Joqarǵi keńes.uz
39.2K subscribers
19.2K photos
1.45K videos
10 files
8.03K links
Веб-сайт: www.joqargikenes.uz
Instagram: www.instagram.com/joqargikenes.uz/
Facebook: www.fb.com/joqargikenes
Youtube: www.youtube.com/@joqargikenes

© Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси
Download Telegram
Президентимиздиң 2020-жыл 26-августтағы қарарына муўапық, Қарақалпақ мәмлекетлик университети 3-басқыш студенти Рахимбаев Отабек Давлатбаевич ҳәм Нөкис қаласындағы “Оралбай Нөкис” шаңарақлық кәрханасы баслығы Сержанов Памир Оралбаевич “Мард ўғлон” мәмлекетлик сыйлығы менен сыйлықланды.

https://uza.uz/oz/documents/mard-lon1-davlat-mukofoti-bilan-ta-dirlash-t-risida-27-08-2020
«Халықты социаллық жақтан қоллап-қуўатлаўға қаратылған қосымша ис-илажлар ҳаққында» Президент қарары қабыл етилди.

Қарарға муўапық, «Сақаўат ҳәм жәрдем» улыўмахалықлық ҳәрекетин даўам еттириў және де, материаллық жәрдемге мүтәж шаңарақлардың перзентлерин қысқы кийим-кеншек топламлары, мектеп формасы ҳәм оқыў қураллары менен тәмийинлеў мақсетинде 2020-жылдың сентябрь айында халықтың төмендеги қатламларына бир мәртелик материаллық жәрдем көрсетиледи:

Материаллық жәрдемге мүтәж шаңарақлардың дизимине («темир дәптер») киргизилген шаңарақлардың 16 жасқа толмаған балаларына;

Бағыўшысынан айрылғаны ушын пенсиясын ямаса напақасын алыўшы шаңарақлардың 16 жасқа толмаған балаларына;

Майыплығы болған 16 жасқа толмаған балаларға.

Бир мәртелик материаллық жәрдемниң муғдары ҳәр бир 16 жасқа толмаған бала ушын 500 мың сум етип белгиленеди.

Қарарға муўапық, республикадағы барлық баслаўыш, улыўма орта билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў мәкемелериниң хызметкерлери орайласқан тәртипте 2020-жылдың 1-октябрь сәнесине шекем гриппке қарсы емленеди.

Дерек: huquqiyaxborot
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Янгиланаётган Ўзбекистон: Халқаро ҳунармандчилик фестивали

Обновлящийся Узбекистан: Международный фестиваль народно-прикладного искусства

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
Бүгин 2020-жыл 27-август күни Халық депутатлары Хожели районлық кеңесиниң тоғызыншы сессиясы болып өтти.

Сессияда Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутаты М.Ибрагимов, Жоқарғы Кеңес комитети баслығы А.Ибрагимов, район 4 сектор басшысы, кәрхана, мәкеме, шөлкем басшылары ҳәм халық депутатлары қатнасты.

Сессия күн тәртибинде кем тәмийнленген шаңарақларды қоллап-қуўатлаў, исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийнлеў, сондай-ақ балалардың мектепке барыўы, карантин қағыйдаларына әмел етиў мәселелери додаланды. Олий Мәжилис депутаты М.Ибрагимов усы жөнинде өз пикир ҳәм усынысларын баян етти.

Жоқарғы Кеңес комитет баслығы А.Ибрагимов ишимлик суў ҳәм канализация тармақларын жақсылаў жөниндеги дәстүрлер менен таныстырды. Буннан тысқары, район прокуратурасы ҳәм ишки ислер болиминиң 6 айда әмелге асырған жумыслары бойынша депутатларға есап берди. Сондай-ақ, депутатлар талабы менен банк басқарыўшыларының шаңарақ исбилерменлиги бойынша есабатлары тыңланды ҳәм депутатлар сын көз қараста баҳалады.

Хожели районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети
Президент видеоселектор йиғилиши аввалида коронавирус билан боғлиқ вазиятга тўхталиб ўтди. Жорий ҳафтада кунига ўртача 370 та янги бемор аниқлангани, бу рақам назорат кўрсаткичи бўлиши қайд этилди.
Раҳбарлар ҳақиқий ҳолат бўйича рақамларни яширишга мутлақо йўл қўймаслик тўғрисида огоҳлантирилди, темир интизомни таъминлаш зарурлиги айтилди.
Кўмакка муҳтож оилаларга моддий ёрдам етказиб бериш масаласи ҳам кўриб чиқилди.

В начале видеоселекторного совещания Президент затронул ситуацию с коронавирусом. Отмечено, что на этой неделе среднесуточный показатель заражения составил 370, что будет считаться контрольным показателем.
Руководители предупреждены о недопустимости сокрытия статистики о реальном положении дел, указано на необходимость обеспечения строгого выполнения санитарных требований.
Рассмотрены также вопросы оказания материальной помощи нуждающимся в поддержке семьям.

#Mirziyoyev #videoselektor #pandemiya #yordam

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter