Joqarǵi keńes.uz
40.9K subscribers
19.6K photos
1.48K videos
10 files
8.21K links
Веб-сайт: www.joqargikenes.uz
Instagram: www.instagram.com/joqargikenes.uz/
Facebook: www.fb.com/joqargikenes
Youtube: www.youtube.com/@joqargikenes

© Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси
Download Telegram
«Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик байрағы ҳаққында»ғы Нызамы қабыл етилген күн мүнәсибети менен байрам илажы болып өтти

1992-жыл 14-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң XI сессиясында «Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик байрағы ҳаққында»ғы Нызам қабыл етилди.

Бүгин Нөкис қаласының орайында орнатылған Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик байрақлары жанында «Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик байрағы ҳаққында»ғы Нызамы қабыл етилгенине 31 жыл толыўы мүнәсибети менен байрам илажи болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, халқымызды байрам мүнәсибети менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, елимиз байрағы жақсылық, данышпанлық, пəклик, садықлық, гөззаллық, тынышлық, жаңаланыў сыяқлы сезимлерди өзинде жəмлегени менен əҳмийетли саналады. Солай екен, елимиз байрағын көз қарашығындай қəстерлеп-сақлаў, оны улығлаў ҳəм бəлентлерге көтериў – ҳəр биримиз ушын ана-Ўатан алдындағы перзентлик парызымыз болып есапланады.

Соңғы жыллары халқымыз турмысында, инсанлардың руўхый дүньясында үлкен өзгерислер менен жаңаланыўлар жүз бермекте. Бунда, ҳүрметли Президентимиз тәрепинен тек ғана Қарақалпақстан ушын қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлар тийкарында халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў бойынша оғада көлемли жумыслар әмелге асырылыўына тийкар болмақта.
Илажда мине усындай елимиз абаданлығы жолында әмелге асырылып атырған жумыслар кең түрде атап өтилди.

Байрам илажында көркем өнер ҳәм мәденият хызметкерлериниң концерт бағдарламасы менен даўам етти.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Тараўға қаратылып атырған итибар нәтийжесинде билимлендириў мекемелери заманагөй көриниске ийе болмақта

Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен билимлендириў тараўын раўажландырыў ҳәм балалардың заман талабына сәйкес билим алыўын тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда мектеп ҳәм мектепке шекемги билимлендириў мекемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў бойынша көлемли жумыслар даўам еттирилмекте.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының арнаўлы қарары тийкарында Нөкис қаласындағы «Наўқанбағ» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы 13-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде реконструкция жумыслары алып барылды.

Ажыратылған 5 млрд. 500 млн сум қаржы тийкарында қурылыс жумыслары толық жуўмақланып, бақша имараты пайдаланыўға тапсырылған.

Айтып өтиў орынлы, соңғы жыллары елимизде халқымыздың турмысындағы ушырасып атырған машқалаларды сапластырыў бойынша республикамыздың барлық орынларында социаллық объектлерди оңлаў ҳәм қурыў, инфраструктура объектлерин жаңалаў ҳәм басқа да усы сыяқлы әҳмийетли жумыслар әмелге асырылып атыр.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Тайынлаў

Юсупов Арысланбек Каипбергенович —  Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы Министрлиги жанындағы Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы лаўазымына тайынланды.

А.Юсупов усы күнге шекем Қарақалпақстан Республикасы "Жасыл аймақ" мәмлекетлик унитар кәрханасы директоры лаўазымында ислеп келген.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Жоқарғы Кеңес Баслығы медицина тараўында алып барылып атырған жумысларға арналған видеоселектор мәжилисин өткерди 

Онда дәслеп, елимизде медицина тараўын раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар, бул бағдарда қабыл етилип атырған қарар ҳәм пәрманлар, тараў мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў илажларына кен түрде тоқталып өтилди. 

Айрықша айтыў орынлы, ҳүрметли Президентимиз тәрепинен илгери сүрилген көплеген идеялар бүгин турмыс ҳақыйқатлығына айланып бармақта.
Сондай-ақ, ѳткен қысқа дәўир ишинде тараўға байланыслы бир қатар нызам, пәрман ҳәм қарарлардың қабыл етилгени бул бағдардағы илажлар көлемин жаңа басқышларға көтермекте.

Жоқарғы Кеңес Баслығы усыншама имканиятлар жаратылыўына қарамай, айырым кемшиликлер ушырасып атырғанлығына айрықша тоқталды.

Айырым шыпакерлер тәрепинен наўқасларға дәри-дармақларды тарқатыўшы компаниялар менен келисилген дәрилерди усыныўы, дәрилердиң сатылыўынан келип түсетуғын қаржылардан үлес алыўы, шыпакерлер ѳз мәпи ушын наўқасларға қымбат баҳалы дәрилерди буйырып атырғаны, есесине шипакерлер фармацевтика компаниялары тәрепинен қаржылай хошаметленип атырғанлығын қатаң сынға алды.

Өткерилген мәжилис даўамында халықтың саламатлығы дǝрежесин арттырыў, аналар ҳəм балалар саламатлығын беккемлеў илажларын күшейтиў, шыпакерлер менен тәмийинлениў дәрежесин асырыў, жеке меншик медицина мəкемелери раўажланыўын ҳәм бюджет қаржыларының мақсетли жумсалыўын тәмийинлеў, коррупциялык жағдайлар сынға алынды, денсаўлықты сақлаў тараўын санластырыў мәселелери де қарап шығылды.

Мәжилис даўамында өз ўазыйпасын орынлаўда немқурайдылық пенен қараған ҳәм қәте-кемшиликлерге жол қойған тараў басшыларына жаза шараларын қоллаў бойынша тапсырма берилди.

Толық оқыў


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Дыққат_вакансия

⚡️Президент жанындағы Мәмлекетлик хызметин раўажландырыў агентлиги Қарақалпақстан Республикасы филиалы мәмлекетлик уйым ҳәм шөлкемлер, ҳәкимликлер менен биргеликте төмендеги вакант лаўазымларға ашық таңлаў жәриялайды.

🔷Денсаўлықты сақлаў министрлиги:

▫️ Министрдиң финанс ҳәм экономика бойынша орынбасары.

🔷Мәденият министрлиги:

▫️Қанлыкөл районы мәденият бөлими бас бухгалтер.

🔷Мәмлекетлик салық басқармасы:

▫️ Мәлимлеме-коммуникация технологиялары секторы мәмлекетлик салық бас инспекторы;

▫️Тахтакөпир районы мәмлекетлик салық инспекциясы: есабатты жүритиў ҳәм бюджет дәраматларын прогнозластырыў секторы бас инспекторы;

▫️Қанлыкөл районы мәмлекетлик салық инспекциясы: физикалық шахсларға хызмет көрсетиў секторы мәмлекетлик салық бас инспекторы.

🔷 Тахтакөпир районы ҳәкимлиги:

▫️ “Қараой” АПЖда ҳәким жәрдемшиси.

🔷 Мойнақ районы ҳәкимлиги:

▫️ Ҳәким жәрдемшиси.

🔷 Қараөзек районы ҳәкимлиги:

▫️ Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда мәселелери бойынша бас қәниге;

▫️ Аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша бас қәниге;

▫️ “Ғәрезсизлик гүзары” МПЖда ҳәким жәрдемшиси.

🔷 Қоңырат районы ҳәкимлиги:

▫️ “Тарақлы” МПЖда ҳәким жәрдемшиси;

▫️ “Әдебият” АПЖда ҳәким жәрдемшиси;

▫️ “Әжинияз” АПЖда ҳәким жәрдемшиси.

🔷 Кегейли районы ҳәкимлиги:

▫️ Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими бас қәнигеси.

🔷 Хожели районы ҳәкимлиги:

▫️ Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими бас қәнигеси.

🔷 Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы:

▫️Қараөзек районлық бѳлими: мәҳәлледеги жаслар жетекшилери жумысларын муўапықластырыў ҳәм жаслардың бос ўақтын мазмунлы шөлкемлестириў бойынша бас қәниге.

🔷Қараөзек районы шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими:

▫️ “Есим” МПЖда ҳаял-қызлар белсендиси.

Ҳүжжетлерди электрон жибериў тәртиби бойынша видеоқолланба.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
“Мәҳәлле беслиги” ўәкиллериниң бир топары хошаметленди

Бүгин Нѳкис қаласының социаллық-экономикалық потенциалын арттырыў, мәҳәллелерде исбилерменликти раўажландырыў, аймақтағы кем тәмийинленген шаңарақларды қоллап-қуўатлаў ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, жасларға тийисли мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыў бағдарында пидайылық кѳрсетип атырған белсендилерди хошаметлеў мақсетинде “Ҳүрмет-2023” сыйлықлаў мәресими болып өтти.

Онда дәслеп Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, соңғы жыллары елимизде халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларға кең түрде тоқтап өтти.

Айтып өтиў орынлы, елимизде Ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында “Инсан қәдири ушын” деген ийгиликли идея тийкарында кең кѳлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Өткен қысқа ўақыт ишинде кем тәмийинленген шаңарақлардың социаллық машқалаларын шешиў, ҳаял-қызларды ҳәм жасларды ҳəр тəреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў, «Абат шаңарақ – абат кѳше – абат мәҳәлле» принципи тийкарында шараяты аўыр пуқаралар жыйынларында қурылыс-абаданластырыў жумысларын әмелге асырыў, мәҳәллелерде исбилерменликти раўажландырыў арқалы кәмбағаллықты қысқартыў бойынша көплеген жумыслар əмелге асырылды.

Ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстанға деген жоқары итибары менен өткен бир жыл ишинде 7 тарийхый пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилди. Ең баслысы, бул нызам ҳүжжетлери халқымыздың бүгинги турмысынан разылығын тәмийинлеўге қаратылған жумысларға беккем тийкар болып хызмет етпекте.

Бүгинги өткерилген салтанатлы илажда мәкан пуқаралар жыйынлары аймағындағы ийгиликли ислер менен түпкиликли өзгерислерде айрықша белсендилик көрсетип атырған “Мәҳәлле беслиги” ўәкиллериниң бир топары сыйлықланды.

Илаж көркем өнер ҳәм мәденият хызметкерлери атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Аралбойы халықаралық инновация орайы жанында бир қатар жаңа объектлер бой тикледи

Соңғы жыллары елимизде кең көлемли қурылыс жумыслары әмелге асырылып атырған болып, бул бағдарда социаллық объектлер, илим-пән, билимлендириў, инновациялық мәсканларды қурыў ҳәм оңлаў бойынша да бир қатар жумыслар даўам еттирилмекте. Ең баслысы, бундай кең қамтыўлы жумысларды әмелге асырыўда Президентимиз тәрепинен қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлар тийкар болып хызмет етпекте.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 30-декабрьдеги “2023-2025-жылларда Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм ислеп шығарыў инфраструктурасын раўажландырыў ис-илажлары ҳаққында”ғы ПҚ-465-санлы қарары да усы бағдардағы ийгиликли басламаларға үлкен шараят жаратып берди.

Атап айтқанда, Нөкис районындағы Аралбойы халықаралық инновация орайы жанында өсимликлердиң туқымлық генетикалық банки менен тәмийинленген лаборатория, бизнес-акселератор оқыў орайы ҳәм технопарк имаратын жаңадан қурыў ушын 12 млрд. 202 млн. сум қаржы ажыратылып, бүгинги күнде қурылыс жумыслары сапалы етип питкерилген.

Өз гезегинде, жаңа имаратлардың қурылыўы бул жердеги илимий изленислерди еле де кең түрде алып барыўға хызмет етеди.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM