Joqarǵi keńes.uz
40.2K subscribers
19.3K photos
1.46K videos
10 files
8.09K links
Веб-сайт: www.joqargikenes.uz
Instagram: www.instagram.com/joqargikenes.uz/
Facebook: www.fb.com/joqargikenes
Youtube: www.youtube.com/@joqargikenes

© Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси
Download Telegram
Халқымызға мүнәсип турмыс шараятларын жаратыў бағдарында Президентимиз тапсырмасы менен қабыл етилген 52-санлы қарардың орынланыўы сын көз қараста көрип шығылды

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев басшылығында халыққа мүнәсип турмыс шараятларын жаратыў ҳәм мәҳәллелелер инфраструктурасын жақсылаў бағдарында әмелге асырылыўы тийис ўазыйпалар ҳәм Президентимиз тапсырмасы менен қабыл етилген 52-санлы қарардың орынланыўын сын көз қараста қарап шығыў мәселелерине арналған кеңейтирилген мәжилис өткерилди.

Онда Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Т.Худайбергенов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Ерманов сондай-ақ, Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятлар ҳәкимлери орынбасарлары, барлық мәкеме-шөлкем басшылары қатнасты.

Толық оқыў

Халқимизга муносиб турмуш шароитини яратиш борасида Президентимиз топшириғи билан қабул қилинган 52-сонли қарор ижроси танқидий кўриб чиқилди

Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг Раиси Аманбай Орынбаев раҳбарлигида халқимизга муносиб турмуш шароитини яратиш ва маҳаллалар инфратузилмасини яхшилаш борасида амалга оширилиши керак вазифалар ва Президентимиз топшириғи билан қабул қилинган 52-сонли қарор ижроси танқидий кўриб чиқиш масалаларига бағишланган кенгайтирилган мажлис ўтказилди.

Унда Ўзбекистон Республикаси Президентининг маслаҳатчиси Т.Худайбергенов, Қорақалпоғистон Республикаси Вазирлар Кенгашининг Раиси Ф.Эрманов шунингдек, Тошкент шаҳри ва вилоятлар ҳокимларининг ўринбосарлари, барча идора ва ташкилот раҳбарлари иштирок этди.

Тўлиқ ўқиш


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Жоқарғы Кеңес Баслығы Қанлыкөл районындағы «Бескөпир» аўылы пуқаралары менен жақыннан пикирлести

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Қанлыкөл районындағы «Бескөпир» аўыл пуқаралар жыйынында болып, аймақ турғынлары менен ушырасты.

Ушырасыўда соңғы жыллары елимизде ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында халқымыз абаданлығы жолындағы ийгиликли илажлар, кең көлемли реформалар қала ҳәм районларымыздан баслап алыс аўылларға шекем ҳәр бир шаңараққа кирип барып атырғанлығы атап өтилди.

Буннан соң, Жоқарғы Кеңес Баслығы аймақта “Абат шаңарақ”, “Абат көше” ҳәм “Абат мәҳәлле” бағдарламасы шеӊберинде әмелге асырылып атырған кең көлемли қурылыс-оңлаў ҳәм абаданластырыў, усы тийкарда аўылдағы 17.5 км ишки жолларды оңлаў, “Бескөпир” мәҳәллесиниң жаӊа имәратын қурыў жумыслары менен жақыннан танысты.

Сондай-ақ, “Сайхунабат тәжирийбеси” тийкарында әмелге асырылып атырған жумыслар, аймақтағы үлгили “Кенгаш” көшесинде қыйтақ жерден нәтийжели пайдаланыў бойынша орынланған илажлар көрип шығылды.

Усы аймақтың өзинде жасаўшы А.Қудайбергенов шаӊарағында аз жерден мол өним алып, қосымша қоян, қусшылық, пал ҳәррешилигин жолға қойыў арқалы жақсы дәрамат алыў жумыслары көзден өткерилип, бул тәжирийбени еледе кеӊ ен жайдырыў бойынша ўазыйпалар белгиледи.

Ўзб


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ гезексиз елиўинши сессиясыныӊ ашылыўы ҳаққында

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезексиз елиўинши сессиясы 2024-жыл 20-май күни саат 9:00 де Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң мәжилислер залында ашылады.

Сессия «Қарақалпақстан» телеканалы арқалы туўрыдан-туўры эфирге бериледи.

Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг навбатдан ташқари эллигинчи сессиясининг очилиши тўғрисида

Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг навбатдан ташқари эллигинчи сессияси 2024 йил 20-май куни соат 9:00 да Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг мажлислар залида очилади.

Сессия "Қарақалпақстан" телеканали орқали тўғридан-тўғри эфирга берилади.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Бираздан соң Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ гезексиз 50-сессиясы басланады.

Бироздан сўнг Қорақалпоғистон Республикасы Жўқорғи Кенгесининг навбатдан ташқари 50-сессияси бошланади.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ гезексиз елиўинши сессиясы басланды

Сессияға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ҳәм Ҳүкимет ағзалары, Республика сектор ҳәм тараў басшылары, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери, сондай-ақ, Жоқарғы Кеңестиң депутатлары қатнасып атыр.

Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып бармақта.

Сессия «Қарақалпақстан» телеканалы арқалы туўрыдан-туўры эфирде жарытып барылады.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Күн тәртибиндеги дәслепки мәселе халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, кем тәмийинленген шаңарақларды камбағаллықтан шығарыў, Сайхунабад тәжирийбесин енгизиў, мәҳәлле жетилигиниң жумысын нәтийжели шөлкемлестириў ҳәм жуўапкершилигин асырыў бойынша 2024-жылдың биринши шереги даўамында әмелге асырылған жумыслар ҳаққында аймақларды комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша сектор басшыларының есабатлары туўралы болып, бул мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, 1-сектор басшысы Ф.Эрманов баянат жасады.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Буннан соң әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша Қарақалпақстан Республикасы прокуроры, 2-сектор басшысы Э.Таджиев баянат жасады.

Айтып өтиў орынлы, Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы уйымлары тәрепинен мәмлекетимиз басшысы тәрепинен алға сүрилген «Инсан қәдири ушын» нормалары ҳәм нызам үстемлигин әмелде тәмийинлеў бойынша бир қатар салмақлы жумыслар әмелге асырылғаны атап өтилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Күн тәртибиндеги мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри, 3-сектор басшысы Б.Торебеков баянат жасады.

Республиканың 3-секторына Тахтакөпир, Қараөзек, Шымбай, Бозатаў ҳәм Кегейли районлары бириктирилген болып, усы жылда 3-сектор аймағындағы 5 районда мийнет базарына кирип келиўши жәми 22 мың 122 пуқара бәнтлиги тәмийинлениўи лазым болған пуқаралар болып, соннан улыўма билим бериў мектебиниң 2 мың 918 питкериўшилери, 9 мың 816 мигрaциядан қайтып келетуғынлар, 9 мың 388 жумыссыз шахсларды қурайды. 

Өткен 1-шерек даўамында 3 мыӊ 467 жаңа жумыс орынлары жаратылып, белгиленген реже 136,9 % орынланды.

Халықты исбилерменликке қамтыў, бәнтилигин тәмийинлеў ҳәм кәсипке оқытыў мақсетинде де бир қатар жумыслар әмелге асырылды.

Президентимиздиң басламасы менен «Абат шаңарақ, абат көше, абат маҳәлле» бағдарламасы тийкарында да салмақлы жумыслар әмелге асырылмақта.

Сондай-ақ, аймақларда жасаўшы аўыр жағдайға түсип қалған шаңаракларды қоллап-куўатлаў бойынша да жумыслар даўам еттирилмекте.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM