«Арал теңизи самаллары» - қарақалпақ эпикалық мийрасы Европа сахналарында
Қарақалпақстанлы музыкантлар Германия, Бельгия ҳәм Нидерландия мәмлекетлеринде 11-28-апрель күнлери «Арал теңизи самаллары» атлы дөретиўшилик сапарда болды. Онда жас қәбилетли бақсы Азада Қарлыбаева ҳәм сәзенде Гумисай Бердихановалар қарақалпақ эпикалық мийрасларының ең жақсы дәстанлары — «Ғариб-ашық», «Саятхан-Хамре», «Базерген», «Алпамыс»тан үзиндилер ҳәмде халық қосықларынан ибарат 10 нан артық концерт ҳәм шеберлик сабақларын қарақалпақ тилинде атқарды.
Дөретиўшилик сапар ОXUS Culture мәмлекетлик емес шөлкеминиң Өзбекстан мәдениятын халықаралық майданға танытыўдағы «Алба Култур» халықаралық музыка бюросы менен биргеликте гезектеги бирге ислесиў жойбары есапланады.
«Арал теңизи самаллары» қарақалпақ бақсышылық жөнелисиндеги Европада ең узақ даўам еткен профессионал концертлерден бири. 11-апрельден 28-апрельге шекем даўам еткен дөретиўшилик сапар 10 концертти өз ишине алған.
«Арал теңизи самаллары» дүнья музыкасының Европадағы ықласбентлерин және бир мәрте Орайлық Азия, сондай-ақ, өзбек ҳәм қарақалпақ эстрада орталығына қыялый саяхат етиўи, бул арқалы Арал теңизи апатшылығынан хабардар болыўына себеп болады.
Жойбардың өзине 2 жыл, сәзенде ҳәм музыкантлар менен болса 1 жыл таярлық көрилген.
Жойбар атының «Арал теңизи самаллары» деп аталыўы арқалы аймақ халқының мәдений мийрасы, турмыс тәризине, атқарыў арқалы болса Арал теңизи апатшылығы, ол жердеги экологиялық жағдайға адамлардың дыққатын қаратыў мақсет етип алынған.
Атқарыўларда Арал теңизи сөз етилмеген. Қандайда апатшылық та көрсетилмеген. Көркем өнер хызметкерлериниң усы аймақтан екенлигиниң өзи үлкен фактор есапланады. Жойбардың булай аталыўы арқалы атқарыўға, атқарыў арқалы экология машқаласына дыққат қаратыў мақсет етип қойылған.
Қарақалпақ көркем өнери Европада жыллы жүзлилик пенен күтип алынды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉ Telegram 🌐Website 📱 Instagram 📱 Facebook 📱 Twitter

Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
III халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалында Қарақалпақстан Республикасының бир қатар көркем өнер тараўы ўәкиллери қатнасады
Усы жылдың 5-8-май күнлери Сырдәрья ўәлаятының Гүлистан қаласында III халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалы өткерилиўи режелестирилген.
Фестивалдың ашылыў ҳәм жабылыў салтанатларына бағышланған концерт бағдарламасына Бердақ атындағы Қарақалпак мәмлекетлик академиялық музыкалы театры жәмәәти, фестиваль болып өтетуғын орында Қарақалпақстан Республикасы ушын ажыратылған аймақта Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы жәмәәти қатнасыўы күтилмекте. Ҳәзирги ўақытта дөретиўши жәмәәттиң барлық ағзалары Гүлистан қаласына жетип барған ҳәм таярлық жумысларына қатнаспақта.
Фестиваль шеңберинде өткерилетуғын таңлаўдың бақсышылық жөнелиси бойынша Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы Қарақалпақстан Республикасы бөлими «Мухаллес» дуўтаршылар ансамбли көркем басшысы Ерисбай Асқаров;
Кегейли районы 11-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби оқытыўшысы Улдәўлет Сәрсенбаева;
Нөкис қәнигелестирилген мәденият мектеби оқытыўшысы Қылышбай Алламуратовлар қатнасыўы режелестирилген.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉ Telegram 🌐Website 📱 Instagram 📱 Facebook 📱 Twitter
Усы жылдың 5-8-май күнлери Сырдәрья ўәлаятының Гүлистан қаласында III халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалы өткерилиўи режелестирилген.
Фестивалдың ашылыў ҳәм жабылыў салтанатларына бағышланған концерт бағдарламасына Бердақ атындағы Қарақалпак мәмлекетлик академиялық музыкалы театры жәмәәти, фестиваль болып өтетуғын орында Қарақалпақстан Республикасы ушын ажыратылған аймақта Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы жәмәәти қатнасыўы күтилмекте. Ҳәзирги ўақытта дөретиўши жәмәәттиң барлық ағзалары Гүлистан қаласына жетип барған ҳәм таярлық жумысларына қатнаспақта.
Фестиваль шеңберинде өткерилетуғын таңлаўдың бақсышылық жөнелиси бойынша Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы Қарақалпақстан Республикасы бөлими «Мухаллес» дуўтаршылар ансамбли көркем басшысы Ерисбай Асқаров;
Кегейли районы 11-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби оқытыўшысы Улдәўлет Сәрсенбаева;
Нөкис қәнигелестирилген мәденият мектеби оқытыўшысы Қылышбай Алламуратовлар қатнасыўы режелестирилген.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
❗️Мәмлекет жоқары билим бериў орынларына кириўде ең жоқары балл топлаған 200 абитуриент ушын Президент грантын жәриялады.
➡️ Грантта жеңимпаз болған студентлерге Президент мәмлекетлик стипендиясы тайынланады ҳәм төленеди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉ Telegram 🌐Website 📱 Instagram 📱 Facebook 📱 Twitter
➡️ Грантта жеңимпаз болған студентлерге Президент мәмлекетлик стипендиясы тайынланады ҳәм төленеди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Кун_фотосы
Қыйтақ жер дәрамат дереги
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉ Telegram 🌐Website 📱 Instagram 📱 Facebook 📱 Twitter
Қыйтақ жер дәрамат дереги
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
🔰 Дәраматы жетерли болмаған пухараларға ипотека кредитин алыў имканияты жаратылды
📌 Ипотека кредити ҳәм субсидия менен көбирек пухаралар қамтып алынады:
➖ 1-майдан баслап рәсмий дәраматы жетерли болмаған пуқараларға да ипотека кредити алыў имканияты жаратылады. Бунда олардың төлеў қәбилетин анықлаўда банк картасындағы айланба, ижара, коммунал ҳәм басқа қәрежетлерге төленген пуллары да есапқа алынады;
➖ дәслепки төлемди көбирек төлеген пуқаралар банктен арзанырақ кредит алыў имканиятына ийе болады;
➖ субсидияға ажыратылған қаржыларды тезирек ислетиў ушын субсидия хабарнамасының әмел етиў мүддети 12 айдан 4 айға түсириледи. Яғный, бул мүддет қысқартылыўы арқалы субсидиядан көбирек пуқаралар пайдаланыўы ушын имканият жаратылады.
Соның менен бирге, 4 ай даўамында сертификаттан пайдаланбаған пуқараларға субсидия алыў ушын қайта мүрәжат етиў ҳуқықы бериледи.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉ Telegram 🌐Website 📱 Instagram 📱 Facebook 📱 Twitter
📌 Ипотека кредити ҳәм субсидия менен көбирек пухаралар қамтып алынады:
Соның менен бирге, 4 ай даўамында сертификаттан пайдаланбаған пуқараларға субсидия алыў ушын қайта мүрәжат етиў ҳуқықы бериледи.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
🔰 Студентлерге ижара төлеминиң бир бөлегин төлеп бериў тәртиби белгиленди
📍 Еки ҳәм оннан артық студентти ижараға алыўда турақ-жайдың майданы ҳәр бир студент ушын 12 квадрат метрден кем болмаўы керек, деген қағыйда киргизилиўи мүмкин.
Министрлер Кабинетиниң "Жоқары билимлендириў мекемелериниң студентлерин турақ-жай менен тәмийинлеў системасын жетилистириў ис-илажлары ҳаққында"ғы қарарының жойбары жәрияланды.
2023-жыл 1-сентябрьден баслап мәмлекетлик жоқары билимлендириў мекемелериниң студентлерине ижара төлеминиң бир бөлегин мәмлекетлик бюджет есабынан қаплап бериўдиң әпиўайыластырылған тәртиби енгизиледи.
Бунда:
➖ Талабанларға айлық ижара төлеминиң бир бөлеги ижара шәртнамасының суммасына қарамастан Ташкент қаласында - базалық есаплаў муғдарының бир есеси, қалған аймақларда - базалық есаплаў муғдарының ярым есеси муғдарында төленеди;
➖ Ижара шәртнамасында еки ҳәм оннан артық студентлерди рәсмийлестириўде турақ-жайдың майданы ҳәр бир студент ушын 12 (он еки) метр квадраттан кем болмаўы керек;
➖ Студентлер қатарына қабыл етилген ҳәм студентлер жатақханасы менен қамтып алынбаған жоқары билимлендириў мекемесинен узақта жайласқан аймақлардан келген биринши басқыш студентлерине (турақлы жасаў орны басқа районда (қалада) болған ижара тийкарында жасайтуғын студентлер), жоқары оқыў орынларына усы мақсетте ажыратылған қаржылар шеңберинде сентябрь ҳәм октябрь айлары ушын ижара шәртнамасы талап етпей айлық ижара төлеминиң бир бөлеги қаплап бериледи ҳәмде белгиленген тәртипте ижара шәртнамасын усынған студентлерге ноябрь айынан төлемлер даўам еттириледи.
Толық мағлыўмат
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉ Telegram 🌐Website 📱 Instagram 📱 Facebook 📱 Twitter
📍 Еки ҳәм оннан артық студентти ижараға алыўда турақ-жайдың майданы ҳәр бир студент ушын 12 квадрат метрден кем болмаўы керек, деген қағыйда киргизилиўи мүмкин.
Министрлер Кабинетиниң "Жоқары билимлендириў мекемелериниң студентлерин турақ-жай менен тәмийинлеў системасын жетилистириў ис-илажлары ҳаққында"ғы қарарының жойбары жәрияланды.
2023-жыл 1-сентябрьден баслап мәмлекетлик жоқары билимлендириў мекемелериниң студентлерине ижара төлеминиң бир бөлегин мәмлекетлик бюджет есабынан қаплап бериўдиң әпиўайыластырылған тәртиби енгизиледи.
Бунда:
Толық мағлыўмат
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Халықаралық дәрежедеги сертификатқа ийе оқытыўшыларға үстеме ҳақы төленеди
Президент қарары менен Билимлендириў мекемелериниң кеминде С1 дәрежедеги миллий ямаса оған теңлестирилген халықаралық дәрежедеги сертификатқа ийе шет тиллер (инглис, франсуз, немис, испан, итальян, араб, қытай, япон, корейс, түрк, парсы, ҳинд, урду) оқытыўшыларына олардың базалық тариф ставкасына ҳәр ай 50 процент муғдарында қосымша үстеме ҳақы төлеп барылатуғыны белгиленген.
Бунда, улыўма орта, орта арнаўлы ҳәм профессионал билимлендириў мекемелери оқытыўшыларының кеминде C1 дәрежедеги халықаралық сертификатты алыўы ушын имтихан тапсырыў менен байланыслы қәрежетлер Мәмлекет бюджетинен педагог кадрлардың қәнигелигин арттырыў ушын ажыратылатуғын қаржылардан, ал мәмлекетлик жоқары билимлендириў мекемелери оқытыўшыларының қәрежетлери болса жоқары билимлендириў мекемелериниң өз қаржылары есабынан қапланатуғыны көрсетилген.

☪️ Быйылғы Ораза айында Қарақалпақстаннан 100 адам мәмлекет есабынан Умра зияратына жиберилди
Президентимиздиң басламасы менен ҳәр жылы Ораза айын мүнәсип белгилеўге айрықша итибар қаратылып, мүбәрек айда бир қатар жеңилликлер берилип келинбекте.
Быйылғы жылда усылар қатарында Ораза айында социаллық қоллап-қуўатлаўға мүтәж, кем тәмийинленген ҳәм темир дәптерде есапта турған мәмлекетимиздиң 1400 пуқарасы мәмлекет есабынан Умра зияратына жиберилди.
Өз нәўбетинде зияратшылар муқәддес мәнзилде турып, халқымызға тынышлық, аўызбиршилик ҳәм жақсы тилеклер тилеп дуўада болды.
Соннан, Қарақалпақстан Республикасы бойынша ҳәр бир район ҳәм қаладан 6 адамнан 100 пуқараның Умра зияратына барыўы тәмийинленди. Бул да өз гезегинде муқәддес ҳәм айлардың султаны болған Ораза айында Президентимиз тәрепинен әмелге асырылған диний кеңпейилликти тәмийинлеў, пуқараларымыздың ҳүждән еркинлигин кепиллеў бағдарындағы ийгиликли әмеллердиң бири болды десек алжаспаған боламыз.

🔰 Өзин-өзи бәнт еткен пуқаралар дизимнен өтсе оған қандай жеңилликлер бар?
Президентимиздиң 2020-жыл 8-июндағы ПҚ-4742-санлы “Исблерменлик жумысы ҳәм өзин өзи бәнт етиўди мәмлекет тәрепинен тәртипке салыўды әпиўайыластырыў ис-илажлары ҳаққында”ғы қарары қабыл етилип, усы пуқараларға қолайлықлар, кең имканиятлар ҳәм жеңилликлер берилди.
Атап айтқанда:
🔹 өзин өзи бәнт еткен шахс сыпатында дизимнен өтиў бийпул болып, олар “Soliq” мобил косымшасы арқалы дизимнен өтеди ҳәм дизимнен өткенлиги ҳаққында матрицалы штрих код (QR-код) лы гуўалық бериледи.
🔹 өзин өзи бәнт еткен пуқаралардың мийнет искерлиги нәтийжесинде алынған дәраматлары физикалық шахслардың жәми дәраматлары қурамына киргизилмейди ҳәм тапқан дәраматы салыққа тартылмайды.
🔹 өзин өзи бәнт еткен пуқаралар жылына базалық есаплаў муғдарының бир есеси муғдарында (2023-жыл 1-майдан баслап 330 000 сум) социаллық салықты төлейди ҳәм пуқараға жыллық мийнет стажы есапланады ҳәмде пенсияға шыққанында пенсия муғдарын тайынлаўда төлеген салыклары есапқа алынады.
Қарақалпақстан Республикасында қарар қабыл етилгеннен кейин 65 435 пуқара, соннан, 2023-жылда 14 669 пуқара өзин өзи бәнт еткен пуқара сыпатында дизимге алынды.
❗️ Түсиндирме
2023-жыл 1-майдан баслап жыллық 330 000 сум социаллық салық ҳәр айда 27 500 сумнан туўра келеди.
Ҳәзирги ўақытта бул өзин өзи бәнт еткен шахс сыпатында дизимнен өтиў керексиздей көриниўи мүмкин деген менен, пенсия жасына жеткен ўақытта мийнет стажының аз болыўы ямаса болмаўы себепли пенсия муғдарының аз болыўы менен байланыслы машқала келип шығыўы мүмкин. Бүгинги күнде усы пенсия муғдарының азлығы бойынша көплеген мүрәжатлар келип түспекте.
Усындай машқалалардың алдын алыўды ойлаған ҳәр бир өзин өзи бәнт еткен пуқара дизимнен өтсе келешекке тийкар жаратқан болады.

Бағыўшысы болмаған көп балалы шаңарақлар жер салығын төлемейди
✅Ата ҳәм анасынан бири ямаса ата-ананың екеўиде қайтыс болған көп балалы шаңарақлар салық салыныўда бағыўшысынан айырылған көп балалы шаңарақлар есапланады.
✅ Әне усындай шаңарақлар Салық кодексиниң 436-статьясына тийкар жер салығын төлеўи шәрт болмаған шаңарақлар катарына киреди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉ Telegram 🌐Website 📱 Instagram 📱 Facebook 📱 Twitter
✅Ата ҳәм анасынан бири ямаса ата-ананың екеўиде қайтыс болған көп балалы шаңарақлар салық салыныўда бағыўшысынан айырылған көп балалы шаңарақлар есапланады.
✅ Әне усындай шаңарақлар Салық кодексиниң 436-статьясына тийкар жер салығын төлеўи шәрт болмаған шаңарақлар катарына киреди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
📌 Дүньяға белгили шыпакер Қарақалпақстанға келди
Бүгин Россиядан келген белгили шыпакер,профессор Юрий Андреевич Козлов пайтахтымызда жайласқан Қарақалпақстан Медицина институты балалар клиникасында наўқаслығы бар балаларды медициналық тексериўден өткериўди баслады.
Бул медициналық тексериў, Өзбек-Словак анестезия-дем алыў үскенелери ҳәм вентиляторларын ислеп шығарыўшы “Chirana Asia” қоспа кәрханасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен шөлкемлестирилди.
Усы күнниң өзинде шыпакер елиўден аслам балаларды медициналық бақлаўдан өткерди ҳәм олардың ата-аналарына мәсләҳәтлер берди. Ал, айырым наўқаслығы терең үйрениўди талап ететуғын балалар емлеўханаға сол ўақыттың өзинде жатқарылды.
📌 Медициналық көрик 2-май күнине шекем даўам етеди…