KaNews.uz
5.55K subscribers
43.8K photos
3.18K videos
21 files
14K links
Қанлыкөл районы ҳәкимлигиниң социаллық тармақлардағы рәсмий каналлары

kanews.uz
https://t.iss.one/kanlikulnews
https://www.instagram.com/kanlikul_news/
https://www.facebook.com/kanlikulpress/
@hakimge_murajat2022
@murajatbot
Download Telegram
Сенатор Батыр Мəтмуратов Мəмлекетлик бағдарлама жойбарының мазмун-мəнисин кеңнен түсиндирди

Толық оқыў ушын https://kanews.uz/news/news-1560/?lang=kk

https://t.iss.one/kanlikulnews
Жумыс стажы жетерли болмаса да пенсия бериле ме?

Толық оқыў ушын https://kknews.uz/kk/72685.html

https://t.iss.one/kanlikulnews
«МӘҲӘЛЛЕ КЕСИМИНДЕ» ИСЛЕЎ БОЙЫНША ЖАҢА СИСТЕМАНЫ ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЎ ҲӘМ КӘМБАҒАЛЛЫҚТЫ ҚЫСҚАРТЫЎ БОЙЫНША АНЫҚ ЎАЗЫЙПАЛАР БЕЛГИЛЕНДИ

Толық оқыў ушын https://kknews.uz/kk/72678.html

https://t.iss.one/kanlikulnews
⚡️«Қарақалпақтың биринши десантшы қызы» 80 жасты қарсылады

Нөкис районы «Қырантаў» АПЖ аймағының турғыны Шәригүл Юсупбаева ҳәзирде 80 жасты қарсы алып, ақлық, шаўлық сүйип отыр. Ол 1959-жылы Ташкент аўыл хожалық институтының экономика ҳәм бухгалтериялық есап факультетине оқыўға кирди. Сол ўақытларда институтта ҳәр қыйлы дөгереклер болып, оқып атырған студентлер олардың биреўине қатнасыўы шәрт болған.

Соның менен, ол ДОСААФтың парашюттан секириў дөгерегине қатнасып, дәслеп 1961-жылы март айында АН-2 самолётында 800 метрден ҳәм келеси айы 1 км бийикликтен секирген.

Шәригүл Юсупбаева сол ўақыттан баслап «Қарақалпақтың биринши десантшы қызы» аты менен танылды, деп жазбақта Нөкис районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.

@kanlikulnews
1-февральдан баслап бензинниң баҳасы көтерилиўи күтилмекте

Толық оқыў ушын https://kknews.uz/kk/72684.html

https://t.iss.one/kanlikulnews
Forwarded from Times.uz
Коронавирус бўйича сўнгги дунё янгиликлари:

– Жонс Хопкинс университети берган маълумотларга кўра, дунё бўйлаб 100,16 млн киши коронавирусга чалинган, бундан 2,15 млн бемор вафот этган;

– AҚШда тиббиёт марказининг собиқ ходими коронавирусга қарши 500 доза вакцинанинг бузилишида ўз айбини тан олди. Унга 10 йилгача қамоқ жазоси берилиши мумкин:

– Буюк Британияда 30 та мамлакатдан келган сайёҳларга меҳмонхона карантини мажбурий деб белгиланади;

– Перу президенти 31 январдан бошлаб мамлакат пойтахти ва 9 та ҳудудида икки ҳафталик карантин жорий этилишини эълон қилди;

– Aвстралияда ўн кундан бери маҳаллий касалланиш ҳолатлари рўйхатдан ўтказилмаяпти;

– AstraZeneca вакцина ишлаб чиқариш графигидан икки ойга орқада қолаётгани сабабли, етказиб беришда узилишлар юз бераётганини маълум қилди
#кеўил_айтыў

Бүгин Халық депутатлары Қанлыкөл районлық Кеңесиниң депутаты Дәрьябаев Амангелди Оспанович дүньядан өтти.

Қанлыкөл районы ҳәкимлиги, Өзбекстан либерал демократиялық партиясы районлық Кеңеси ҳәм район кең жәмийетшилиги атынан марҳумның жақынларына, шаңарақ ағзаларына терең қайғырыў менен кеўил айтамыз.

Инна лиллаҳи ва инна илайҳи рожиъун. Жайы жәннеттен болғай!
Усы ҳәптеде Жердиң жақынынан үш астероид ушып өтеди

Толық оқыў ушын https://kknews.uz/kk/72724.html

https://t.iss.one/kanlikulnews
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Ёшлар бандлигини таъминлаш ва бўш вақтини мазмунли ташкил этиш бўйича муҳим йўналишлар кўрсатиб ўтилди

Обозначены важные направления обеспечения занятости и содержательной организации досуга молодежи

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
📌 Жерди нызамсыз алып қойғанлық ушын жуўапкершилик белгиленди.

https://t.iss.one/kanlikulnews
#Мүрәжатнама_2021

⁉️ 2021-жылда мектепке шекемги билимлендириў тараўында қандай өзгерислер болады?

🔰 2023-жылда мектепке шекемги билимлендириўге қамтыў 75% ды қурайды.

🔰 6 жаслы балалардың 2021-жылда мектепке таярлаўдың бийпул системасы 82% ға жеткериледи.

☝️ Толық инфографика арқалы танысың

https://t.iss.one/kanlikulnews
🏐 Гандбол бойынша Қарақалпақстан чемпионатында Қанлыкɵл районының қызлар командасы 1-орынды ийеледи

Усы жылдың 27-январь сəнесинде гандбол бойынша 2008-2009-жыллары туўылған жас ɵспиримлер ҳəм қызлар арасында Қарақалпақстан чемпионаты болып ɵтти.

Онда Қанлыкɵл районының қызлар командасы мүнəсип қатнасып, сыйлы 1-орынды алыўға мияссар болды. Команда қурамында; Сапарниязова Зинахан, Гɵнебаева Барно, Айтмуратова Рамуза, Ережепова Мухаббат, Жолдасбаева Гулмира, Нийетбаева Гулжамал, Шайхиева Наргиза, Қуўанышбаева Гулзада, Ғайытбаева Дилназа, Сейилбекова Ерсинай, Генжебаева Гүмисай ҳəм Умирбекова Шахризада белсендилик кɵрсетти.

Мағлыўмат орнында спортшыларды жарысқа таярлаған тренери Райгул Ильясова.

https://t.iss.one/kanlikulnews
#Әдиллик_хабары

Әдиллик уйымлары ҳәм мәкемелеринде коррупцияға дус келсеңиз, бизге хабар бериң.

⚠️ Әдиллик уйымлары системасында коррупцияға қарсы аяўсыз урыс жәрияланған.

📲 Бунда Әдиллик министрлиги системасындағы, соның ишинде әдиллик басқармалары ҳәм бөлимлери, нотариал кеңселер, мәмлекетлик хызметлер орайлары, ПҲАЖ уйымлары ҳәм юридикалық билимлендириў мәкемелериндеги коррупция жағдайлары ҳаққында мағлыўматларды телеграмдағы @antikorbot ботына, “1008” исеним телефонына ямаса министрликтиң рәсмий веб-сайтындағы арнаўлы платформаға (https://www.minjust.uz/uz/anticorruption/feedback) жибериў мүмкин.

❗️Жиберилген хабарлар белгиленген тәртипте көрип шығылады ҳәмде мүрәжат етиўшиниң шахсы сыр сақланыўы кепилленеди.

https://t.iss.one/huqiqiymalimleme
https://t.iss.one/kanlikulnews
📌 Мүрəжат ɵз шешимин тапты

Усы жылдың 20-январь сəнесинде Қанлыкɵл районы Жаслар орайы имаратында Халық қабыллаўханасы шɵлкемлестириўинде Қарақалпақстан Республикасындағы 4 сектор, Мəмлекетлик қəўипсизлик хызмети, Жаслар ислери агентлиги, министрликлер ҳəм мəкеме басшылары тəрепинен жаслар менен ушырасыў ɵткерилген еди.

Ушырасыўда район турғыны Султанов Илхам ɵмирлик жолдасы тигиўшилик пенен шуғылланатуғынлығын ҳəм ҳəзирги ўақытта тигиў машинасына мүтəж екенлигин билдирип мүрəжат етти. Бул бойынша тийисли тараў ўəкиллери мүрəжаттың унамлы шешилиў илажларын кɵретуғынлығын атап ɵткен еди.

Мүрəжат ийесиниң мүрəжаты қанаатландырылып, Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тəрепинен тигиў машинасы Қанлыкɵл районына жеткерип берилди. Тигиў машинасы Жаслар ислери агентлиги районлық бɵлими тəрепинен хожалық ийелерине тапсырылды.

https://t.iss.one/kanlikulnews