Joqarǵi keńes.uz
39.2K subscribers
19.3K photos
1.47K videos
10 files
8.11K links
Веб-сайт: www.joqargikenes.uz
Instagram: www.instagram.com/joqargikenes.uz/
Facebook: www.fb.com/joqargikenes
Youtube: www.youtube.com/@joqargikenes

© Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси
Download Telegram
Жоқарғы Кеңес депутаты жаңа паспорт алыў ушын бажы пулын төлеўге қəўендерлик етти

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 4-декабрьдеги 6123-санлы Пəрманына тийкар районымызда жасайтуғын пуқаралығы болмаған шахсларға Өзбекстан Республикасы пуқарасы паспорты берилди.

Сондай-ақ өткен жылы 16-ноябрь күни «Мəдели» АПЖда жүз берген өрт ақыбетинде жеке мүлки менен бирге паспортлары да жанып кеткен пуқаралар Азамат Хожабаев ҳәм Джашимкулова Баршынайларға Өзбекстан Республикасы пуқарасының жаңа паспорты тапсырылды.

Оларға жаңа паспорт алыў ушын бажы пулын төлеўге Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты Руслан Мəмбетқадиров қəўендерлик етти.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 22-сентябрьдеги 6065-санлы Пəрманына тийкар 16 жасқа толған пуқараларға ID - карталары берилди.

Мойнақ районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
Forwarded from Karakalpakstan.uz
Балалы шаңарақларға напақалар, бала күтими бойынша напақалар яки материаллық жәрдемди төлеӯ тәртиби

👉https://karakalpakstan.uz/kk/news/show/2713

Каналға ағза болыў: @QresMinistrlerKenesi
Forwarded from Karakalpakstan.uz
Қарақалпақстан Республикасы Аймақлық перинатал орайы (Республикалық туўыў үйи) 31-мартқа шекем жабылады

Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги Аймақлық перинатал орайын (I-туўыў ҳәм ҳәмиледарлар патологиясы бөлимлеринен тысқары) 2021-жыл 31-мартқа шекем дезинфекция ҳәм оңлаў жумысларын алып барыў ушын жабыў ҳаққында буйрық қабыл етти.

Сол мүнәсибет пенен, Қарақалпақстан Республикасы Аймақлық перинатал орайының бөлимлери усы орайға жақын Нөкис қалалық медицина бирлеспеси ҳәм Хожели районлық медицина бирлеспесиниң туўыў бөлимлерине, Нөкис районлық медициналық бирлеспесиниң 70 орынлық жаңа имаратына, сондай-ақ, Республикалық балалар туберкулёзге қарсы гүресиў санаториясының бос турған имаратларына көширилиўи нәзерде тутылған.
Қарақалпақстан Республикасы Аймақлық перинатал орайын дезинфекциялаў ҳәм оңлаў жумыслары бойынша тийисли мәкеме ҳәм жуўапкер шахсларға тапсырмалар берилген.

Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги

Каналға ағза болыў: @QresMinistrlerKenesi
Бүгин 2021-жыл 12-январь күни Халық депутатлары Хожели районлық кеңесиниң он сегизинши сессиясы болып өтти. Онда, Олий Мажилис Сенат ағзасы О.Атаниязова, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты Т.Раманов, Т.Рузметова ҳәм район 4 сектор баслығы, кәрхана, мәкеме ҳәм шөлкем басшылары, депутатлар қатнасты. Сессия күн тәртибинде 5 мәселе көрип шығылып, депутатлар тәрепинен тийисли қарарлар қабыл етилди.

https://xodjeylirk.uz/qq/2021/01/12/qaraqalpaqsha-hozheli-rajonly%d2%9b-ke%d2%a3esini%d2%a3-on-segizinshi-sessiyasy-bolyp-%d3%a9tti/

Каналға ағза болыў
👉@xodjeyli_rk👈
Сессияда Президентимиздиң Олий Мажлиске Мүрәжатында белгиленген тийкарғы ўазыйпалар додаланды

https://joqargikenes.uz/5606.html

Сессияда Президентимизнинг Олий Мажлисга Мурожаатномасида белгиланган асосий вазифалар муҳокама этилди

https://joqargikenes.uz/oz/5606.html
https://kknews.uz/kk/71162.html
АЛЫС АЙМАҚЛАРДАҒЫ БЮДЖЕТ ШӨЛКЕМЛЕРИНЕ МАМАН ҚӘНИГЕЛЕРДИ ТАРТЫЎ ИЛАЖЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА

Каналымызға қосылың👇
https://t.iss.one/joinchat/AAAAAERIzOESrE0olZr7Ng