Joqarǵi keńes.uz
42.2K subscribers
19.5K photos
1.47K videos
10 files
8.17K links
Веб-сайт: www.joqargikenes.uz
Instagram: www.instagram.com/joqargikenes.uz/
Facebook: www.fb.com/joqargikenes
Youtube: www.youtube.com/@joqargikenes

© Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси
Download Telegram
Қарақалпақстан делегациясы Корея Республикасы ҳәм Орайлық Азия аймақлараралық бирге ислесиў форумында қатнаспақта

Бүгин еки тәреплеме бирге ислесиўлерди кеңейтиў ҳәм жаңа жойбарларды иске түсириў бойынша Қубла Корея мәмлекетинде биринши «Корея Республикасы ҳәм Орайлық Азия аймақлараралық бирге ислесиў форумы» өткерилмекте.

Форум шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, ҳүрметли Президентимиздиң айрықша итибары менен исбилерменликти раўажландырыў ҳәм инвестициялық тартымлылықты арттырыў бағдарында Қарақалпақстан ушын өз алдына қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлар, усы тийкарда жаратылған имканиятлар ҳаққында кең түрде атап өтти.

Ҳақыйқатында да, бүгинги күнде жаратылып берилген усыншама имканиятлар тийкарында республикамызда исбилерменлердиң саны артып, жаңадан-жаңа инвестициялық жойбарлар иске түсирилмекте.

Бүгинги өткерилип атырған форум бул бағдардағы жумыслардың даўамы сыпатында жаңа жойбарлар үстинде жақын шерикликти жолға қойыў ҳәм иске түсириўге беккем тийкар болады десек алжаспаған боламыз.

Қорақалпоғистон делегацияси Корея Республикаси ва Марказий Осиё ҳудудлараро ҳамкорлик форумида иштирок этмоқда

Бугун икки томонлама ҳамкорликни кенгайтириш ва янги лойиҳаларни ишга тушириш бўйича Жанубий Корея давлатида биринчи "Корея Республикаси ва Марказий Осиё ҳудудлараро ҳамкорлик форуми" ўтказилмоқда.

Форум доирасида Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг Раиси Аманбай Орынбаев сўзга чиқиб, ҳурматли Президентимизнинг алоҳида эътибори билан тадбиркорликни ривожлантириш ва инвестицион жозибадорликни ошириш борасида Қорақалпоғистон учун алоҳида қабул қилинган қарор ва фармонлар, шу асосда яратилган имкониятлар ҳақида кенг тўхталиб ўтди.

Дарҳақиқат, бугунги кунда яратиб берилган шундай имкониятлар асосида республикамизда тадбиркорлар сони ортиб, янгидан-янги инвестиция лойиҳалари ишга туширилмоқда.

Бугунги ўтказилаётган форум бу борадаги ишларнинг давоми сифатида янги лойиҳалар устида яқин шерикликни йўлга қўйиш ва ишга туширишга мустаҳкам асос бўлади, десак, айни ҳақийқат бўлади.

Каналға ағза болыў: @joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube
Жоқарғы Кеңес комитетиниң мәжилиси өткерилди

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Социаллық-мәдений раўажланыў, жаслар сиясаты, туризм ҳәм жәмийетлик бирлеспелер мәселелери комитетиниң мәжилиси өткерилди.

Мәжилисти комитет баслығы М.Атамуратов ашты ҳәм алып барды.

Күн тәртибинде дәслеп Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Социаллық-мәдений раўажланыў, жаслар сиясаты, туризм ҳәм жәмийетлик бирлеспелер мәселелери комитети баслығының орынбасарын сайлаў мәселеси қарап шығылды ҳәм бул лаўазымға 21-санлы “Әмирабад” сайлаў округинен Байриева Алмагул Курбановна сайланды. Сондай-ақ, комитет хаткери етип 3-санлы «Медицина» сайлаў округинен депутат Ли Марина Владимировна сайланды.

Буннан соң, Социаллық-мәдений раўажланыў, жаслар сиясаты, туризм ҳәм жәмийетлик бирлеспелер мәселелери комитетиниӊ 2025-жылдың биринши ярым жыллығында әмелге асыратуғын илажлардың ис режесин ислеп шығыў ҳаққындағы мәселе қарап шығылды.

Мәжилис даўамында халықтың саламатлығын беккемлеў, медицина мәкемелерин қәўипсиз ҳәм сапалы дәри-дәрмақлар, медициналық буйымлар менен тәмийинлеў, тараўға санластырыўды енгизиў бойынша алып барылып атырған илажлар ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министриниң есабаты туўралы мәселе сын көз-қараста көрип шығылды. Депутатлар тәрепинен сораўлар берилип, әҳмийетли мәселелер көтерилди.

Мәжилис жуўмағында қарап шығылған мәселелерди Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезектеги сессиясы күн тәртибине усыныў бойынша тийисли тәртипте қарарлар қабыл етилди.

Жўқорғи Кенгес қўмитаси мажлиси ўтказилди

Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг Ижтимоий-маданий ривожланиш, ёшлар сиёсати, туризм ва жамоат бирлашмалари масалалари қўмитасининг мажлиси ўтказилди.

Йиғилишни қўмита раиси М.Атамуратов очди ва олиб борди.

Кун тартибида дастлаб Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг Ижтимоий-маданий ривожланиш, ёшлар сиёсати, туризм ва жамоат бирлашмалари масалалари қўмитаси раиси ўринбосарини сайлаш масаласи кўриб чиқилди ва бу лавозимга 21-сонли "Амиробод" сайлов округидан Байриева Алмагул Курбановна сайланди. Шунингдек, қўмита котиби этиб 3-сонли "Тиббиёт" сайлов округидан депутат Ли Марина Владимировна сайланди.

Бундан сўнг, Ижтимоий-маданий ривожланиш, ёшлар сиёсати, туризм ва жамоат бирлашмалари масалалари қўмитасининг 2025 йилнинг биринчи ярим йиллигида амалга ошириладиган чора-тадбирлар иш режасини ишлаб чиқиш тўғрисидаги масала кўриб чиқилди.

Мажлис давомида аҳоли саломатлигини мустаҳкамлаш, тиббиёт муассасаларини хавфсиз ва сифатли дори-дармонлар, тиббий буюмлар билан таъминлаш, соҳага рақамлаштиришни жорий этиш бўйича олиб борилаётган чора-тадбирлар тўғрисида Қорақалпоғистон Республикаси Соғлиқни сақлаш вазирининг ҳисоботи тўғрисидаги масала танқидий кўриб чиқилди. Депутатлар томонидан саволлар берилиб, долзарб масалалар кўтарилди.

Мажлис якунида кўриб чиқилган масалаларни Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг навбатдаги сессияси кун тартибига киритиш бўйича тегишли тартибда қарорлар қабул қилинди.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube
Нөкис қаласында «Ҳаял-қызлар оқыў орайын шөлкемлестириў» жойбары әмелге асырылады

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Корея Эксим банкиниң EDCF фонды, Сукмюнг ҳаяллар университети, Ҳюндаи изертлеў институты ўәкиллери менен ушырасты.

Онда Қарақалпақстан Республикасында ҳаял-қызларды исбилерменликке оқытыў ҳәм кәсипке бағдарлаў бойынша «Ҳаял-қызлар оқыў орайын шөлкемлестириў» жойбарын әмелге асырыў мәселелери талқыланды.

Ушырасыўда белгиленген режелер тийкарында жойбар қурылыс жумысларын тез арада баслаў бойынша келисип алынды.

Айтып өтиў орынлы, Корея Республикасының Эксим банки EDCF тәрепинен қаржыландырылыўы белгиленген жойбардың улыўма баҳасы 38 млн. доллар болып, ҳаял-қызларды кәсипке оқытыў, реал исбилерменликке бағдарлаў, ҳаял-қызлар исбилерменлигин кең жәмийетшиликке ен жайдырыў, бәнтлигин тәмийинлеўге қаратылған.

Жойбар қурылысы ушын Нөкис қаласы аймағынан жер майданы ажыратылыўы белгиленген ҳәм иске түсирилиўи менен ҳаял-қызларды оқытыў ҳәм бир қатар хызмет көрсетиў тараўлары бойынша арнаўлы курсларды шөлкемлестириў режелестирилген.

Өткерилген ушырасыўда усы белгиленген илажлар шеңберинде жумысларды жеделлестириў бойынша режелер белгилеп алынды.

Нукус шаҳрида "Аёллар ўқув марказини ташкил этиш" лойиҳаси амалга оширилади

Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг Раиси Аманбай Орынбаев Корея Эксим банкининг EDCF фонди, Сукмюнг аёллар университети, Hyundai тадқиқот институти вакиллари билан учрашди.

Унда Қорақалпоғистон Республикасида хотин-қизларни тадбиркорликка ўқитиш ва касбга йўналтириш бўйича "Аёллар ўқув марказини ташкил этиш" лойиҳасини амалга ошириш масалалари муҳокама қилинди.

Учрашувда белгиланган режалар асосида лойиҳа-қурилиш ишларини тез фурсатда бошлаш юзасидан келишиб олинди.

Таъкидлаш жоизки, Корея Республикасининг Эксим банки EDCF томонидан молиялаштирилиши белгиланган лойиҳанинг умумий қиймати 38 миллион доллар бўлиб, хотин-қизларни касбга ўқитиш, реал тадбиркорликка йўналтириш, хотин-қизлар тадбиркорлигини кенг жамоатчиликка жорий этиш, бандлигини таъминлашга қаратилган.

Лойиҳа қурилиши учун Нукус шаҳри ҳудудидан ер майдони ажратилиши белгиланган ва ишга туширилиши билан хотин-қизларни ўқитиш ва қатор хизмат кўрсатиш соҳалари бўйича махсус курслар ташкил этиш режалаштирилган.

Ўтказилган учрашувда ушбу белгиланган чора-тадбирлар доирасида ишларни жадаллаштириш бўйича режалар белгилаб олинди.

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube
Жоқарғы Кеңестиң Бюджет, экономикалық реформалар, инвестициялар ҳәм инновация мәселелери комитетиниң мәжилиси өткерилди

Мәжилисти комитет баслығы Б.Сейтназаров ашты ҳәм алып барды.

Күн тәртибиндеги дәслепки мәселе бойынша комитет баслығының орынбасары сыпатында 55-«Халқабад» сайлаў округинен депутат Хабибуллаев Бахытжан Сагидуллаевич ҳәм комитет хаткери сыпатында 42-санлы «Тақыятас» сайлаў округинен депутат Джумамуратова Мукарама Салиевнаның кандидатуралары усынылды ҳәм талабанлар мақулланып, лаўазымларға сайланды.

Сондай-ақ, комитеттиң 2025-жылдың биринши ярым жыллығында әмелге асырылатуғын ис-илажлары режесин ислеп шығыў бойынша усыныс билдирилип, депутатлар тәрепинен мақулланды.

Буннан соң, 2024-жылдың 9 айлық жуўмағы менен жергиликли бюджетке қосымша дәраматлар дереклерин жаратыў бағдарында жасырын экономика көлемин қысқартыў, жаңа салық объектлерин анықлаў арқалы бюджетке қосымша түсимлерди тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылған жумыслар бойынша Қарақалпақстан Республикасы Салық басқармасы баслығының есабатын тыӊлаў, Қарақалпақстан Республикасын 2024-жылда “Жумыссызлықтан аўлақ аймақ”қа айландырыў илажлары ҳаққындағы Қарақалпақстан Республикасы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министри Қ.Азербаевтың есабатын тыӊлаў ҳаққындағы мәселелер қарап шығылды.

Депутатлар тәрепинен күн тәртибиндеги мәселелер бойынша усыныслар ҳәм ушырасып атырған машқалалар көтерилип, сораўларға тийисли жуўаплар алынды. Мәжилис жуўмағында қарап шығылған мәселелерди Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезектеги сессиясы күн тәртибине усыныў бойынша тийисли тәртипте қарарлар қабыл етилди.

Жўқорғи Кенгеснинг Бюджет, иқтисодий ислоҳотлар, инвестициялар ва инновация масалалари қўмитасининг мажлиси ўтказилди

Мажлисни қўмита раиси Б.Сейтназаров очди ва олиб борди.

Кун тартибидаги дастлабки масала бўйича қўмита раисининг ўринбосари сифатида 55-сонли "Халқобод" сайлов округидан депутат Ҳабибуллаев Бахитжан Сагидуллаевич ва қўмита котиби сифатида 42-сонли "Тахиатош" сайлов округидан депутат Джумамуратова Мукарама Салиевна номзодлари тақдим этилди ва номзодлар маъқулланиб, лавозимларга сайланди.

Шунингдек, қўмитанинг 2025 йил биринчи ярим йиллигида амалга ошириладиган чора-тадбирлар режасини ишлаб чиқиш бўйича таклиф билдирилиб, депутатлар томонидан маъқулланди.

Бундан кейин, 2024 йилнинг 9 ойлик якуни билан маҳаллий бюджетга қўшимча даромадлар манбаларини яратиш борасида яширин иқтисодиёт ҳажмини қисқартириш, янги солиқ объектларини аниқлаш орқали бюджетга қўшимча тушумларни таъминлаш борасида амалга оширилган ишлар юзасидан Қорақалпоғистон Республикаси Солиқ бошқармаси бошлиғининг ҳисоботини тинглаш, Қорақалпоғистон Республикасини 2024 йилда "Ишсизликдан холи ҳудуд"га айлантириш чора-тадбирлари тўғрисидаги Қорақалпоғистон Республикаси Камбағалликни қисқартириш ва бандлик вазири Қ.Азербаевнинг ҳисоботини тинглаш тўғрисидаги масалалар кўриб чиқилди.

Депутатлар томонидан кун тартибидаги масалалар юзасидан таклифлар ва дуч келинаётган муаммолар кўтарилиб, саволларга тегишли жавоблар олинди. Мажлис якунида кўриб чиқилган масалаларни Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг навбатдаги сессияси кун тартибига киритиш бўйича тегишли тартибда қарорлар қабул қилинди.

Каналға ағза болыў: @joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube
Аграр комплексин раўажландырыў мәселелерине арналды

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Аграр, суў хожалығы, тәбиятты қорғаў ҳәм экология мәселелери комитетиниң мәжилиси өткерилди.

Мәжилисти комитет баслығы А.Жуманазаров ашып берди ҳәм бүгинги күнде елимиздиң экономикасын беккемлеў ҳәм раўажланыўына мүнәсип үлес қосыўда аўыл хожалығы тараўының орны айрықша екенлиги, сондай-ақ, экологиямызды жақсылаў бойынша көлемли жумыслар әмелге асырылып атырғаны, өз нәўбетинде бул жумысларды әмелге асырыўда комитет алдында бир қатар әҳмийетли мәселелер бар екенлигин атап өтти.

Мәжилис күн тәртибинде комитет баслығының орынбасары лаўазымына 63-санлы “Қараөзек” сайлаў округинен депутат Муратбай Абдировтың, комитет хаткерлигине 53-санлы «Қырантаў» сайлаў округинен депутат Ниязымбетов Шерзод Кадырбердиевичтиң кандидатурасы усынылды ҳәм сайланды.

Буннан соң, комитет тәрепинен 2025-жылдың биринши ярым жыллығында әмелге асырылыўы тийис ис-илажлар режесин ислеп шығыў ҳәм бул бойынша тийисли усынысларды бериў мәселеси қарап шығылды. 

Сондай-ақ, мәжилисте аграр комплекси жумысларын жақсылаў, алдағы белгиленген шеклерге ерисиў, халқымыздың азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, елимиздеги экологиялық апатшылық ақыбетлерин жумсартыў бойынша бир қатар мәселелер көтерилди.

Мәжилис даўамында қарап шығылған мәселелерди Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезектеги сессиясы күн тәртибине усыныў бойынша депутатлар тәрепинен тийисли қарарлар қабыл етилди.

Аграр комплексни ривожлантириш масалаларига бағишланди

Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг Аграр, сув хўжалиги, табиатни муҳофаза қилиш ва экология масалалари қўмитасининг мажлиси ўтказилди.

Мажлисни қўмита раиси А.Жуманазаров очиб берди ва бугунги кунда мамлакатимиз иқтисодиётини мустаҳкамлаш ва ривожлантиришга муносиб ҳисса қўшишда қишлоқ хўжалиги соҳасининг ўрни алоҳидалиги, шунингдек, экологиямизни яхшилаш бўйича кенг кўламли ишлар амалга оширилаётгани, ўз навбатида, бу ишларни амалга оширишда қўмита олдида бир қатор муҳим масалалар мавжудлигини таъкидлади.

Мажлис кун тартибида қўмита раисининг ўринбосари лавозимига 63-сонли "Қораўзак" сайлов округидан депутат Муратбай Абдировнинг, қўмита котибига 53-сонли «Қырантаў» сайлов округидан депутат Ниязымбетов Шерзод Кадырбердиевичнинг номзоди тақдим этилди ва сайланди.

Бундан сўнг, қўмита томонидан 2025 йилнинг биринчи ярим йиллигида амалга оширилиши лозим бўлган чора-тадбирлар режасини ишлаб чиқиш ва бу бўйича тегишли таклифлар бериш масаласи кўриб чиқилди.

Шунингдек, йиғилишда аграр комплекс фаолиятини яхшилаш, олдинга қўйилган марраларга эришиш, халқимизнинг озиқ-овқат хавфсизлигини таъминлаш, юртимиздаги экологик офат оқибатларини юмшатиш бўйича қатор масалалар кўтарилди.

Мажлис давомида кўриб чиқилган масалаларни Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг навбатдаги сессияси кун тартибига киритиш юзасидан депутатлар томонидан тегишли қарорлар қабул қилинди.

Каналға ағза болыў: @joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube
Корея мәмлекетиндеги компаниялар менен әҳмийетли мәселелер додаланды

Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев басшылығындағы Қарақалпақстан делегациясы Корея Республикасы ҳәм Орайлық Азия аймақлараралық бирге ислесиў форумында қатнасып атыр.

Форум шеңберинде делегация Кореяның аўыл хожалығы техникаларын ислеп шығарыў бойынша ең ири «TYM» компаниясы жумыслары менен танысты. Онда республикамыз аймағында аўыл хожалығы техникаларын ислеп шығарыў бойынша бирге ислесиўди жолға қойыў, сондай-ақ, жергиликли қәнигелер ҳәм техникалық хызметкерлерди таярлаў бойынша сервис тармағын раўажландырыў мәселелерин додалады.

Толық оқыў

Корея мамлакатидаги компаниялар билан долзарб масалалар муҳокама қилинди

Жўқорғи Кенгес Раиси Аманбай Орынбаев раҳбарлигидаги Қорақалпоғистон делегацияси Корея Республикаси ва Марказий Осиё ҳудудлараро ҳамкорлик форумида иштирок этмоқда.

Форум доирасида делегация Кореянинг қишлоқ хўжалиги техникалари ишлаб чиқариш бўйича энг йирик "TYM" компанияси фаолияти билан танишди. Унда республикамиз ҳудудида қишлоқ хўжалиги техникаларини ишлаб чиқариш бўйича ҳамкорликни йўлга қўйиш, шунингдек, маҳаллий мутахассислар ва техник ходимларни тайёрлаш бўйича сервис тармоғини ривожлантириш масалалари муҳокама қилинди.

Тўлиқ ўқиш

Каналға ағза болыў: @joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube
Бироздан сўнг Президент Шавкат Мирзиёев раислигида мева-сабзавот маҳсулотларини етиштириш, қайта ишлаш ва экспорт қилишни кўпайтириш чора-тадбирлари юзасидан видеоселектор йиғилиши бошланади.

Бираздан соң Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында мийўе-овощ өнимлерин жетистириў, қайта ислеў ҳәм экспортты көбейтиў илажлары бойынша видеоселектор мәжилиси басланады.

Facebook|Instagram|X