KaNews.uz
5.76K subscribers
46.9K photos
3.31K videos
21 files
14.6K links
Қанлыкөл районы ҳәкимлигиниң социаллық тармақлардағы рәсмий каналлары

kanews.uz
https://t.iss.one/kanlikulnews
https://www.instagram.com/kanlikul_news/
https://www.facebook.com/kanlikulpress/
@hakimge_murajat2022
@murajatbot
Download Telegram
«NUKUS SSP TEXNOPARK» ЖШЖ Нөкис қаласында жайласқан қурылыс объектлериндеги төмендеги бос жумыс орынлары бойынша жумысқа шақырады.

Гербиш өриўши 100 орын (Данасы 550 сом, өлшеми 3,20 дан жоқарылары 700 сом);
Бетоншы 50 орын (Сейсмапояс қалыңлығы 20 см 60000 сом, басқа бетонлар кубына 250000 сом);

Жумысшылар 3 мезгил ыссы аўқат пенен тәмийинленеди.

Мәнзил: Нөкис қаласы, «Нөкис-Төрткүл» автомагистралы 40-үй. Бағдар Нөкис саўда комплекси (Катекс базар).
Байланыс ушын телефон: +99899 717 83 38
Forwarded from KaNews.uz (mirza)
Сизге қолай ҳәм ықшам үй-жайлар

Қанлыкөл районы орайы үлкен жол бойында жаӊадан бой тиклеген “Жаӊа Өзбекстан” массивинде сиз ушын ҳәр тәреплеме қолай үй-жайлар пайдаланыўға тапсырылмақта.
Ҳәзирги күнде бес қабатлы 30 квартиралы еки ҳәм үш ханалы 10 үй жайлар өз ийелерине берилмекте, сизде асығыӊ үй-жайға ийе болыӊ.
Қанлыкөлде жаӊа қалашаға айланып атырған бул аймақта, заманагөй улыўма билим бериў мектеби ҳәм балалар бақшасы ҳәм басқада сиз ушын қолайлылықлар толығы менен жаратылған.

Qanlıkól rayonı hákimliginiń Málimleme xızmeti
Kanalǵa aǵza bolıw:
https://t.iss.one/kanlikulnews
Х А Б А Р Л А Н Д Ы Р Ы Ў

Ҳүрметли район турғынлары!

Районныӊ барлық пуқаралар жыйынларында сизиӊ машқалаларыӊызды сол жердиӊ өзинде сапластырыў мақсетинде пуқаралар менен ушырасыўлар өткериледи.

Район ҳәкимлиги ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қанлыкөл районындағы Халық қабыллаўханасы усы жыл 19-июль күни «Наўрыз» АПЖ аймағында саат 11:00де, қалған барлық аймақларда саат 10:30да райондағы барлық пуқаралар жыйынлары аймақларында халық пенен ушырасыўлар өткерилетуғынлығын ХАБАРЛАЙДЫ.
Ушырасыўда район ҳәкими орынбасарлары, сектор басшылары, районныӊ тийисли мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкем басшылары қатнасады.
Сиз өзиӊизди қызықтырған сораўларыӊыз, машқалаларыӊыз, усыныс ҳәм пикирлериӊиз болса усы ушырасыўда қатнасып өз алысыӊызды жақын, аўырыӊызды жеӊил етип мүрәжатыӊызға шешим табыўыӊыз мүмкин.
Ушырасыў орынлары ҳәр бир пуқаралар жыйынлары кесминде сизлерге қолай орынларға шөлкемлестириледи.

Qanlıkól rayonı hákimliginiń Málimleme xızmeti
Kanalǵa aǵza bolıw:
https://t.iss.one/kanlikulnews