Joqarǵı keńes.uz
40.8K subscribers
21.4K photos
1.74K videos
13 files
9.07K links
Веб-сайт: https://joqargikenes.uz/
Instagram: www.instagram.com/joqargikenes.uz/
Facebook: www.fb.com/joqargikenes
Youtube: www.youtube.com/@joqargikenes

© Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси
Download Telegram
Ҳаяллар дәптерине киргизилгенлерге бир қатар жәрдемлер бериледи

Ҳүкиметтиң 145-санлы қарары менен тастыйықланған режеге тийкар, «Ҳаяллар дәптери»не киргизилген ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў төмендеги жөнелислерде әмелге асырылады.


🟢 1) жумыссыз ҳаял-қызлар ушын — олардың бәнтлигин тәмийинлеў;

🟢 2) исбилерменлигин жолға қойыў қәлеўшилиги бар мүтәж ҳаял-қызлар ушын — исбилерменлигин жолға қойыўына көмеклесиў;

🟢 3) бағыўшысы болмаған мүтәж ҳаял-қызлар ушын — бир мәртелик материаллық жәрдем бериў, зәрүр жағдайларда олардың үй-жайын оңлап бериў;

🟢 4) социаллық жәрдемге мүтәж I ҳәм II топар майыплығы болған, сондай-ақ, тез медициналық емлениўге зәрүрлиги бар мүтәж ҳаял-қызлар ушын — медициналық жәрдемлер көрсетиў;

🟢 5) үй-жайға зәрүрлиги бар мүтәж ҳаял-қызларға — ижара компенсациясын төлеў, социаллық үйлерге жайластырыў, үй-жай менен тәмийинлеў;

🟢 6) қарамағында майыплығы болған мүтәж ҳаял-қызлар ушын — бир мәртелик материаллық жәрдем бериў, зәрүр жағдайда, сектор басшысы жуўмағы менен қыйтақ жерден ҳәм дийқаншылықтан дәрамат дереги сыпатында пайдаланыў ушын көмеклесиў.


Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
2023-жыл 1-октябрьден баслап исбилерменлерге “E-auksion” электрон саўда платформасында электрон онлайн аукцион арқалы төмендегилер ижараға бериледи:

Мәмлекетке тийисли тәбийий ҳәм жасалма суў бассейнлери (суў сақлағышлар) – балықты санаат усылында жетистириў, аўлаў ҳәм нызамшылық ҳүжжетлеринде белгиленген басқа мақсетлер ушын;

Тәбийий ҳәм жасалма суў бассейнлери (суў сақлағышлар) ҳәмде дәрья әтирапындағы аўыл хожалығына арналмаған жер участкалары – суў бойында пляж зоналарын шөлкемлестириў, спорт-қызығыўшылық түриндеги балық услаў, балық аўлаў, қайықта жүзиў ҳәм суў саяхаты бойынша хызметлер көрсетиў, балық өнимлери, соннан, балық аўқатлары саўдасы, улыўмалық аўқатланыў ҳәм басқа туризм хызметлерин шөлкемлестириў ҳәмде усы мақсетлерде жеңил конструкциялы қурылмаларды (отаў лагерлери комплекси, контейнерлерди) жайластырыў ушын.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Азия ойынларында 2 жерлесимизден 2 медаль

Усы жылдың 21-сентябрь күни мәмлекетимиз спортшылары Ханчжоу-2022 XIX жазғы Азия ойынларына жөнеп кеткен еди.

Қытайдың Ханчжоу қаласында усы жылдың 23-сентябрь – 8-октябрь күнлери XIX Азия ҳәм 22-28-октябрь күнлери IV Пара Азия ойынлары болып өтиўи режелестирилген болып, бүгинги күнде спорт жарыслары даўам етпекте.

Оған материгимиздиң 45 мәмлекетинен келетуғын 11 мыңнан аслам спортшылар қатнасып, 59 олимпиада ҳәм олимпиада емес спорт түри бойынша жеңимпазлық ушын гүрес алып бармақта.

350 ден аслам мәмлекетимиз спортшылары, соннан, Қарақалпақстаннан 21 спортшы 32 олимпиада ҳәм 6 олимпиадалық емес спорт түринен қатнасып атыр.

Муртазаева Дилназа Азия ойынларында шпага бойынша қатнасып, қола медалына ийе болды ҳәм Өзбекстан бойынша қылышпазлық бағдарында Азия медалын жеңип алған биринши спортшыға айланды. Буннан алдын бирде-бир өзбекстанлы қылышпаз Азия ойынларында медаль ийелери қатарынан орын алмаған.

Тез арада және бир жерлесимиз, шәпиклиги менен айрықша даңқ таратқан Зайнаб Дайыбекова да шпага бойынша қола медальды жеңип алды.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Жоқарғы Кеңес Баслығы исбилерменлердиң машқалаларын тыңлады

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев инвестициялық жойбарларды қоллап-қуўатлаў ҳәм жаңа жойбарларды иске түсириўде ушырасып атырған машқалаларды анықлаў бойынша исбилерменлер менен ушырасты.

Онда ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстан ушын ҳәм Қарақалпақстанда исбилерменликти қоллап-қуўатлаў ушын қабыл етилген бир қатар пәрман ҳәм қарарлары қабыл етилгенлиги, усы тийкарда республикамыз исбилерменлери ушын оғада үлкен мүмкиншиликлер жаратылғанлығы айрықша тилге алынды.

Айтып өтиў керек, мәмлекетлик бағдарламалар шеңберинде бир қатар инвестициялық жойбарлар бойынша мәнзилли дизим ислеп шығылған болып, усы тийкарда жаңа жумыс орынлары жаратылыўы режелестирилген. Тилекке қарсы, айырым жойбарлардың иске түсирилиўинде бир қатар машқалалар ушыраспақта.

Жоқарғы Кеңес Баслығы жақыннан сәўбетте исбилерменлерди қыйнап киятырған машқалаларды тыңлады ҳәм ҳәр бир жаңа жумыс орынларын жаратыў нийети бар исбилермен қоллап-қуўатланатуғынлығын атап өтти.

Исбилерменлер тәрепинен бир қатар әҳмийетли мәселелер көтерилди ҳәм ҳәр бир машқала Жоқарғы Кеңес Баслығының жеке қадағалаўына алынды.

Ушырасыў соңында ўазыйпалар белгилеп алынды ҳәм тийисли тапсырмалар берилди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Мәмлекетлик-жеке шериклик тийкарында бақша шөлкемлестириў ушын ажыратылған кредитлердиң жеңиллетилген мүддети узайтылды

«Мектепке шекемги билимлендириў тараўында мәмлекетлик-жеке шерикликти еле де қоллап-қуўатлаўға тийисли қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы Президент қарары (ПҚ–316-санлы, 27.09.2023-ж.) қабыл етилди.

Қарарға тийкар, исбилерменлерге, олардың қәлеўшилигине бола, 2018–2022- жылларда мәмлекетлик-жеке шериклик тийкарындағы мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерин шөлкемлестириў ушын дүзилген келисимлерге муўапық ажыратылған жеңилликли кредитлер бойынша жеңилликли дәўир мүддетин 2024-жыл 1-октябрьге шекем узайтыўға рухсат берилди.

Бунда:

Жеңилликли дәўир даўамында исбилерменлер тәрепинен кредит бойынша тек ғана процент төлемлери әмелге асырылады;

Жеңилликли дәўир даўамында төлениўи керек болған тийкарғы қарыз бойынша төлемлер кредит дәўириниң қалған бөлегине тең муғдарда бөлистириледи.

Мәмлекетлик-жеке шериклик тийкарындағы мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерин шөлкемлестириў ушын жеңилликли кредитлер жойбары басламашыларына төмендеги категорияластырылған процент ставкаларында ҳәм шәртлерде ажыратылады:

Ташкент қаласында – 10 жыл мүддетке, соннан 2 жыллық жеңилликли дәўир менен жыллық 12 процент ставка бойынша;

Нөкис қаласы, ўәлаятлар орайлары ҳәм ўәлаятқа бағыныўшы қалаларда – 10 жыл мүддетке, соннан 2 жыллық жеңилликли дәўир менен жыллық 8 процент ставка бойынша;

районларда – 10 жыл мүддетке, соннан 2 жыллық жеңилликли дәўир менен жыллық 5 процент ставка бойынша.


Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Тайынлаў

Халмуратов Каллибек Жолдасбаевич
«Қарақалпақ суў тәмийнаты» ЖШЖ баслығы лаўазымына тайынланды.

Халмуратов Каллибек усы күнге шекем бир қанша жуўапкерли лаўазымларда ислеп келген.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Қарақалпақстанда күнине 20 тоннадан 50 тоннаға шекем пахта териў қуўатлығына ийе пахта машиналары жумыс баслады

Президентимиздиң арнаўлы қарарына тийкар 2023–2026-жылларда мәмлекетимиздиң барлық аймақларында пахта өнимин жыйнап алыўды механизациялаўды жеделлестириў бойынша ўазыйпалар белгиленген еди.

Усыған тийкар республикамызға пахта териў машиналары алып келинип, атызларда жумыс баслап жиберилди.

Хазирги ўақытта Төрткүл, Беруний, Елликқала, Әмиўдәрья, Шымбай, Кегейли районларында «CE-220», «John Deere», «МХ 1,8» маркасындағы дәслепки 9 дана машина пахта териўди баслап жиберди.

Әмиўдәрья районына жаңадан алып келинген техникалардың ҳәр бири жәрдеминде күнине 15-20 тонна әтирапында өним терип алынады. 

Буннан тысқары, Елликқала районында Америка Қурама Штатларың “John Deere” компаниясында ислеп шығарылған төрт қатарлы инновациялық пахта териў машинасы кем қәрежет жумсаған ҳалда жумыс өнимдарлығын арттырыўға хызмет етпекте. Күнине 20-30 гектар майданнан 30-50 тоннаға шекем пахта териў қуўатлылығына ийе.

Пахта териў машиналарының сатып алыныўы теримде қол мийнетин кемейтиў ҳәм нәтийжелиликти арттырыўға жәрдем береди.

Егер, “John Deere” пахта териў машинасы орташа 45 тонна пахта терсе, бул қол териминдеги 700-750 адамның мийнетине тең жумысты алып барады.

Ҳәзирги ўақытта республикамыздың басқа аймақларына да пахта териў машиналарын алып келиў режелестирилген.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Дыққат_вакансия

🔷Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы:

Хожели районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы:

▫️ 1-аймақ 1-участкада (“Жайхун” ППЖ) комплекс социаллық хызмет көрсетиўши хызметкер;

▫️3-аймақ 1-участкада (“Тутзар”, “Нурлы жол” МПЖ) комплекс социаллық хызмет көрсетиўши хызметкер;

▫️3-аймақ 2-участкада (“Шағалакөл”, “Наўрыз” МПЖ) комплекс социаллық хызмет көрсетиўши хызметкер.

🔹Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы:

▫️ Төрткүл районлық бөлими: “Шўрахон” АПЖда жаслар жетекшиси.

🔹Қанлыкөл районы ҳәкимлиги:

▫️ Жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислер бойынша бас қәниге;

▫️Санатты раўажландырыў, капитал қурылыс, коммуникациялар ҳәм коммунал хожалығы мәселелери бойынша бас қәниге.

🔷 Аўыл хожалығы министрлиги:

▫️Қоңырат районы Аўыл хожалығы бөлими баслығы;

▫️ Қоңырат районы Аўыл хожалығы бөлими: Баслықтың жер, суў, аўыл хожалығында экономикалық реформалар, азық-аўқат қәўипсизлиги ҳәм агротехнология мәселелери бойынша орынбасары.

🔷 Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы:

▫️Аўыл хожалығы егинлери туқымларын жетилистириў үстинен қадағалаў секторы баслығы;

▫️Аўыл хожалығына мөлшерленген жерлерден пайдаланыўды қадағалаў бөлими бас қәнигеси.

❗️Aрзалар 02.10.2023-жыл саат 23:59 ға шекем қабыл етиледи.

Ҳүжжетлерди электрон жибериў тәртиби бойынша видеоқолланба.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Жоқары оқыў орынларына студент болған жаслардың Президентимизге деген алғысы шексиз

Президентимиз тәрепинен жаслар ушын үлкен имканиятлар есиги ашып берилди десек алжаспаған боламыз. Себеби, 2022-жыл 31-август күни қабыл етилген 213-санлы тарийхый пәрман менен контракт тийкарында оқыўға кирген студентлерге мәмлекетлик грант тийкарында оқыў имканияты берилди.

Пәрман бойынша қарақалпақстанлы жаслар ушын жоқары оқыў орнына кириўге мәмлекетлик грант тийкарында қосымша 3 мың квота, төлемли-контракт тийкарында қосымша 6 мың 500 квота ажыратылды.

Бүгинги күнде, студент болған жаслардың Президентимизге деген алғысы шексиз.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Қайта тиклениўши энергия дереклери қурылмаларының баҳасын толық төлеген түрде оларды сатып алған ҳәм орнатқан тутыныўшыларға сатып алыў қәрежетлериниң бир бөлеги төмендеги муғдарда Тармақлараралық энергияны тежеў фонды есабынан компенсация етиледи:

Қуяш яки самал электр станциясын орнатқаны ушын компенсациялар муғдары орнатылған қуўатлылығы:

🔹 0,5 кВттан 1 кВтға шекем болғанда БЕМның 7 есеси (2 млн 310 мың сум);

🔹1 кВттан 1,5 кВтға шекем болғанда БЕМның 10 есеси (3 млн 300 мың сум);

🔹1,5 кВттан 2 кВтға шекем болғанда БЕМның 15 есеси (4 млн 950 мың сум);

🔹2 кВт ҳәм оннан жоқары болғанда БЕМның 20 есеси (6 млн 600 мың сум);

🔹5 кВт ҳәм оннан жоқары болғанда БЕМның 50 есеси (16 млн 500 мың сум, тек ғана жаңа жерлер өзлестирилгенде ҳәм тик қудықларда орнатылған суў насосларының электр энергиясы тутыныўы қайта тиклениўши энергия дереклери қурылмалары арқалы тәмийинленгенде).


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Ўзбекистон Республикаси Президенти Шавкат Мирзиёев Германия Федерал Канцлери Олаф Шольцнинг таклифига биноан амалий ташриф билан ушбу мамлакатга жўнаб кетди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Германия Федерал Канцлери Олаф Шольцтиң усынысына бола әмелий сапар менен усы мәмлекетке жөнеп кетти.

Президент Республики Узбекистан Шавкат Мирзиёев по приглашению Федерального Канцлера Германии Олафа Шольца отбыл в эту страну с рабочим визитом.


#Mirziyoyev #tashrif #Germaniya #sammit

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter