Joqarǵı Keńes.uz
42.8K subscribers
21.7K photos
1.81K videos
13 files
9.25K links
Веб-сайт: https://joqargikenes.uz/
Instagram: www.instagram.com/joqargikenes.uz/
Facebook: www.fb.com/joqargikenes
Youtube: www.youtube.com/@joqargikenes

© Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси
Download Telegram
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 31-август сәнесиндеги «Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураны жедел пәтлерде раўажландырыў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы ПП-213-санлы Пәрманы менен 2022-жылдың 3-шегеринен баслап, 2024-жылдың жуўмағына шекем ҳәр шерек жуўмағы менен қосылған қун салығы бойынша дәраматлар прогнозының асырылып орынланған бөлеги Қарақалпақстан Республикасы ықтыярында қалдырылмақта. Нәтийжеде 50 млрд.сумнан аслам қаржы Қарақалпақстан Республикасы бюджетине қалыўы күтилмекте.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Әскерий тараў ўәкиллери Нөкис каласындағы 10 дала асханасында ўатанласларымызға ыссы аўқат бөлисти

Суўық ҳаўа райы шараятында пуқараларымыз халынан хабар алыў, суўық күнлерде көшеде ҳәм басқа орынларда мийнет етип атырған инсанларға бираз болса да жыллылық бөлисиў, социаллық қорғаўға мүтәж болғанларға жәрдем қолын созыў мақсетинде Президент Шавкат Мирзиёевтың тапсырмасы менен орынларда ысытыў пунктлери ҳәм әскерий дала асханалары шөлкемлестирилип, халқымызға хызмет ете баслады.

Соннан, Нөкис қаласындағы «Қоскөл – 1, 3, 4», 21-киши район, «Шымбай гүзары», «Айдын жол», «Анасай», Қызылқум ҳәм «Жеке терек» мәҳәллелери, сондай-ақ, «Жайҳун-үшқудық» көшесинде шөлкемлестирилген 10 әскерий дала асханасында күнине 100 кг.ға шекем палаў таярланып, ыссы шай бөлисилмекте.

Нөкис қаласы ҳәкимлиги тәрепинен керекли азық-аўқат өнимлери жеткерип берилип, мәҳәлле турғынлары, абаданластырыў ҳәм басқа да тараў хызметкерлери, сондай-ақ, социаллық жәрдемге мүтәж болған пуқаралар ушын аўқат таярланды.

Толық мағлыўмат


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Елимизде бақланып атырған суўық ҳаўа жағдайында барлық тараўлар халқымыздың зыянсыз шығып кетиўи ушын аянбай мийнет етип атыр. Сол қатары елимиздиң электр энергиясы менен байланыслы мәселеси бүгинги күнде баслы ўазыйпамызға айланған.

Тақыятас ыссылық электр станциясының халқымызды электр энергиясы ҳәм тәбийғый газ бенен тәмийинлеўдеги әҳмийети айрықша.

Президентимиздиң тиккелей басламасы менен 2017-жылдың декабрь айында инвестициялық жойбар тийкарында қурылысы басланған Тақыятас ыссылық электр станциясында жаңадан 280 Мегаваттлық еки дана пуў газ қурылмасы 2020-жылда қурып питкерилди.

Тақыятас ыссылық электр станциясы Қарақалпақстан Республикасы менен Хорезм ўәлаятын 100 пайыз электр энергиясы менен тәмийинлеўши ыссылық электр станциясы болып, ол жоқары газ басымы менен ислейтуғын болғанлықтан бүгинги суўық ҳаўада Қарақалпақстан Республикасына тәбийғый газ басымы қосымша ажыратылмақта ҳәм соның есабына шаңарақларда газ басымының ҳәдден тыс төменлеп кетиўиниң алды алынып атыр.

Ҳәзирги жағдайда Тақыятас ыссылық электр станциясында ислеп шығарыў турақлылығын тәмийинлеў бойынша жумыслар күшейтирилген режимде алып барылып, 24 саат даўамында халқымызды электр энергиясы мененен үзликсиз тәмийинлеўдиң барлық илажлары көрилмекте.

ЎзбРус


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Төрткүл районында «Меҳир ҳәрекети» кәрўаны жолға шықты

Елимизде жәрдемге мүтәж инсанларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, қыйын күнинде оларға көмекши, қорғаўшы болыў мақсетинде басланған «Меҳир ҳәрекети» басламасы республикамыздың барлық орынларында даўам етип атыр.

Усы «Меҳир ҳәрекети» шеңберинде Төрткүл районындағы мүтәж, социаллық қоллап-қуўатлаўға зәрүрлиги бар 510 шаңараққа Мәҳәлле қайыр-сақаўат жәмийетлик қоры жанындағы «Сақаўат ҳәм көмек» фонды қаржылары есабынан биринши дәрежедеги азық-аўқатлық затлар ҳәм тутыныў буйымлары жеткерип берилмекте.

Толық мағлыўматЎзбРус


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Президент қарары менен республикамыздың ең шетки аймақларына да электр энергиясын турақлы түрде жеткерип бериў тәмийинленбекте

Өзбекстан Республикасы Президентиниң «2022-2023-жылларда мәҳәллелер инфраструктурасын еледе жақсылаў бойынша қосымша ис-илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-408-санлы қарарына тийкарланып, Қоңырат районының «Темир жол» МПЖ ҳәм республикамыздың ең алыс аймақларының бири болған «Жаслық» посёлка пуқаралар жыйыны аймақларына қуўатлылығы 250 кВА болған 2 жаңа трансформатор пунктлери ҳәм 40 тан артық темир-бетон бағаналары орнатылып, аймақта жасаўшы халықтың электр энергиясына болған талабы қанаатландырылып атыр.

Толық мағлыўматЎзбРус


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Нәтийжели Өзбекстан-Сингапур саммити еки тәреплеме бирге ислесиўди еледе кеңейтиў ҳәм беккемлеў ушын тийкар жаратты

Самарали Ўзбекистон-Сингапур саммити икки томонлама ҳамкорликни янада кенгайтириш ва мустаҳкамлаш учун мустаҳкам замин яратди

Плодотворный узбекско-сингапурский саммит заложил прочную основу для дальнейшего расширения и укрепления двустороннего сотрудничества

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
«Меҳир ҳәрекети» шеңберинде Кегейли районындағы жәрдемге мүтәж шаңарақлардан хабар алынды

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы, депутат Дауытбай Қурбаниязов Кегейли районында болып, аўыр турмыс шараятында жасап атырған, социаллық қоллап-қуўатлаўға мүтәж ҳәм кɵп балалы шаңарақлардың жағдайларынан хабар алып, олар ушын күнделикли зәрүр болған азық-аўқат ɵнимлери, жыллы кийим-кеншеклер ҳәм хожалық буйымларын тарқатты.

Толық мағлыўматЎзбРус


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM