Joqarǵi keńes.uz
39.8K subscribers
19.3K photos
1.47K videos
10 files
8.1K links
Веб-сайт: www.joqargikenes.uz
Instagram: www.instagram.com/joqargikenes.uz/
Facebook: www.fb.com/joqargikenes
Youtube: www.youtube.com/@joqargikenes

© Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси
Download Telegram
Кўксаройда Президент ҳузуридаги Хорижий инвесторлар кенгашининг иккинчи ялпи мажлиси бошланди.

Президент Шавкат Мирзиёев йиғилишда жаҳоннинг етакчи компаниялари ва молия институтлари раҳбарлари бўлган яқин ҳамкорларимиз ва янги шерикларимиз иштирок этаётганидан мамнунлигини билдирди.

Кенгаш ўтган даврда ўзининг самарали фаолиятини яққол намоён этгани таъкидланди. Кенгаш аъзоларининг кўмаги ва алоҳида эътибори натижасида ислоҳотларимизга катта ёрдам берадиган ишлар амалга оширилаётгани қайд этилди.

Улар илгари сураётган ғоя ва ташаббуслар ҳаётимизнинг барча жабҳаларида фаол татбиқ этаётганини таъкидлаб, Президентимиз инвесторларга Янги Ўзбекистон тараққиётига қўшаётган муносиб ҳиссаси учун чуқур миннатдорлик изҳор этди.

Көксарайда Президент жанындағы Сырт ел инвесторлары кеңесиниң екинши жалпы мәжилиси басланды.

Президент Шавкат Мирзиёев мәжилисте дүньяның жетекши компаниялары ҳәм қаржы институтлары басшылары болған жақын шериклеримиз қатнасып атырғанлығына қанаатланыўшылық билдирди.

Кеңес өткен дәўирде өзиниң нәтийжели жумысын айқын көрсете алғаны атап өтилди. Кеңес ағзаларының көмеги ҳәм айрықша итибары нәтийжесинде реформаларымызға үлкен жәрдем беретуғын жумыслар әмелге асырылып атырғаны айтып өтилди.

Олар илгери сүрилип атырған идея ҳәм басламалар турмысымыздың барлық тармақларында кеңнен енгизилип атырғанлығы атап өтилип, Президентимиз инвесторларға Жаңа Өзбекстан раўажланыўына қосып атырған мүнәсип үлеси ушын терең миннетдаршылық билдирди.

Facebook|Instagram|X
Президентимиз бугунги кунда жаҳон иқтисодиётида беқарорлик тобора кучайиб, энергетика, озиқ-овқат соҳалари ва экологик тизимда инқирозлар ўткир тус олаётганига эътибор қаратди. Бундай мураккаб шароитда бамаслаҳат, ўзаро кенгашиб, аниқ амалий қадамлар ташланса, кўзланган юксак марраларга албатта эришилиши таъкидланди.

Давлатимиз раҳбари Европа тикланиш ва тараққиёт банки президенти Одиль Рено-Бассо хонимнинг кенгаш фаолиятидаги алоҳида ўрнини қайд этди.

Экспертлар томонидан ишлаб чиқилган Инвестициялар ва Махсус эркин зоналар тўғрисидаги қонун лойиҳалари мамлакатимизда қулай инвестиция ва бизнес муҳитини такомиллаштиришда улкан қадам бўлади.

Бундан ташқари, Иқтисодий ҳамкорлик ва тараққиёт ташкилоти жамоаси томонидан бошланаётган инвестиция сиёсати таҳлили мамлакатимиздаги инвестиция муҳитини янада яхшилаш борасида асосий йўналишларни белгилаб олишга ва самарали механизмларни яратишга хизмат қилади.

Президентимиз бүгинги күнде дүнья экономикасында турақсызлық барған сайын күшейип, энергетика, азық-аўқат тараўлары ҳәм экологиялық системада кризислер өткир түс алып атырғанлығына итибар қаратты. Бундай қурамалы шараятта мәсләҳәтлесип, өз-ара кеңесип, анық әмелий адымлар қойылса, гөзленген жоқары шеклерге әлбетте, ерисилиўин атап өтти.

Мәмлекетимиз басшысы Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки президенти Одиль Рено-Бассо ханымның кеңес жумысындағы айрықша орнын айтып өтти.

Экспертлер тәрепинен ислеп шығылған Инвестициялар ҳәм Арнаўлы еркин зоналар ҳаққындағы нызам жойбарлары мәмлекетимизде қолайлы инвестиция ҳәм бизнес орталығын жетилистириўде үлкен адым болды.

Буннан тысқары, Экономикалық бирге ислесиў ҳәм раўажланыў шөлкеми командасы тәрепинен басланып атырған инвестиция сиясаты анализи мәмлекетимиздеги инвестиция орталығын еледе жақсылаў бағдарында тийкарғы жөнелислерди белгилеп алыўға ҳәм нәтийжели механизмлерди жаратыўға хызмет етеди.

Facebook|Instagram|X
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Иккинчидан, масъулиятли бизнес юритиш. Бу борада иқтисодиёт барқарорлиги, шаффофлиги ва очиқлигини таъминлашга қаратилган Иқтисодий ҳамкорлик ва тараққиёт ташкилотининг тегишли тамойилларини кенг жорий этиш долзарб вазифадир.

Учинчидан, муқобил инвестицияларни рағбатлантириш. Бунда стартап, инновацион лойиҳалар, биргаликдаги сармояларни кўпайтириш учун қулай шарт-шароитлар яратиш мақсадида “Венчур инвестициялар тўғрисида”ги янги қонунни ишлаб чиқиш ва қабул қилиш катта аҳамиятга эга.

Тўртинчидан, инвесторлар билан ишлаш тизимини рақамлаштириш. Хорижий инвесторлар билан давлат органлари ўртасидаги барча хизматларни амалга ошириш учун мукаммал электрон платформани ишлаб чиқиш ва амалиётга кенг жорий этиш вақти келгани таъкидланди. Бу инвесторларни қийнаётган комплекс муаммоларни ўз вақтида ва тизимли ҳал этишга имкон беради.

Екиншиден, жуўапкершиликли бизнес жүргизиў. Бул бағдарда экономика турақлылығы, ашық-айдынлығын тәмийинлеўге қаратылған Экономикалық бирге ислесиў ҳәм раўажланыў шөлкеминиң тийисли өлшемлерин кең енгизиў әҳмийетли ўазыйпа есапланады.

Үшиншиден, оптимал инвестицияларды хошаметлеў. Бунда стартап, инновациялық жойбарлар, биргеликтеги инвестицияларды көбейтиў ушын қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде “Венчур инвестициялар ҳаққында”ғы жаңа нызамды ислеп шығыў үлкен әҳмийетке ийе есапланады.

Төртиншиден, инвесторлар менен ислеў системасын сапластырыў. Сырт ел инвесторлары менен мәмлекетлик уйымлары арасындағы барлық хызметлерди әмелге асырыў ушын жетик электрон платформаны ислеп шығыў ҳәм әмелиятқа кең енгизиў ўақты келгени атап өтилди. Бул инвесторларды қыйнап атырған комплекс машқалаларды өз ўақтында ҳәм системалы шешиўге имканият береди.

Facebook|Instagram|X
Мажлисда кенгаш аъзолари, инвесторлар сўзга чиқиб, ўз фикр-мулоҳазалари, таклиф ва ташаббусларини билдирдилар.

Муҳокамалар якунида Президентимиз уларнинг Ўзбекистон билан узоқ муддатли ҳамкорликни ва конструктив мулоқотни кенгайтириш борасидаги қатъий интилиш ва ниятларини юксак қадрлашини, мамлакатимизда муваффақиятли бизнес юритиши, ўзини эркин ва ишончли ҳис этиши учун барча шарт-шароитлар яратиб берилишини таъкидлади.

Айтилган барча ташаббус ва тавсиялар тўлиқ инобатга олиниши қайд этилди.

Ҳукумат аъзолари, вазирлар, Президент Администрациясининг масъул ходимларига кенгаш аъзолари билан мулоқотларни изчил давом эттириш, киритилган ҳар бир таклиф, айтилган ҳар бир лойиҳа бўйича алоҳида “йўл харитаси”ни қабул қилиш топширилди.

Мәжилисте кеңес ағзалары, инвесторлар шығып сөйлеп, өз пикир-усыныслары ҳәм басламаларын билдирди.

Талқылаўлар жуўмағында Президентимиз олардың Өзбекстан менен узақ мүддетли бирге ислесиўди ҳәм конструктивлик пикирлесиўди кеңейтиў бағдарындағы қатаң умтылыс ҳәм нийетлерин жоқары қәдирлеўин, мәмлекетимизде натийжели бизнес жүргизиўи, өзин еркин ҳәм исенимли сезиўи ушын барлық ис-илажлар жаратылып берилиўин атап өтти.

Айтылған барлық баслама ҳәм усыныслар толық есапқа алыныўы айтып өтилди.

Ҳүкимет ағзалары, министрлер, Президент Админстрациясының жуўапкер хызметкерлерине кеңес ағзалары менен пикирлесиўлерди турақлы даўам еттириў, киргизилген ҳәр бир усыныс, айтылған ҳәр бир жойбар бойынша өз алдына «жол картасы»н қабыл етиў тапсырылды.

Facebook|Instagram|X
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Қоңырат районы «Санаат» мәкан пуқаралар жыйыны турғыны Режеп Атамуратов жер менен тиллескен инсанлардан бири. Қыйтақ жеринен өнимли пайдаланып оны дәрамат дерегине айландырған.

Ықшамғана бағында мийўели нәллерди сабыў жолы менен жоқары сортлы мийўе тереклерине айландырып, ҳәттеки бир түптен еки түрли өним алып атыр. Мол зүрәәт алыў қатарында ҳәр қыйлы мийўе нәллериниң астындағы бос жерден үнемли пайдаланып, картошка, помидор, қыяр, болгар бурышы ҳәм басқа дақылларды да егип, базарға шығарыў арқалы шаңарағына қосымша дәрамат алып келмекте.

Қўнғирот тумани «Саноат» маҳалласида яшовчи Режеп Атамуратов ер билан тиллашган инсонларнинг бири. Томорқасидан унумли фойдаланиб, уни даромад манбаига айлантирган.

Ихчамгина боғида мевали ниҳолларни пайванд йўли билан олий навли мева дарахтларига айлантириб, ҳаттоки, бир тубдан икки хил мева олмоқда. Мўл ҳосил олиш қаторида ҳар хил мевали дарахтлар остидаги бўш ерлардан самарали фойдаланиб, картошка, помидор, бодринг, булғор қалампири ва бошқа экинларни экиб, бозорга чиқариш орқали оиласига қўшимча даромад олиб келмоқда.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Ҳүрметли, Қарақалпақстан жаслары!

Бәршеңизди 10-май, саат 18:00 де Нөкис амфитеатрында болып өтетуғын «Бозатаў фест — жаслар ҳаўазы» фестивалының салтанатлы ашылыў мәресимине мирәт етемиз.

Кешемиз мийманлары: Сардор Тоиров, Дилноза Ҳакимова ҳәм қарақалпақ жулдызлары.

Бозатаў қәбилетлилерди жүзеге шығарады!

Бәршени күтемиз!

Ҳурматли, Қорақалпоғистон ёшлари!

Барчангизни 10 май, соат 18:00 да Нукус амфитеатрида бўлиб ўтадиган «Бўзатов фест — ёшлар овози» фестивалининг тантанали очилиш маросимига таклиф этамиз.

Кечамиз меҳмонлари: Сардор Тоиров, Дилноза Ҳакимова ва қорақалпоқ юлдузлари.

Бўзатов қобилиятларни юзага чиқаради!

Барчангизни кутамиз!


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Шымбайлы Жулдыз Халмуратоваға АҚШтағы Жоқары оқыў орынларынан бири 28 мың АҚШ доллары муғдарында грант ажыратты

Шымбай районындағы 19-санлы мектептиң 11-класс оқыўшысы Жулдыз Халмуратова АҚШтың еки жоқары оқыў орнына — Миннесота университетине ҳәм Нью-Йорк технология институтына оқыўға қабыл етилди. Олардан Нью-Йорк технология институты Жулдыз Халмуратоваға 28 мың АҚШ доллары муғдарында грант ажыратқан.

Чимбойлик Жулдыз Халмуратовага АҚШдаги Олий таълим муассасаларидан бири 28 минг АҚШ доллари миқдорида грант ажратди

Чимбой туманидаги 19-сон мактабнинг 11-синф ўқувчиси Жулдыз Халмуратова АҚШнинг икки олий таълим муассасасига — Миннесота университетига ва Нью-Йорк технология институтига ўқишга қабул қилинди. Улардан Нью-Йорк технология институти Жулдыз Халмуратовага 28 минг АҚШ доллари миқдорида грант ажратди.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Қоңырат районында ишки хожалық жолларын оңлаў бойынша кең қамтыўлы жумыслар баслап жиберилди

Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен халық ийгилиги жолында белгилеп берилген барлық реформалар «Инсан қәдири ушын» принципи тийкарында республикамызда даўам еттирилмекте. Бул илажлар шеңберинде бир ғана өткен жылдың өзинде республикамыз бойынша жәми 1000 км.ден аслам жоллар оңланды, 600 км.ден артық топырақ жоллар тас жолларға айландырылды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Қоңырат районы турғынлары, нураныйлар ҳәм тараў басшылары менен болып өткен ушырасыўда районда басланған үлкен ҳәрекет шеңберинде мәҳәллелер ҳәм аўыллардың ишки хожалық жолларын оңлаў бойынша жумыслар кең қамтыўлы даўам еттирилетуғынлығын атап өтти.
Усы тийкарда бүгин Жоқарғы Кеңес Баслығының жеке қадағалаўы менен Қоңырат районында жумыслар баслап жиберилди.

Айтып өтиў орынлы, районда 2023-жыл даўамында 118,2 км жоллар қум-тас араласпалы жолларға айландырылды. Усы жылда Президентимиздиң тапсырмасы менен қабыл етилген Министрлер Кабинетиниң 500-санлы қарары тийкарында Қоңырат районында 20  мәҳалледе жәми 7,4 млрд. сумлық 28,0 км ҳәм Айрықша жағдайлар министрлиги тәрепинен 9 мәҳалледе  21,7 млрд. сумлық  121,0 км жәми 357 көшеге 149,0 км ишки топырақ жолларға қум-таслы араласпасын жатқызыў арқалы халықты қыйнап келген мәселелерге шешим табыў белгиленген.

Усы бүгинниң өзинде «Ханжап» ҳәм «Тарақлы» мәҳәллелериндеги ишки жолларды оңлаў жумыслары баслап жиберилди.

Әлбетте, бул басламаның тийкарғы идеясы ҳәм мақсети халықтың машқалаларына шешим таўып, олардың бүгинги турмысынан кеўилли жасаўын тәмийинлеў есапланады ҳәм бул ийгиликли жумыслар шөлкемлескенлик пенен даўам еттириледи.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Бүгин Өзбекстан Қаҳарманы, атақлы шайыр Ибрайым Юсуповтың туўылған күни

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры, Өзбекстан Қаҳарманы Ибрайым Юсупов 1929-жыл 5-майда Шымбай районында туўылған.

Шайырдың «Күншығыс жолаўшысына», «Бахыт лирикасы», Йош», «Аласатлы дүнья бул», «Үйлер», «Жети асырым», «Дала әрманлары», ««Дузлы самаллар», «Кеўилдеги кең дүнья», «Беглигиңди бузба сен…», «Кеўил кеўилден суў ишер», «Тумарис ҳәм басқа поэмалары», «Ҳәр кимниң өз заманы бар» атамасындағы қосық китаплары ҳәм «Таңламалы шығармалары» топламлары басып шығарылған.

Оның қосықлары түркий тиллер әдебиятының гүлтажына айланды. Бир қатар дөретпелери қазақ, украин, беларусь, грузин, болгар ҳәм басқа да халықлардың тиллерине аўдармаланды.

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң арнаўлы қарары менен Нөкисте Ибрайым Юсуповтың естелиги ҳәм оның атындағы дөретиўшилик мектеби қурылды.

Әдебиятымыздың уллы тулғасының мийрасы барқулла ардақланып, еске алынады. 

Республикамызда өткерилиўи дәстүрге айланған «Үш әўлад» ушырасыўларында да шайыр Ибрайым Юсуповтың өмири ҳәм дөретиўшилиги айрықша тилге алынып келинбекте.  

Қарақалпақ әдебиятының қос байтерегиниң бири, белгили шайыр, Өзбекстан қаҳарманы, «Эл-юрт ҳурмати», «Дўстлик» орденлерине мүнәсип деп табылған пазыйлетли инсанды халқымыз барқулла ядында сақлайды. Оның өлмес мийрасы болса әдебиятымыздың гүлтажы сыпатында әўладларға үлкен руўхый азық дереги болып хызмет етеди.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев республикамыздағы бир қатар фермер хожалықлары басшылары менен ушырасты

Өткерилген ушырасыўда бүгингидей суў тамтарыслығы дәўиринде ағын суўдан ақылға уғрас, үнемлеп пайдаланыў, аўыл хожалығы егислик майданларында суўды аз талап етиўши егин түрлеринен өним алыўды көбейтиў, халқымыз базарларын сапалы аўыл хожалығы өнимлери менен тәмийинлеў, егислик майданларында жаңа инновацияларды енгизиў мәселелери сөз етилди.

Өткен 2023-жылда барлық суў тәмийнаты аўыр болған аймақларды суў менен тәмийинлеў мақсетинде салы майданлары 32,6 мың гектарға қысқартылып, тек ғана 6,8 мың гектарға салы егилди ҳәм 169 млн. метр куб суў жумсалып, жәми 641 млн. метр куб суў муғдарын үнемлеўге ерисилди. Бул үнемленген 641 млн. метр куб суў муғдарлары есабынан өткен жылы суў тәмийнаты аўыр болған 35 аўылда 30,2 мың гектардан артық болған майданларға суў жеткерип берилиўи тәмийинленди.

Жоқарыдағыларды есапқа алып, биринши нәўбетте халқымыздың қыйтақ жерлерин ҳәм суўды аз талап етиўши егинлер жайластырылған аўыл хожалығы егислик майданларын суўғарыўдан артқан суўдан келип шығып, Қоңырат ҳәм Мойнақ районларында быйылғы жыл зүрәәти ушын салы жетистириў режелестирилмекте.

Бул бойынша Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен Аўыл хожалығы министрлигине ҳәм жуўапкерлерге Қоңырат ҳәм Мойнақ районларында салының ерте писер ҳәм өнимдарлы сортлары жайластырылыўын тәмийинлеп, күнлик салы егиси бойынша мағлыўматты киргизип барыў, салы егилген майданларды контурлар кесиминде мониторинг өткерип, 20-августқа шекем Министрлер Кеңесине тийисли жуўмақларды бериў ҳәм салы бөлистирилмеген майданларға аўыл хожалығы кәрханалары ҳәм фермер хожалықлары тәрепинен салы егилген жағдайда белгиленген тәртипте қатаң шаралар көриў бойынша тапсырма берилди.

Толық оқыў

Ўзб


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
2-5-май күнлери Ташкент қаласында болып өткен «Шығыс әтиргүли» VII халықаралық таңлаўында Нөкис қалалық 1-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң "Арал жигитлери" ансамбли биринши, "Әмиў гүллери" ансамбли екинши орынды ийеледи.

Тақыятас районлық 7-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң "Шуғла" ансамбли 2-5-май күнлери Ташкент қаласында болып өткен "Калейдоскоп Шахерезады" таңлаўында биринши орынды ийеледи.

2-5 май кунлари Тошкент шаҳрида бўлиб ўтган «Шарқ атиргули» VII халқаро танловида Нукус шаҳар 1-сон болалар мусиқа ва санъат мактабининг «Арал жигитлери» ансамбли биринчи, «Әмиў гүллери» ансамбли иккинчи ўринни эгаллади.

Тахиатош туман 7-сон болалар мусиқа ва санъат мактабининг «Шуғла» ансамбли 2-5 май кунлари Тошкент шаҳрида бўлиб ўтган «Калейдоскоп Шахерезады» танловида биринчи ўринни эгаллади.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
«Коробка» жағдайындағы үй-жайлар ушын субсидия ажыратылады

Нызамшылыққа муўапық, мәмлекетлик емес кесип алып ислеўши мәкемелер тәрепинен таяр ҳалда тапсырыў шәртисиз қурылған үйлердеги квартираларды (ханаларға бөлинген ҳәм пардоз жумысларына таяр) бирлемши үй-жай базарында сатып алыў ушын ипотека кредитлерин ажыратыў ҳәмде олар бойынша ҳәм ипотека кредити бойынша пайызлардың бир бөлегин қаплаў ушын субсидия төлеўге рухсат берилген.

«Коробка» ҳолатидаги уй-жойлар учун субсидия ажратилади

Қонунчиликка кўра, хусусий пудрат ташкилотлари томонидан тайёр ҳолда топшириш шартисиз қурилган уйлардаги квартираларни (хоналарга бўлинган ва пардоз ишларига тайёр) бирламчи уй-жой бозорида сотиб олиш учун ипотека кредитларини ажратишга ҳамда улар бўйича ва ипотека кредити бўйича фоизларнинг бир қисмини қоплаш учун субсидия тўлашга рухсат берилган.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Пуқаралар ипотека кредитлери арқалы үй-жай менен тәмийинленеди

2024-жылда ипотека кредитлерин ажыратыў механизмлерин жетилистириў ҳәм халықтың үй-жай шараятларын жақсылаўға тийисли қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы Президент Пәрманы (ПП-70-санлы, 30.04.2024-ж.) қабыл етилди.

✔️Пәрманға муўапық, базар өлшемлерине тийкарланған ипотека кредитлери арқалы пуқараларды үй-жай менен тәмийинлеў бағдарламасы (Бағдарлама) шеңберинде, төмендегилер әмелге асырылады:

🔹Аймақларда 100 мың квартирадан ибарат болған көп қабатлы үй-жайлар қурылады;

🔹Қурылыс мәкемелерине базар өлшемлери тийкарында ажыратылған кредитлер бойынша компенсация ҳәм кепилликлер усынылады;

🔹Көп қабатлы үй-жайлар қурыў процеслерине «жасыл» үй-жай стандартлары енгизиледи;

🔹ипотека кредитлерин қаржыландырыўға кеминде 17 триллион сум қаржы бағдарланады;

🔹кәмбағаллықтан шығарыў бағдарламасына киргизилген ҳәм үй-жай шараятын жақсылаўға мүтәж болған шахсларға жеке тәртиптеги үй-жайлар қурыў, реконструкциялаў ҳәм оңлаў ушын 120 миллион сумға шекем ипотека кредитлери ажыратылады;

🔹банклердиң өз қаржылары есабынан ажыратылған ипотека кредитлерин Экономика ҳәм қаржы министрлиги тәрепинен қайта қаржыландырыў механизмлеринен кең пайдаланылады.

Aҳоли ипотека кредитлари орқали уй-жой билан таъминланади

“2024 йилда ипотека кредитларини ажратиш механизмларини такомиллаштириш ва аҳолининг уй-жой шароитларини яхшилашга оид қўшимча чора-тадбирлар тўғрисида”ги Президент Фармони (ПФ-70-сон, 30.04.2024 й.) қабул қилинди

✔️ Фармонга кўра, бозор тамойилларига асосланган ипотека кредитлари орқали аҳолини уй-жой билан таъминлаш дастури (Дастур) доирасида, қуйидагилар амалга оширилади:

🔹ҳудудларда 100 мингта квартирадан иборат бўлган кўп қаватли уй-жойлар қурилади;

🔹қурилиш ташкилотларига бозор тамойиллари асосида ажратилган кредитлар бўйича компенсация ва кафилликлар тақдим этилади;

🔹кўп қаватли уй-жойлар қуриш жараёнларига “яшил” уй-жой стандартлари жорий қилинади;

🔹ипотека кредитларини молиялаштиришга камида 17 триллион сўм маблағ йўналтирилади;

🔹камбағалликдан чиқариш дастурига киритилган ва уй-жой шароитини яхшилашга муҳтож бўлган шахсларга якка тартибдаги уй-жой қуриш, реконструкция қилиш ва таъмирлаш учун 120 миллион сўмгача ипотека кредитлари ажратилади;

🔹банкларнинг ўз маблағлари ҳисобидан ажратилган ипотека кредитларини Иқтисодиёт ва молия вазирлиги томонидан қайта молиялаштириш механизмларидан кенг фойдаланилади.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM