Joqarǵi keńes.uz
40.1K subscribers
19.6K photos
1.49K videos
10 files
8.24K links
Веб-сайт: www.joqargikenes.uz
Instagram: www.instagram.com/joqargikenes.uz/
Facebook: www.fb.com/joqargikenes
Youtube: www.youtube.com/@joqargikenes

© Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси
Download Telegram
Нөкис қаласы аймағындағы Пиржан Сейтов көшесинде асфальтлаў жумыслары алып барылмақта

Қурылыс жумыслары алып барылып атырған бул көшениӊ жәми узынлығы 2 км болып, ҳәзирги ўақытта 1000 метр аралығына жол қапламасы толық жаңадан басылды.

📌Мағлыўмат орнында атап өтиў орынлы, бул көшени оңлаў жумыслары даўамында барлық түнги жақтыландырыў шырақларын жаңалаў ҳәм пиядалар жолларын қайта қурыў режелестирилген.

Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
🗓Сентябрьде 3 күн дем алыс болады

Рәсмий сәнелерди белгилеў дәўиринде қосымша жумыс ислемейтуғын күнлерди белгилеў ҳәм 2023-жылда дем алыс күнлерин көшириў ҳаққындағы қарарға бола алты күнлик жумыс ҳәптесине ийе болған хызметкерлер ушын 2-сентябрь (шемби) қосымша дем алыс күни есапланады.

2023-жыл 1-сентябрь (жума) —дем алыс күни;

2023-жыл 2-сентябрь (шемби) — алты күнлик жумыс ҳәптесине ийе болған хызметкерлер ушын қосымша дем алыс күни;

2023-жыл 3-сентябрь (екшемби) календарь бойынша дем алыс күни.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Халық разылығы жолында алып барылып атырған жумыслар өз нәтийжесин берип, жоллар-айдын болмақта

Орынларда өткерилген көшпели қабыллаўларда билдирилген мүрәжатлар, көше бийлериниң көтерген мәселелери яғный, социаллық тараў ҳәм инфраструктура объектлериндеги машқалаларды сапластырыў бойынша қурылыс-оңлаў ҳәм басқада жумысларды алып барыў ушын Президентимиз тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы ушын 329,7 млрд. сум қаржы ажыратылған еди.

Халқымыздың тилек ҳәм өтинишлеринен келип шығып ислеп шығылған режеде белгиленген тапсырмаларға муўапық, Беруний районы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы тәрепинен аймақтағы  4р161 "Үргениш-Чалыш-Беруний-Бостан" жолында қурылыс-оӊлаў жумыслары баслап жиберилди.

Әлбетте, халқымыздың ийгилиги ушын исленген ҳәр бир ис өзиниң унамлы нәтийжесин берери сөзсиз.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
9-июль – Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы күни

❗️Келешегиңиз ушын даўыс бериң!


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Жоқарғы Кеңес Баслығы Мойнақ районының көше бийлери менен ушырасты

Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев орынларда көше бийлери менен ашық-айдын пикирлесип, әмелге асырылыўы тийис ўазыйпаларды белгилеп алған еди. Бүгин Жоқарғы Кеңес Баслығы үшинши мәрте көше бийлери ҳәм мәҳәлле белсендилери менен ушырасыўын Мойнақ районынан баслады.

Атап өтиў керек, ушырасыўларды өткериўден тийкарғы мақсет – халықты разы етиў жолында әмелге асырылыўы зәрүр болған ўазыйпаларды белгилеп алыў, елимизде жаратылып атырған имканиятлар ҳәм кешиктирип болмайтуғын мәселелер бойынша және бир мәрте жақыннан пикирлесип алыўдан ибарат.

Соңғы жыллары ҳүрметли Президентимиздиң тапсырмасы менен халықтың жыллар даўамында жыйналып қалған тәшўишлериниң шешимин табыўда барлық буўындағы басшылар төменге түсип, «Халық мәмлекетлик уйымларға емес, ал, мәмлекетлик уйымлар халқымызға хызмет етиўи керек!» деген принцип тийкарында әмелий жумыслар алып барылып атыр.

Өткерилген ушырасыўда Жоқарғы Кеңес Баслығы шығып сөйлеп, елимизде әмелге асырылып атырған үлкен дөретиўшилик жумыслар сондай-ақ, республикамыз халқы турмысын жақсылаў бағдарында көтерилген бир қатар әҳмийетли басламалар ҳаққында атап өтти.

Өз нәўбетинде, көше бийлери ҳәм мәҳәлле белсендилери бүгинги күнде әмелге асырылып атырған үлкен дөретиўшилик жумысларынан халқымыз миннетдар екенлигин, алдыңғы ушырасыўларда көтерилген мәселелердиң басым көпшилиги арнаўлы қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлар тийкарында өз шешимин таўып атырғанлығын айрықша тилге алды.

Соның менен бирге, ушырасыўда көше бийлери тәрепинен бир қатар әҳмийетли мәселелер көтерилди ҳәм Жоқарғы Кеңес Баслығы бул машқалаларға алдағы ўақытта әлбетте, шешим табылыўы тәмийинленетуғынлығын билдирди.

Ушырасыўда ашық-айдын пикирлесилип, ўазыйпалар белгилеп алынды.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Тийкарғы мақсет – халықты разы етиў жолында әмелге асырылыўы зәрүр болған ўазыйпаларды белгилеп алыўдан ибарат

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Қоңырат районындағы мәҳәллелерде ушырасып атырған системалы машқалаларға шешим табыў ҳәм алдағы әмелге асырылыўы тийис ўазыйпаларды белгилеп алыў мақсетинде көше бийлери ҳәм мәҳәлле белсендилери менен гезектеги ушырасыўын өткерди.

Онда дәслеп Жоқарғы Кеңес Баслығы сөзге шығып, Президентимиз басшылығында республикамыз ушын қаратылып атырған үлкен итибар, әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында кең түрде атап өтти.

Бүгинги күнде халқымызға мүнәсип турмыс шараятын жаратыў, олардың абадан өмир сүриўин тәмийинлеў бағдарында алып барылып атырған салмақлы жумыслар турмыста өз сәўлелениўин таўып атыр.

Көше бийлери менен ашық-айдын пикирлесиў түринде өткерилип атырған ушырасыўлар да халқымыздың турмысындағы шешимин таппаған системалы машқалаларды шешиўге қаратылған.

Бүгинги ушырасыў да ашық-айдын пикирлесиў түринде болып, көше бийлери менен Қоңырат районындағы мәҳәллелерди ҳәр тәреплеме раўажландырыў, пуқараларға мүнәсип шараят жаратыў бағдарында ўазыйпалар белгиленди.

Өз нәўбетинде көше бийлери тәрепинен бир қатар әҳмийетли мәселелер көтерилип, машқалалар атап өтилди.

Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен көтерилген барлық мәселелер белгилеп алынып, алдағы ўақытта бул жумысларды орынлаў бойынша қадағалаўға алынды.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM