Joqarǵi keńes.uz
38.9K subscribers
20.2K photos
1.55K videos
11 files
8.53K links
Веб-сайт: www.joqargikenes.uz
Instagram: www.instagram.com/joqargikenes.uz/
Facebook: www.fb.com/joqargikenes
Youtube: www.youtube.com/@joqargikenes

© Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси
Download Telegram
Қазақстанда Аралды тиклеў, оныӊ экотуризмин қорғаў бойынша мәжилис болып өтти

Оған Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ Баслығы М.Камалов, Сенат ағзалары ҳәм Жоқарғы Кеӊестиӊ комитет баслықлары республикамыздан онлайн түрде қатнасты.

Мағлыўмат орнында, усы жыл 21-22-апрель күнлери Сенат Баслығынын биринши орынбасары С.Сафаев басшылығындағы делегация Қазақстанда сапарда болды.

Сапардыӊ биринши күни делегация ағзалары Арал теӊизиниӊ Қазақстандағы бөлегин барып көрип, Көкарал бөгетиниӊ жағдайы, «Арал SeeFood» балықты қайта ислеў заводыныӊ жумысы менен танысты.

Толық мағлыўмат

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: @joqargikenes

website |facebook | telegram
Арал теӊизиниӊ Қазақстандағы бөлеги, Көкарал бөгети, «Арал SeeFood» балықты қайта ислеў заводынан фоторепортаж

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: @joqargikenes

website |facebook | telegram
Студентлер жатақханасы пайдаланыўға тапсырылды

Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети студентлер турақ жайыныӊ ашылыў салтанаты болып өтти.
Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ Баслығы М.Камалов қатнасып, жыйналғанларды жаңа имараттыӊ ашылыў салтанаты менен қызғын қутлықлады.
Жаӊадан пайдаланыўға тапсырылып атырған 400 орынға мөлшерленген стдудентлер үйиниң қурылыс жумыслары ушын 14 млрд. сўмнан артық қаржы ажыратылды. Сондай-ақ, 1 млрд. сўмнан артық қаржы есабынан заманагөй мебел ҳәм зәрүрли әсбап-үскенелер менен тәмийинленди.
Соны да айрықша атап өтиўимиз тийис, бул жерде студентлерди турақ жай менен еле де толық тәмийинлеў мақсетинде және 600 орынға мөлшерленген 2 студентлер жатақханасыныӊ қурылыс жумыслары басланыўы режелестирилген.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: @joqargikenes

website |facebook | telegram