Joqarǵi keńes.uz
40K subscribers
19.2K photos
1.44K videos
10 files
8K links
Веб-сайт: www.joqargikenes.uz
Instagram: www.instagram.com/joqargikenes.uz/
Facebook: www.fb.com/joqargikenes
Youtube: www.youtube.com/@joqargikenes

© Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси
Download Telegram
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Үлгили көше бийлери таңлаўы өткериледи

Таңлаў төмендеги өлшемлер тийкарында баҳалап барылады:

-Көше ҳәм көп қабатлы турақ жайлар әтирапында абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумысларын шөлкемлестириў;
-қыйтақ жерлерден үнемли пайдаланыўда көмеклесиўдеги белсендилиги баҳалап барылады.

Таңлаў усы жылдың 1-апрель сәнесинен баслап, 1-август сәнесине шекем өткериледи.

Таңлаў 3 басқышта өткериледи.

1-басқыш ҳәр бир мәҳәлле кесиминде өткерилип, 3 жеңимпаздан жәми 1356 жеңимпазлар 1 млн. сумнан сыйлықланады.

2-басқыш қала ҳәм районлар кесиминде өткерилип, 3 жеңимпаздан жәми 51 жеңимпазларға 5 млн. сумнан қаржылай сыйлықланады.

3-республика басқышы жеңимпазлары 20 млн. сумға шекем қаржылай сыйлықланады.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Қыйтақ жер мол дәрәмат дереги

Тақыятас районы «Дослық» МПЖдағы Қызкеткен көшеси үлгили көшелердиң бири болып, дерлик барлық үйде қыйтақ жерден нәтийжели пайдаланыўға айрықша итибар қаратылып, қулпынай егиў үрдиске айланған. Мәҳәлледе жасаўшы Мамбетсалий Уразымбетов ҳәм оның өмирлик жолдасы қоңсыларынан үйренип, 4 сотих ғана ықшам жеринде 5 түрли қулпынайдан ҳәр жылы мол өним алып келмекте.

Әлбетте, қулпынайға барқулла базарда талап күшли, дәраматы да жақсы. Ең баслысы, «Қыйтақ жер дәрамат дереги» деген сөздиң қаншелли ҳақыйқат екенлигин әмелде көрсек болады.

Томорқа мўл даромад манбаи

Тахиатош туман «Дослық» МФЙдаги Қызкеткен кўчаси намунали кўчаларнинг бири бўлиб, салкам барча хонадонда томорқадан самарали фойдаланишга алоҳида эътибор қаратилиб, қулупнай экиш дастурга айланган. Маҳаллада яшовчи Мамбетсалий Уразимбетов ва унинг умр йўлдоши маҳалласидаги қўшниларидан ўрганиб, 4 сотих ихчам ерида 5 турли қулупнайдан мўл ҳосил олиб келмоқда.

Албатта, қулупнайга доимо бозорда талаб кучли, даромади ҳам яхши. Асосийси, «Томорқа даромад манбаи» деган сўзнинг қанчалик ҳақиқат эканлигини амалда кўрсак бўлади.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Айырым мектеплерде пәнлерди шет тилинде оқытыў әмелияты енгизиледи

🔰 Пәрманға муўапық, 2024/2025-оқыў жылынан Агентлик системасындағы дөретиўшилик ҳәм қәнигелестирилген мектеплерде:

🔹шет тилин билиў бойынша кеминде В2 дәрежедеги сертификатқа ийе болған оқытыўшылар тәрепинен пәнлерди шет тилинде оқытыў әмелияты енгизиледи;

🔹математика, физика, химия, биология, тәбиий пәнлер (science), информатика ҳәм мәлимлеме технологиялары пәнлеринен сабақларды шет тилинде алып барған оқытыўшыларға тариф ставкасына қарата 100 пайыз муғдарында ҳәр айлық қосымша үстеме төленеди.

Президент мектеплериниң жергиликли оқытыўшыларына олардың тариф ставкасына қарата 350 пайыз муғдарында ҳәр айлық қосымша үстеме төлеў тәртиби енгизиледи.

🔘 Бунда, үстеме педагоглар тәрепинен төмендеги шәртлердиң барлығы орынланған жағдайда төленеди:

🔸Кембридж (Cambridge Assessment International Education) халықаралық билимлендириў бағдарламалары тийкарында сабақ берилетуғын пәнлерди оқытыў бойынша 3 (Introductory, Extension, Marking) курсты табыслы тамамлаў ҳәм бул ҳаққында тийисли сертификат алыў;

🔸Президент мектеплеринде кеминде 1 жыллық жумыс стажына ҳәм шет тилин билиў бойынша кеминде С1 дәрежедеги ямаса оған теңлестирилген дәрежедеги халықаралық сертификатқа ийе болыў.

Айрим мактабларда фанларни чет тилида ўқитиш амалиёти жорий этилади

🔰 Фармонга кўра, 2024/2025 ўқув йилидан Агентлик тизимидаги ижод ва ихтисослаштирилган мактабларда:

🔹чет тилини билиш бўйича камида В2 даражадаги сертификатга эга бўлган ўқитувчилар томонидан фанларни чет тилида ўқитиш амалиёти жорий этилади;

🔹математика, физика, кимё, биология, табиий фанлар (science), информатика ва ахборот технологиялари фанларидан дарсларни чет тилида олиб борган ўқитувчиларга тариф ставкасига нисбатан 100 фоиз миқдорида ҳар ойлик қўшимча устама тўланади.

Президент мактабларининг маҳаллий ўқитувчиларига уларнинг тариф ставкасига нисбатан 350 фоиз миқдорида ҳар ойлик қўшимча устама тўлаш тартиби жорий этилади.

🔘 Бунда, устама педагоглар томонидан қуйидаги шартларнинг барчаси бажарилган тақдирда тўланади:

🔸Кембридж (Cambridge Assessment International Education) халқаро таълим дастурлари асосида дарс бериладиган фанларни ўқитиш бўйича 3 та (Introductory, Extension, Marking) курсни муваффақиятли тугатиш ва бу ҳақида тегишли сертификат олиш;

🔸Президент мактабларида камида 1 йиллик иш стажига ва чет тилини билиш бўйича камида С1 даражадаги ёки унга тенглаштирилган мос даражадаги халқаро сертификатга эга бўлиш.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Тайынлаў

Қайыпназаров Жумабай Муратбаевич - Кегейли районы ҳәкиминиң аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары лаўазымына тайынланды.

Тайинлов

Қайыпназаров Жумабай Муратбаевич – Кегейли тумани ҳокимининг қишлоқ ва сув хўжалиги масалалари бўйича ўринбосари лавозимига тайинланди.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ 49-сессиясыныӊ ашылыўы ҳаққында

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң 49-сессиясы 2024-жыл 14-май күни саат 11:30 де Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң мәжилислер залында ашылады.

Сессия «Қарақалпақстан» телеканалы арқалы туўрыдан-туўры эфирге бериледи.

Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг 49-сессиясининг очилиши тўғрисида

Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг 49-сессияси 2024 йил 14-май куни соат 11:30 да Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг мажлислар залида очилади.

Сессия "Қарақалпақстан" телеканали орқали тўғридан-тўғри эфирга берилади.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Ўтган ҳафтанинг энг муҳим воқеалари шарҳи: Ишонч ёрлиқлари топширилди. Венгрия делегацияси билан учрашув. Иккинчи Жаҳон урушидаги ғалабанинг 79 йиллиги

Өткен ҳәптениң ең әҳмийетли ўақыяларына шолыў: Исеним жарлықлары тапсырылды. Венгрия делегациясы менен ушырасыў. Екинши жәҳән урысындағы жеңистиң 79 жыллығы

Обзор важнейших событий за неделю: Вручение верительных грамот. Встреча с делегацией Венгрии. 79-я годовщина победы во Второй Мировой войне

Facebook|Instagram|X
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Бираздан соң Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ 49-сессиясы басланады.

Бироздан сўнг Қорақалпоғистон Республикасы Жўқорғи Кенгесининг 49-сессияси бошланади.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ 49-сессиясы басланды

Сессияға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ҳәм Ҳүкимет ағзалары, Республика сектор ҳәм тараў басшылары, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери, сондай-ақ, Жоқарғы Кеңестиң депутатлары қатнасып атыр.

Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып бармақта.

Сессия «Қарақалпақстан» телеканалы арқалы туўрыдан-туўры эфирде жарытып барылады.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Жоқарғы Кеңес Баслығы соңғы жыллары ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында “Инсан қәдири ушын” принципи тийкарында кең кѳлемли ийгиликли ислер әмелге асырылып атырғанлығын айрықша атап өтти.

Айтыў орынлы, халқымыз абаданлығы жолындағы реформалар бүгин ҳәр бир шаңараққа кирип бармақта. Ѳткен қысқа дәўир ишинде тек ғана Қарақалпақстан ушын қабыл етилген тарийхый Пәрман ҳәм Қарарлар тийкарында халқымызға бурын болмаған имканиятлар жаратылмақта.

Атап өтилгениндей, мәҳәллелердеги аўыр турмыс шараятындағы шаңарақлардың турақ-жайларында қурылыс-оңлаў жумысларының алып барылыўы, 452 мәҳәллениң ҳәр бирине 500 миллион сумнан қаржы ажыратылғаны, кадастры жоқ турақ-жайлардың кадастр ҳүжжетлери берилиўиниң жолға қойылғаны, ишки жолларды оңлаў, жасларға қосымша квоталар ажыратылыўы, мәдениятты қоллап-қуўатлаў фонды шөлкемлестирилип, оған 20 миллиард сум қаржы ажыратылғаны  – кеўиллерге мақтаныш сезимлерин бағышламақта.

Қуўанышлы тәрепи, быйылғы жыл да ѳзиниң тарийхый ўақыялары менен халқымыздың ядында қалмақта. Атап айтқанда, Әмиўдәрьяда жаңа заманагѳй кѳпирдиң қурып питкерилгени, усы жылдың 1-апрель сәнесинен баслап «Нөкис – Мойнақ – Нөкис» жөнелиси бойынша турақлы авиа-қатнаўлардың жолға қойылғаны, сондай-ақ, «Нөкис – Стамбул», «Нѳкис – Алма ата – Нѳкис» жөнелислери бойынша да авиа-қатнаўлар жолға қойылып атырғаны – халқымызды және де уллы дөретиўшилик ислерге руўхландырмақта.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Бундай ѳзгерислер менен жаңаланыўларды ҳәр бир тараў мысалында кѳриўимизге болады. Бир ғана қурылыс тараўы мысалында айтатуғын болсақ, быйылғы жыл инвестиция бағдарламасы шеңберинде жәми 117 объектте 1 трлн. 166 млрд. сумлық яғный, ѳткен жылға салыстырғанда дерлик 2 есе кѳп қаржы тийкарында қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылады.

Соны да айрықша атап өтиў орынлы, Өзбекстан бойынша қуяш панеллерин ислеп шығарыў биринши болып Қарақалпақстанда жолға қойылмақта.
Сондай-ақ, ҳүрметли Президентимиздиң айрықша ғамхорлығы нәтийжесинде аўыл хожалығы тараўында да бурын болмаған имканиятлар жаратылмақта. Атап айтқанда, ҳүрметли Президентимиздиң усы жыл 9-февральдағы 66-санлы арнаўлы қарары тийкарында аўыл хожалығы тараўын раўажландырыў илажлары жаңа басқышларға кѳтерилмекте. Мине, усы қарар шеңберинде Қарақалпақстанға улыўма 67,9 млрд. сумлық жәми 783 техника ҳәм агрегатлар алып келинеди.

Буннан тысқары, ҳүрметли Президентимиздиң арнаўлы Пәрманы тийкарында 107 исбилерменге туўрыдан-туўры жер участкалары ажыратып берилмекте. Бул өз нәўбетинде елимизде исбилерменликтиң раўажланыўына үлкен имканият жаратпақта.

Буннан тысқары быйылғы жылы улыўма баҳасы 9,3 трлн. сумлық 461 инвестициялық жойбарды иске түсириў ҳәм 12 мың 317 жаңа жумыс орынларын жаратыў белгилеп алынған.

Жоқарғы Кеңес Баслығы ҳүрметли Президентимиздиң халқымызға болған айрықша итибары ҳәм ғамхорлығын айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтип, бул өз нәўбетинде ҳәр бир басшыға үлкен жуўапкершилик жүклейтуғынлығын билдирди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Сессияныӊ күн тәртибиндеги дәслепки мәселе «Қарақалпақстан Республикасының айырым нызамларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының жойбары туўралы болып, бул мәселе бойынша Жоқарғы Кеңестиң комитет баслығы Зухра Реймова баянат жасады.

Күн тәртибиндеги дәслепки мәселе толық қарап шығылды ҳәм депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM