Joqarǵi keńes.uz
39.3K subscribers
19.2K photos
1.45K videos
10 files
8.03K links
Веб-сайт: www.joqargikenes.uz
Instagram: www.instagram.com/joqargikenes.uz/
Facebook: www.fb.com/joqargikenes
Youtube: www.youtube.com/@joqargikenes

© Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси
Download Telegram
Дыққат хабарландырыў!

2023-жыл 22-октябрь күни, саат 11:00 де
Қанлыкөл районы Мәденият сарайында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының Мойнақ, Қоңырат, Қанлыкөл, Шоманай районларындағы исбилерменлерди қыйнап киятырған машқалалар ҳәм усыныслары бойынша көшпели қабыллаўы болып өтеди.

Республикамыздың басқада аймақларының исбилерменлери ушын қабыллаў белгиленген реже-график тийкарында өткериледи.

Еслетпе!

22-октябрь күни болып өтетуғын қабыллаўда исбилерменлердиң мәселелери көрип шығылады. Ал, пуқаралардың жеке мүрәжатлары өз алдына өткерилиўи режелестирилген Жоқарғы Кеңес Баслығының көшпели кабыллаўларында көрип шығылатуғынлығын мәлим етемиз.

Сондай-ақ, суд ҳуқық мәселеси менен байланыслы мүрәжатлар көрип шығылмайды.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Ҳурматли юртдошлар!

Санитария ва экология соҳасидаги қоидабузарликлар, жумладан, чиқиндилар тақиқланган жойга ташланганлиги ҳақидаги мурожаатларни Ўзбекистон Республикаси Санитария-эпидемиологик осойишталик ва жамоат саломатлиги қўмитаси Call-марказининг 1354 қисқа рақами орқали қолдиришингиз мумкин.

1354 рақамига қўнғироқлар узлуксиз қабул қилинади!

Умумий уйимиз бўлган Ватанимизда тозалик тарафдоримиз, биз билан бирга бўлинг!

———

Ҳүрметли Ўатанласлар!

Санитария ҳәм экология тараўындағы ҳуқықбузарлықлар, соннан, шығындылардың қадаған етилген орынларға тасланғанлығы ҳаққындағы мүрәжатларды Өзбекстан Республикасы Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы хызмети Call-орайының 1354 номери арқалы қалдырыўыңыз мүмкин.

1354 номерине қоңыраўлар үзликсиз қабыл етиледи!

Улыўмалық үйимиз болған Ўатанымызда тазалық тәрепдарымыз, биз бенен бирге болың!

———

Уважаемые соотечественники!

Сообщить о нарушении в сфере санитарии и экологии, например, о выбросе мусора в неположенном месте, вы можете по короткому номеру Call-центра Службы санитарно-эпидемиологического благополучия и общественного здоровья Республики Узбекистан 1354.

Обращения на 1354 принимаются круглосуточно!

Мы - за чистоту в нашем общем доме, будьте с нами!


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Нөкис қаласында жаңа имараттың ирге тасы қойылды

Пуқараларымыздың тыныш-татыў турмысын тәмийинлеў, жынаятшылыққа ҳәм ҳуқықбузарлықларға қарсы гүресиў, жәмийетлик тәртипти сақлаў сыяқлы әдиўли ўазыйпаларды атқарыўда Ишки ислер уйымлары хызметкерлериниң орны айрықша.

Соңғы жыллары ҳүрметли Президентимиздиң арнаўлы қарарлары тийкарында ишки ислер уйымларының материаллық-техникалық базасы беккемленип атыр.

Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Жәмийетлик тәртипти сақлаў басқармасы жанында қосымша имарат қурылысының ирге тасы қойылды.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасты.

Айтып өтиў орынлы, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 26-апрельдеги 222-санлы қарары менен «Халықлар дослығы» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында 40 млрд 300 млн сум қаржы тийкарында Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Жәмийетлик тәртипти сақлаў басқармасы жанында қосымша имарат қурылыўы белгиленген.

Бул админстративлик имарат қурып питкерилиўи менен онда Ишки ислер тараўындағы бир қатар мәкемелердиң жайластырылыўы режелестирилмекте.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
21 октябрь – Өзбек тили байрамы күни

1989-жыл 21-октябрьде «Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик тили ҳаққында»ғы нызамы қабыл етилди.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Президентимиздиң тапсырмасы менен ҳәр бир мәҳәллеге ажыратылған 500 миллион сумға Қоӊырат районы «Түркистан» мәкан пуқаралар жыйынында қандай жумыслар әмелге асырылмақта?

Бул ҳаққында көше бийи, «Дослық» ордени ийеси Жарылқап Турсынбеков сөз етеди.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Дыққат_вакансия

⚡️Президент жанындағы Мәмлекетлик хызметин раўажландырыў агентлиги Қарақалпақстан Республикасы филиалы Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы менен биргеликте төмендеги вакант лаўазымларға ашық таңлаў жәриялайды.


▫️ Шымбай районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы: Мәҳәлледе социаллық хызметти шѳлкемлестириў секторы баслығы;

▫️ Елликқала районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы: Мәҳәлледе социаллық хызметти шѳлкемлестириў секторы баслығы;

▫️ Шоманай районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы: Мәҳәлледе социаллық хызметти шѳлкемлестириў секторы баслығы;

▫️ Хожели районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы: Мәҳәлледе социаллық хызметти шѳлкемлестириў секторы баслығы;

▫️ Тѳрткүл районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы: Мәҳәлледе социаллық хызметти шѳлкемлестириў секторы баслығы;

▫️ Тақыятас районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы: Мәҳәлледе социаллық хызметти шѳлкемлестириў секторы баслығы;

▫️ Нѳкис районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы: Мәҳәлледе социаллық хызметти шѳлкемлестириў секторы баслығы;

▫️ Қоңырат районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы: Мәҳәлледе социаллық хызметти шѳлкемлестириў секторы баслығы;

▫️ Қараѳзек районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы: Мәҳәлледе социаллық хызметти шѳлкемлестириў секторы баслығы;

▫️ Қанлыкѳл районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы: Мәҳәлледе социаллық хызметти шѳлкемлестириў секторы баслығы;

▫️ Кегейли районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы: Мәҳәлледе социаллық хызметти шѳлкемлестириў секторы баслығы;

▫️ Беруний районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы: Мәҳәлледе социаллық хызметти шѳлкемлестириў секторы баслығы;

▫️ Әмиўдәрья районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы: Мәҳәлледе социаллық хызметти шѳлкемлестириў секторы баслығы;

▫️ Нѳкис қаласы “Инсан” социаллық хызметлер орайы: Мәҳәлледе социаллық хызметти шѳлкемлестириў секторы баслығы.

❗️Aрзалар 25.10.2023-жыл саат 23:59 ға шекем қабыл етиледи.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Тайынлаў

Розумов Уктамбой Рейимбаевич – Елликқала районы ҳәкиминиң аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары лаўазымына тайынланды. 

У.Розумов усы күнге шекем Елликқала районы “Пахтаарна-Найман” ирригация системасы басқармасы магистрал канал баслығы лаўазымында жумыс алып барған.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Бүгин Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында 21-октябрь Өзбек тили байрамы күни мүнәсибети менен байрам илажы болып өтти

Өткерилген илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды байрам мүнәсибети менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, мәмлекетлик тилимизге болған ҳүрмет – бул көп миллетли халқымыздың руўхый дүньясын және де байытыўға, миллий қәдириятларымызды қәстерлеп-сақлаўға ҳәмде оларды улуғлаўға деген ғамхорлықтың көриниси саналады.

Соңғы жыллары елимизде өзбек тилиниң мәмлекетлик тил сыпатындағы абырай-мәртебесин арттырыўға айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Әсиресе, бул бағдарда ана тилимизди терең үйрениў, оны илимий тийкарларда ҳәр тәреплеме раўажландырыў ҳәм қолланыў шеңберин кеңейтиў, филолог кадрларды таярлаў илажларының жаңа басқышларға көтерилгени – бул елимизде мәмлекетлик тилге болған айрықша итибардың көриниси саналады.

Сондай-ақ, бул бағдарда энциклопедия ҳəм сөзликлерди, сабақлықлар менен оқыў қолланбаларын баспадан шығарыў сыяқлы ийгиликли ислер де əмелге асырылмақта.

Əлбетте, бул өз гезегинде мәмлекетлик тилимиздиң халықаралық майдандағы абырайын жәнеде арттырыўда әҳмийетли орын тутпақта.

Соны умытпаўымыз тийис, мәмлекетлик тилдиң таза сақланыўы – бул елимиздиң раўажланыўын ҳәмде халқымыздың келешегин белгилейди.

Ол өсип киятырған жасларды ана-Ўатанымызға садықлық руўхында тәрбиялаўда ҳәм миллий үрп-әдет, салт-дәстүрлеримизди қәстерлеп-сақлаўда әҳмийетли орын ийелейди.

Байрам мүнәсибети менен Жоқарғы Кеңес Президиумы қарары тийкарында бир топар өзбек тили ҳәм әдебияты пәни муғәллимлери Жоқарғы Кеңестиң көкирек белгилери ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Илаж көркем өнер ҳәм мәденият хызметкерлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM