Joqarǵi keńes.uz
39.4K subscribers
20.1K photos
1.54K videos
11 files
8.49K links
Веб-сайт: www.joqargikenes.uz
Instagram: www.instagram.com/joqargikenes.uz/
Facebook: www.fb.com/joqargikenes
Youtube: www.youtube.com/@joqargikenes

© Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси
Download Telegram
Forwarded from Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИ БАСЛЫҒЫ МУСА ТАЖЕТДИНОВИЧ ЕРНИЯЗОВТЫҢ ҚАЙТЫС БОЛЫЎЫ МҮНӘСИБЕТИ МЕНЕН КЕЎИЛ БИЛДИРИЎ

Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги ҳәм кең жәмәәтшилиги Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы, Өзбекстан Каҳарманы Муса Тажетдинович Ерниязовтың өмирден көз жумыўына байланыслы республика парламентине ҳәм ҳүкиметине, марҳумның шаңарақ ағзаларына, ағайин-туўысқанларына, досларына ҳәм пүткил Қарақалпақ халкына терең қайғырыў менен кеўил билдиреди.

Өмириниң соңғы демлерине шекем елим деп жасаған, халықтың дәртин өз дәрти деп билген әжайып инсан Муса Тажетдинович Ерниязовтың жарқын естелиги әўладлар жүрегинде мәңги сақланады.

Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги
ЖАЙЫҢЫЗ ЖӘННЕТТЕ БОЛҒАЙ…

2020-жыл 31-июль күни халқымыз аўыр жоғалтыўға ушырады. Белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы – Өзбекстан Республикасы Сенаты Баслығының орынбасары, Өзбекстан Қаҳарманы Муса Тажетдинович Ерниязов 73 жасында дүньядан өтти. Бул ўақыя пүткил Өзбекстан халқы ҳәм қарақалпақ дияры ушын үлкен жоғалтыў болды, пүткил халқымызды аўыр қайғыға салды.

Халқымызда «Жақсының жақсысын айт дәўлети тассын» деген даналық гәп бар. М.Т.Ерниязов өзиниң барлық мийнет жолын қарақалпақ елиниң раўажланыўына бағышлады.

Ол билимлендириў тараўын айрықша қәдирлейтуғын еди, әсиресе, республикамызда жоқары мағлыўматлы илимий-педагог кадрларды таярлаўға тийкарғы дыққатын қаратты.

Муса Тажетдинович, илимпаз-оқытыўшылардың ҳәм студент-жаслардың ҳақыйқый жанкүйер ағасы, жақын досты ҳәм қәўендер ақсақалы еди. Институтқа қашан келсе де, жаслардың оқыў ҳәм билим алыўдағы шараятын еле де жақсылаў, жоқары илимий потенциалға ийе профессор-оқытыўшылар санын ҳәм сапасын көбейтиў, жоқары билимлендириў тараўын елимизде еле де кең раўажландырыў бойынша әҳмийетли усыныс ҳәм кеңеслерин билдиретуғын еди. Ол инсан ҳәр бир оқытыўшы-илимпаз ҳәм студент-жастың машқаласын тыңлап, оларды жеке өзиниң тәшўишиндей көрип, тез шешиўге ҳәм жәрдем бериўге асығатуғын еди. Мине, усындай жоқары инсаный пазыйлетлери менен ел ағасы М.Т.Ерниязов бәршемиздиң қәлбимизден мәңги орын алады.

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслары марҳумның шаңарақ ағзаларына, туўған-туўысқанларына терең қайғырыў менен кеўил айтады!

Жәмәәтимиз Қарақалпақстанда халық хожалығының, соның ишинде, жоқары билимлендириў системасының раўажланыўына ҳәм беккемлениўине айрықша үлес қосқан белгили мәмлекетлик ғайраткер, теңсиз инсанның жарқын естелигин ҳеш қашан умытпайды, мәңги ядында ҳүрмет ҳәм иззет пенен еслеп қалады!

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик
педагогикалық институты жәмәәти.
Президент Шавкат Мирзиёев Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгеси Раиси – Ўзбекистон Республикаси Олий Мажлиси Сенати Раисининг ўринбосари Муса Ерниязов қабрини зиёрат қилди. Марҳум ҳақига Қуръон тиловат қилинди.
- Раҳматли Муса оға элни яхши кўрган, ҳалол, пок, ор-номусли инсон эди. У кишига жуда ишонардим, Қорақалпоғистондан кўнглим тўқ эди. Тили, дини, тақдири, ташвишлари бир бўлган ўзбек ва қорақалпоқ халқларининг оғзибирчилигини қадрларди, - деди давлатимиз раҳбари.

Президент Шавкат Мирзиёев посетил место погребения Председателя Жокаргы Кенеса Республики Каракалпакстан - заместителя Председателя Сената Олий Мажлиса Республики Узбекистан Мусы Ерниязова.
- Муса-ога любил народ, был добросовестным и честным человеком. Я очень доверял ему, и душа была спокойна за Каракалпакстан. Он дорожил дружбой узбекского и каракалпакского народов, связанных языком, религией, общей судьбой и заботами, - сказал глава государства.
----
Президент Шавкат Мирзиёев Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы – Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығының орынбасары Муса Ерниязов қәбирин зиярат етти. Марҳумның ҳүрметине Қуран оқылды.
- Муса аға елди жақсы көрген, ҳадал, пәк, ар-намыслы адам еди. Оған жүдә исенетуғын едим, Қарақалпақстаннан кеўлим тоқ еди. Тили, дини, тәғдири, тәшўишлери бир болған өзбек ҳәм қарақалпақ халықларының аўызбиршилигин қәдирлейтуғын еди, - деди мәмлекетимиз басшысы.

president.uz
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Муса Тажетдинович Ерниязовтың қайтыс болыўы мүнәсибети менен кеўил айтыў

Халық депутатлары Шоманай районлық Кеңеси, Шоманай районы ҳәкимлиги ҳәм кең жәмийетшилиги Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы, Өзбекстан Қаҳарманы Муса Тажетдинович Ерниязовтың қайтыс болыўы мүнәсибети менен республика парламенти ҳәм ҳүкиметине, марҳумның шаңарақ ағзаларына, жақынларына ҳәм пүткил Қарақалпақстан халқына терең қайғырыў менен кеўил айтады.

Елимизде жүз берген жаңаланыўлар менен алға илгерилеўлер тиккелей Муса Ерниязов аты менен байланыслы.

Муса Ерниязов жыллар даўамында қайсы лаўазымда жумыс алып барса да, аймағымыздың абаданлығы, пәраўанлығы, халқымыздың тыныш-татыў турмыс кешириўи ушын аянбай мийнет етти. Сол қатары, Шоманай районының социал-экономикалық раўажланыўына айрықша итибар қаратты. Әсиресе, қурылыс, дийқаншылық, шарўашылық сыяқлы салалардың жоқары басқышларға шығыўы ушын кең имканиятлар жаратты.

Өмириниң соңғы демлерине шекем, елим деп жасаған, халықтың дәртин өз дәрти деп билген әжайып инсан Муса Тажетдинович Ерниязовтың жарқын естелиги әўладлар жүрегинде мәңги сақланады.

ШОМАНАЙ РАЙОНЫ ҲӘКИМЛИГИ
Шавкат Мирзиёев: Муса Ерниязов баслаған ислерди дослары менен бирге даўам еттиремиз - https://joqargikenes.uz/4170.html

Шавкат Мирзиёев: Муса Ерниязов бошлаган ишларни дўстлари билан бирга давом эттирамиз -
https://joqargikenes.uz/oz/4180.html
Нукус шаҳрида Ўзбекистон Қаҳрамони Муса Ерниязовнинг вафоти муносабати билан таъзия маросими бўлиб ўтди.
Унда Президент Шавкат Мирзиёев иштирок этиб, марҳумнинг оила аъзоларига, халқимизга чуқур ҳамдардлик билдирди.
Муса Ерниязов улкан раҳбарлик қобилияти, инсоний фазилатлари билан ҳурмат қозонгани таъкидланди.
- Муса Ерниязов қаҳрамон халқнинг қаҳрамон раҳбари эди, - деди давлатимиз раҳбари.

В городе Нукусе состоялась траурная церемония в память о Герое Узбекистана Мусе Ерниязове.
Президент Шавкат Мирзиёев принял участие в церемонии и выразил глубокие соболезнования семье покойного и нашему народу.
Глава государства отметил, что Муса Ерниязов снискал уважение как незаурядный лидер и выдающаяся личность.
- Муса Ерниязов был героическим руководителем героического народа, - сказал Президент.

#Mirziyoyev #safar #Qoraqalpogiston #taziya

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
Forwarded from Paytaxt_City
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы – Өзбекстан Республикасы Сенаты Баслығының орынбасары, Өзбекстан Қаҳарманы
Муса Тажетдинович Ерниязовтың қайтыс болыўына байланыслы Республика ҳүкиметине, марҳумның шаңарақ ағзаларына, ағайин-туўысқанларына, жақынларына, пүткил халқымызға терең қайғырыў менен кеўил айтамыз.
Муса Ерниязов қарақалпақ халқының ҳақыйқый перзенти ҳәм қаҳарманы еди. Ол пүткил өмири даўамында турмыстың қыйын соқпақларынан өтип, бай тәжирийбеси, искерлиги, ақыл-парасаты ҳәм билими арқасында өзинен жарқын из қалдырды. Ел-журтымыздың дәрти ҳәм тәшўиши менен жасап, қарақалпақ халқының ел сүйген азаматы болды.
М.Ерниязов қайсы лаўазымда, қандай тараўда ислемесин, машқала ҳәм қыйыншылықлардан, аўыр шараятлардан унамлы ҳәм дурыс шешим таба алды. Республикамызды 18 жыл басқарған даўиринде елимиздиң гүллеп раўажланыўына, үлкен қурылыс, абаданшылық, дөретиўшилик ислериниң алып барылыўына тиккелей бас-қас болып, ийгиликли ислерге белсендилик пенен қатнасты. Республикамыз экомикасынының алға илгерлеўине салмақлы үлесин қосып, елимиздиң ардағына айланды.
Әсиресе, пайтахтымыз Нөкис қаласының көркине-көрик, шырайына-шырай қосыўына, қурылыс-архитектуралық имаратлардың, зәўлим ҳәм саўлатлы жайлардың бой тиклеўине, бир қатар ири кәрханалардың иске түсиўинде пидайылық көрсетти ҳәм оның аты менен байланыслы болды.
Қарақалпақ халқының ел ағасы, өз халқын сүйген пидайы азаматы, мәмлекетлик ғайраткер, Өзбекстан Қаҳарманы Муса Тажетдинович Ерниязовтың жарқын келбети, бийминнет хызмети халқымыздың қәлбинде мәңги сақланып қалады.

НӨКИС ҚАЛАСЫ ҲӘКИМЛИГИ