Joqarǵi keńes.uz
39.3K subscribers
19.2K photos
1.45K videos
10 files
8.03K links
Веб-сайт: www.joqargikenes.uz
Instagram: www.instagram.com/joqargikenes.uz/
Facebook: www.fb.com/joqargikenes
Youtube: www.youtube.com/@joqargikenes

© Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси
Download Telegram
Әҳмийетли мәселелер қарап шығылды

Усы жылдың 31-октябрь күни Олий Мажлис Сенатының Аралбойы аймағын раўажландырыў мәселелери ҳәм экология комитети ҳәмде Бюджет ҳәм экономикалық раўажландырыў мәселелери комитетиниң Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси менен биргеликте гезектеги мәжилиси өткерилди.

Онда Сенаттың Аралбойы аймағын раўажландырыў мәселелери ҳәм экология комитети баслығы Б.Алиханов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев қатнасты.

Мәжилисте аймақты комплекс социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәмде халықтың бәнтлигин тәмийинлеўге тийисли ис-илажлардың орынланыўы мәселелери көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, Қарақалпақстан Республикасын комплекс социаллық-экономикалық раўажландырыў, экономика өсимин тәмийинлеў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
Президентимиз тәрепинен Арал теңизиниң қурыўы нәтийжесинде аймақта жүзеге келген социаллық-экономикалық ҳәм экологиялық машқалаларды сапластырыўға айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда көплеген әмелий жумыслар турмысқа енгизилип атыр.

Өткерилген мәжилисте Президентимиз тәрепинен қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлардың орынланыўы, Қарақалпақстанда исбилерменлер ушын жаратылған шараятлар, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм басқа да усы сыяқлы әҳмийетли мәселелер сөз етилди.

Мәжилис жуўмағында алдағы ўазыйпалар белгилеп алынып, жергиликли Кеңес депутатларына тийисли тапсырмалар берилди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Президент Шавкат Мирзиёев иштирокида шу йилнинг октябрь ойида ўтган асосий тадбир ва воқеалар

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
Президент Шавкат Мирзиёев Ўзбекистон-Франция саммитида иштирок этиш учун Самарқанд шаҳрига келди.

Президент Шавкат Мирзиёев прибыл в город Самарканд для участия в узбекско-французском саммите.

#Mirziyoyev #tashrif #Fransiya #hamkorlik

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Мәҳәллелер инфраструктурасын жақсылаў бойынша жумыслар еле де даўам еттирилмекте

Бүгинги күнде халқымызды жыллар даўамында қыйнап келген машқалаларға шешим табыў ҳәм мәҳәллелердиң инфраструктурасын жақсылаў бағдарында бир қатар унамлы жумыслар даўам еттирилмекте. Бул бағдарда ҳүрметли Президентимиз тәрепинен қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлар усындай мәселелерди шешиўде тийкар болмақта.

Пәрман ҳәм қарарлар, соның ишинде мәҳәллелер инфраструктурасын жақсылаў бойынша қабыл етилген 408-санлы қарар шеңберинде Бозатаў районы бүгин жаңаша түске енген. Себеби, район орайындағы мәҳәллелерден баслап, шетки аўылларға шекем жаңа заман нәпеси жетип барды. 

Ишки жоллар оңланды, социаллық объектлерге алып барыўшы жоллар асфальтланды, ишимлик суў, электр тәмийнатын жақсылаў, түнги жақтыландырыў шырақларын орнатыў сыяқлы жумыслар әмелге асырылды. Ең баслысы, халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў бағдарындағы бундай ийгиликли жумыслар еле де даўам еттирилмекте.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
«Қутлы Қоныс» мәҳәллесиндеги мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде реконструкция жумыслары алып барылды

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 30-декабрьдеги «2023-2025-жылларда Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм ислеп шығарыў инфраструктурасын раўажландырыў ис-илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында республикамыздағы бир қатар объектлерде қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылды.

Атап айтқанда, Нөкис қаласындағы “Қутлы қоныс” мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы 33-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемесинде реконструкция жумысларын жүргизиў ушын 3.2 млрд сум қаржы ажыратылып, бүгинги күнде қурылыс жумыслары толық жуўмағына жеткерилген.

90 орынға мөлшерленген мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде қурылыс жумысларының алып барылыўы аймақ турғынларының қуўанышына себеп болды десек алжаспаған боламыз.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Гүз-қыс мәўсимине таярлық көриў мәселелерине арналған баспасөз конференциясы болып өтти

Бүгин 2023-жыл 1-ноябрь күни Баспасөз үйинде Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасының "Гүз-қыс мәўсиминде жүз бериўи мүмкин болған өртлер ҳәм айрықша жағдайлар, олардың алдын алыўға қаратылған әҳмийетли ўазыйпалар" атамасында баспасөз конференциясы өткерилди.

Онда Ғалаба хабар қураллары ўәкиллери, журналист ҳәм блогерлер ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Өткерилген баспасөз конференциясында Айрықша жағдайлар басқармасы тәрепинен республикамыз аймағында гүз-қыс мәўсимине таярлық көриў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар, пуқаралардың турақ-жайлары, социаллық ҳәм исбилерменлерге тийисли болған объектлерде өрт келип шығыўының ҳәм басқа да айрықша жағдайлар жүз бериўиниң алдын алыў, бул бағдарда орынларда әмелге асырылып атырған жумыслар, үгит-нәсият илажлары, әмелий көргизбели шынығыўлардың өткерилиўи сыяқлы әҳмийетли мәселелер бойынша сөз етилди.

Белгиленген ўазыйпалар ҳәм усы тийкарда шөлкемлестирилген жумыслар кең түрде талқыланды.

Өткерилген баспасөз конференциясында журналист ҳәм блогерлер тараў басшылары ҳәм жуўапкерлерден өзлерин кызықтырған сораўларына жуўаплар алды.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM