KaNews.uz
5.56K subscribers
43.7K photos
3.17K videos
21 files
14K links
Қанлыкөл районы ҳәкимлигиниң социаллық тармақлардағы рәсмий каналлары

kanews.uz
https://t.iss.one/kanlikulnews
https://www.instagram.com/kanlikul_news/
https://www.facebook.com/kanlikulpress/
@hakimge_murajat2022
@murajatbot
Download Telegram
#дезинфекция

📌Қанлыкөл районы Санитария эпидемиология тынышлық орайы тәрепинен, коронавирус инфекциясынан қорғаныў ҳәм оның алдын алыў мақсетинде, аймақларда үзликсиз тәризде дезинфекция жумыслары алып барылмақта.

Соннан, «Жайхун» стадионы, районлық Медицина бирлеспеси, район аймағындағы бәрше орайлық ҳәм хожалықлараралық көшелер ҳәмде саўда орынлары дезинфекцияланды.

Орай тәрепинен усы сыяқлы илажлар ҳәр күни әмелге асырылмақта.

Қанлыкөл районы Санитария эпидемиология тынышлық орайы

📲👉🏻 Телеграм каналымызға усы линк арқалы ағза болың @kanlikulnews
#мүрәжат

🔴Қанлыкөл районы ҳәкимлигиниң рәсмий бот мәнзилине Қанлыкөл районы «Дослық» МПЖ 16-ДОМ 2-кв турғыны Исмайлова Сайёра Адиловнадан, перзентлери ушын напақа пул ала алмай жүргенлиги билдирилген мүрәжат келип түсти.

📎Мүрәжат Қанлыкөл районы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими тәрепинен үйренип шығылды. Бул бойынша бөлим төмендегише жуўап береди.

#жуўап

🔵Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2013-жыл 25-февральдағы «Кем тәмийинленген шаңарақларға социаллық напақалар ҳәм материаллық жәрдем тайынлаў ҳәм төлеў тәртиби ҳаққындағы Нызамды тастыйықлаў ҳаққында»ғы 44-санлы қарары тийкарында, ҳәр бир пуқаралар жыйыны комиссиясы тәрепинен, ҳәр айдың 5- ҳәм 15-сәнеси аралығында ҳүжжетлерди қабыллайтуғынлығын, 21-сәнесинде комиссия тәрепинен көрип шығылатуғынлығын билдиремиз.

Сизде өзиңиз есапта турған аймақтан жоқарыда көрсетилген қарар бойынша дүзилген комиссияға ҳүжжетлериңизди тапсырыўыңыз мүмкин.

Қанлыкөл районы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими

📲👉🏻 Телеграм каналымызға усы линк арқалы ағза болың @kanlikulnews
📢Ҳүрметли Қанлыкөл районы турғынлары!

Қанлыкөл районы Мәлимлеме хызмети тәрепинен, физикалық ҳəм юридикалық шахслардың мүрəжатлары менен ислесиўди буннан былай да жетилистириў мақсетинде, район ҳəкимлигиниң рәсмий бот мәнзили ашылғанлығын хабарлаймыз.

📌сизде машқала, усыныс яки сораўлар болатуғын болса,
@kanlikul_press_bot мәнзилине жоллаўыңыз мүмкин.

📌мүрәжат ийесиниң фамилиясы, аты, жасаў мәнзили
ҳәм байланыс номери толық көрсетилиўи шәрт.

Сизиң мүрəжатларыңыз ҳəкимликтиң тийисли басшы-қəнигелери тəрепинен белгиленген тəртипте кɵрип шығылып, нəтийжеси бойынша ҳəкимликтиң рəсмий сайты менен тармақларында мəлимлемелер жəрияланып барылады.

📲👉🏻 Телеграм каналымызға усы линк арқалы ағза болың https://t.iss.one/kanlikulnews
Gastronomik turizm: “O‘zbekistonning noyob taomlari” tanloviga start berildi
https://uzbektourism.uz/uz/newnews/view?id=1151

Гастрономик туризм: “Ўзбекистоннинг ноёб таомлари” танловига старт берилди
https://uzbektourism.uz/cyrl/newnews/view?id=1151

Гастрономический туризм: Стартует конкурс «Уникальные блюда Узбекистана»
https://uzbektourism.uz/ru/newnews/view?id=1151

Telegram kanalimizga a’zo bo’ling: https://t.iss.one/uzbektourismofficial
DIQQAT TANLOV

📢Aziz yurtdoshlar!

🦠Karantin vaqtida uyda zerikib o'tiribsizmi?

🍲O'zbek milliy taomlarini tayyorlashga qiziqasizmi?

🌍Balki, o'z hududingizga xos, yo'qolib borayotgan, tarixiy taomlarni jahonga mashxur qilish niyatingiz bordir?!

Unda, diqqat qiling!
O'zbekiston Turizmni rivojlantirish davlat qo'mitasi va O'zbekiston Gastronomik turizmi assotsiatsiyasi aynan Siz uchun 
📜 "O'zbekistonning noyob taomlari" tanlovini e'lon qiladi. 

📊Tanlov shartlari juda oddiy!

🥘Unga ko'ra, Siz o'z hududingizga xos qadimiy, antiqa hamda tobora yo'qolib borayotgan kamida 5 ta milliy taom(quyuq, suyuq taom, pishiriq, shirinlik)ning retseptini bizga yuborishingiz kerak. 

☝️Retsept matniga qo'yilgan talablar:

Taom, uning tarixi va muallifi haqida qisqacha ma'lumot va qiziqarli faktlar;
5-6 kishilik portsiya uchun kerak bo'ladigan masalliqlar ro'yxati (kg, gr, l, qoshiq kabi õlchovlar bilan);
Tayyorlash jarayoni aniq ketma-ketlikda yozilishi;
Masalliqlarning qanday shaklda to'g'ralishi (kubik, somoncha, xalqasimon va shu kabi)
Taomning yanada mazali chiqishi uchun muallifning qo'shimcha eslatma va tavsiyalari bo'lishi kerak

Shuningdek, retseptga 📸foto yoki 📹video lavhalarni ham ilova qilish mumkin. 

🏆G'oliblar O'zbekiston Turizmni rivojlantirish davlat qo'mitasi tomonidan
🥇1-õrin uchun 5 000 000 (besh million) so'm
🥈2-õrin uchun 3 000 000 (uch million) so'm
🥉3-õrin uchun 2 000 000 (ikki million) so'm miqdoridagi pul mukofotlari, shuningdek, O'zbekiston Gastronomik turizmi assotsiatsiyasi tomonidan
📋diplom va sertifikat hamda
 🛍esdalik sovg'alari bilan taqdirlanadilar.

📚Eng sara retseptlar "O'zbekistonning noyob taomlari" kitobiga sulolangizga oid retsept sifatida taom muallifi ism familiyasi bilan birga kiritiladi. Ushbu kitob bir necha chet tillariga tarjima qilinadi.

📬Tanlovda ishtirok etish uchun O'zbekiston Gastronomik turizmi assotsiatsiyasining rasmiy kanaliga obuna bõling 
👉 @gastrotourism_uz 
va qayta aloqa boti orqali retseptlarni bizga yuboring
👉 @gastrotourismbot

🗓Materiallar 20-may kuniga qadar qa'bul qilinadi

📈Tanlov, uning jarayoni va ishtirokchilar haqida batafsil ma'lumotlarni online-tourism.uz va gastrotourism.uz saytlari orqali berib boramiz.
Абитуриентлер қашаннан баслап ҳүжжет тапсырыўы мүмкин? Ҳүжжетлерди онлайн тапсырыў қалай әмелге асырылады? Тест процесине қанша ўақыт ажыратылады? (тийкарғы мағлыўматлар)

Быйылғы жылы жоқары оқыў орынларына абитуриентлерден ҳүжжетлерди қабыл етиў 15-июньнан 15-июльға шекем етип белгиленген.

Онлайн тәризде мобиль телефонлар арқалы да Мәмлекетлик тест орайының рәсмий сайты – dtm.uz ямаса тиккелей abitur.dtm.uz сайты арқалы үйден шықпастан ҳүжжет тапсырыў имканияты болады.

Өткен жылы ҳүжжет тапсырған абитуриентлердиң ҳүжжетлери Мәмлекетлик тест орайының рәсмий сайтында сақланып қалған болып, өткен жылы оқыўға кире алмаған абитуриентлер быйылғы жылы паспорт сериясы ҳәм номерлерин киргизген ўақытта ҳүжжетлер шығады. Оны қайтадан толтырып отырыў шәрт болмайды. Абитуриент бул жағдайда тек ғана жоқары оқыў орны, тәлим бағдары ҳәм қайсы тилде билим алатуғынлығын белгилеўи керек болады.

Абитуриент оқыўға киргеннен соң усы ҳүжжетлердиң түп нусқаларын жоқары оқыў орнына тапсырады.

Абитуриентлерден қандай ҳүжжетлер талап етиледи?

1) Паспорт;
2) Диплом ямаса аттестат;
3) Жеңилликли түрде оқыўға киретуғынлар ушын жеңиллик берилгени ҳаққындағы ҳүжжеттиң мағлыўматлары талап етиледи.

Берилген жеңилликлер ҳаққындағы мағлыўматлар тийисли министрлик ҳәм уйымлар тәрепинен берилген базалық мағлыўматлар менен салыстырылып көриледи.

Тест өткериў ушын 12 ўәлаят, Ташкент қаласы ҳәм Қарақалпақстан Республикасында улыўма 64 имарат ажыратылған.

Атап өтиў керек, инфекция пүткиллей сапластырылмаған шараятта абитуриентлердиң 1000 орынлық имаратларда 3-4 саатлап қалып кетиўине жол қойып болмайды. Сол себепли, быйылғы оқыў жылында тест сынақлары өткерилетуғын имаратларда ең көби 700 адамлық орынлар таярланады, ҳәр бир абитуриент ушын кеминде 3 кв.м орын ажыратылады, санитариялық-гигиеналық талапларға муўапық, олардың нықап, қолқап пенен тестте қатнасыўы тәмийинленеди.

Абитуриенттиң дене температурасы өлшенгеннен соң, имаратқа киргизиледи. Имаратлар кеминде 4 мәрте дезинфекцияланады.

Усы жылдың 30-апрель күни Президентимиз басшылығында өткерилген жыйналыста белгиленген тапсырмалар ҳәм қурамында жоқары оқыў орынлары болған министрлик, мәкеме, шөлкемлер тәрепинен билдирилген усыныслар тийкарында және абитуриентлерди артықша қыйнап отырмаў мақсетинде тек ғана 2020-2021-оқыў жылы ушын қабыллаў тест сынақлары мәжбүрий пәнлерсиз, 2 қәнигелик пәннен өткерилиўи жобаластырылмақта.

Тестлерде абитуриентлер ушын 2 блокқа 2 саат ўақыт ажыратылады.

Әмелий имтиханлар ушын 1 саат ўақыт ажыратылады.

Карантин шеклеўлери сақланып қалынатуғын болса тест процеси қалай өткериледи?

Егер карантин шеклеўлери толық сақланып қалынатуғын болса тест сынаўларын өткериў кейинги сәнелерге қалдырылыўы да мүмкин.

Булар ҳаққында Мәмлекетлик тест орайы бас басқармасының баслығы Барно Ражабов мәлим етти.

Атап өтилиўинше, ҳәзирги карантин шараятын есапқа алып, жоқарыдағы билдирилген мағлыўматларда өзгерислер болыўы мүмкин.

Қарақалпақстан хабар агентлиги

📲👉🏻 Телеграм каналымызға усы линк арқалы ағза болың @kanlikulnews
Тадбиркорликни қўллаб-қувватлаш масалалари бўйича видеоселектор йиғилиши ўтказилди.
Ўзини ўзи банд қилган аҳоли даромад солиғидан озод қилиниши белгиланди.
Давлат идоралари кўрсатаётган айрим хизматларни хусусий секторга ўтказиш бўйича топшириқлар берилди.
Тадбиркорлик субъектларига кредит бериш шартларини соддалаштириш, истеъмол кредитлари беришни кенгайтириш лозимлиги қайд этилди.

Состоялось видеоселекторное совещание по вопросам поддержки предпринимательства.
Определено, что самозанятые граждане будут освобождены от уплаты подоходного налога.
Указано на необходимость упрощения кредитования субъектов предпринимательства, расширения потребительского кредитования.

#Mirziyoyev #videoselektor #iqtisodiyot #tadbirkorlik

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
🔺 2020 йил 19 май соат 23:00 ҳолатига кўра, Ўзбекистонда коронавирус инфекцияси қайд этилганлар сони 2855 (+30) нафарни ташкил қилмоқда. Аниқланган янги касалланиш ҳолатларининг 6 нафари олдиндан карантинда бўлган фуқаролар, 24 нафари хориждан келиб, карантинга олинган шахслар орасидан қайд этилди (уларнинг 19 нафари 14 май куни чартер рейс билан Санкт-Петербургдан, 5 нафари 15 май куни Қозоғистондан келган).
Айни пайтда юртимизда 2338 нафар коронавирус инфекциясига чалинган фуқаролар бутунлай соғайди. Айни пайтда мамлакатимизнинг 9 худудидаги ихтисослашган тиббиёт муассасаларида 504 нафар бемор даволанмоқда. Барча беморларга шифокорларимиз томонидан белгиланган стандартлар бўйича даво чоралари кўрилмоқда.

Соғлиқни сақлаш вазирлиги
Жамоатчилик билан алоқалар бўлими.


--------------

🔺 По состоянию на 19 мая 2020 года 23:00 часов в Узбекистане число случаев заражения коронавирусной инфекцией составляет 2855 (+30). Из подтвержденных новых случаев 6 выявлено у граждан, находившихся на карантине, 24 – у граждан, прибывших из-за рубежа (из них 19 граждан прибыли 14 мая из Санкт-Петербурга чартерным рейсом, а 5 – 15 мая из Казахстана) и помещенных на карантин.
В нашей стране в данное время от коронавирусной инфекции полностью выздоровели 2338 граждан. В данное время в специализированных медицинских учреждениях 9 регионов Узбекистане лечатся 504 пациентов. Всех пациентов наши врачи лечат в соответствии с установленными стандартами.

Отдел по связям с общественностью
Министерства здравоохранения

📲👉🏻Наш телеграмм канал @kanlikulnews
Forwarded from Paziyletuz | Рәсмий канал (Админ)
#қәдир_түни

Бул түнде қандай ибадатлар қылынады? Олардың арнаўлы усынылғанлары бар ма? Қәдир кешесинде қандай дуўаларды қылған абзал?

Марҳум Шайх Муҳаммад Садиқ Муҳаммад Юсуф “Қәдир кешеси ушын арнаўлы намаз жоқ”, деген еди. Бырақ, бул түнде қаза намазлар, нәпил ҳәм таҳажжуд намазларын оқыған абзал.
Буннан тысқары, Қураны кәрийм тиләўаты, Аллаҳты уллылап айтылатығун тасбеҳ, истиғфар ҳәм зикирлер, Пайғамбарымыз Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа салламға салаўат айтыў үлкен сый-саўапларға себеп болады.

Айша анамыз разыяллаҳу анҳә: “Ҳәй Расулуллаҳ егер Қәдир түнин таўсам не деп дуўа қылайын?” деп сорады. Набий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: “Сен: “Аллоҳуммә иннәкә ъафуўўун, туҳиббул ъафўә фәъфу ъанний”, деп айт”,– деди”.
Термизий, Ибн Можа рәўияты.

Мәниси: “Ҳәй Аллаҳ, әлбетте, Сен кешириўшисең, кешириўди жақсы көресең. Мени (гүнәларымды) кешир”.

👉 @paziyletuz бенен бирге қалың!
Forwarded from Paziyletuz | Рәсмий канал (Админ)
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#қәдир_түни

Қәдир түни қандай пазыйлетлерге ийе?

Қәдир түни - мың айдан жақсы түн. Егер бул есаплап көрилсе, шама менен, 83,3 жылға туўры келеди.
Мине Усы түнде қылынатуғын ибадатлар, зикирлер, салаўатлар, тәсбиҳлер ҳәм дуўалар, әне усындай ўақыт кеңлигин қамтып алады. Бул усы мүбәрек түнде қылынған ибадатлар сонша жыл даўамында әмелге асырылған ибадатлар саўабынан абзал екенлигин аңлатады. Буннан артық бул түнниң және қандай шырайлы ҳәм уллы пазыйлети болыўы мумкин?
Қалаберди, бул түн аманлық ҳәм берекет түни. Онда инсанның бир жыллық есап-китабы жер жүзине түсириледи. Бул түнде бенде ояў болып, Аллаҳға ықлас пенен дуўа қылса, гүналары мағфират қылынып, еки дүнья бахты бериледи. Өзиниң мүтәжликлери ҳаққында сораса, орынланады.
Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Ким Қәдир түнин ийман ҳәм ықлас пенен қайым қылса, оның өткен гүналары кешириледи», деди.

@paziyletuz бенен бирге қалың!
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Ўзини ўзи банд қилган аҳоли даромад солиғидан озод қилинади

Самозанятые будут освобождены от подоходного налога

#Mirziyoyev #videoselektor #iqtisodiyot #tadbirkorlik

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
Мектеплерде жуўмақлаўшы имтиҳанлар бийкар етилди.

Бул ҳаққында Халық билимлендириў министри Шерзод Шерматов мәлим етти:

Президентимиз тәрепинен карантин дәўириде халқымызға имкәни барынша қосымша қолайлықлар жаратыў бойынша белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў ҳәмде көпшилик ата-аналардың илтимаслары инәбатқа алынып, быйылғы оқыў жылы жуўмағындағы имтиҳанлар бийкар етилди.

Баҳалар қалай қойылады?

"Мектеплерге оқыўшылардың жыллық баҳаларын быйылғы оқыў жылының 3 шерек баҳалары тийкарында шығарыў усыныс етиледи", деп айтып өтти билимлендириў министри.

📲👉🏻 Телеграм каналымызға ағза болың @kanlikulnews
Forwarded from MAKAN.UZ
Өзбекстанда жаңа система әмелге асажақ📣

19-май күни Президент Шавкат Мирзиёев исбилерменликти қоллап-қуўатлаўға қаратылған қосымша илажлар бойынша видеоселектор жыйналысын өткерди.

🔹Онда атап өтилиўинше, өзин-өзи бәнт етип атырған, қолында кәсип-өнери бар адамларға ылайық шәраят жаратыў мақсетинде жаңа система енгизилиўи белгиленди.❗️

🔸Яғный, шаштарез, етикши, наншы, темирши, уста, тигинши, таксист (!), аўдармашы, дизайнер, комьютер программисти сыяқлы өзин-өзи бәнт еткен 60дан артық кәсип ийелери дәрамад салығынан азат етиледи.

🔹Бул жеңилликтен пайдаланыў ушын телефон арқалы салық мәкемелерин хабардар етиўдиң өзи жеткиликли. Алдағы сырт ел тәжирийбеси тийкарында бундай пуқараларды дизимге алыў ҳәм есабын жүргизиў бойынша мобиль қосымша ислеп шығылады.

🔹Бул илаж қысқа ўақытта жаңа жумыс орынларын жаратыў ушын киши бизнес ҳәм шаңарақ исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў нийетинде көрилмекте. Ҳүкимет пандемия себепли Өзбекстанда жарлы халық ҳәм жумыссызлар саны артыўы, шаңарақлар дәрамадының кемейиўин прогноз етпекте.
Аўдарма: makan.uz

Каналға ағза болыў: @makan_uz
#мүрәжат

🔴Қанлыкөл районы ҳәкимлигиниң рәсмий бот мәнзилине Қанлыкөл районы «Қанлыкөл» посёлка пуқаралар жыйыны, Ҳажы Палўан көшеси, 20-жай турғыны Утепова Раўшан Уббиниязова төмендеги мазмунда, яғный мүрәжат ийеси өзиниң пенсионер екенлигин, ҳәзирде хожалықта 11 адам жасайтуғынлығын, шаңарақ басшысы жумыссыз екенлигин, ҳәмиледар келини жумыс орнынан пулсыз дем алыс (отпуск) алғанлығын келтирип мүрәжат жоллаған ҳәм шаңарақ ҳәзирги ўақытта азық-аўқат тәрептен қыйын аўҳалда екенлигин билдирип, жәрдем сораған.

#жуўап

🔵Қанлыкөл районы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими баслығы С.Жуманова жағдайды терең анализлеў мақсетинде, мүрәжат ийесиниң шаңарағында болды ҳәм үйренип шықты.

Бөлим үйрениўлер нәтийжесине бола төмендегилерди мәлимлейди: Коронавирус пандемиясы ўақтында райондағы саўда орынларында халыққа керекли, күнделикли азық-аўқат өнимлери (ун, өсимлик майы, қумшекер, макарон, гүриш, мәйек) қолайлы баҳада ҳәм жетерли муғдарда екенлигин билдиремиз.Сондай-ақ, сизиң шаңарағыңызға айлық дәрамат карантин ўақтында ҳеш қандай иркинишлерсиз келип турғанлығы белгили болды. Атап айтқанда, өзиңиздиң (мүрәжат ийесиниң) жас бойынша напақаңыз, анаңыз Нурлымуратова Турсынның жасы бойынша напақасы, балаңыз Қалиев Нышанбайдың «Ўзбекистон темир йўллари» акционерлик жәмийети Қоңырат темир жол узелинде жумыста екенлиги анықланды.
Сол себепли, бөлим сизиң ҳәзирги финанслық ҳалатыңызды нормал дәрежеде деп есаплайды.

Қанлыкөл районы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими

📲👉🏻 Телеграм каналымызға усы линк арқалы ағза болың @kanlikulnews