Елимизге Жаңа жыл кирип келмекте
Бүгин Жаңа жыл байрамы мүнәсибети менен шөлкемлестирилген байрам салтанатында елимиз сүйген қосықшылар халқымыздың хызметинде болды.
Атап өтиў орынлы Нөкис қаласы орайында бой тиклеген Жаңа жыл шыршасы жанында халқымызға жоқары кейпият инәм етиў ушын барлық мүмкиншиликлер жаратылған.
Еслетип өтемиз Жаңа жыл байрамы концерт бағдарламалары 2024-жыл 5-январь сәнесине шекем даўам етеди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉ Telegram 🌐Website 📱 Instagram 📱 Facebook 📱 Twitter

Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Қоңырат районы орайында «Жаслар орайы» имаратының ашылыў мәресими болып өтти
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, соңғы жыллары елимизде «Инсан қәдири ушын» принципи тийкарында әмелге асырылып атырған оғада көлемли жумыслар, сондай-ақ, Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў жолында тек ғана Қарақалпақстан ушын 7 тарийхый әҳмийетли қарар ҳәм пәрманлары қабыл етилгенлигин атап өтти.
Айтып өтиў орынлы, ҳүрметли Президентимиздиң тапсырмасы менен өткен қысқа ўақыт ишинде Қоңырат районында 4 социаллық тараў объектинде 16 млрд. 668 млн сумлық, 23 км ишимлик суў тармақларында 3 млрд. 738 млн. сумлық, 37 км ишки жолларда 10 млрд сумлық, «Қарақалпақстан» көшесинде 1,7 млрд. сумлық, буннан тысқары Президентимиздиң 465-санлы қарары тийкарында 3 объектте 16,5 млрд. сумлық қурылыс жумыслары алып барылды.
Жоқарғы Кеңес Президиум қарары менен 13 объектте 18,2 млрд. сумлық қурылыс жумыслары әмелге асырылды. Әлбетте, булардың барлығы халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў жолында әмелге асырылмақта.
Соны да айтыў керек, соңғы жыллары елимизде қәбилетли жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм олардың талантын, билимлерин еле де жетилистириўге, физикалық ҳәм руўхый жақтан шыныққан, ҳәр тәреплеме жетик инсан етип камалға келтириўге айрықша итибар қаратылып, кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта.
Жаңадан бой тиклеген «Жаслар орайы» имаратын қурыў ушын да 3,5 млрд. сумнан артық қаржы ажыратылып, заманагөй көринисте қурып питкерилди. Орайда шөлкемлестирилген дөгереклерде бир ўақыттың өзинде 300 ге шамалас жаслардың ўақтын мазмунлы өткериў имканияты жаратылған.
Жоқарғы Кеңес Баслығы жаслардың ийгилиги ушын пайдаланыўға тапсырылған жаңа имаратта жаслар ушын жаратылған имканиятлар менен жақыннан танысты.

Қоңырат районында Руўхый-ағартыўшылық орайы имараты пайдаланыўға тапсырылды
Қоңырат районы орайында Руўхый-ағартыўшылық орайы имаратының ашылыў мәресими болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасты, соңғы жыллары елимизде кең көлемли реформалар турмыста өз сәўлесин таўып атырғанлығы, ҳүрметли Президентимиз тәрепинен быйылғы жылдың өзинде тек ғана Қарақалпақстан ушын қабыл етилген 7 қарар ҳәм пәрман тийкарында халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў бойынша оғада көлемли илажлар әмелге асырылып атырғанлығын атап өтти.
Қоңырат районындағы жаңадан бой тиклеген имарат қурылысы ушын 2,7 млрд. сум қаржы ажыратылып, бүгинги күнде толық жуўмағына жеткерилди. Материаллық-техникалық базасы жақсыланып, барлық қолайлықлар жаратылды.
Жоқарғы Кеңес Баслығы буннан соң имаратта жаратылған имканиятлар менен жақыннан танысты ҳәм халқымыздың руўхый дүньясын байытыў бағдарында әмелге асырылып атырған илажлар көлемин еле де арттырыў кереклигин атап өтти.
Айтып өтиў керек, күнниң өзинде Қоңырат районында «Жаслар орайы», «Мыңжарған», «Түркистан» ҳәм «Таллық» пуқаралар жыйынларының имаратлары пайдаланыўға тапсырылмақта.

Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Жоқарғы Кеңес Баслығы Қоңырат районындағы турақ жайы толайым жанып кеткен шаңарақ ағзалары менен ушырасты
Халқымызда «От бәлесинен, суў бәлесинен, жала бәлесинен сақла...» деген даналық гәп бар. Қоңырат районындағы «Жиңишке» мәкан пуқаралар жыйыны турғыны Аққанша апа Кудайбергенованың шаңарағына қақаман суўық деп аяп отырмай тилсиз жаў қол салды. Аяқ астынан келип шыққан өрттен шаңарақтың турақ жайы толайым жанып кетти. Бирақ, Аққанша апа шаңарақ ағзаларының аманат жанлары аман қалғанына шүкиршилиги көп.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шаңарақ ағзалары менен ушырасып, олардың ҳалынан хабар алды.
Мүсийбет аяқ астынан болыўы ҳәм бундай сынаў ҳәр қандай инсанның да басына түсиўи мүмкинлиги анық. Басына аўыр ис түскен ҳәр бир пуқараға кеңпейил халқымыз барқулла жәрдем қолын созып келген.
Жоқарғы Кеңес Баслығы шаңарақ басына түскен бул аўыр жағдайда олардың мүсийбетине шерик екенлигин билдирди ҳәм ҳәр бир қыйналған шаңарақ мәмлекетимиз итибарында ҳәм ғамхорлығында екенлигин атап өтти.
Щаңараққа хожалық ушын керекли буймлар ҳәм биринши дәрежели азық-аўқат өнимлери менен қаржылай жәрдем берилди.
Соның менен бирге, район ҳәкимлиги ҳәм жуўапкер ўәкиллерге шаңараққа тийисли жәрдемлер көрсетиў бойынша анық тапсырмалар берди.
Қыйын жағдайда мәмлекет тәрепинен созылған қоллар, көрсетилип атырған ғамхорлық ҳәм жәрдемлер Аққанша апаның шаңарағына қуўаныш алып келип, олардың мәмлекетимиз итибарына, Президентимиз басшылығындағы халықшыл реформаларға болған исенимин еледе арттырды десек алжаспаған боламыз.

Жоқарғы Кеңес Баслығы емлеўханалардағы наўқас балаларды байрам мүнәсибети менен қутлықлады
Балаларға байрам кейпиятын бөлисиў, оларға аз да болса қуўаныш инәм етиў ҳәр бир инсанды еки есе қуўаныш ҳәм бахытқа бөлейди десек алжаспаған боламыз. Себеби, бала күлкисинде дүнья қуўанышы, меҳир-мухаббат, жыллылық сезимлери жәмленген.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев бүгин Нөкис қаласындағы Республикалық руўхый ҳәм неврология кеселликлери диспансеринде емленип атырған балалардың ҳалынан хабар алып, оларды ҳәм жақынларын кирип киятырған Жаңа жыл байрамы мүнәсибети менен қутлықлады.
Медицина бирлеспесинде емленип атырған наўқасларға саламатлық ҳәм тез арада аўырыўынан айығып кетиўин тилеп, байрам саўғаларын тапсырды.
Буннан соң, республикалық көп тармақлы балалар медицина орайы ҳәм Республика жуқпалы кеселликлер емлеўханасы балалар бөлиминде емленип атырған балаларды да байрам мүнәсибети менен қутлықлап, оларға Жаңа жыл саўғаларын тапсырды.