Joqarǵi keńes.uz
39.4K subscribers
19.3K photos
1.47K videos
10 files
8.1K links
Веб-сайт: www.joqargikenes.uz
Instagram: www.instagram.com/joqargikenes.uz/
Facebook: www.fb.com/joqargikenes
Youtube: www.youtube.com/@joqargikenes

© Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси
Download Telegram
Қарақалпақстанның туристлик потенциалы «The Washington post» газетасы нәзеринде

Усы жылдың 2-6-июнь күнлери Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң басламасы менен Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги тәрепинен АҚШтың «The Washington post» газетасы журналистлери ушын кең көлемли пресс-тур шөлкемлестирилди.
5 күнлик илаж даўамында ғалаба хабар қураллары ўәкиллери пайтахтымыздағы И.В.Савицкий атындағы көркем өнер ҳәм Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейлери, Мойнақ районындағы Экология ҳәм Арал теңизи тарийхы музейи, «Кемелер қәбиристаны», Үстирт платосы ҳәм Арал теңизи, Судочье көли ҳәм әййемги «Урге» қалашасы, соның менен бирге, «Шылпық», «Топыраққала», «Қызыл қала» ҳәм «Аяз қала» тарийхый есетликлеринде болды.
Пресс-турды шөлкемлестириўден гөзленген мақсет: Қарақалпақстан Республикасында экотуризм жөнелиси, Арал теңизиниң тарийхы ҳәмде тәбият қойнында жайласқан дыққатқа ылайық орынлар ҳаққында мақала таярлаў болып табылады.

Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Жоқарғы Кеӊес мәжилисинде

Соӊғы ўақытлары елимизде пуқаралардыӊ нызамлы мәплерин қорғаў, әсиресе транс миллий жынаятшылық есапланған адам саўдасына қарсы гүресиўге мәмлекетлик дәрежеде итибар қаратылып киятыр. Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенатының Қорғаныў ҳәм қәўипсизлик мәселелери комитети тәрепинен «Адам саўдасына қарсы гүресиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамыныӊ республикамызда орынланыў барысы үйренилди. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесинде видеоконференцбайланыс тәризинде өткерилген қоспа мәжилис усы үйрениў жумысларыныӊ жуўмағына бағышланды.

Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси Баслығыныӊ орынбасары Атабек Давлетов кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып барды.

Толық мағлыўмат

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: @joqargikenes

website |facebook | telegram
Мектеп китапханалары және 58 мың китапқа байыды

Бүгин Нөкис қаласынан республикамыз районларындағы 720 дан аслам улыўма билим бериў мектеплери ушын «Китаплар кәрўаны» жолға түсти.

Илажға қалалық ҳәм районлық халық билимлендириў бөлимлериниң жуўапкер хызметкерлери, тийисли тараў басшылары қатнасты.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов, Халық билимлендириў министри Р.Реймов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, өткерилип атырған илаждың әҳмийетине айрықша тоқтап өтти.


Толық мағлыўмат

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: @joqargikenes


website |facebook | telegram
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ киши мәжилислер залында семинар болып өтти.

Видеоконференцбайланыс тәризинде болып өткен семинарға қала ҳәм район студияларынан халық депутатлары жергиликли Кеӊес депутатлары, Кеӊес секретариатларыныӊ хызметкерлери қатнасты.

Семинарды Жоқарғы Кеӊес комитет баслығы Ш.Өтемисов ашты ҳәм басқарып барды.

Семинарда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенаторы Т.Мадумаров сөзге шығып, “Халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеӊеси депутатларыныӊ статусы ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы Нызамныӊ қала ҳәм районларда орынланыў барысы ҳәм де турақлы комиссиялар жумысын дурыс ҳәм сапалы жолға қойыў мәселеси бойынша өз көрсетпелерин берди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: @joqargikenes

website |facebook | telegram
«Конституциялық реформаларды әмелге асырыў арқалы мәмлекеттиң раўажланыў жолларын белгилеў» атамасында ушырасыў өткерилди

Усы жылдың 11-июнь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде «Конституциялық реформаларды әмелге асырыў арқалы мәмлекеттиң раўажланыў жолларын белгилеў» атамасында ушырасыў болып өтти. Ушырасыўда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенаты ағзасы Б.Матмуратов, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы депутаты Л.Сейтова, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ комитет баслығы З.Реймова, университет профессор – оқытыўшылары, студент-жаслар қатнасты.


Толық мағлыўмат

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: @joqargikenes


website |facebook | telegram