Joqarǵı keńes.uz
40.3K subscribers
21.3K photos
1.71K videos
13 files
9.02K links
Веб-сайт: https://joqargikenes.uz/
Instagram: www.instagram.com/joqargikenes.uz/
Facebook: www.fb.com/joqargikenes
Youtube: www.youtube.com/@joqargikenes

© Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси
Download Telegram
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси өзиниң миннетдаршылығын билдиреди

Бүгингидей ўақтыншалық сынаўлы күнлерде халқымыз биреў биреўге жәрдем қолын созып, ийинлес болып атыр
.

Суўда, жолларда, бийикте ҳәм қақаман суўықта өз ўазыйпасын атқарып атырған пидайы инсанлардың ислери мақтаўға ылайық.

Соңғы жылларда бақланбаған суўық хаўа ўатанласларымыз ушын аңсат болып атырған жоқ. Сондай кәсип ийелери бар, олар халқымыздың абаданлығы ушын өз ўазыйпаларын атқарыў даўамында суўықты ҳәммемизден көбирек сезип атыр.

Бундай ийгиликли ислер ушын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси "Әжинияз Қарақалпақ" дәриханасы жәмәәтине, Нөкис қаласы ҳәкимлиги, Жаслар ислер агентлиги хәм басқада пидайы инсанларға терең миннетдаршылық билдиреди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Муқаддас қасамёдига ҳамиша содиқ бўлиб, хизмат бурчини ерда ҳам, кўкда ҳам шараф билан адо этаётган баҳодир ва довюрак ҳарбийларимизга Ўзбекистон Қуролли Кучлари ташкил этилганининг 31 йиллиги ва Ватан ҳимоячилари куни муборак бўлсин!

С 31-й годовщиной образования Вооруженных Сил Узбекистана и Днем защитников Родины вас, храбрые наши воины, верные священной присяге, с честью выполняющие свой долг на суше и в воздушном пространстве!

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
Ўзбекистон Республикаси Қуролли Кучлари ташкил этилганининг 31 йиллиги ва Ватан ҳимоячилари куни муносабати билан байрам табриги

Праздничное поздравление в связи с 31-летием образования Вооруженных Сил Республики Узбекистан и Днем защитников Родины

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
Ҳүрметли Ўатан қорғаўшылары!
Қәдирли Ўатанласлар!

Сизлерди, сизлер арқалы пүткил әскерий тараў хызметкерлерин Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери шөлкемлестирилгенлигиниң 31 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен шын кеўилден қутлықлаймыз.

Ел тынышлығы, Ўатанымыз шегараларының қәўипсизлиги, пуқараларымыздың тыныш уйқысын тәмийинлеўде сиз пидайы инсанлардың мийнетлериңиз айрықша.

Биз сизлердиң тымсалыңызда миллий армиямызға таўдай таяныш болып турған уллы руўхый күшти көремиз.

Ўатанымыздың қорғаныў қүдиретин арттырыўда сиз тараў пидайыларының мүнәсип үлесиңиз бар.

Әскерий тараўды раўажландырыў, оның күш-қудиретин арттырыў бағдарындағы жумыслар, халқымыз тынышлығын қорғаўдағы ийгиликли ислер "Халық пенен армия - бир пүтин" деген уллы идеяны әмелде тәмийинлеўге хызмет етпекте.

Ҳүрметли Ўатан қорғаўшылары!

Сизлерди және бир мәрте Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгенлигиниң 31 жыллығы ҳәмде Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети қутлықлап, елимиз тыныш, аспанымыз ашық, тынышлығымыз мәнги болыўын тилеп қаламыз.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы
Аманбай Орынбаев


Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Ўатан қорғаўшылары күни белгиленди

Усы жылдың 14-январ күни пайтахтымыздағы «Ҳәсиретли ана» естелигине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси менен Министрлер Кеңеси, Арқа-Батыс әскерий округи, ҳуқық қорғаў уйымлары, мийнет жәмәәтлери, оқыў орынлары, урыс ҳәм мийнет ветеранлары атынан гүл шеңберлери қойылды.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасты.

Толық мағлыўматЎзбРус


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
«Миллий армиямыз – Жаңа Өзбекстанның беккем қорғаны!» атамасындағы байрам салтанаты болып өтти

Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында 14-январь – Ўатан қорғаўшылары күни ҳәм Қураллы Күшлеримиз дүзилгениниң 31 жыллығы мүнәсибети менен «Миллий армиямыз – Жаңа Өзбекстанның беккем қорғаны!» атамасындағы байрам салтанаты болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, барлық әскерий тараў хызметкерлери, ветеранлар ҳәм пүткил халқымызды байрам мүнәсибети менен қызғын қутлықлады.

Толық мағлыўматЎзбРус


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
2023-жыл 15-январь күни, саат 10:30 да Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң бас имаратында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының исбилерменлер ушын жеке қабыллаўы болып өтеди.

Еслетпе!

(15-январь күни болып өтетуғын қабыллаўда исбилерменлердиң мәселелери көрип шығылады. Ал, жеке пуқаралардың мүрәжатлары жақын күнлерде өткерилиўи режелестирилген Жоқарғы Кеңес Баслығының жеке кабыллаўларында көрип шығылатуғынлығын мәлим етемиз).


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Мүрәжат қадағалаўға алынды

Телеграм тармағындағы
«Hoja.uz» каналында жәрияланған 2023-жылдан баслап Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик ушын берилген жеңилликлер бойынша мүрәжат Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен қадағалаўға алынғанлығын мәлим етип билдиремиз.


Қарақалпақстан Республикасы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Ўатан қорғаўшылары ушын хызмет ететуғын объектлер пайдаланыўға тапсырылды

Бүгин Арқа-Батыс әскерий округының Нөкис горнизонында капитал оңлаў жумыслары жуўмақланған социаллық объектлердиң пайдаланыўға тапсырылыўы мүнәсибети менен ашылыў мәресими болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасып, өмирин машақатлы соның менен бирге, мақтанышлы ўазыйпаға бағышлаған ел қорғаўшыларын 14-январь Ўатан қорғаўшылары күни менен қутлықлады.

Капитал оңлаў жумыслары әмелге асырылғаннан соң 2 қабатлы әскерий бөлим штаб имараты, әскерий бөлим медицина пункти, Нөкис үй-жайдан пайдаланыў аймақлық бөлимине қараслы жатақхана жаңаша көринисте пайдаланыўға тапсырылды. Имаратлар заманагөй түс алып, барлық керекли әсбап-үскенелер, мебель-техникалар менен тәмийинленди. Сондай-ақ, жатақхана имаратында улыўмалық аўқатланыў орны да шөлкемлестирилди.

Толық мағлыўматЎзбРус


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM