Тақыятас районы медицина бирлеспесине қараслы туўыў бөлиминдеги унамсыз жағдай бойынша 5 лаўазымлы шахсқа интизамый жаза шарасы қолланылды
Жақында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев мәҳәллелердеги бар болған системалы машқалаларды анықлаў, халықтың кеўил-кейпиятына тиккелей унамсыз тәсирин тийгизип турған мәселелерди белгилеп алыў мақсетинде көше бийлери менен ушырасыўлар өткерген еди.
Тақыятас районы мәҳәлле белсендилери ҳәм көше бийлери менен болып өткен ушырасыўда көше бийлери тәрепинен Тақыятас районлық медицина бирлеспесине қараслы туўыў бөлими хызметкерлериниң унамсыз ис-ҳәрекетлери ҳәмде нәрестелер арасында өлимшилик жағдайлары көбейиўи бойынша мүрәжат билдирилди. Бул унамсыз жағдай бойынша тийисли тараў басшылары қурамындағы исши топар тәрепинен үйрениў жумыслары алып барылып, туўыў бөлиминде бир қатар қәте-кемшиликлерге жол қойылғанлығы анықланды.
Анықланған жағдайлар Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигинде додаланып, қәте-кемшиликлерге жол қойғанлығы ушын Тақыятас районы медицина бирлеспесиндеги 5 лаўазымлы шахсқа нызамшылықта белгиленген тәртипте интизамий жаза шаралары қолланылды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉ Telegram 🌐Website 📱 Instagram 📱 Facebook 📱 Twitter

Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Қарақалпақстан Республикасында металды қайта ислеўши кластер жумысын жолға қойыў мәселелери бойынша сөйлесиўлер алып барылды
Қытай Халық Республикасының «FUJIAN ZHENGYUE DEVELOPMENT CO. LTD» кәрхананысының баслығы Джиангжин Денг ҳәм BA Association кәрханасы баслығы Б.Абдуллаев бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың қабыллаўында болды.
Өткерилген ушырасыўда республикамыз аймағында жаңа жумыс орынларын жаратыў, сырт ел инвестицияларын тартыў арқалы бирге ислесиў, Қытай мәмлекети технологиялары тийкарында ислеп шығарыўды жолға қойыў ҳаққында сөз етилди.
Ушырасыўда инвесторлар тәрепинен ири көлемли жойбарларды әмелге асырыў, металды қайта ислеўши кластер жумысын жолға қойыў ҳәм бул арқалы 300 ден аслам жаңа жумыс орынларын жаратыў, кәрхана жумысларын жолға қойыў ушын жер майданлары ажыратылыўын тәмийинлеў ҳәм басқа да усы бағдардағы мәселелер бойынша сөйлесиўлер алып барылды.
Өз нәўбетинде Жоқарғы Кеңес Баслығы елимизде ислеп шығарыў менен байланыслы кәрханалардың жумысын жолға қойыў, санаатты раўажландырыў ҳәм ири көлемли жойбарларды әмелге асырыў басламалары барқулла қоллап-қуўатланатуғынлығын, инвестициялық жойбарлары менен келген инвесторлардың жаңа жумыс орынларын жаратыўға қаратылған ҳәр қандай басламасына барлық мүмкиншиликлер жаратылатуғынлығын атап өтти.

🔰 Өзин-өзи бәнт еткен пуқаралар дизимнен өтсе оған қандай жеңилликлер бар?
Президентимиздиң 2020-жыл 8-июндағы ПҚ-4742-санлы “Исблерменлик жумысы ҳәм өзин өзи бәнт етиўди мәмлекет тәрепинен тәртипке салыўды әпиўайыластырыў ис-илажлары ҳаққында”ғы қарары қабыл етилип, усы пуқараларға қолайлықлар, кең имканиятлар ҳәм жеңилликлер берилди.
Атап айтқанда:
🔹 өзин өзи бәнт еткен шахс сыпатында дизимнен өтиў бийпул болып, олар “Soliq” мобил косымшасы арқалы дизимнен өтеди ҳәм дизимнен өткенлиги ҳаққында матрицалы штрих код (QR-код) лы гуўалық бериледи.
🔹 өзин өзи бәнт еткен пуқаралардың мийнет искерлиги нәтийжесинде алынған дәраматлары физикалық шахслардың жәми дәраматлары қурамына киргизилмейди ҳәм тапқан дәраматы салыққа тартылмайды.
🔹 өзин өзи бәнт еткен пуқаралар жылына базалық есаплаў муғдарының бир есеси муғдарында (2023-жыл 1-майдан баслап 330 000 сум) социаллық салықты төлейди ҳәм пуқараға жыллық мийнет стажы есапланады ҳәмде пенсияға шыққанында пенсия муғдарын тайынлаўда төлеген салыклары есапқа алынады.
Қарақалпақстан Республикасында қарар қабыл етилгеннен кейин 65 435 пуқара, соннан, 2023-жылда 14 669 пуқара өзин өзи бәнт еткен пуқара сыпатында дизимге алынды.
❗️ Түсиндирме
2023-жыл 1-майдан баслап жыллық 330 000 сум социаллық салық ҳәр айда 27 500 сумнан туўра келеди.
Ҳәзирги ўақытта бул өзин өзи бәнт еткен шахс сыпатында дизимнен өтиў керексиздей көриниўи мүмкин деген менен, пенсия жасына жеткен ўақытта мийнет стажының аз болыўы ямаса болмаўы себепли пенсия муғдарының аз болыўы менен байланыслы машқала келип шығыўы мүмкин. Бүгинги күнде усы пенсия муғдарының азлығы бойынша көплеген мүрәжатлар келип түспекте.
Усындай машқалалардың алдын алыўды ойлаған ҳәр бир өзин өзи бәнт еткен пуқара дизимнен өтсе келешекке тийкар жаратқан болады.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter

💡📢📣 Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги жанындағы Инновациалық раўажланыў агентлиги Инновациалық аймақларда машқалалар шешимине қаратылған Стартап Жойбарлар Таңлаўына старт берилди.
🔎 Таңлаў Қарақалпақстан Республикасында:
✅ Нөкис районы ушын: Иссыханалар шөлкемлестириў, мийўе-овощ ҳәм балықшылықты раўажландырыў, ҳ.т.б;
✅ Мойнақ районы ушын: Балықшылық, шарўашылық, туризмди раўажландырыў, артемияны қайта ислеў ҳәм басқада тараўлар бойынша өткериледи.
💰💵 Стартап жойбарды әмелге асырыў ушын агентлик тәрепинен ҳәр бир инновациалық аймақ ушын 2 млрд.сумға шекемги муғдарда қаржы ажыратылады.
Таңлаўда ислеп шығарыў ҳәм хызмет көрсетиўге бағдарланған кең көлемдеги жойбарлар қабылланады.
👉📩 Таңлаўға дизимнен өтиў
📑 Толық мағлыўмат
📱 Мүрәжат ушын: Инновациалық мәселелер бойынша Талғат Полатбаев
👉 +998909398911
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉ Telegram 🌐Website 📱 Instagram 📱 Facebook 📱 Twitter
🔎 Таңлаў Қарақалпақстан Республикасында:
✅ Нөкис районы ушын: Иссыханалар шөлкемлестириў, мийўе-овощ ҳәм балықшылықты раўажландырыў, ҳ.т.б;
✅ Мойнақ районы ушын: Балықшылық, шарўашылық, туризмди раўажландырыў, артемияны қайта ислеў ҳәм басқада тараўлар бойынша өткериледи.
💰💵 Стартап жойбарды әмелге асырыў ушын агентлик тәрепинен ҳәр бир инновациалық аймақ ушын 2 млрд.сумға шекемги муғдарда қаржы ажыратылады.
Таңлаўда ислеп шығарыў ҳәм хызмет көрсетиўге бағдарланған кең көлемдеги жойбарлар қабылланады.
👉📩 Таңлаўға дизимнен өтиў
📑 Толық мағлыўмат
📱 Мүрәжат ушын: Инновациалық мәселелер бойынша Талғат Полатбаев
👉 +998909398911
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
🔰 Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламасы шеңберинде жеңиллетилген кредитлер қанша мүддетке ҳәм қайсы тараўларға ажыратылады?
Бугинги күнде Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламалары шеңберинде жеңиллетилген кредитлер жыллық 14 процент ставкада шаңарақлық исбилерменлик, дәрамат табыўға қаратылған белгили мийнет жумыс алып барыў менен шуғылланыў ҳәм жумыс алып барыў түрин кеңейтиў қәлеўшилигин билдирген пуқаралар ҳәмде исбилерменлик субъектлерине улыўмалық тәртипте тийкарғы қарыз бойынша 3 айдан 6 айға шекемги болған жеңиллетилген дәўир менен 3 жылға шекемги мүддетке ажыратылады.
Бағдарламалар шеңберинде жеңиллетилген кредитлер:
➖шарўашылық (қара мал, қой, ешки), балықшылық ҳәм қусшылық (мәйек жөнелиси) ушын – 1 жылға шекемги жеңиллетилген дәўир менен 3 жылға шекемги мүддетке;
➖бағшылық, жүзимгершилик ҳәм лимоншылықты шөлкемлестириў, ыссыхана, аўыл хожалығы техникасы ҳәм әсбап-үскенелерди сатып алыў ушын – 3 жылға шекемги жеңиллетилген дәўир менен 7 жыл мүддетке;
➖«Өнерментлер» аўқамы ағзаларына ислеп шығарыў мүтәжликлери ушын әсбап-үскене, аўысық бөлеклер ҳәм шийки зат өнимлерин сатып алыў, өнерментшиликти раўажландырыў орайлары, «уста-шәкирт» мектеплерин шөлкемлестириў, үй-музейлер ҳәм устаханалар қурыў яки усы мақсетлерде имарат ҳәм конструкциялар сатып алыў ушын – 3 жылға шекемги мүддетте ҳәмде айланба қаржыларын толтырыў ушын 18 айға шекемги мүддетке ажыратылады.

🔰 Пиллешилик тараўындағы жумысты үйде бөлип алып ислеўшилерге жеңиллетилген қарыз ажыратылады
📌 Президент тәрепинен 01.06.2023-жылдағы «Пиллешилик тараўында жумысты үйде бөлип алып ислеўди қоллап-қуўатлаў ҳәмде пилле жетистириў ушын азықлық базасын еле де кеңейтиўдиң қосымша ис-илажлары ҳаққында»ғы ПП-85-санлы Пәрманы қабыл етилди.
📍2023-жыл июнь айынан баслап аймақларда:
➖ жипек қуртын өсириў, жетистирилген пилле шийки затын сатып алыў, қайта ислеў, қосылған қун шынжырын жаратыў, таяр өнимди ишки базарға бағдарлаў ҳәм экспорт етиў менен шуғылланатуғын жаңа пиллешилик кластерлери;
➖ тут нәллерин жетистириў, тутзарларды шөлкемлестириў, жипек қуртын өсириў, пилле шийки затын таярлаў менен шуғылланатуғын пиллешилик ҳәм тутшылық жөнелисиндеги жаңа фермер хожалықлары шөлкемлестириледи.
Жаңа тутзарларды шөлкемлестириў ушын жер участкалары 10 гектар майданнан кем болмаған өлшемде пиллешилик кластерлери, пиллешилик ҳәм тутшылық жөнелисиндеги фермер хожалықларына, қосымша тәризде, инвестиция шәртнамасы яки МЖШ ҳаққындағы келисимге муўапық ижара ҳуқықы тийкарында ажыратылады.
📍2023-жыл 1-июннан:
➖- жумысты үйде бөлип алып ислеў, пиллешилик үй хожалыклары ҳәмде фермер хожалықларына жипек қурты нәсили ҳәм оны өсириў менен байланыслы ресурслар, соннан, төселетуғын қағаз, термометр, полиэтилен плёнка, психирометр (инкубаториялар ушын) ҳәм басқа зәрүрли ресурслар пиллешилик кластерлери тәрепинен бийпул бериледи;
➖ Мәмлекет бюджети қаржылары есабынан майданы 10 гектар ҳәм оннан артық гектардағы тутзарларға суў шығарыў ушын бурғыланған қудық, сондай-ақ, дәрьялар, каналлар ҳәмде басқа суў бассейнлеринен суў тартыў ушын насос станциясын қурыўға ҳәр бир метр ушын 600 мың сумнан, бирақ, 120 млн сумнан аспайтуғын муғдарда Таў-кән санааты ҳәм геология министрлигиниң тийисли акти тийкарында субсидия ажыратылады.
✅ Төмендегилерге жыллық 14 % ставкада қарыз қаржылары ажыратылады:
➖ пиллешилик үй хожалықлары, пиллешилик ҳәм тутшылық жөнелисиндеги фермер хожалықлары ҳәм пиллешилик кластерлерине – тут жетистириў ушын зәрүр болған материаллық-техникалық ресурслар, соннан, туқымлық ҳәм нәл жеткерип бериў, сондай-ақ, аўыл хожалығы хызметлерин көрсетиў ушын;
➖ қайта ислеўши, сақлаўшы ҳәм экспорт етиўшилерге, соннан, пиллешилик кластерлерине – таярланған _(жетистирилген) _пилле шийки затын сатып алыў ушын талап етилетуғын айланба қаржыларын толтырыў ушын.
❗️Жумысты үйде бөлип алып ислеўшилерге жасаў орынларында жипек қурты нәсилин өсириў ушын қуртхана қурыў, сондай-ақ, қайта ислеўши, сақлаўшы, экспорт етиўшилер ҳәм пиллешилик кластерлерине таярланған (жетистирилген) пилле шийки затын сақлаў, сайлаў, қайта ислеў цехлерин қурыўға 10 жыл мүддетке, жыллық 14 % ставкада қаржылар ажыратылады.

Астана қаласында самбо бойынша Азия ҳәм Океания чемпионатында жерлеслеримиз жеңимпазлар қатарынан орын алды
Қазакстан Республикасының Астана қаласында спорттың самбо түри бойынша Азия ҳәм Океания чемпионаты болып өтти.
Жарыстың дәслепки күнинде көзи әззи ҳәм ветеран спортшылар арасында беллесиўлер өткерилди. Онда Өзбекстан сайланды командасы ағзалары 19 медалды қолға киргизиўге миясар болды.
Қуўанышлы тәрепи сонда, ветеран спортшылар арасында 50-54 жастағы палўанлар беллесиўинде +98 кг да Дәўлетмурат Қалхоразов қола медалын, 55-59 жастағылар арасында -79 кг салмақта Азамат Юсупов гүмис медалын, 60-64 жастағылар арасында -79 кг салмақта Сансызбай Юсупов қола медалын, -88 кг да Жумабек Нурымбетов гүмис медалын, -98 кг салмақта Махсетбай Алланов қола медалын, +65 жастан жоқары спортшылар арасында -71 кг салмақта Қудайберген Наўрызбаевлар қола медалын жеңип алды.
Өзлериниң усындай жетискенликлери менен ветеран спортшыларымыз жасларымызға өрнек болары сөзсиз.
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉ Telegram 🌐Website 📱 Instagram 📱 Facebook 📱 Twitter
Қазакстан Республикасының Астана қаласында спорттың самбо түри бойынша Азия ҳәм Океания чемпионаты болып өтти.
Жарыстың дәслепки күнинде көзи әззи ҳәм ветеран спортшылар арасында беллесиўлер өткерилди. Онда Өзбекстан сайланды командасы ағзалары 19 медалды қолға киргизиўге миясар болды.
Қуўанышлы тәрепи сонда, ветеран спортшылар арасында 50-54 жастағы палўанлар беллесиўинде +98 кг да Дәўлетмурат Қалхоразов қола медалын, 55-59 жастағылар арасында -79 кг салмақта Азамат Юсупов гүмис медалын, 60-64 жастағылар арасында -79 кг салмақта Сансызбай Юсупов қола медалын, -88 кг да Жумабек Нурымбетов гүмис медалын, -98 кг салмақта Махсетбай Алланов қола медалын, +65 жастан жоқары спортшылар арасында -71 кг салмақта Қудайберген Наўрызбаевлар қола медалын жеңип алды.
Өзлериниң усындай жетискенликлери менен ветеран спортшыларымыз жасларымызға өрнек болары сөзсиз.
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
❗️Өзбекстан Республикасы Конституциясы: исбилерменлерге берилген ең әҳмийетли 9 кепиллик
1️⃣Исбилерменлер нызамшылыққа муўапық ҳәр қандай жумыс алып барыўды әмелге асырыўға ҳәм өз искерлиги жөнелислерин бийғәрез түрде таңлаўға ҳақлы.
2️⃣ Товарлар, хызметлер, мийнет ресурслары ҳәм финанслық қаржылардың еркин ҳәрекет етиўи кепилленеди.
3️⃣ Мәмлекет қолайлы инвестициялық ҳәм исбилерменлик орталығын тәмийинлейди.
4️⃣ Банк операциялары ҳәм есапбетлердиң сыр сақланыўы кепилленеди.
5️⃣ Барлық мүлк формаларының тең ҳуқықлылығы ҳәм ҳуқықый жақтан қорғалыўы тәмийинленеди.
6️⃣ Мәмлекет ҳадал бәсеки ушын шараят жаратады.
7️⃣ Монопол жумыс алып барыў нызам менен тәртипке салынады.
8️⃣ Жер жеке мүлк болыўы мүмкин.
9️⃣ Интелектуал мүлк нызам менен қорғалады.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉ Telegram 🌐Website 📱 Instagram 📱 Facebook 📱 Twitter
1️⃣Исбилерменлер нызамшылыққа муўапық ҳәр қандай жумыс алып барыўды әмелге асырыўға ҳәм өз искерлиги жөнелислерин бийғәрез түрде таңлаўға ҳақлы.
2️⃣ Товарлар, хызметлер, мийнет ресурслары ҳәм финанслық қаржылардың еркин ҳәрекет етиўи кепилленеди.
3️⃣ Мәмлекет қолайлы инвестициялық ҳәм исбилерменлик орталығын тәмийинлейди.
4️⃣ Банк операциялары ҳәм есапбетлердиң сыр сақланыўы кепилленеди.
5️⃣ Барлық мүлк формаларының тең ҳуқықлылығы ҳәм ҳуқықый жақтан қорғалыўы тәмийинленеди.
6️⃣ Мәмлекет ҳадал бәсеки ушын шараят жаратады.
7️⃣ Монопол жумыс алып барыў нызам менен тәртипке салынады.
8️⃣ Жер жеке мүлк болыўы мүмкин.
9️⃣ Интелектуал мүлк нызам менен қорғалады.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
📌 Қарақалпақстан Республикасы киши санаат зоналарында 89 жер майданлары ижара ҳуқуқы менен саўдаға шығарылады
Қала ҳәм районлар кесиминде:
🔹 Нөкис қаласы - 23 (Көриў).
🔹 Әмиўдәрья районы - 2 (Көриў).
🔹 Қоңырат районы - 12 (Көриў).
🔹 Қанлыкөл районы - 1 (Көриў).
🔹 Мойнақ районы - 1 (Көриў).
🔹 Нөкис районы - 16 (Көриў).
🔹 Тақыятас районы - 34 (Көриў).
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉ Telegram 🌐Website 📱 Instagram 📱 Facebook 📱 Twitter
Қала ҳәм районлар кесиминде:
🔹 Нөкис қаласы - 23 (Көриў).
🔹 Әмиўдәрья районы - 2 (Көриў).
🔹 Қоңырат районы - 12 (Көриў).
🔹 Қанлыкөл районы - 1 (Көриў).
🔹 Мойнақ районы - 1 (Көриў).
🔹 Нөкис районы - 16 (Көриў).
🔹 Тақыятас районы - 34 (Көриў).
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
📌 Қарақалпақстан Республикасы жаслар санаат зоналарында 272 жер майданлары ижара ҳуқуқы менен саўдаға шығарылады
Қала ҳәм районлар кесиминде:
🔹 Нөкис қаласы - 14 (Көриў).
🔹 Беруний районы - 63 (Көриў).
🔹 Бозатаў районы - 12 (Көриў).
🔹 Қараөзек районы - 8 (Көриў).
🔹 Қоңырат районы - 25 (Көриў).
🔹 Қанлыкөл районы - 22 (Көриў).
🔹 Мойнақ районы - 8 (Көриў).
🔹 Тақыятас районы - 22 (Көриў).
🔹 Тахтакөпир районы - 10 (Көриў).
🔹 Төрткүл районы - 5 (Көриў).
🔹 Хожели районы - 55 (Көриў).
🔹 Шымбай районы - 20 (Көриў).
🔹 Шоманай районы - 8 (Көриў).
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉ Telegram 🌐Website 📱 Instagram 📱 Facebook 📱 Twitter
Қала ҳәм районлар кесиминде:
🔹 Нөкис қаласы - 14 (Көриў).
🔹 Беруний районы - 63 (Көриў).
🔹 Бозатаў районы - 12 (Көриў).
🔹 Қараөзек районы - 8 (Көриў).
🔹 Қоңырат районы - 25 (Көриў).
🔹 Қанлыкөл районы - 22 (Көриў).
🔹 Мойнақ районы - 8 (Көриў).
🔹 Тақыятас районы - 22 (Көриў).
🔹 Тахтакөпир районы - 10 (Көриў).
🔹 Төрткүл районы - 5 (Көриў).
🔹 Хожели районы - 55 (Көриў).
🔹 Шымбай районы - 20 (Көриў).
🔹 Шоманай районы - 8 (Көриў).
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Ўзбекистон ва Италия ўртасидаги муносабатлар стратегик шериклик даражасига чиқди
—
Өзбекстан ҳәм Италия арасындағы қатнасықлар стратегиялық шериклик дәрежесине шықты
—
Отношения Узбекистана и Италии достигли уровня стратегического партнерства
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉ Telegram 🌐Website 📱 Instagram 📱 Facebook 📱 Twitter
—
Өзбекстан ҳәм Италия арасындағы қатнасықлар стратегиялық шериклик дәрежесине шықты
—
Отношения Узбекистана и Италии достигли уровня стратегического партнерства
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Пайтахтымызда жаңадан 504 орынлық қәнигелестирилген мектеп имараты бой тиклемекте
Нөкис қаласында Президент мектеби тийкарында жаңадан қәнигелестирилген мектеп имараты қурылып атыр. Имаратта ҳәзирги ўақытта жойбар-смета бойынша қурылыс жумыслары жедел пәтте даўам етпекте.
Қурылыс жумыслары "Үй-жай Қурылыс" ЖШЖ тәрепинен әмелге асырылмақта.
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉ Telegram 🌐Website 📱 Instagram 📱 Facebook 📱 Twitter
Нөкис қаласында Президент мектеби тийкарында жаңадан қәнигелестирилген мектеп имараты қурылып атыр. Имаратта ҳәзирги ўақытта жойбар-смета бойынша қурылыс жумыслары жедел пәтте даўам етпекте.
Қурылыс жумыслары "Үй-жай Қурылыс" ЖШЖ тәрепинен әмелге асырылмақта.
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
🏬 Үй-жай ушын субсидия берилген пуқаралардың ипотека кредитлери ҳәм олардың процентлери ушын бағдарланған ис ҳақы ҳәм басқа дәраматлары дәрамат салығына тартылмаўы белгиленген.
📌 Усы жеңилликли қарызды алыўшы ҳәм бирге қарыз алыўшылар дәраматының бир салық дәўиринде мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының 80 есесинен аспаған бөлегине енгизиледи.
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉ Telegram 🌐Website 📱 Instagram 📱 Facebook 📱 Twitter
📌 Усы жеңилликли қарызды алыўшы ҳәм бирге қарыз алыўшылар дәраматының бир салық дәўиринде мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының 80 есесинен аспаған бөлегине енгизиледи.
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
🔷 Әмиўдәрья районы ҳәкимлиги:
▫️ “Беруний” МПЖда ҳәким жәрдемшиси;
▫️ “Алишер Навоий“ МПЖда ҳәким жәрдемшиси.
❗️Aрзалар 13.06.2023-жыл саат 23:59ға шекем қабыл етиледи.
🔷Суў хожалығы министрлиги:
▫️ Шоманай районы ирригация бөлими баслығы;
▫️ Әмиўдәрья районы ирригация бөлими баслығы;
▫️ Сүўенли ирригация системасы басқармасы Бас гидролог.
🔷 Аўыл хожалығы министрлиги:
▫️ Әмиўдәрья районы Аўыл хожалығы бөлими баслығы.
🔷 Қоңырат районы ҳәкимлиги:
▫️ Қоңырат районы мәҳәллебай ислеў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў орайы: Халықты исбилерменликке оқытыў ҳәм қамтып алыў секторы бас қәнигеси.
❗️Aрзалар 14.06.2023-жыл саат 23:59ға шекем қабыл етиледи.
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Жоқарғы Кеңес Баслығы БМШ Раўажланыў бағдарламасы ўәкиллери менен ушырасты
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Раўажланыў бағдарламасы баслығының орынбасары, БМШ Раўажланыў бағдарламасының ҒМДА бойынша аймақлық ўәкилханасы директоры Ивана Живкович, БМШ Раўажланыў бағдарламасының Өзбекстандағы турақлы ўәкили Матильда Димовска менен ушырасты.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев қатнасты.
Дәслеп Жоқарғы Кеңес Баслығы мийманларға Президентимиз басшылығында Қарақалпақстан Республикасында әмелге асырылып атырған жумыслар, кең көлемли жаңаланыўлар ҳәм реформалар, сондай-ақ, Арал теңизи апатшылығы ақыбетинде келип шыққан экологиялық жағдайды жумсартыў, пуқаралардың денсаўлығын сақлаў бойынша әмелге асырылып атырған кең көлемли жумысларға тоқталып өтип, бунда халықаралық Траст фонды, бир қатар шөлкемлер, соның ишинде, БМШ Раўажланыў бағдарламасы ҳәмде бир қатар раўажланған мәмлекетлердиң көрсетип атырған жәрдемин айрықша атап өтти.
Ушырасыўда Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Раўажланыў бағдарламасы шеңберинде республикамыз аймағында әмелге асырылып атырған бир қатар жойбарлар, регион халқы саламатлығын беккемлеў, Арал апатшылығы ақыбетлерин жумсартыў ҳәм басқа да бир қатар бағдарларда бирге ислесиўди еле де беккемлеў бойынша сөз етилди.
Өз гезегинде мийманлар жыллы жүзлилик пенен қабыл еткени ушын Жоқарғы Кеңес Баслығына өз миннетдаршылығын билдирди. Аралбойы аймағы, соның ишинде, Қарақалпақстан Республикасын ҳәр тәреплеме раўажландырыў, социаллық-экономикалық тараўларды қоллап-қуўатлаў, экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бағдарында әмелге асырылып атырған ийгиликли жумысларға буннан былай да көмеклесиў, өз-ара бирге ислесиў ҳәм биргеликдеги жойбарларды әмелге асырыў бойынша өз пикир ҳәм усынысларын билдирди.