Joqarǵı keńes.uz
41K subscribers
21.4K photos
1.72K videos
13 files
9.06K links
Веб-сайт: https://joqargikenes.uz/
Instagram: www.instagram.com/joqargikenes.uz/
Facebook: www.fb.com/joqargikenes
Youtube: www.youtube.com/@joqargikenes

© Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси
Download Telegram
Хизматлар соҳасини ривожлантириш масалалари бўйича видеоселектор йиғилиши ўтказилди.
Жорий йилда 120 мингдан ортиқ янги лойиҳаларни амалга ошириб, хизматлар ҳажмини 435 триллион сўмга етказиш режа қилингани айтилди.
25 мингта ер майдонлари сервис ва савдо объектлари учун аукционга чиқарилиши белгиланди.
Шаҳар ва туманларда туну кун ишлайдиган кўчалар ташкил этиш, 28 та шаҳар ва 10 та туманнинг “мастер режаси”ни ишлаб чиқиш бўйича кўрсатмалар берилди.

Состоялось видеоселекторное совещание по вопросам развития сферы услуг.
Отмечалось, что в текущем году планируется реализовать в сфере более 120 тысяч новых проектов и довести объем услуг до 435 триллионов сумов.
Определено, что для создания объектов сервиса и торговли будут выставлены на аукцион еще 25 тысяч земельных участков.
Даны указания по организации в городах и районах улиц с круглосуточными заведениями, разработке мастер-планов 28 городов и 10 районов.

#Mirziyoyev #videoselektor #iqtisodiyot #xizmatlar

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
Берунийде ғәлле орым-жыйын мәўсими ушын көргизбели семинар болып өтти

Бүгин Беруний районындағы «Якубов Жонибек» фермер хожалығында ғәлле орым-жыйын мәўсими ушын көргизбели семинар өткерилди.

Семинарға барлық район ҳәкимлери, сектор басшылары, тараў қәнигелери қатнасты.

Семинарда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов шығып сөйлеп, быйылғы жылы ғәллени сапалы ҳәм қысқа мүддетте жыйнап алыў, сондай-ақ, орым-жыйын мапазында ислениўи тийис ўазыйпалар ҳаққында айтып өтти ҳәм ғәллекешлеримизге бәлент қырман тиледи.


Беруний районында 197 фермер хожалықлары ҳам 2 кластер тәрепинен 5000 гектар жерге ғәлле егилген болып, орым-жыйын мәўсимине 14 отряд бириктирилген. Районда 2022-жыл ғәлле зүрәәтинен мәмлекетке 7350 тонна ғәлле тапсырыў белгиленген.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Қарақалпақстанның туристлик потенциалы «The Washington post» газетасы нәзеринде

Усы жылдың 2-6-июнь күнлери Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң басламасы менен Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги тәрепинен АҚШтың «The Washington post» газетасы журналистлери ушын кең көлемли пресс-тур шөлкемлестирилди.
5 күнлик илаж даўамында ғалаба хабар қураллары ўәкиллери пайтахтымыздағы И.В.Савицкий атындағы көркем өнер ҳәм Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейлери, Мойнақ районындағы Экология ҳәм Арал теңизи тарийхы музейи, «Кемелер қәбиристаны», Үстирт платосы ҳәм Арал теңизи, Судочье көли ҳәм әййемги «Урге» қалашасы, соның менен бирге, «Шылпық», «Топыраққала», «Қызыл қала» ҳәм «Аяз қала» тарийхый есетликлеринде болды.
Пресс-турды шөлкемлестириўден гөзленген мақсет: Қарақалпақстан Республикасында экотуризм жөнелиси, Арал теңизиниң тарийхы ҳәмде тәбият қойнында жайласқан дыққатқа ылайық орынлар ҳаққында мақала таярлаў болып табылады.

Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Жоқарғы Кеӊес мәжилисинде

Соӊғы ўақытлары елимизде пуқаралардыӊ нызамлы мәплерин қорғаў, әсиресе транс миллий жынаятшылық есапланған адам саўдасына қарсы гүресиўге мәмлекетлик дәрежеде итибар қаратылып киятыр. Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенатының Қорғаныў ҳәм қәўипсизлик мәселелери комитети тәрепинен «Адам саўдасына қарсы гүресиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамыныӊ республикамызда орынланыў барысы үйренилди. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесинде видеоконференцбайланыс тәризинде өткерилген қоспа мәжилис усы үйрениў жумысларыныӊ жуўмағына бағышланды.

Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси Баслығыныӊ орынбасары Атабек Давлетов кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып барды.

Толық мағлыўмат

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: @joqargikenes

website |facebook | telegram