Joqarǵi keńes.uz
39.2K subscribers
19.2K photos
1.45K videos
10 files
8.03K links
Веб-сайт: www.joqargikenes.uz
Instagram: www.instagram.com/joqargikenes.uz/
Facebook: www.fb.com/joqargikenes
Youtube: www.youtube.com/@joqargikenes

© Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси
Download Telegram
ҚОРАҚАЛПОҒИСТОНДА СУВ ТЕЖОВЧИ ТЕХНОЛОГИЯЛАР

Бошқа ҳудудлар сингари Қорақалпоғистон Республикаси туманларида ҳам қишлоқ хўжалик экинларини суғоришда сув тежовчи технологияларининг афзалликлари, уларнинг имкониятлари, талаб этиладиган ресурсларнинг иқтисод қилинишига бағишланган кўргазмали ўқув-семинарлар ўтказилмоқда.
Карантин талаблари асосида ўтказилаётган ўқув-семинарларда мутахассислар сув тежовчи технологияларнинг афзалликлари, бугунгидек сув танқислиги шароитида қулайлиги ва бу технологияни жорий қилиш учун деҳқон-фермерларга давлат томонидан яратилаётган имкониятлар ҳақида батафсил маълумотлар беришмоқда.

Батафсил: https://www.water.gov.uz/uz/posts/1545735855/758
"Белтаў" аўыллық пуқаралар жыйынында район ҳәкими Ж.Адиловтың қатнасыўында "темир дәптер"ге енгизилген жумыссыз ҳаял-қызлар ҳәм жаслар менен ушырасыў жыйналысы болып өтти. Ушырасыўда халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, бос турған имаратларды қайта жөнлеў арқалы исбилерменлик пенен шуғылланыўды қәлеўшилер ушын утымлы пайдаланыў, ҳаял-қызларды өнерментлик ислери менен бәнт етиў мақсетинде пикир-усыныслар билдирилди.
"Белтаў" аўыллық пуқаралар жыйыны аймағында 183 шаңарақта 1061 пуқара жасайды. (Солардан 541и ҳаял-қызлар). Аўыл халқының көпшилиги шарўашылық пенен шуғылланады.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети
Forwarded from Karakalpakstan.uz
Мойнақ аэропортында туңғыш самолёт пәрўазы әмелге асырылды.

Бүгин пүткил халқымыз тарыйх бетлеринде мөрленип қалатуғын үлкен жаңалықтың гүўасы болды.

Ҳүрметли Президентимиздиң айрықша дыққат итибары тийкарында күннен-күнге шырай ашып киятырған Мойнақ аэропортына мине, көп жыллық үзилистен соң туңғыш AIRBUS A-320 самолёты келип қонды.

Каналға ағза болыў 👉@QResMinistrlerKenesi
Президентимиздиң 2020-жыл 26-августтағы қарарына муўапық, Қарақалпақ мәмлекетлик университети 3-басқыш студенти Рахимбаев Отабек Давлатбаевич ҳәм Нөкис қаласындағы “Оралбай Нөкис” шаңарақлық кәрханасы баслығы Сержанов Памир Оралбаевич “Мард ўғлон” мәмлекетлик сыйлығы менен сыйлықланды.

https://uza.uz/oz/documents/mard-lon1-davlat-mukofoti-bilan-ta-dirlash-t-risida-27-08-2020
«Халықты социаллық жақтан қоллап-қуўатлаўға қаратылған қосымша ис-илажлар ҳаққында» Президент қарары қабыл етилди.

Қарарға муўапық, «Сақаўат ҳәм жәрдем» улыўмахалықлық ҳәрекетин даўам еттириў және де, материаллық жәрдемге мүтәж шаңарақлардың перзентлерин қысқы кийим-кеншек топламлары, мектеп формасы ҳәм оқыў қураллары менен тәмийинлеў мақсетинде 2020-жылдың сентябрь айында халықтың төмендеги қатламларына бир мәртелик материаллық жәрдем көрсетиледи:

Материаллық жәрдемге мүтәж шаңарақлардың дизимине («темир дәптер») киргизилген шаңарақлардың 16 жасқа толмаған балаларына;

Бағыўшысынан айрылғаны ушын пенсиясын ямаса напақасын алыўшы шаңарақлардың 16 жасқа толмаған балаларына;

Майыплығы болған 16 жасқа толмаған балаларға.

Бир мәртелик материаллық жәрдемниң муғдары ҳәр бир 16 жасқа толмаған бала ушын 500 мың сум етип белгиленеди.

Қарарға муўапық, республикадағы барлық баслаўыш, улыўма орта билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў мәкемелериниң хызметкерлери орайласқан тәртипте 2020-жылдың 1-октябрь сәнесине шекем гриппке қарсы емленеди.

Дерек: huquqiyaxborot