Joqarǵi keńes.uz
39.7K subscribers
19.3K photos
1.47K videos
10 files
8.1K links
Веб-сайт: www.joqargikenes.uz
Instagram: www.instagram.com/joqargikenes.uz/
Facebook: www.fb.com/joqargikenes
Youtube: www.youtube.com/@joqargikenes

© Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси
Download Telegram
«Нөкис дийқан базары» АЖ базарлар арасында санлы технологияларды енгизиў бағдарында "ЛИДЕР" номинациясына мүнәсип деп табылды

Ташкент қаласында төлем системаларын санластырыў жумысларын жеделлестириў мәселелерине арналған форум өткерилди.

Онда Қарақалпақстан Республикасынан «Нөкис дийқан базары» акционерлик жәмийети базарлар арасында санлы технологияларды енгизиў бағдарында "ЛИДЕР" номинациясына мүнәсип деп табылды.

Айтып өтиў орынлы, базарларда толық пуллы түсимлерди тәмийинлеў ҳәм қаржылардың мақсетли бағдарланыўы, түрли талан-таражлықлардың алдын алыўда санластырыўдың орны айрықша болып, республикамыз бойынша «Нөкис дийқан базары» АЖ дәслепкилерден болып, санластырыўды енгизип атыр.

«Нукус деҳқон бозори» АЖ бозорлар ўртасида рақамли технологияларни жорий этиш йўналишида "ЛИДЕР" номинациясига муносиб деб топилди

Тошкент шаҳрида тўлов тизимларини рақамлаштириш ишларини жадаллаштириш масалаларига бағишланган форум ўтказилди.

Унда Қорақалпоғистон Республикасидан "Нукус деҳқон бозори" акциядорлик жамияти бозорлар ўртасида рақамли технологияларни жорий этиш борасида "ЛИДЕР" номинациясига муносиб деб топилди.

Таъкидлаш жоизки, бозорларда тўлиқ пул тушумларини таъминлаш ва маблағларнинг мақсадли йўналтирилиши, турли талон-торожликларнинг олдини олишда рақамлаштиришнинг ўрни алоҳида бўлиб, республикамиз бўйича "Нукус деҳқон бозори" АЖ биринчилардан бўлиб, ўз ҳудудида рақамлаштиришни жорий этмоқда.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн мүнәсибети менен байрам салтанаты болып өтти

Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында 1-декабрь – Қарақалпақстан Республикасының “Мәмлекетлик тил ҳаққында”ғы Нызамы қабыл етилгенине 35 жыл толыўы мүнәсибети менен байрам салтанаты өткерилди.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды байрам менен қутлықлады.

Толық оқыў

Қорақалпоқ тилига давлат тили мақоми берилган кун муносабати билан байрам тантанаси бўлиб ўтди

Бугун Бердақ номидаги Қорақалпоқ давлат академик мусиқали театрида 1 декабрь - Қорақалпоғистон Республикасининг "Давлат тили ҳақида"ги Қонуни қабул қилинганининг 35 йиллиги муносабати билан байрам тантанаси ўтказилди.

Унда Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг Раиси Аманбай Орынбаев сўзга чиқиб, йиғилганларни байрам билан табриклади.

Тўлиқ ўқиш


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Нөкис қаласында «Шылпық» бренди менен тазаланған ишимлик суўы ислеп шығарылмақта

Бүгин Нөкис қаласындағы «Теле орай» мәкан пуқаралар жыйынында тазаланған ишимлик суў ислеп шығарыў жойбарын иске түсирген «Long Water» кәрханасының ашылыў мәресими өткерилди.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жаңа кәрхана иске түсирилиўи мүнәсибети менен жыйналғанларды қутлықлады.

Толық оқыў

Нукус шаҳрида «Шылпық» бренди билан тозаланган ичимлик суви ишлаб чиқарилмоқда

Бугун Нукус шаҳридаги «Теле орай» маҳалла фуқаролар йиғинида тозаланган ичимлик суви ишлаб чиқариш лойиҳасини ишга туширган "Long Water" корхонасининг очилиш маросими бўлиб ўтди.

Унда Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг Раиси Аманбай Орынбаев сўзга чиқиб, янги корхона ишга туширилиши муносабати билан йиғилганларни табриклади.

Тўлиқ ўқиш


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
1-декабрь – Қарақалпақ тилине Мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн

Қәдирли дослар!

Ең дәслеп, бәршеңизди Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси атынан бүгинги қутлы сәне 1-декабрь – Қарақалпақстан Республикасының “Мәмлекетлик тил ҳаққында”ғы Нызамы қабыл етилгениниң 35 жыллық байрамы менен қызғын қутлықлаймыз.

Бәршеңизге мәлим, Тил – бул қарым-қатнас қуралы болыўы менен бирге, нешше әсирлер даўамында өзиниң қәдир-қымбатын жойтпай, бизге жетип келген бийбаҳа ғәзийне болып табылады.

Соны айрықша атап өтиўимиз тийис, ҳәр бир халықтың өзине тән өзгешелигин, ҳəр бир елдиң раўажланыў басқышларын ҳәм келешегин белгилеўде ана тилиниң тутқан орны айрықша саналады.

Мине, усы бийбаҳа байлығымызды көздиң қарашығындай сақлап, келешек әўладқа сап ҳалында жеткериў бәршемиздиң әдиўли ўазыйпамыз болып табылады. Сонлықтан, бул ўазыйпаның әҳмийетин түсинип, жасларымызды ана тилимизге, миллий қәдириятларымызға садықлық руўхында тәрбиялаў жолында бәршеңиз пидайылық көрсетесизлер деп беккем исенемиз.

Сизлерди және бир мәрте Қарақалпақстан Республикасының “Мәмлекетлик тил ҳаққында”ғы Нызамы қабыл етилгениниң
35 жыллық байрамы менен қызғын қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, шаңарақларыңызға аманлық, елимиздиң буннан былай да раўажланыўы жолындағы ийгиликли ислериңизде тасқын табыслар тилеймен.

Аманбай Орынбаев
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы


Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Өзбекстан пуқаралары Қытайға 30 күн визасыз саяхат етиўи мүмкин

Өзбекстан ҳәм Қытай Мәмлекет басшылары арасында ерисилген келисимлерди әмелге асырыў шеңберинде бүгин пуқараларға еки мәмлекетке 30 күн даўамында визасыз саяхат етиў имканиятын беретуғын Келисимге қол қойылды. Бул ҳүжжет байланысларды және де жеделлестириў, саўда айланысын арттырыў ҳәм халықлар арасындағы қатнасықларды раўажландырыў жолындағы және бир әҳмиетли қәдем болып есапланады.

Ўзбекистон фуқаролари Хитойга 30 кун визасиз саёҳат қилиши мумкин

Ўзбекистон ва Хитой Давлат раҳбарлари ўртасида эришилган келишувларни амалга ошириш доирасида бугун фуқароларга икки мамлакатга 30 кун давомида визасиз саёҳат қилиш имконини берувчи Битим имзоланди. Бу ҳужжат алоқаларни янада фаоллаштириш, савдо айланмасини ошириш ва халқлар ўртасидаги муносабатларни ривожлантириш йўлидаги яна бир муҳим қадамдир.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM