Joqarǵi keńes.uz
40.1K subscribers
19.2K photos
1.44K videos
10 files
8K links
Веб-сайт: www.joqargikenes.uz
Instagram: www.instagram.com/joqargikenes.uz/
Facebook: www.fb.com/joqargikenes
Youtube: www.youtube.com/@joqargikenes

© Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси
Download Telegram
ДЫҚҚАТ! ДАҒАЗА!

☄️ Өзбекстанда улыўма орта билим бериў мектеплери арасында биринши мәрте Нөкис қаласы 46-санлы мектебинде инглис тилинде Кембридж бағдарламасы тийкарында оқытылатуғын классларына 2024-2025-оқыў жылы ушын қабыллаў жәрияланады

🔈 Ҳүжжетлерди қабыллаў 12-октябрь сәнесинен баслап 22-октябрь (усы күни де) сәнесине шекем министрликтиң kkbilimlendiriw.uz сайты арқалы онлайн әмелге асырылады.

🔔 Кембридж бағдарламасы тийкарында оқытылатуғын классларға төмендеги  ҳүжжетлер талап етиледи.

Оқыўшының:

туўылғанлық ҳаққындағы гүўалығы;
соңғы 2 ай даўамында алынған ¾ көлемдеги фотосүўрети;
директор тәрепинен тастыйқланған баҳалар табели нусқасы;
ата-анасы яки оның орнын басыўшы шахстың паспорт мағлыўматлары ҳәмде телефон номерлери киргизилиўи лазым;
ҳүжжет тапсырыў ушын оқыўшының баҳалар табелиндеги математика, science ҳәмде инглис тили пәнлеринен 4-класстағы жыллық баҳалары "5" баҳасы (айрықша) болыўы талап етиледи.

😆 Кембридж бағдарламасы тийкарында оқытылатуғын классларына ҳәзирги ўақытта 5-класста оқып атырған оқыўшылар қабылланады.

😳  Кембридж классларында оқыў математика, компютер тәлими,  science (тәбийий пәнлер) инглис тили ҳәмде заманагөй қатнасықлар пәнлеринен инглис тилинде, басқа пәнлерден қарақалпақ ҳәм өзбек тиллеринде алып барылады.

🙂Қосымша мағлыўмат ҳәмде ҳүжжет тапсырыўда әмелий жәрдем ушын министрлик жанындағы Республикалық билимлендириў орайында шөлкемлестирилген мәсләҳәт орайына хабарлассаңыз болады.

☝️ Еслетпе: Ҳәзирги ўақытта Кембридж бағдарламасы тийкарында оқытылатуғын класс оқыўшыларын жатақхана менен тәмийинлеў нәзерде тутылмаған.

Мәнзил: Нөкис қаласы, А.Досназаров көшеси 62 жай
Бағдар: Нөкис қалалық прокуратурасы

📞 Телефон номери:  61 222-11-80


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Транспорт тараўындағы машқалалар сапластыралады

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының тапсырмасы менен Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлиги тәрепинен транспорт тараўында ушырасып атырған машқалалар ҳәм кемшиликлерди сапластырыў мақсетинде усы жылдың 30 -сентябрь санесинен 7-октябрь сәнесине шекемги аралықта Министрлер Кеңеси жанында дүзилген штаб арқалы халық арасында сораўнама өткерилди.

Усы сораўнама нәтийжесинде пуқаралар тәрепинен 403 мүрәжат келип түсти. Бул мүрәжатлар анализленгенде Нөкис қаласы ишиндеги жөнелисли жолаўшы тасыў хызметинде транспортлардың жетиспеўшилиги бойынша бир қанша машқалалардың бар екенлиги анықланды.

Сондай-ақ, усы машқалалардың алдын алыў мақсетинде Транспорт министрлиги тәрепинен Республика аймағында ҳәм Нөкис қаласында жөнелисли транспорт тармағы хызметинде орын алған кемшиликлерди сапластырыў бойынша ис-реже дүзилди. Яғный, сораўнама арқалы Нөкис қаласында транспорт жетиспеўшилиги анықланған аймақларға қосымша 10 жөнелисти қайтадан шөлкемлестириў белгилеп алынды. Бул 10 жөнелисти тасыўшы кәрханаларға бириктириў бойынша бир ҳәпте бурын дағаза берилип 24-октябрь сәнесинде тендер өткерилиўи режелестирилген. Тендер таңлаўында жеңимпаз болған кәрханаға усы жөнелислерде хызмет көрсетиў ушын шәртнама дүзбестен алдын GPS үскенелерин орнатып, диспетчерлик хызмети арқалы мониторинг қылыў белгилеп алынды.

Буның нәтийжесинде хызмет көрсетиўши автотранпорт қуралларының ақырғы мәнзилге барыўын, белгиленген жөнелис бойынша ҳәрекет етиўин бақлап барыў нәзерде тутылған.

Сондай-ақ, бүгинги күнде Е.Алакөз көшеси бойында транспортлардың топланыўы ҳәм жолаўшылардың көшеде жүриўиниң алдын алыў мақсетинде Эко базарға барыўы белгиленген жөнелислердиң кешки саат 17:00 ден кейин Орайлық базар аймағына кириўине рухсат етиледи.

Ҳүрметли пуқаралар!

Сораўнамада белсене қатнасқаныңыз ушын миннетдаршылық билдирип, сизлер тәрепинен билдирилген ҳәр бир мүрәжат итибарда екенлигин ҳәм оларды сапластырыўдың барлық иләжлары көрилетуғынлығын билдиремиз.


Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Дүньяны жақсылық, дослық, бирге ислесиў, мийрим-шәпәәт ҳәм адамгершилик қутқарады 

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедовтың мирәт етиўине бола 10-11-октябрь күнлери әмелий сапар менен Ашхабад қаласында болды.

Толық оқыў


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Ҳүрметли Президентимиздиң тарийхый пәрманы тийкарында өткен жылғыдан басқа быйылғы жылда да тек ғана Қарақалпақстан жаслары ушын жоқары оқыў орынларына кириўге 10 мың қосымша квота ажыратылған еди.

Албетте, жасларға жаратылып атырған кең имканиятлар қатарында бул квоталардың ажыратылыўы елимиз жасларына және бир үлкен қуўаныш болды.

Бүгинги күнде бул жеңилликтен пайдаланып, ўәлаятлардағы жоқары оқыў орынларына студент болыў бахтына ерискен ҳәм билим алып атырған жаслар Президентимизге шексиз миннетдар.

Ҳурматли Президентимизнинг тарихий фармони асосида ўтган йилдан ташқари жорий йилда ҳам фақат Қорақалпоғистон ёшлари учун олийгоҳларга кириш учун 10 минг қўшимча квота ажратилган эди.

Албатта, ёшларга яратилаётган кенг имкониятлар қаторида ушбу квоталарнинг ажратилиши юртимиз ёшларига яна бир катта қувонч бўлди.

Бугунги кунда ушбу имтиёздан фойдаланиб, вилоятлардаги олий ўқув юртларига талаба бўлиш бахтига эришган ва таълим олаётган ёшлар Президентимизга чексиз миннатдор.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Ҳафтанинг энг муҳим воқеалари шарҳи: МДҲ давлатлари раҳбарлари саммитида Ўзбекистоннинг ташаббуслари юқори баҳоланди. Президент Махтумқули Фироғийга бағишланган форумда иштирок этиш учун Туркманистонда бўлди. Янги ҳафта Тошкент вилоятига ташрифдан бошланди.

Ҳәптениң ең әҳмийетли ўақыяларына шолыў: ҒМДА мәмлекетлери басшылары саммитинде Өзбекстанның басламалары жоқары баҳаланды. Президент Муқтумқулы Фирагийға бағышланған форумда қатнасыў ушын Түркменистанда болды. Жаңа ҳәпте Ташкент ўәлаятына сапардан басланды.

Обзор важнейших событий за неделю: Инициативы Узбекистана высоко оценены на саммите глав государств СНГ. Президент посетил Туркменистан для участия в форуме в честь Махтумкули Фраги. Новая неделя началась с визита в Ташкентскую область.

Facebook|Instagram|X
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Елимиз жасларының миннетдаршылығы шексиз

Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы тийкарында қарақалпақстанлы жаслар ушын жоқары оқыў орынларына кириў ушын қосымша квота ажыратылған еди.

Бүгин елимиз жаслары бул имканияттан пайдаланып, республикамыз ўәлаятларындағы жоқары оқыў орынларында билим алып атыр. Ең баслысы, олардың жаратылып берилген имканияттан миннетдаршылығы шексиз.

Юртимиз ёшларининг миннатдорчилиги чексиз

Ўзбекистон Республикаси Президентининг фармони асосида қорақалпоғистонлик ёшлар учун олий таълим муассасаларига кириш учун қўшимча квота ажратилган эди.

Бугун юртимиз ёшлари ушбу имкониятдан фойдаланиб, республикамиз вилоятларидаги олий ўқув юртларида таълим олмоқда. Энг муҳими, улар яратиб берилган имкониятдан чексиз миннатдор.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Этно-туристлик комплекс ашылыўы мүнәсибети менен жаслар фестивалы болып өтти

Бүгин Тахтакөпир районындағы Қаратерең көли бойында жаңадан қурылған, ҳеш жерде уқсасы жоқ миллий колориттеги «Қаратерең» этно-туристлик комплексиниң ашылыўы мүнәсибети менен жаслар фестивалы өткерилди.

Онда республикамыз жаслары, мәденият ҳәм көркем-өнер хызметкерлери, кең жәмийетшилик, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Дәслеп, мийманлар дәстүрлеримизге сәйкес түрде нан-дуз бенен күтип алынды. Буннан соң түрли миллет ўәкиллериниң миллий үрп-әдетлери ҳәм дәстүрлери жәмленген театрластырылған композициялар, миллий қара үйлер жанында туўысқан халықлардың күнделикли турмысын сүўретлеўши көринислер, түрли ойын-заўық тамашалары жыйналғанлар нәзерине усынылды.

Кең қамтыўлы түрде өткерилген жаслар фестивалында бесик шабар, тусаўкесерден баслап, қыз жыйыны, қыз узатыў, бет ашар ҳәм басқа да ата-бабаларымыздан қалған бай мийрасларымыз, миллий үрп-әдетлеримиз, сондай-ақ, қарақалпақ халқы ҳәм туўысқан халықлардың миллийлиги, өзлиги ҳәм өзгешелигин жәмлеген дигирман тартыў, уршық ийириў, гүбиде май писиў сыяқлы турмыслық көринислер, түрли халықлар дастурханынан тағамлар, аўыл хожалығы өнимлери ярмаркалары, көл бойында жаслар сейиллери, жылқы, түйеде сейил етиў, усы сыяқлы оғада бай этно орталық барлық қатнасыўшыларда үлкен тәсирлер қалдырды.

Әсиресе, Бөршиниң таўы төбесинде дәрўазлар шығыўлары, өнерментлердиң қол өнерлери, сүўретшилердиң әтирап-аймақты сүўретлеўлери, саўлат төгип турған жаўынгер қызлар ҳәм басқа да көринислер өзгеше заўық бағышлады. 

Кешки концерт бағдарламасы «Fashion night» түрли миллет ўәкиллери кийимлери көргизбеси, музыкалы бағдарлама ҳәм салютлар шоуы менен даўам етти.

Этнотуризм мажмуаси очилиши муносабати билан ёшлар фестивали бўлиб ўтди

Бугун Тахтакўпир туманидаги Қаратерең кўли бўйида янги барпо этилган, ҳеч қаерда ўхшаши йўқ миллий колоритдаги «Қаратерең» этно-туристик мажмуасининг очилиши муносабати билан ёшлар фестивали ўтказилди.

Унда республикамиз ёшлари, маданият ва санъат ходимлари, кенг жамоатчилик, оммавий ахборот воситалари вакиллари иштирок этди.

Дастлаб, меҳмонлар анъаналаримизга хос равишда нон-туз билан кутиб олинди. Бундан сўнг турли миллат вакилларининг миллий урф-одат ва анъаналари жамланган театрлаштирилган композициялар, миллий ўтовлар ёнида қардош халқларнинг кундалик ҳаётини акс эттирувчи манзаралар, турли ўйин-кулги томошалари йиғилганлар эътиборига ҳавола этилди.

Кенг қамровли тарзда ўтказилган ёшлар фестивалида бешик чопар, тусов кесардан бошлаб, қиз базми, қиз узатиш, келин салом ва бошқа ота-боболаримиздан қолган бой меросларимиз, миллий урф-одатларимиз, шунингдек, қорақалпоқ халқи ва қардош халқларнинг миллийлиги, ўзлиги ва ўзига хослигини мужассам этган тегирмон тортиш, урчуқ йигириш, гўбида ёғ чиқариш каби ҳаётий манзаралар, турли халқлар дастурхонидан таомлар, қишлоқ хўжалиги маҳсулотлари ярмаркалари, кўл бўйлаб ёшлар сайллари, от, туя миниб сайр қилиш, шу каби жуда бой этно муҳит барча иштирокчиларда катта таассурот қолдирди.

Айниқса, Бўрши тоғи тепасида дарбозлар чиқиши, ҳунармандларнинг ҳунармандчилик наъмуналари, рассомларнинг атроф-муҳитни тасвирлашлари, салобатли жангчи қизлар ва бошқа манзаралар ўзига хос завқ бағишлади.

Кечки концерт дастури «Fashion night» турли миллат вакиллари либослари кўргазмаси, мусиқий дастур ва салютлар шоуси билан давом этди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Буннан соң түрли миллет ўәкиллериниң миллий үрп-әдетлери ҳәм дәстүрлери жәмленген театрластырылған композициялар, миллий қара үйлер жанында туўысқан халықлардың күнделикли турмысын сүўретлеўши көринислер, түрли ойын-заўық тамашалары жыйналғанлар нәзерине усынылды.

Кең қамтыўлы түрде өткерилген жаслар фестивалында бесик шабар, тусаўкесерден баслап, қыз жыйыны, қыз узатыў, бет ашар ҳәм басқа да ата-бабаларымыздан қалған бай мийрасларымыз, миллий үрп-әдетлеримиз, сондай-ақ, қарақалпақ халқы ҳәм туўысқан халықлардың миллийлиги, өзлиги ҳәм өзгешелигин жәмлеген дигирман тартыў, уршық ийириў, гүбиде май писиў сыяқлы турмыслық көринислер, түрли халықлар дастурханынан тағамлар, аўыл хожалығы өнимлери ярмаркалары, көл бойында жаслар сейиллери, жылқы, түйеде сейил етиў, усы сыяқлы оғада бай этно орталық барлық қатнасыўшыларда үлкен тәсирлер қалдырды.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM