Joqarǵi keńes.uz
39.6K subscribers
19.2K photos
1.44K videos
10 files
8.02K links
Веб-сайт: www.joqargikenes.uz
Instagram: www.instagram.com/joqargikenes.uz/
Facebook: www.fb.com/joqargikenes
Youtube: www.youtube.com/@joqargikenes

© Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси
Download Telegram
Тайынлаў

Қайыпназаров Жумабай Муратбаевич - Кегейли районы ҳәкиминиң аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары лаўазымына тайынланды.

Тайинлов

Қайыпназаров Жумабай Муратбаевич – Кегейли тумани ҳокимининг қишлоқ ва сув хўжалиги масалалари бўйича ўринбосари лавозимига тайинланди.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ 49-сессиясыныӊ ашылыўы ҳаққында

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң 49-сессиясы 2024-жыл 14-май күни саат 11:30 де Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң мәжилислер залында ашылады.

Сессия «Қарақалпақстан» телеканалы арқалы туўрыдан-туўры эфирге бериледи.

Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг 49-сессиясининг очилиши тўғрисида

Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг 49-сессияси 2024 йил 14-май куни соат 11:30 да Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг мажлислар залида очилади.

Сессия "Қарақалпақстан" телеканали орқали тўғридан-тўғри эфирга берилади.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Ўтган ҳафтанинг энг муҳим воқеалари шарҳи: Ишонч ёрлиқлари топширилди. Венгрия делегацияси билан учрашув. Иккинчи Жаҳон урушидаги ғалабанинг 79 йиллиги

Өткен ҳәптениң ең әҳмийетли ўақыяларына шолыў: Исеним жарлықлары тапсырылды. Венгрия делегациясы менен ушырасыў. Екинши жәҳән урысындағы жеңистиң 79 жыллығы

Обзор важнейших событий за неделю: Вручение верительных грамот. Встреча с делегацией Венгрии. 79-я годовщина победы во Второй Мировой войне

Facebook|Instagram|X
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Бираздан соң Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ 49-сессиясы басланады.

Бироздан сўнг Қорақалпоғистон Республикасы Жўқорғи Кенгесининг 49-сессияси бошланади.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ 49-сессиясы басланды

Сессияға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ҳәм Ҳүкимет ағзалары, Республика сектор ҳәм тараў басшылары, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери, сондай-ақ, Жоқарғы Кеңестиң депутатлары қатнасып атыр.

Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып бармақта.

Сессия «Қарақалпақстан» телеканалы арқалы туўрыдан-туўры эфирде жарытып барылады.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Жоқарғы Кеңес Баслығы соңғы жыллары ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында “Инсан қәдири ушын” принципи тийкарында кең кѳлемли ийгиликли ислер әмелге асырылып атырғанлығын айрықша атап өтти.

Айтыў орынлы, халқымыз абаданлығы жолындағы реформалар бүгин ҳәр бир шаңараққа кирип бармақта. Ѳткен қысқа дәўир ишинде тек ғана Қарақалпақстан ушын қабыл етилген тарийхый Пәрман ҳәм Қарарлар тийкарында халқымызға бурын болмаған имканиятлар жаратылмақта.

Атап өтилгениндей, мәҳәллелердеги аўыр турмыс шараятындағы шаңарақлардың турақ-жайларында қурылыс-оңлаў жумысларының алып барылыўы, 452 мәҳәллениң ҳәр бирине 500 миллион сумнан қаржы ажыратылғаны, кадастры жоқ турақ-жайлардың кадастр ҳүжжетлери берилиўиниң жолға қойылғаны, ишки жолларды оңлаў, жасларға қосымша квоталар ажыратылыўы, мәдениятты қоллап-қуўатлаў фонды шөлкемлестирилип, оған 20 миллиард сум қаржы ажыратылғаны  – кеўиллерге мақтаныш сезимлерин бағышламақта.

Қуўанышлы тәрепи, быйылғы жыл да ѳзиниң тарийхый ўақыялары менен халқымыздың ядында қалмақта. Атап айтқанда, Әмиўдәрьяда жаңа заманагѳй кѳпирдиң қурып питкерилгени, усы жылдың 1-апрель сәнесинен баслап «Нөкис – Мойнақ – Нөкис» жөнелиси бойынша турақлы авиа-қатнаўлардың жолға қойылғаны, сондай-ақ, «Нөкис – Стамбул», «Нѳкис – Алма ата – Нѳкис» жөнелислери бойынша да авиа-қатнаўлар жолға қойылып атырғаны – халқымызды және де уллы дөретиўшилик ислерге руўхландырмақта.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Бундай ѳзгерислер менен жаңаланыўларды ҳәр бир тараў мысалында кѳриўимизге болады. Бир ғана қурылыс тараўы мысалында айтатуғын болсақ, быйылғы жыл инвестиция бағдарламасы шеңберинде жәми 117 объектте 1 трлн. 166 млрд. сумлық яғный, ѳткен жылға салыстырғанда дерлик 2 есе кѳп қаржы тийкарында қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылады.

Соны да айрықша атап өтиў орынлы, Өзбекстан бойынша қуяш панеллерин ислеп шығарыў биринши болып Қарақалпақстанда жолға қойылмақта.
Сондай-ақ, ҳүрметли Президентимиздиң айрықша ғамхорлығы нәтийжесинде аўыл хожалығы тараўында да бурын болмаған имканиятлар жаратылмақта. Атап айтқанда, ҳүрметли Президентимиздиң усы жыл 9-февральдағы 66-санлы арнаўлы қарары тийкарында аўыл хожалығы тараўын раўажландырыў илажлары жаңа басқышларға кѳтерилмекте. Мине, усы қарар шеңберинде Қарақалпақстанға улыўма 67,9 млрд. сумлық жәми 783 техника ҳәм агрегатлар алып келинеди.

Буннан тысқары, ҳүрметли Президентимиздиң арнаўлы Пәрманы тийкарында 107 исбилерменге туўрыдан-туўры жер участкалары ажыратып берилмекте. Бул өз нәўбетинде елимизде исбилерменликтиң раўажланыўына үлкен имканият жаратпақта.

Буннан тысқары быйылғы жылы улыўма баҳасы 9,3 трлн. сумлық 461 инвестициялық жойбарды иске түсириў ҳәм 12 мың 317 жаңа жумыс орынларын жаратыў белгилеп алынған.

Жоқарғы Кеңес Баслығы ҳүрметли Президентимиздиң халқымызға болған айрықша итибары ҳәм ғамхорлығын айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтип, бул өз нәўбетинде ҳәр бир басшыға үлкен жуўапкершилик жүклейтуғынлығын билдирди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Сессияныӊ күн тәртибиндеги дәслепки мәселе «Қарақалпақстан Республикасының айырым нызамларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының жойбары туўралы болып, бул мәселе бойынша Жоқарғы Кеңестиң комитет баслығы Зухра Реймова баянат жасады.

Күн тәртибиндеги дәслепки мәселе толық қарап шығылды ҳәм депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Күн тәртибиндеги кейинги мәселе Халықтың репродуктивлик саламатлығын беккемлеў, аналар ҳәм балалар саламатлығын қорғаў, саламат бала туўылыўын тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған илажлар ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министриниң есабаты туўралы болып, бул мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри М.Қурбанов баянат жасады.

Бүгинги күнде Қоңырат районында жаңадан шѳлкемлестирилген районлараралық перинатал орайында нәрестелер реанимациясы бѳлиминиң жумыслары жолға қойылады ҳәмде Шымбай ҳәм Беруний районлараралық перинатал орайында нәрестелер реанимациясы бѳлимин шөлкемлестириў режелестирилген.

Бирлескен Араб Әмирлигиниң “Шейх Халифа” фонды тǝрепинен 28 млн. долларлық “Ана ҳǝм бала” клиникасының қурылыс жумыслары усы жылдың сентябрь айында жуўмақланыўы режелестирилген.

Халықтың репродуктивлик саламатлығын беккемлеў, аналар ҳәм балалар саламатлығын қорғаў мақсетинде медициналық жәрдем сапасын арттырыў бойынша 2024-жылдың 4 айы даўамында 499 мың 976 туўыў жасындағы ҳаяллардан 216 мың 159 ҳаял (43,2%) системалы профилактикалық медициналық тексериўден ѳткерилди. Нәтийжеде 110 мың 928 ҳаялда (51,3%) экстрагенитал кеселликлер анықланып, 68мың 967 ҳаял (62,2%) саламатластырылған ҳәм 41мың 961 ҳаял (41,9%) саламатластырыў процесинде.

Сондай-ақ, 18 жасқа шекемги 190 мың 250 бала (28,1%) системалы профилактикалық медициналық тексериўден ѳткерилди ҳәм тексериў нәтийжесинде 59 мың 480 балада (31,2%) кеселликлер анықланған. Соннан 54 мың 293 бала (91,2%) саламатластырылған болса, 5 мың 187 бала (8,7%) саламатластырыў процесинде.

Аналар ҳәм нәрестелер өлиминиң алдын алыў мақсетинде илажлар жобасы ислеп шығылды ҳәм усы илажлар жобасына муўапық бир қатар жумыслар әмелге асырылып атыр.

Күн тәртибиндеги мәселе толық қарап шығылды ҳәм депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Күн тәртибиндеги кейинги мәселе Өзбекстан Республикасы Олий Мәжлисиниң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (Омбудсман)ның Қарақалпақстан Республикасындағы аймақлық ўәкилиниң 2023-жылда әмелге асырған жумыслары ҳаққындағы мәлимлемеси туўралы болып, бул мәселе бойынша Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (омбудсман)ның Қарақалпақстан Республикасындағы аймақлық ўәкили Ж.Шлымбетов баянат жасады.

Күн тәртибиндеги бул мәселе де толық қарап шығылды ҳәм депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM