Joqarǵi keńes.uz
39.2K subscribers
20.2K photos
1.54K videos
11 files
8.51K links
Веб-сайт: www.joqargikenes.uz
Instagram: www.instagram.com/joqargikenes.uz/
Facebook: www.fb.com/joqargikenes
Youtube: www.youtube.com/@joqargikenes

© Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси
Download Telegram
Мойнақта 60 орынлы мийманхана иске түсирилди

Мойнақта районның инвестициялық потенциалын асырыӯ ҳәм исбилерменликти қоллап-қуӯатлаӯ бойынша бир қатар ислер әмелге асырылмақта. Усы күнге шекем Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 16-январь күнги 37-санлы қарары тийкарында жәми 128 млрд.сумлық 69 инвестициялық жойбар иске түсирилди. Нәтийжеде жәми 413 жумыс орны шөлкемлестирилди.

Туризм тараӯын раӯажландырыӯ, жергиликли халық ҳәм район мийманлары ушын қолайлықлар жаратыӯ мақсетинде “ABESKUN-TUR” ЖШЖ тәрепинен мийманхана, дәрихана, саӯда дүканы ҳәм аӯқатланыӯ орайы комплекси шөлкемлестирилди. Нәтийжеде 10 жаңа жумыс орны жаратылды.

Мойнақ районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
https://kknews.uz/kk/67900.html
СЕНАТОРЛАР АЙМАҚЛАРДЫ КОМПЛЕКСЛИ РАЎАЖЛАНДЫРЫЎ ЖОЙБАРЛАРЫ МЕНЕН ТАНЫСПАҚТА

Каналымызға қосылың👇
https://t.iss.one/joinchat/AAAAAERIzOESrE0olZr7Ng
Олий Мажлиси Сенаты ағзасы Махмуд Парпиевтиң исбилерменлер менен ушырасыўы болып өтти

Бүгин Кегейли районы ҳәкимлигиниң мәжислер залында Олий Мажлиси Сенаты ағзасы Махмуд Парпиев, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси комитет баслығы Даўытбай Қурбаниязов, район ҳәкими Муратбай Абдиров, районлық Кеңес депутаталары менен бирге исбилерменлердиң ушырасыўы болып өтти. Бул ушырасыўда Президентимиздиң 4889-санлы Қарары бойынша районымызда әмелге асырылатуғың 89 жойбардың орынланыўында депутатлардың белсендилигин арттырыў, исбилерменлердиң машқалаларына өз ўақтында шешим табыў мәселелери айрықша додаланды. Сондай-ақ, 2020-2022-жыллар аралығында орынланыўы керек болған жойбарлардың алдына қойған режелери көрип шығылды.
https://kegeyli.uz/3193.html

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

Kegeyli.uz|telegram|facebook|youtube