Joqarǵi keńes.uz
39.2K subscribers
19.9K photos
1.5K videos
10 files
8.36K links
Веб-сайт: www.joqargikenes.uz
Instagram: www.instagram.com/joqargikenes.uz/
Facebook: www.fb.com/joqargikenes
Youtube: www.youtube.com/@joqargikenes

© Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси
Download Telegram
Ҳаял-қызлар байрамы болып өтти

7-март күни Нөкис қаласында 8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни мүнәсибети менен салтанатлы илаж өткерилди. Онда республикамыздың барлық қала ҳәм районларынан келген нураный аналар, жәмийетлик турмыста белсендилик көрсетип, пидайы мийнет етип атырған ҳаял-қызлар, түрли министрлик ҳәм мәкемелер ўәкиллери қатнасты.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Мурат Камалов қатнасып, республикамыз ҳаял-қызларын гөззаллық, ояныў ҳәм жасарыў әййямы болған
8-март – Халықаралық Ҳаял-қызлар байрамы менен қызғын қутлықлады.

Толық мағлыўмат

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў
: @joqargikenes

website |facebook | telegram
8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни мүнәсибети менен сыйлықлаў ҳаққында

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Президиумы қарары

Толық мағлыўмат

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў
: @joqargikenes

website |facebook | telegram
Президент Шавкат Мирзиёев Иран Ислам Республикасы Миллий қәўипсизлик жоқарғы кеңесиниӊ хаткери Али Шамхоний басшылығындағы делегацияны қабыл етти.

Өзбекстан-Иран мүнәсибетлерин және де кеңейтиў мәселелери ҳәм регионлық бирге ислесиўдиӊ әҳмийетли тәреплери көрип шығылды.

Бүгин Ташкент қаласында өткен Қәўипсизлик бойынша қоспа комиссия биринши жыйналысының әмелий нәтийжелери унамлы баҳаланды.

Каналға ағза болыў: @joqargikenes

website |facebook | telegram
“Социаллық қалаша” пайдаланыўға тапсырылды

Соӊғы жыллары елимизде Ҳүрметли Президентимиздиӊ басшылығында социаллық жәрдемге мүтәж инсанларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў оларға әмелий жәрдемлер көрсетиў бағдарында бир қатар нәтийжели жумыслар әмелге асырылмақта.

Буныӊ және бир айқын мысалын бүгин Хожели районындағы барлық қолайлы шараятларға ийе болған “Социаллық қалаша”ныӊ пайдаланыўға тапсырылыўында көриўимиз мүмкин.

Қалашаныӊ ашылыў салтанатына Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ Баслығы Мурат Камалов қатнасып, жыйналғанларды “Социаллық қалаша”ныӊ ашылыўы менен қызғын қутлықлады.

Бул қалашада 124 квартира ийелери ушын барлық қолайлы шараятлар жаратылған.

Толық мағлыўмат

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў
: @joqargikenes

website |facebook | telegram