Қызларымыз 3-басқышты жеңис пенен баслады
Елимизде спортты раўажландырыў, соның ишинде футболдың ғалабалылығын еле де арттырыў, перспективалы ҳәм инталы футболшыларды таңлаў ҳәм де профессионал дәрежеде таярлаўдың жаңа системасын жолға қойыў бағдарында бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.
Усы бағдардағы жумыслар шеңберинде жақында “Арал” қызлар футбол командасы шөлкемлестирилген еди. Бул команда қысқа ўақыт ишинде жақсы нәтийжелер көрсете алды.
Биринши лига ойынларының 3-басқышын қызларымыз жеңис пенен баслады.
🏆 Биринши Лига
💎 8-тур
🔴 "Арал-W" - "Хорезм-W" 2:1
⚽️ 9' Г.Ахмедова (0-1), А.Отаназарова (1-1, а.г), А.Ережепбаева (2-1)
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉ Telegram 🌐Website 📱 Instagram 📱 Facebook 📱 Twitter

Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Бүгин «Барсакелмес» мәмлекетлик буйыртпа қорықханасы аймағында жайласқан «Гүркиреўик» булақ суўы әтирапындағы экосистеманы үйренип шығыў ҳәмде экотуризмди раўажландырыў илажлары ҳаққындағы мәселелерге арналған мәжилис болып өтти
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев Үстирт тегислиги аймағындағы жер асты суўлары резервин терең үйрениў, олардың халық хожалығында ҳәм санаат тараўында пайдаланыў перспективаларын анықлаў кереклигин атап өтти.
Айтып өтиў орынлы, Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 31-октябрьдеги 507-санлы арнаўлы қарарына муўапық шөлкемлестирилген «Барсакелмес» мәмлекетлик буйыртпа қорықханасы аймағында жергиликли халық тилинде «Гүркиреўик» деп аталатуғын жер асты булақ суўы дереги жайласқан.
Анықланған булақ суўының тәбийий жайласыў орны ҳәм қоршаған орталыққа тәсирин анықлаў мақсетинде усы жылдың 24-май күни исши топар тәрепинен дәслепки үйрениў жумыслары алып барылып, аймақта экотуризмди раўажландырыў, өсимликлер ҳәм ҳайўанатлар дүньясын кеңейтиў, оларды сақлап қалыў ҳәм көбейтиў мақсетинде суўдың резерви бойынша кең көлемли гидрогеологиялық изертлеўлер алып барыў кереклиги усыныс етилген.
Соңғы жылларда бақланып атырған суў тамтарыслығын инабатқа алып, Үстирт тегислиги аймағындағы жер асты суўлары резервин терең үйрениў, олардың халық хожалығында ҳәм санаат тараўында пайдаланыў перспективаларын анықлаў мақсетке муўапық есапланады.
Мәжилисте «Барсакелмес» мамлекетлик буюртпа қорықханасы аймағында «Гүркиреўик» булақ суўы әтирапында экотуристик аймақ шөлкемлестириў ҳәм маршуртлар ислеп шығыў жойбары ҳәм басқа да әҳмийетли мәселелер бойынша сөз етилди.

Нөкис районындағы “NUKUS AGRO IMPEKS” жуўапкершилиги шекленген жәмийети тийкарынан мийўе-палыз өнимлерин экспорт етиў менен шуғылланып келмекте
Кәрхана усы жылы 1.5 млн долларлық мийўе-палыз өнимлерин Россия ҳәм Қазақстан мәмлекетлерине экспорт етиўге еристи.
Өткен 2022-жылы 1,2 млн доллар өнимлерди экспортқа шығарған болса, усы жылы Президентимиздиӊ исбилерменлерди қоллап-қуўатлаўы нәтийжесинде жыл жуўмағына шекем 3 млн долларлық экспорт шығарыў режелестирилмекте.
Cондай-ақ, кәрхананыӊ экспорт көлемин еледе кеӊейтиў мақсетинде 10,0 мыӊ тонналық музлатқыш, мийўе-палыз өнимлерин қайта ислеўши заманагөй логистика орайын шөлкемлестириў бойынша жумыслар алып барылмақта.
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉ Telegram 🌐Website 📱 Instagram 📱 Facebook 📱 Twitter
Кәрхана усы жылы 1.5 млн долларлық мийўе-палыз өнимлерин Россия ҳәм Қазақстан мәмлекетлерине экспорт етиўге еристи.
Өткен 2022-жылы 1,2 млн доллар өнимлерди экспортқа шығарған болса, усы жылы Президентимиздиӊ исбилерменлерди қоллап-қуўатлаўы нәтийжесинде жыл жуўмағына шекем 3 млн долларлық экспорт шығарыў режелестирилмекте.
Cондай-ақ, кәрхананыӊ экспорт көлемин еледе кеӊейтиў мақсетинде 10,0 мыӊ тонналық музлатқыш, мийўе-палыз өнимлерин қайта ислеўши заманагөй логистика орайын шөлкемлестириў бойынша жумыслар алып барылмақта.
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Нөкис қаласында жәрдемге мүтәж шаңарақлардың турақ-жайларын оңлаў жумыслары даўам етпекте
«Инсан қәдири ушын» принципи тийкарында халқымызға мүнәсип шараят жаратыў, олардың абадан турмысын тәмийинлеў бойынша Президентимиз басшылығында бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.
Бүгинги күнде Нөкис қаласындағы бир қатар шаңарақларды жыллар даўамында қыйнап келген машқала шешимин таўып, жасаў ушын жарамсыз турақ жайлары қайтадан қурып берилмекте.
Халқымызды бүгинги турмысынан кеўилли жасаўын тәмийинлеў бағдарында Президентимиз басшылығында басланған үлкен жумыслар елимиз бойлап еледе даўам етеди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉ Telegram 🌐Website 📱 Instagram 📱 Facebook 📱 Twitter
«Инсан қәдири ушын» принципи тийкарында халқымызға мүнәсип шараят жаратыў, олардың абадан турмысын тәмийинлеў бойынша Президентимиз басшылығында бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.
Бүгинги күнде Нөкис қаласындағы бир қатар шаңарақларды жыллар даўамында қыйнап келген машқала шешимин таўып, жасаў ушын жарамсыз турақ жайлары қайтадан қурып берилмекте.
Халқымызды бүгинги турмысынан кеўилли жасаўын тәмийинлеў бағдарында Президентимиз басшылығында басланған үлкен жумыслар елимиз бойлап еледе даўам етеди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Жоқарғы Кеңес Баслығының орынлардағы көшпели қабыллаўларында келип түскен мүрәжатлар өз шешимин тапқаннан соң пуқаралар алып барылған қурылыс жумысларынан миннетдар.
Атап айтқанда, Төрткүл районы орайынан өтиўши мәмлекетлик әҳмийеттеги 4 Р-171 Б автомобиль жолының 0-1,5 -км аралығында районлық жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы тәрепинен күнделикли оңлаў жумыслары алып барылып, қурылыс жумыслары жуўмағына жеткерилмекте.
Ҳәзирги ўақытта тараў ўәкиллери жаңа асфальт қапламасы жатқарылған жолға жол сызылмаларын сызыў жумысларын алып бармақта.
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉ Telegram 🌐Website 📱 Instagram 📱 Facebook 📱 Twitter
Атап айтқанда, Төрткүл районы орайынан өтиўши мәмлекетлик әҳмийеттеги 4 Р-171 Б автомобиль жолының 0-1,5 -км аралығында районлық жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы тәрепинен күнделикли оңлаў жумыслары алып барылып, қурылыс жумыслары жуўмағына жеткерилмекте.
Ҳәзирги ўақытта тараў ўәкиллери жаңа асфальт қапламасы жатқарылған жолға жол сызылмаларын сызыў жумысларын алып бармақта.
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Оқыўға қабыл етилген студентлердиң дыққатына!
Рәсмий my.gov.uz порталында «ЖООлардың студентлер турақ жайына жайласыў ушын арза жибериў» хызмети иске қосылды. Бул ҳаққында Бирден-бир портал рәсмий телеграмм бетинде мәлим етилди.
2023-2024-оқыў жылында студентликке усыныс етилген абитуриентлер ҳәзир my.gov.uz порталы арқалы жоқары билимлендириў мәкемелери жатақханаларына жайласыў ушын онлайн арза жибериўи мүмкин.
Арзаны көрип шығыўда түрли жеңилликлер ҳәм үстинликлер есапқа алынады. Бул дизим менен арза толтырыў процесинде танысасыз.
Сондай-ақ, жеңилликке ийе болмаған студентлерге арнаўлы гезек номери бериледи. Жатақханада бос орынлар болса, усы номер тийкарында турақ жай ушын жоллама бериледи.
Атап өтилиўинше, быйылғы оқыў жылында бул хызметтен тек ғана 1-басқыш студентлери, кейинги оқыў жылынан болса барлық студентлер пайдаланыўы мүмкин.

Гезектеги жетискенлик
Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлиги жанындағы қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелери агентлигине қараслы Қараөзек районы қәнигелестирилген мектебин 2022-2023-оқыў жылында 32 оқыўшы питкерип шығып, олардың барлығы жоқары оқыў орынларына оқыўға кириў ҳәм студент болыў бахтына миясар болды.

Аўыл хожалығында әҳмийетли дәўир
Хазирги ўақытта аўыл хожалығы майданларында жумыслар қызғын, ғәлле ҳәм палыз өнимлери жыйнап алынбақта.
Әлбетте, бул базардан таяр өним сатып алыўдан анағурлым қыйын, яғный, тынымсыз мийнет талап етиледи.
Орайдан узақ аймақларда салы көп егилгени себепли суў жақсы жетип бармағанлығынан бүгинге шекем фермерлер бир қанша қыйыншылықларға дус келди.
Беруний районы Бийбазар АПЖдағы Таллық аймағындағы фермер хожалығында усы жылға шекем суўғарыўда кыйыншылықлар болған. Бүгин атыз майданлары суў менен тәмийинленген, өним жақсы, күтилип атырған дәраматта жоқары.
Салы екпестен де кем суў талап ететуғын егинлер арқалы көп пайда алса болады, мийнети де бир қанша жеңилирек ҳәм дәраматлы дейди фермерлер.