/kanlikulnews
https://www.instagram.com/kanlikul_news/
https://www.facebook.com/kanlikulpress/
@hakimge_murajat2022
@murajatbot
Download Telegram
📌КОРОНАВИРУСТЫ ЕМЛЕЎДЕ ГИДРОКСИХЛОРОХИННЕН ПАЙДАЛАНЫЎ ҚӘЎИПЛИ ЕКЕН

Бразилия инфектология жәмийети COVID-19ды  емлеўде гидроксихлорохиннен пайдаланбаўға шақырмақта. Шөлкемниң тарқатқан хабарында айтылыўынша, коронавирусқа шалынған Бразилия президенти Жаир Болсонару ҳәзир мине усы препаратты қабыл етпекте.

«COVID-19ды емлеўде қолланылып атырған гидроксихлорохин пайдаланыўдан тез алып тасланыўы керек»,-делинеди билдириўде.

Илимпазлар мәмлекет денсаўлықты сақлаў министрлигин коронавирусқа шалынған нўқасларды емлеў сиясатын қайта көрип шығыўға шақырды. Олар мәмлекетлик қаржыларды нәтийже бермейтуғын ҳәм кейин ала инсан саламатлығына зыян келтиретуғын препаратларға жумсамаў кереклигин атап өтпекте.

Ҳәзирги ўақытта Болсонару кеселимди емлеўде жәрдем берип атыр, деп гидроксихлорохинди қабыл етпекте. Жер жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеми (ЖДСШ) гидроксихлорохинди COVID-19 ға қарсы гүресте қолланылатуғын дәрилер қатарынан алып таслаған. Июнь айының басларында Оксфорд университетиниң илимпазлары да бул препарат коронавирусты емлеўге жәрдем беретуғынын тастыйықлаған ҳеш бир дәлийллди таба алмағанын мәлим еткен еди. Изертлеўлер соны көрсетпекте, гидроксихлорохинди қабыл еткен наўқаслардың 25,7 проценти 28 күн ишинде қайтыс болған. Оны қабыл етпеген наўқаслардың болса 23,5 проценти қайтыс болған.

АҚШ Денсаўлықты сақлаў миллий институты (NIH) да коронавирусты емлеўде қолланылатуғын дәрилер сыпатында гидроксихлорохинниң клиникалық сынағын тоқтатып қойған еди.

ӨзА

📲👉🏻 Телеграм каналымызға ағза болың @kanlikulnews
📌ХРЕН ӨСИМЛИГИ КОРОНАВИРУСТЫ ЕМЛЕЎДЕ ҚОЛЛАНЫЛА МА?

Социаллық тармақларда коронавирусқа шалынғанлар Хрен өсимлигинен пайдаланып, тәўир болғаны ҳаққында видео мүрәжатлар көбейип кетти. Бул қаншелли илимий тийкарға ийе ҳәм бул өсимлик коронавирус инфекциясынан қутылыўда жәрдем бере ме?

-Хрен өсимлигиниң қурамында көплеген витаминлер, атап айтқанда, А, Е, В топары витаминлери болып, аминокислоталар менен минералларға бай,-деди Коронавирусқа қарсы гүресиў штабының ағзасы Феруза Ҳамробоева. – Ол коронавирус инфекциясында тийкарғы дәри қураллары менен бир қатарда қолланылыўы мүмкин, бирақ монотерапия сыпатында жәрдем бермейди!

ӨзА

📲👉🏻 Телеграм каналымызға ағза болың @kanlikulnews
Қарақалпақстандағы жоқары оқыў орынларына неше абитуриент ҳүжжет тапсырды? (кестедеги мағлыўматлар 2020-жыл 20-июль саат 18:00 деги жағдай бойынша)

Еслетип өтемиз, дизимнен өтиў бүгин саат 23:59 ға шекем даўам етеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

📲👉🏻 Телеграм каналымызға ағза болың @kanlikulnews
📌Социаллық аралықты сақламаў ақыбетинде наўқасланған 1 пуқара 90 ға шамалас адамларға кеселликти жуқтырыў жағдайлары ушыраспақта – Қаҳраман Сариев
👇🏻👇🏻👇🏻
https://kknews.uz/kk/61411.html

📲👉🏻 Телеграм каналымызға ағза болың @kanlikulnews
📌Ҳәпте даўамында бизди қандай ҳаўа райы күтпекте?

Басланған усы ҳәпте даўамында Өзбекстан аймағында ҳаўа райы ыссы ҳәм қурғақ болады. Бул ҳаққында «Өзгидромет» хабар берди.

Температура түнде 20-25 градус, күндиз 35-40 градус болады. Шөл зоналарында ҳаўаның температурасы 42 градусқа шекем жетеди. Бул нормадағы өлшемлерден 4-6 градусқа жоқары болып есапланады.

Температура фонының жоқары болыўына қарамастан, бул регионымыз ушын аномал температура емес. Мәселен, 2018-2019-жылларда усы дәўирд күндизги температура 40-43 градусқа шекем жеткен. Өзбекстанның арқа ҳәм шөл зонасында температура өлшемлери 44-46 градус болғаны дизимге алынған. Усы дәўир ушын ең жоқары температура Наўайы ўәлаятындағы Бузаўбай метеостанциясында 2019-жыл 20-июльда дизимге алынған. Сол ўақытта ҳаўаның температурасы 47,7 градусқа жеткен еди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

📲👉🏻 Телеграм каналымызға ағза болың @kanlikulnews
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Янгиликлар 24 | Қорақалпоғистон Республикаси Қанликўл туманида ичимлик суви таъминоти иш жараёнларидан
#uzbekiston24

mtrk.uz | Youtube | Facebook | Telegram
📌Жоқары оқыў орнына ҳүжжет тапсырып, төлемди төлеўге үлгермеген абитуриентлер дыққатына!

2020-жылдың 20-июль күни 2020-2021-оқыў жылы ушын жоқары оқыў орынларының бакалавриат билимлендириў бағдарларына абитуриентлерди онлайн түрде дизимге алыў өз жуўмағына жетти.

Хабарыңыз бар, тест сынақлары шөлкемлестирилип атырған оқыў жылынан алдынғы жылларда билимлендириў мәкемелерин питкерген абитуриентлер тест сынақларында қатнасыў ушын базалық есаплаў муғдарының ярым есеси – 111 мың 500 сум муғдарында төлем төлейди.

Мәмлекетлик тест орайы ҳәзирги ўақытта дизимнен өткен, бирақ төлемди төлеўге үлгермей қалған абитуриентлер ушын бүгин, 21-июль күни саат 23:59 ға шекем төлемди төлеўи мүмкин екенлигин мәлим етти.

Еслетип өтемиз, тест сынақлары ушын төлемди белгиленген мүддетте төлемеген абитуриентлер дизимге алынбаған болып табылады ҳәм тест сынақларында қатнаса алмайды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

📲👉🏻 Телеграм каналымызға ағза болың @kanlikulnews
🔴Жаңа тәртип тийкарында ипотека кредити ҳәм субсидия алыў ушын қайсы банклерге мүрәжат етиў мүмкин?

Орайлық банк баспасөз хызмети адамлар тәрепинен көп берилип атырған усы сораўға төмендегише жуўап берди:

🔵«Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 28-ноябрьдеги ПФ-5886-санлы Пәрманының орынланыўы бойынша ислеп шығылған «Халыққа көп квартиралы турақ жайлардағы квартираларды сатып алыў ушын базар принциплери тийкарында ипотека кредитлерин ажыратыў концепциясы»на тийкарланып белгиленген муўапықлық критерияларына жуўап беретуғын 14 банктиң Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы аймағында жайласқан барлық филиалларына Мәмлекетлик хызметлер агентлиги ямаса Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы мүрәжат етиўиңиз мүмкин».

kknews.uz

📲👉🏻 Телеграм каналымызға ағза болың @kanlikulnews
📌Медицина хызметкерлерине қосымша төлемлер төлеп берилди
👇🏻👇🏻👇🏻
https://kknews.uz/kk/61501.html

📲👉🏻 Телеграм каналымызға ағза болың @kanlikulnews
📌Қурбан ҳайт байрамы 31-июль, жума күнине туўра келди. Бул ҳаққында Өзбекстан мусылманлары басқармасы хабар берди.

Мыср Араб Республикасындағы «Дорул Ифто» пәтўа комиссиясы тәрепинен ҳижрий 1441-жыл Зулҳижжа айының биринши күни милодий жыл есабы бойынша 2020-жыл 22-июль күнине туўра келип атырғаны жәрияланды. Усы тийкарда Саудия Арабстанында ҳаж ибадатларын орынлап атырған шекленген муғдардағы жергиликли зыяратшылар 2020-жыл 30-июль, арафа күни Арафот таўында жәмленеди.

Солай етип, 2020-жыл 31-июль, жума күни болса Зулҳижжа айының 10-күни болып, Ислам дүньясындағы ең уллы байрам Ийдул-Азҳо – Қурбан ҳайтының биринши күни болмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги

📲👉🏻 Телеграм каналымызға ағза болың @kanlikulnews
📌Өзбекстанда жер силкиниў жүз берди
👇🏻👇🏻👇🏻
https://kknews.uz/kk/61504.html

📲👉🏻 Телеграм каналымызға ағза болың @kanlikulnews
📌31-июль – Қурбан Ҳайыттың биринши күни

Египет Араб Республикасындағы «Дорул Ифто» фатво коллегиясы тәрепинен ҳижрий 1441-жыл Зулҳижжа айының бириши күни эралық жыл есабы бойынша 2020-жыл 22-июль күнине туўра келип атырғаны жәрияланды. Сол мүнәсибет пенен Саудия Арабстанында ҳаж ибадатын  орынлап атырған шекленген көлемдеги жергиликли зыяратшылар 2020-жыл 30-июль, арафа күни Арафат таўында жыйналады.

2020-жыл 31-июль, жума күни болса Зулҳижжа айының 10-күни болып, Ислам дүньясындағы ең уллы байрам Ийдул-Азҳо-Қурбан ҳайытының биринши күни болады, инша Алла.

Өзбекстан мусылманлары мәкемеси Баспасөз хызмети

📲👉🏻 Телеграм каналымызға ағза болың @kanlikulnews
📌Россияның COVID-19ға қарсы биринши вакцинасы таяр

РоссияныңCOVID-19ға қарсы биринши вакцинасы таяр болды. Бул ҳаққында Россия қорғаныў министриниң биринши орынбасары Руслан Саликов мәлим етти, деп жазады xs.uz  сайты Спутникке тийкарланып.

«Қәнигелеримиз ҳәм Миллий изертлеў орайының (Гамалея атындағы – ред.) илимпазлары тәрепинен сынаў нәтийжелерине жуўмақлаўшы баҳалар берилди. Жуўап берилген ўақытта барлық кеўиллилер коронавирусқа иммунитет алып, өзлерин жақсы сезди. Солай етип, жаңа коронавирус инфекциясына қарсы биринши жергиликли вакцина таяр», – деди ол.

Қарақалпақстан хабар агентлиги

📲👉🏻 Телеграм каналымызға ағза болың @kanlikulnews
#кеўил_айтыў

Бүгин Қарақалпақстан телерадиокомпаниясының директоры, «Нөкис FM» радиоканалы ҳәм «Жаслар» телеканалының шөлкемлестириўшиси Бахытбек Ельманов дүньядан өтти.

Қанлыкөл районы ҳәкимлиги атынан Бахытбек аға Ельмановтың шаңарақ ағзалары ҳәм жақынларына терең қайғырыў менен кеўил айтамыз!

Инна лиллаҳи ва инна илайҳи рожиъун. Жайы жәннеттен болғай!🙏🏻
#хабарландырыў

📣Дыққат !!!📣

Ҳүрметли район турғынлары!

Бүгин Қанлыкөл районына коронавирус инфекциясының кирип келиўи ҳәм тарқалыўының алдын алыў бойынша, район ҳәкимлигинде шөлкемлестирилген арнаўлы комиссияның қарары қабыл етилди.

Оған көре, район аймағында инфекцияның ҳәўиж алыўының алдын алыў мақсетинде, 2020-жылдыӊ 22-июль сәнесинен баслап, 1-август сәнесине шекем төмендеги күшейтилген карантин шеклеўлери орнатылмақта:

📎район аймағына автотранспортлардың кириўи, шығыўы ҳәм район ишинде ҳәрекетлениўи шекленеди;

📎қурылыс материаллары ҳәм азық-аӯқат өнимлери саӯдасынан тысқары, бәрше саӯда орынларының жумысы тоқтатылады;

📎пуқаралардың көшеде биймезгил, орынсыз ҳәрекетлениӯи, сондай-ақ, арнаӯлы қорғаныӯ қуралларысыз жүриӯине жол қойылмайды.

📌Егер, пуқаралар қатаң карантин талапларына бойсынбаған жағдайда, нызамшылықта белгиленген тәртипте шара көриледи.

Ҳүрметли Қанлыкөл районы турғынлары!

Сизди районымыздағы эпидемиологиялық жағдайды есапқа алып, өзиӊиздиӊ ҳәм өзгелердиӊ денсаўлығына бийпәрўа болмаған ҳалда енгизилип атырған талапларға қатаӊ әмел етиўге шақырамыз!

✔️Қосымша: Ертең 22-июль (сәршемби) күни Қанлыкөл дийқан базары саат 10:00 ге шекем ислейди. Базар өз жумысын тоқтатқаннан соң, бәрше саўда орынлары районлық Санитария эпидемиология тынышлық орайы хызметкерлери тәрепинен өрт өшириў машиналары жәрдеминде дезинфекцияланады.

❗️Өзиңизди сақлаң!

Қанлыкөл районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

📲👉🏻 Телеграм каналымызға ағза болың https://t.iss.one/kanlikulnews
Қарақалпақстан Республикасы Коронавирус инфекциясының тарқалыўына қарсы гүресиў илажларын муўапықластырыў бойынша оператив Штабының жанында “CALL CENTER” – медициналық орайы өз жумысын баслады.

“CALL CENTER” – медициналық орайы ҳәр күни 24 саат даўамында Қарақалпақстан Республикасы халқыныӊ медициналық жақтан қорғалыўын күшейтиў, оларға медициналық-профилактикалық жәрдем көрсетиў, “COVID-19” коронавирус кеселлигиниӊ белгилери пайда болған жағдайда зәрүр мәсләҳәт ҳәм мәлимлеме бериў бойынша күни-түни жумыс алып барады.

Әҳмийетлиси, орайға Нөкис қаласындағы Республикалық емлеў-профилактикалық мәкемелериниӊ жоқары маманлықтағы шыпакерлери бириктирилген.

Ҳүрметли пуқаралар!

Егер Сизде денсаўлығыӊыз бенен байланыслы, яғный коронавирус кеселлигиниӊ белгилери пайда болғанда “CALL CENTER” мәсләҳәт орайыныӊ 1105 телефон номерине қоӊыраў етиӊ!

Өзиӊизди ҳәм өзгелерди сақлаӊ!

@qrdssm

📲👉🏻 Телеграм каналымызға ағза болың @kanlikulnews
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
📌Видеоны көриң хәм жуўмақ шығарың!

Орнатылған қағыйдаларға әмел етиң!

📲👉🏻 Телеграм каналымызға ағза болың @kanlikulnews
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Брифинг

Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри А.Ҳамраевтың қатнасында онлайн брифинг

Министрлик Мәлимлеме хызмети

📲👉🏻 Телеграм каналымызға ағза болың @kanlikulnews
👩🏻Коронавирус ҳомиладорлар учун қанчалик хавфли?

🦠Вирус йўлдош тўсиғи орқали ўта олмайди, яъни уни кесиб ўта олмайди ва шу туфайли ҳомила ҳимояланади. Шунинг учун ҳомиладор аёллар учун гриппга қараганда камроқ хавфли. COVID-19 парранда ёки чўчқа гриппига қараганда ҳам анча кам таъсир қилади;

Ҳомиладор аёлда коронавирус бўлса, қандай йўл тутиш керак?

💊Вирусга қарши турли антибиотикларни қабул қилиш мутлақо тавсия этилмайди. Фақат фавқулодда ҳолатларда антибиотиклар қабул қилиш мумкин. «Фраксипарин», «Клексан», «Аспирин» каби дорилар ҳомиладор аёлларга тавсия этилади.

Коронавирусга чалинган она боласини эмизиши мумкинми?

👶🏻Жаҳон соғлиқни сақлаш ташкилоти тавсияларига кўра, коронавирус юқтирган она боласини эмизиши мумкин. Вирус она сути орқали юқмайди. Коронавирус юқтирган она уйда бўлса, у ўзини боласидан ажратиб қўйса яхшироқ бўлади. Онада ҳарорат ва бошқа аломатлар бўлса ҳам боласини эмизавериши мумкин. Боланинг иммунитети кучли бўлгани учун вирусга мойиллиги жуда кам бўлади.

👨‍⚕️Kun.uz

📲👉🏻 Телеграм каналимизга аъзо бўлинг @kanlikulnews